Өзбекистан Республикасы Президентиниң  қ а р а р ы

Өзбекистан Республикасының Биринши Президенти, уллы мәмлекетлик ҳәм сиясий ғайраткер Ислам Әбдиғаниевич Кәримовтың ана Ўатанымыздың ғәрезсизлиги, ел-журтымыздың раўажланыўы жолындағы үлкен тарийхый хызметлерин есапқа алып және ол инсанның естелигин мәңгилестириў бойынша басланған жумысларды даўам еттириў мақсетинде:

  1. Өзбекистан Республикасы Мәденият министрлиги, Илимлер академиясы, Көркем өнер академиясы, Жазыўшылар аўқамы, Ислам Кәримов атындағы илимий-ағартыўшылық естелик комплекси, Ислам Кәримов атындағы Республикалық қайырқомлық жәмийетлик қоры, Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы және кең жәмийетшиликтиң Өзбекистан Республикасы Биринши Президентиниң 80 жыллығын белгилеў (кейинги орынларда юбилей илажлары деп қолланылады) ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
  2. Өзбекистан Республикасының Биринши Президенти Ислам Кәримовтың 80 жыллығын белгилеў бойынша шөлкемлестириў комитети (кейинги орынларда Шөлкемлестириў комитети деп қолланылады) қурамы қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  3. Шөлкемлестириў комитети усы сәнени белгилеў бойынша илажлар режесин еки ҳәпте мүддетте ислеп шықсын.

Илажлар режесинде төмендегилер нәзерде тутылсын:

2018-жыл январь айында Самарқанд қаласында Ислам Кәримовтың естелигине арнап қурылған мавзолей комплексин ашыў;

Қаршы қаласында Ислам Кәримов естелигине бағышлап естелик орнатыў ҳәм салтанатлы ашылыў мәресимин өткериў;

«Өзбеккино» Миллий агентлиги тәрепинен Ислам Кәримовтың өмири ҳәм мийнет жолы ҳаққында ҳүжжетли фильм жаратыў;

Өзбекистан Баспасөз ҳәм хабар агентлиги тәрепинен «Өзбекистан» баспа-полиграфия дөретиўшилик үйинде «Өзбекистан Республикасының Биринши Президенти Ислам Әбдиғаниевич Кәримов мийнет жолының хроникасы (жылнама)» китабын, «Маънавият» баспасында Ислам Кәримовтың «Жаслар бүгинги ҳәм ертеңги турмысымыздың шешиўши күши», «Жоқары мәнаўият – жеңилмес күш» дөретпелерин, сондай-ақ, «Президентке хатлар» китабын басып шығарыў және белгиленген тәртипте билимлендириў дәргайларына, мәлимлеме-ресурс орайларына, мәдений-ағартыўшылық мәкемелерине ҳәм мәҳәллелерге жеткериў;

Самарқанд қаласында Өзбекистан Республикасы Илимлер академиясы, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Жазыўшылар аўқамы, Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы, Ислам Кәримов атындағы илимий-ағартыўшылық естелик комплекси, Ислам Кәримов атындағы Республикалық қайрықомлық қоры менен биргеликте «Ислам Кәримов – Өзбекистан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң тийкарын салыўшы» темасында халықаралық илимий конференция өткериў;

2018-жылдың 8 шерегинде «Ислам Кәримовтың естелигине бағышланған ең жақсы илимий-ғалабалық мақала» таңлаўын жуўмақлаў ҳәм оның жеңимпазларын сыйлықлаў;

билимлендириў мәкемелеринде, әскерий бөлимлерде, мийнет жәмәәтлеринде ҳәм мәҳәллелерде белгили жазыўшы ҳәм илимпазлар, түрли тараў қәнигелериниң қатнасыўында Өзбекистан Республикасы Биринши Президентиниң естелигине бағышланған ушырасыўлар шөлкемлестириў.

  1. Ислам Кәримов атындағы Республикалық қайрықомлық қоры тәрепинен «Ислам Кәримов – бийғәрез Өзбекистанның тийкарын салыўшы» китап-албомы баспаға таярланғаны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Өзбекистан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги юбилей илажларында шет елли мийманлардың, илимпазлардың ҳәм экспертлердиң қатнасыўын тәмийинлеўге және оларға республикаға кириў визаларының консуллық ҳәм басқа да жыйымлар өндирилмей рәсмийлестириўге әмелий жәрдем көрсетсин.
  3. «Өзбекистан ҳаўа жоллары» миллий авиакомпаниясы, «Өзбекистан темир жоллары» акционерлик жәмийети юбилей илажларына мирәт етилген шет елли мийманлар ушын республика ишки қатнаўларына жол билетлерин бәнт етиў ҳәм сатып алыў, оларды елимиздеги халықаралық аэропорт ҳәм темир жол вокзалларының V8P заллары арқалы күтип алыў ҳәм бақлаўды тәмийинлесин.
  4. Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги юбилей илажларын өз ўақтында өткериў ушын қаржы ажыратсын.
  5. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери усы қарардың 3-бәнтинде нәзерде тутылған юбилей илажларын өткериў бойынша зәрүрли шөлкемлестириў илажларын еки ҳәпте мүддетте ислеп шықсын ҳәм олардың өз ўақтында әмелге асырылыўын тәмийинлесин.
  6. Өзбекистан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекистан Миллий телерадиокомпаниясы ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына юбилей менен байланыслы илажларды кең түрде сәўлелендириў усыныс етилсин.
  7. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Ариповқа ҳәм Өзбекистан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи Х.Султановқа жүкленсин.

 

Өзбекистан Республикасы

Президенти   Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2017-жыл 27-ноябрь