Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ жаслар менен ашық сөйлесиӯинде белгиленген ӯазыйпаларды әмелге асырыӯға  байланыслы илажлар ҳаққында

838

Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ пәрманы

Усы жылдыӊ 14-февраль күни  өткерилген Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ жаслар менен ашық сөйлесиӯинде белгиленген тийкарғы ӯазыйпалардыӊ орынланыӯын  тәмийинлеӯ, сондай-ақ, жаслардыӊ басламаларын қоллап-қуӯатлаӯ,сапалы билим алыӯы ушын имканиятларды және де кеӊейтиӯ, илимди ғалаба ен жайдырыӯ мақсетинде қарар етемен:

  1. Жаслар менен сөйлесиӯде билдирген усыныс ҳәм басламалар тийкарында , оларды әмелге асырыӯ мақсетинде ислеп шығылған Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ жаслар менен 2025-жылдағы ашық сөйлесиӯинде белгиленген ӯазыйпаларды әмелге асырыӯға байланыслы илажлар бағдарламасы қосымшаға  муӯапық тастыйықлансын.
  2. Министрлер Кабинети Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊесиниӊ Баслығы, ӯәлаятлар ҳәмТашкент қаласыныӊ ҳәкимлери менен биргеликте еки ай мүддетте креатив индустрия паркин (кейинги орынларда – креатив парк), аймақларда оныӊ  филлиалларын  ҳәм олардыӊ креатив тараӯ ӯәкиллерин оқытатуғын  бизнес мектеплердиӊ жумысын шөлкемлестириӯ ҳәм зәрүр щараят жаратыӯ илажларын көрсин.

Креатив парктиӊ жумысын басқарыӯ Мәденият ҳәм көркем өнерди раӯажландырыӯ қорыныӊ жуӯапкершилигинде жуӯапкершилиги шекленген жәмийет түринде шөлкемлестирилетуғын  Креатив индустрия парклериниӊ дирекциясы  тәрепинен әмелге асырылады.

  1. Экономика ҳәм қаржы министрлиги, Салық комитети ҳәм Мәденият ҳәм көркем өнерди раӯажландырыӯ қорыныӊ креатив парк резидентлерине 2025-жыл 1-майдан  баслап  2031-жыл 1-январьға шекемги мүддетке төмендеги салық жеӊилликлерин енгизиӯ ҳаққындағы усынысы мақуллансын:

а) социаллық салықты  ҳәм физикалық тәреплерден алынатуғын  дәрамат салығын 50 процент  азайтылған ставкада төлеӯ;

б) резидентлерди товарларды (жумысларды,хызметлерди) реализациялаӯдан алынған дәраматы  муғдарынан қарамастан айланыстан алынатуғын салық төлеӯшилер  категориясына киргизиӯ. Онда резидентлер өз қәлеўине  бола улыӯма белгиленген салық  салыӯ тәртибине өтиӯи мүмкин.

Экономика ҳәм қаржы министрлиги Салық  комитети менен биргеликте  бир ай мүддетте  усы бәнтте нәзерде тутылған жеӊилликлерди қолланыӯ бойынша  нызам жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.

Креатив индустрия субъектлерин креатив парк резидентлерине қабыл  етиӯ ҳәм тийисли резидентлерге усы бәнтте нәзерде тутылған жеӊилликлерди қолланыӯ шәртлери нызамшылық ҳүжжетлери менен белгиленеди.

  1. Шет тиллер бойынша кеминде С1 дәрежедеги миллий ямаса оған теӊлестирилген сәйкес дәрежедеги халықаралық тән алынған сертификаты алғанына еки  жылдан артпаған жасларға   алыс ҳәм барыӯ қыйын болған аймақларда шет тиллерине қәнигелескен оқыӯ орайларын  ашыӯ ушын Жаслар ислери агентлиги жанындағы Жаслар  исбилерменлигин раӯажландырыӯ мәмлекетлик мақсетли қоры тәрепинен алты  айлық жеӊилликли дәӯир менен үш жыл мүддетте базалық есаплаӯ муғдарыныӊ 320 есесине шекемги  муғдарда  процентсиз ссуда  берилиўи белгиленсин.

