Өзбекстан Республикасы Туризм комитетиниң жумысын шөлкемлестириў ҳәм туризм тараўын жедел раўажландырыў илажлары ҳаққында

45

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарары

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 18-ноябрьдеги “Экология ҳәм туризм тараўларында халықтың талапларына жедел жуўап бере алатуғын басқарыў системасын жаратыў илажлары ҳаққында”ғы ПП-217-санлы Пәрманына муўапық, экономиканың стратегиялық жақтан әҳмийетли секторы сыпатында туризм тараўының системалы ҳәм турақлы раўажланыўын тәмийинлеў, тараўда мәмлекетлик басқарыўды буннан былай да жетилистириў, көрсетилетуғын хызметлердиң сапасын арттырыў және миллий туристлик өнимлердиң жәҳән базарында бәсекиге шыдамлылығын тәмийинлеў мақсетинде қарар етемен:

  1. I. Мақсетлер.

Төмендегилер 2030-жылға шекем туризм тараўын раўажландырыўдың тийкарғы мақсетлери етип белгиленсин:

(а) туризм тараўының жалпы ишки өнимдеги үлесин әмелдеги 3,5 проценттен 7 процентке жеткериў;

(б) сырт ел туристлериниң жыллық санын әмелдеги 10 млн нан 20 млн ға шекем жеткериў, соның ишинде, төлеў қәбилети жоқары болған туристлер ағымын көбейтиў;

(в) туризм хызметлериниң жыллық экспорт көлемин 6 млрд АҚШ долларынан арттырыў;

(г) Өзбекстанның туристлик қалалары арасында транспорт байланысын жақсылаў, ишки авиақатнаўлар санын көбейтиў ҳәм де жолға жумсалатуғын ўақытты кеминде 3 есеге қысқартыў;

(д) 4 ҳәм 5 жулдызлы мийманханалар санын 2 есеге арттырыў;

(ж) туристлик хизметлер ҳәм өнимлерди диверсификациялаў арқалы республиканың туристлик потенциалын толық иске түсириў;

(з) дүньяда кеңнен танылған Өзбекстанның туристлик брендин жаратыў ҳәм миллий туристлик өнимлерди ғалаба ен жайдырыў ушын жаңа инструментлерди енгизиў.

  1. II. Тараўда мәмлекетлик басқарыўды жетилистириў
  2. Төмендегилер:

(а) Өзбекстан Республикасы Туризм комитети жумысының тийкарғы бағдарлары 1-қосымшаға муўапық;

(б) Өзбекстан Республикасы Туризм комитетиниң шөлкемлестириў структурасы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Төмендегилер:

(а) Өзбекстан Республикасы Туризм комитети (кейинги орынларда – Комитет) туризм тараўын тәртипке салыў ҳәм раўажландырыў бойынша мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўшы республикалық атқарыўшы ҳәкимият уйымы есапланатуғыны;

(б) Комитет өз ўәкилликлери шеңберинде улыўма мәжбүрий болған нормативлик ҳуқықый актлер қабыл етиўге ҳақылы екенлиги;

(в) Комитет баслығы:

(I) белгиленген тәртипте Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен лаўазымға тайынланатуғыны ҳәм лаўазымынан босатылатуғыны;

(II) Комитет ҳәм оның системасындағы шөлкемлердиң жумысын дурыс ҳәм нәтийжели шөлкемлестириў, сол арқалы олардың жумысын нәтийжелиликке бағдарлаў, сондай-ақ, усы бағдарда белгиленген мақсетли көрсеткишлерге сөзсиз ҳәм толық ерисиўди тәмийинлеўге жеке жуўапкер есапланатуғыны;

(г) Комитет Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги жанындағы Туризм комитетиниң ҳуқық ҳәм миннетлемелери бойынша мийрасхоры есапланатуғыны белгилеп қойылсын.

III. Туристлик ағымды арттырыў

Миллий туристлик өнимлерди жәҳәнде ғалаба ен жайдырыў мақсетинде:

(а) Комитет баслығының миллий туристлик өнимлерди ғалаба ен жайдырыў бойынша орынбасары лаўазымы киргизилсин;

(б) Комитеттиң сырт еллердеги ўәкилханалары (кейинги орынларда – ўәкилханалар) 3-қосымшаға муўапық шөлкемлестирилсин;

(в) ўәкилханалар өзи жумыс алып баратуғын мәмлекетлерде 4-қосымшада нәзерде тутылған ўазыйпаларды орынлаўы белгиленсин;

(г) Комитет баслығының миллий туристлик өнимлерди ғалаба ен жайдырыў бойынша орынбасары “Миллий PR-орайы” мәмлекетлик мәкемеси ҳәм ўәкилханалардың жумысын муўапықластырыў және миллий туристлик өнимлердиң нәтийжели маркетинги ушын жеке жуўапкер етип белгиленсин.

  1. Комитет:

(а) Сыртқы ислер министрлиги, Транспорт министрлиги ҳәм басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте:

(I) Өзбекстан Республикасы аймағына кириў ушын визасыз режим енгизилетуғын мәмлекетлер дизимин кеңейтиў, Өзбекстан Республикасы аймағына кириў ҳәм оның аймағында болыўға байланыслы тәртип-қағыйдаларды әпиўайыластырыў;

(II) республиканың туризм-транспорт логистикасын раўажландырыў бойынша пуқта исленген усынысларды;

(б) Стратегиялық раўажланыў ҳәм реформалар агентлиги менен биргеликте 2026-жыл 1-мартқа шекем Өзбекстан Республикасы туризм тараўын 2040-жылға шекем раўажландырыў стратегиясы жойбарын;

(в) Санлы технологиялар министрлиги және Экономика ҳәм қаржы министрлиги менен биргеликте 2026-жыл 1-апрельге шекем Министрлер Кабинетине төмендегилерди нәзерде тутатуғын 2030-жылға шекем мөлшерленген туристлик хызметлер базарларында маркетинг стратегиясы жойбарын киргизсин:

(I) миллий туристлик өнимлерди жедел саяхат етиўши халқына ийе шет мәмлекетлерде ғалаба ен жайдырыў;

(II) туризм тараўында мақсетли реклама системасын кеңнен енгизиў.

  1. Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры Мәдений мийрас агентлиги, Комитет пенен биргеликте туристлерди тартыў бойынша қосымша имканиятларды иске қосыў мақсетинде 2026-2028-жылларда төмендеги жойбар ҳәм илажларды әмелге асырсын:

(а) Самарқанд қаласындағы ең әҳмийетли тарийхый объектлерди байланыстырыўшы 6,6 км узынлықтағы туристлик маршрутты шөлкемлестириў бойынша “Самарқандтың мийрас жолы” жойбарын;

(б) халықтың турмыс тәризи, саўда ҳәм хызмет көрсетиў шақапшалары ҳәм коммуникация системасын тарийхый орталық пенен үйлестирген ҳалда Хийўа қаласындағы Ийшан-қала комплексин дүньяда бирден-бир болған иммерсив ҳәм “ақыллы” музей-қалаға айландырыў;

(в) Ташкент қаласы бойынша:

(I) модернизм естеликлерин ЮНЕСКОның Пүткил жер жүзилик мийрасы дизимине киргизиў бойынша материаллар усыныў;

(II) ең көп мозаикалар бар қала сыпатында жәҳән көлеминде тән алыныўына ерисиў.

Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги Комитет ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары менен биргеликте төмендеги тәртипте дүньяға белгили кийим-кеншек брендлерин саўда-кеўилашар комплекслерге тартыў және қалалардың шетлеринде (қала әтирапларында) миллий архитектуралық усылға тийкарланған заманагөй аутлет орайларын шөлкемлестириў илажларын көрсин:

(а) биринши басқышта (2030-жылға шекем) – Ташкент, Самарқанд, Бухара ҳәм Хийўа қалаларында;

(б) екинши басқышта (2030-жылдан баслап) – туристлик потенциалы жоқары болған басқа елатлы пунктлерде.

  1. IV. Туризм тараўын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў
  2. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

(а) 2026-жыл 1-февральдан баслап сырт ел пуқаралары тәрепинен Өзбекстан Республикасы аймағынан шығып кетиўде алдын сатып алынған товарлар ушын төленген қосымша қун салығы суммасының қайтарылыўы олардың қәлеўине бола нақ пул түринде әмелге асырылыўы мүмкин;

(б) 2026-жыл 1-марттан баслап Туризмди қоллап-қуўатлаў қоры (кейинги орынларда – Қор) қаржылары есабынан:

(I) туристлик стартапларды – жаңа түрдеги туризм хызметлерин ислеп шығып, әмелиятқа енгизиўге байланыслы қәрежетлердиң 50 проценти, бирақ 1 млрд сумнан көп болмаған муғдарда ҳәр жылы ең жақсы 10 жойбарға шекем субсидиялар ажыратылады;

(II) мийманханалардың Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланатуғын дизимде нәзерде тутылған халықаралық тән алынған “жасыл” сертификатларды алыўға байланыслы қәрежетлериниң 50 проценти қаплап бериледи;

(в) 2026-жыл 1-апрельден баслап халықаралық конференциялар ҳәм илажларды (MICE туризм) шөлкемлестирип, оған кеминде 100 сырт ел туристти тартқан исбилерменлик субъектлерине усы илажларды шөлкемлестириўде олар тәрепинен төленген қосымша қун салығы суммаларының 50 процентин қайтарыў тәртиби енгизиледи;