 Жаслар ислери агентлиги үш ай мүддетте  усы бәнтте нәзерде тутылған ссуданы ажыратыӯ тәртибин және алыс ҳәм барыӯ қыйын болған аймақлардыӊ дизимин Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. 2025-жылдан баслап «Эл-юрт умиди» қорыныӊ жаӊа стипендия бағдары сыпатында төмендегилерди нәзерде тутатуғын «Жарқын талант» жойбары енгизилсин:

а) ҳәр жылы талантлы, билимли, бирақ аӯыр шаӊарақлық шараяты себепли оқыӯ имканиятына ийе иболмаған кәмбағал шаӊарақлардыӊ перзентлерин сырт елде оқытыӯ мақсетинде ҳәр бир мәҳәлледен белсенди жасларды таӊлаӯ;

б) таӊлап алынған жаслардыӊ талантын анықлаӯ арқалы оларды потенциалына сәйкес  сырт ел жоқары оқыӯ орынларына жибериӯ ушын таярлық курсларында оқытыӯ;

в) таярлық курсларынан табыслы өткен жасларды абырайлы халықаралық рейтинг шөлкемлериниӊ жоқары 100 лик дизимине киргизилген сырт ел жоқары оқыӯ мәкемелеринде бакалавриат тәлим бағдары бойынша белгиленген тәртипте оқыӯға жибериӯ, оқыӯ ҳәм жасаӯ қәрежетлерин қаплап бериӯ. Онда таярлық курсларында оқытыӯ қәрежетлери «Эл-юрт умиди» қорына ажыратылатуғын қаржылар есабынан қаплап бериледи.

Экономика ҳәм қаржы министрлиги «Эл-юрт умиди» қорыныӊ тийисли есап-санақларына тийкарланып усы жылы « Жарқын талант» жойбары ушын  300 миллиард сум  ажыратсын, келеси жыллардан усы  мақсетлер ушын қаржыларды бюджет параметрлеринде нәзерде тутсын.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муӯапық:

а) «Эл-юрт умиди» қоры арқалы сырт мәмлекетлерде билим алып қайтқан стипендиатлар миллий кадрлардыӊ резервине тиккелей киргизиледи ҳәм олар мәмлекетлик уйымлар, шөлкемлер ҳәм мәкемелерде таӊлаӯсыз жумысқа алынады;

б)  2025-жыл 1-июльден  баслап:

  1. i) абырайлы халықаралық рейтинг шөлкемлериниӊ жоқары 100 лик дизимине киргизилген сырт ел жоқары билимлендириӯ шөлкемлеринде илимий дәреже (PhD ҳәм оған теӊлестирилген басқа илимий дәреже)алған 35 жасқа шекемги қәнигелерге турақ жай сатып алыӯ ушын турақ жай жайласқан аймақтан келип шығып, он жыл мүддетке базалық есаплаӯ муғдарыныӊ  2150 есесине шекемги  муғдарда  процентсиз ссуда  ажыратылады;
  2. ii) абырайлы халықаралық пән олимпиадалары жеӊимпазларына төленетуғын бир мәртелик ақшалай сыйлықлардың әмелдеги муғдарлары 5 есеге шекем  арттырылады.

Жоқары  билимлендириӯ, илим ҳәм инновациялар министрлиги «Эл-юрт умиди»  қоры, Жаслар ислери агентлиги, Экономика ҳәм қаржы  министрлиги менен биргеликте  еки ай мүддетте  усы бәнттиӊ төртинши абзацында нәзерде  тутылған процентсиз ссуданы ажыратыӯ тәртибин  ислеп шығып, Министрлер Кабинетине киргизсин. Онда процентсиз ссуданы ажыратыӯ бойынша арзаларды қабыл етиӯ ҳәм көрип шығыӯ Бирден-бир интерактив мәмлекетлик  хызметлер порталы арқалы әмелге асырылады.

  1. 2025-2026- оқыӯ жылынан баслап:

а) Өзбекстан Республикасы жоқары  әскерий билимлендириӯ мәкемелериниӊ үлгили курсантлары (студентлери)ҳәм тыӊлаӯшылары ушын «Жоқары бас сәркарда» мәмлекетлик стипенлиясы енгизилсин.

Қорғаныӯ министрлиги қарамағында жоқары әскерий билимлендириӯ мәкемелери  болған министрлик ҳәм  уйымлар менен биргеликте  еки ай мүддетте «Жоқары бас сәркарда» мәмлекетлик стипендиясын тайынлаӯ тәртибин ислеп шығып, Министрлер Кабинетине киргизсин;

б) оқыӯшылар арасында инженерлик-ойлап табыӯшылық бағдарында олимпиадалар өткериӯ жолға қойылады ҳәм жеӊимпаз питкериӯши жаслар мәмлекетлик жоқары билимлендириӯ мәкемелериниӊ олимпиада бағдарына сәйкес ҳәм түрлес билимлендириӯ  бағдарларына имтиханларсыз қосымша мәмлекетлик грант тийкарында  оқыӯға қабыл етиледи.

Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириӯи министрлиги Жоқары билимлендириӯ, илим ҳәм инновациялар министрлиги менен биргеликте  еки ай мүддетте  усы олимпиаданы шөлкемлестириӯ ҳәм оныӊ жеӊимпазлары қосымша мәмлекетлик грант тийкарында оқыӯға қабыл етилетуғын жоқары билимлендириӯ бағдарларыныӊ дизимин нәзерде тутатуғын тийисли нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. а) Жаслар ислери агентлиги тәрепинен Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты қоллап-қуӯатлаӯ қорына ажыратылған қаржылар шеӊберинде жасларды илимге қызықтыратуғын, тәрбиялық әҳмийетке ийе ҳәм улыӯмамиллий қәдириятларды қәлиплестириӯши  миллий медиаконтентлер жаратыӯ ҳәм еӊ жақсы интеллектуаллық шоуларды шөлкемлестириӯ ушын  100 миллион сумға шекем  грантлар ажыратылатуғыны;

б) жасларда тәбиятқа муҳаббат сезимин оятатуғын, қоршаған орталықты қорғаӯға қаратылған жойбарларды қоллап-қуӯатлаӯ ушын Жаслар ислери агентлиги жанында юридикалық тәреп статусына ийе болмаған «Жасыл басламалар»ды қоллап-қуӯатлаӯ  қоры  шөлкемлестирилетуғыны. Онда «Жасыл басламалар»ды қоллап-қуӯатлаӯ қоры төмендеги дәреклер есабынан  10 миллиард сумға шекемги  муғдарда  қәлиплестирилетуғыны белгиленсин:

  1. i) Жаслар ислери агентлигиниӊ Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты қоллап-қуӯатлаӯ қоры;
  2. ii) халықаралық қаржы институтлары, сырт ел ҳүкиметиниӊ қаржы шөлкемлери, сырт ел банклери ҳәм басқа халықаралық қаржы шөлкемлериниӊ грант қаржылары;

iii) физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиӊ,соныӊ ишинде, Өзбекстан Республикасы резидент емеслериниӊ қәӯендерлик қайырқомлықлары;

  1. iv) нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер.
  2. Жаслар ислери агентлиги ҳәм оныӊ аймақлық бөлимлери балансындағы имарат ҳәм комплекслерди оларда жасларды спорт, илим, шет тиллери ҳәм кәсиплерге оқытатуғыны, креатив жойбарларды әмелге асырыӯ ҳәм басқа хызметлерди көрсетиӯ ушын ижараға бериӯден түсетуғын қаржылар тийисли имарат ҳәм  объекттиӊ баланста сақлаӯшысына  толық муғдарда (буған аукцион қәрежетлери  кирмейди) өткерилетуғыны ҳәм оныӊ жумысын раӯажландырыӯ мақсетлерине бағдарланатуғыны белгиленсин.
  3. Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги Жаслар ислери агентлиги менен биргеликте  бир ай мүддетте  илим ҳәм билимлендириӯ бағдарындағы пайдалы миллий  интернет ресурсларыныӊ реестрин қәлиплестирсин, Санлы технологиялар министрлиги олардан бийпул интернет тармағы арқалы пайдаланыӯды жолға қойсын.
  4. Ташкент қаласы ҳәкимлиги  2025-жыл 1-октябрьге шекем  жергиликли бюджеттиӊ  қосымша дәреклери есабынан Ташкент қаласында Робототехника орайын қурыӯ ҳәм зәрүр  үскенелер менен тәмийинлеӯ бойыншща тийисли илажларды әмелге асырсын.
  5. Мәденият министрлиги Ташкент қаласы ҳәкимлиги менен биргеликте  үш ай мүддетте  Жаслар экспериментал театр студиясын шөлкемлестириӯ ҳәм оны зәрүр үскенелер менен тәмийинлеӯ илажларын көрсин.
  6. Самарқанд ӯәлаяты ҳәкимлиги Сыртқы ислер министрлиги, Қорғаныӯ министрлиги, Санлы технологиялар  министрлиги ҳәм Жаслар ислери агентлиги менен биргеликте 2026-жылы Самарқанд қаласында халықаралық «Технофест» фестивалы шеӊбериндеги «Take Off» стартап саммитин жоқары дәрежеде шөлкемлестириӯ илажларын көрсин.
  7. Усы пәрманныӊ орынланыӯы бойынша жуӯапкер шөлкемлердиӊ жумысын муӯапықластырыӯ ҳәм қадағалаӯ Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Тошкент қаласы,

2025-жыл 26-март