(г) 2027-жыл 1-январьға шекем усы қарарға 5-қосымшада нәзерде тутылған тәртипке әмел еткен ҳалда:

(I) туризм тараўы субъектлери тәрепинен импорт етилетуғын автобус, электробус ҳәм микроавтобуслар бажыхана бажысынан азат етиледи;

(II) Қарақалпақстан Республикасында дизимнен өтип, лицензияға ийе болған туроператорларға, бурынғысынан басқаша тәризде, экстремал түрлерди шөлкемлестириў ушын двигатель көлеми 2,4 литрден кем болмаған жоқары өтиў қәбилетине ийе транспорт қуралларын импорт етиўде бажыхана бажы ҳәм утилизация жыйымын әмелдеги ставканың 25 проценти муғдарында 3 жыл мүддетке бөлип-бөлип төлеўге руқсат етиледи;

(III) туризм тараўы субъектлери тәрепинен импорт етилетуғын автобус, электробус ҳәм микроавтобуслардың санына қарамастан, оларға бир сертификат бериўге руқсат етиледи;

(д) 2030-жыл 1-январьға шекем  “Brand Finance” компаниясының топ-50 рейтингине киретуғын брендти тартқан ҳалда бренд пенен дәслепки келисимлерге ийе мийманхана қурылысын баслаған исбилерменлик субъектлери мийманхананы қурыў ҳәм үскенелеўде усы брендтиң талабына муўапық алып келинетуғын әсбап-үскенелер, техника, транспорт қураллары, мебель ҳәм инвентарьлар ушын бажыхана бажысын төлеўден азат етиледи.

  1. Төмендегилер:

(а) Комитет республика аймағында өз фильмлерин жаратыўда сырт ел кинокомпанияларына қәрежетлердиң бир бөлегин қайтарыўды (Rebate) муўапықластырыўшы жуўапкер мәмлекетлик уйым есапланатуғыны;

(б) усы бәнттиң “а” киши бәнтинде нәзерде тутылған қәрежетлер суммасы:

(I) 3 миллиард сумға шекем болса – 10 процент;

(II) 3 миллиард сумнан 5 миллиард сумға шекем болса – 15 процент;

(III) 5 миллиард сумнан 10 миллиард сумға шекем болса – 20 процент;

(IV) 10 миллиард сумнан артық болса – 25 процент, бирақ бир фильм ушын 4 миллиард сумнан аспаған муғдарда Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан қаплап берилетуғыны;

(в) 2026-жыл 1-марттан баслап абырайлы сырт ел кинокомпаниялары менен сөйлесиўлер өткерген ҳалда Қор қаржылары есабынан фильмлердиң тиккелей ямаса тиккелей емес Өзбекстан Республикасының туристлик тартымлылығы, тарийхый-мәдений мийрасы ҳәм басқа да әҳмийетли унамлы тәреплерин көрсететуғын бөлегин (эпизодын) жаратыў ушын (соның ишинде, Өзбекстан Республикасы аймағында, өз павильонларында ямаса компьютер графикасы жәрдеминде) ҳақы төлеў тәртиби енгизилетуғыны белгилеп қойылсын.

  1. V. Туризм тараўын санластырыў
  2. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық 2026-жыл 1-июльден баслап:

(а) иске түсирилетуғын миллий туризм бирден-бир платформасы ҳәм оның мобиль қосымшасы арқалы:

(I) сырт ел туристлериниң разылығы тийкарында Мәмлекет шегарасын кесип өтиўде жыйналатуғын мағлыўматларды интеграция еткен ҳалда туристлик электрон SIM-карта менен жалғаў ҳәм ўақтынша болыў орны бойынша дизимге алыў проактив түрде әмелге асырылады;

(II) мүлкшилик формасына қарамастан транспорттың барлық түрлери интеграцияланған ҳалда саяхат бағдарын дүзиў, ең мақул бағдар ҳәм транспорт түрин таңлаў, билетлерди онлайн бәнт етиў ҳәм сатып алыў имканияты жаратылады;

(III) билет хожалығы енгизилген барлық туризм объектлери, соның ишинде, музейлер, мәдений мийрас объектлери, мәденият, кеўилашар ҳәм дем алыў объектлерине билетлерди онлайн сатып алыў имканиятына ийе болған бирден-бир билет системасы енгизиледи;

(IV) экскурсиялар өткериў ушын интерактив карталар, планшетлер, аудио жәрдемшиси, видео жәрдемшиси ҳәм онлайн трансляциялар арқалы туристлик объектлер ҳаққында мәлимлеме бериў имканиятын бериўши санлы гид системасы иске түсириледи;

(в) жайластырыў қураллары тәрепинен сырт елли ҳәм жергиликли туристлерден өндирилетуғын туристлик (мийманхана) жыйым биллинг системасы арқалы автоматикалық тәризде тиккелей Қорға өткериледи;

(б) халық тәрепинен дала ҳәўлилерин ижараға бериў “Soliq”  мобиль қосымшасы арқалы “мениң менен бирге” түринде бир шахс атына бирге дем алыўшылар санын көрсеткен ҳалда әпиўайыластырылған тәртипте рәсмийлестириў арқалы әмелге асырылады.

  1. 2026-жылдың ақырына шекем миллий туризм бирден-бир платформасы шеңберинде “Қәўипсиз қала” аппарат-программалық комплекси менен интеграцияласқан ҳалда республика аймақларына туристлер ағымларын (категорияларға қарап) ҳәм олардың тилеклерин таллаў, персоналластырылған маршрутлар ҳәм усынысларды жаратыў, сондай-ақ, баҳаның қәлиплесиўи ҳәм ресурслардың бөлистирилиўи сыяқлы имканиятларды нәзерде тутатуғын жасалма интеллект ҳәм үлкен көлемдеги мағлыўматларды таллаў системасы енгизилсин.
  2. VI. Тараўда кадрларды қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў системасын жетилистириў

Туризм хызметлериниң сапасын арттырыў мақсетинде Дүнья жүзилик туризм шөлкеминиң қәўендерлигинде Халықаралық туризм академиясының Самарқанд кампусында туризм тараўы субъектлери хызметкерлериниң маманлығын арттырыў (1 айға шекем) ҳәм оларды қайта таярлаў (8 айға шекем) оқыў курслары шөлкемлестирилсин.

VII. Қордың қәрежетлерин оптималластырыў

  1. 2026-жыл 1-январьдан баслап:

(а) Қордың кеңеси дүзилип, оның унамлы қарары болмаған жойбарларды қаржыландырыў бюджет ҳәм смета-штат тәртибин бузыў есапланады, Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳүжжетлеринде Қордың қаржылары есабынан қаржыландырылыўы белгиленген жойбарлар ҳәм де Комитетти, соның ишинде, оның системалы шөлкемлерин ҳәм аймақлық бөлимлерин сақлаў менен байланыслы қәрежетлер буған кирмейди;

(б) Қордың қаржылары есабынан қаржыландырылатуғын жойбарлардың нәтийжелилиги Қордың кеңеси тәрепинен турақлы түрде баҳалап барылады;

(в) Ишки ислер министрлиги жанындағы Қәўипсиз туризмди тәмийинлеў қорына туристлик (мийманхана) жыйымнан келип түсетуғын түсимлерден өткерилетуғын қаржы муғдары әмелдеги 10 проценттен 5 процентке азайтылады.

Комитет Экономика ҳәм қаржы министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте Қор дереклери есабынан министрликлер ҳәм уйымларға ажыратпаларды бийкарлаў бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына усыныс киргизсин.

VIII. Қарардың орынланыўын шөлкемлестириў, тәмийинлеў ҳәм қадағалаў

Туризмди жедел раўажландырыў ҳәм бул тараўда мәмлекетлик басқарыўды жетилистириў бойынша “жол картасы” 6-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы Креатив экономика ҳәм туризм бойынша департамент жанында Туризм тараўындағы реформалар штабының жумысы жолға қойылсын.

  1. Төмендегилер:

(а) Туризм тараўындағы реформалар штабы аймақлар, тармақлар ҳәм ири туристлик объектлер кесиминде туризм тараўындағы мәселелерди мониторинг етиў ҳәм шешиў, жаңа имканиятларды анықлаў ҳәм де иске қосыў илажларын көрип барады;

(б) Туризм тараўындағы реформалар штабына тартылған (хызмет сапарына жиберилген) мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеў ҳәм оларды материаллық хошаметлеў муғдарлары ҳәм шәртлери толық сақланып қалады және хызмет сапары даўамында олардың тийкарғы жумыс орны бойынша бюджет шөлкемлериниң бар тастыйықланған бюджет параметрлери ҳәм бюджеттен тысқары қаржылары шеңберинде айлық мийнет ҳақысына 20 процент муғдарында үстеме төленеди.

  1. Комитет:

(а) бир ай мүддетте Туризм комитети ҳаққындағы режени;

(б) еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

  1. Комитет Ташкент қаласы Әмир Темур проспекты 107б-жай мәнзили бойынша жайластырылсын.

Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Туризм комитетиниң баслығы белгиленсин.

  1. Усы қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы Креатив экономика ҳәм туризм бойынша департаментиниң баслығы Г.О.Умероваға жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы Президенти

Ш.Мирзиёев