Судьялар жәмийетшилиги уйымлары жумысының нәтийжелилиги ҳәм ашық-айдынлығын арттырыў және суд еркинлиги кепилликлерин және де күшейтиў илажлары ҳаққында

55

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы

Елимизде судьялар жәмийетшилиги уйымларының ролин түпкиликли арттырыў, ашық-айдын тәртип-қағыйдалар тийкарында суд уйымларын маман кадрлар менен толықтырыў, халықтың суд қорғаўында болыў ҳуқықын нәтийжели тәмийинлеў, суд еркинлиги кепилликлерин күшейтиў мақсетинде, сондай-ақ, “Өзбекстан – 2030” стратегиясында белгиленген ўазыйпаларға муўапық, қарар етемен:

  1. I. Мақсетлер.

Төмендегилер суд ҳәкимиятының ҳақыйқый еркинлигин тәмийинлеў, судьялар жәмийетшилиги уйымлары жумысының нәтийжелилигин арттырыўдың тийкарғы мақсетлери етип белгиленсин:

(а) судьялар жәмийетшилиги уйымлары жумысында судьялардың өзин-өзи басқарыў принципин ҳәм суд еркинлигине байланыслы алдынғы халықаралық стандартларды кеңнен енгизиўди тәмийинлеў;

б) судьялар корпусын қәлиплестириў тәртибин жетилистириў, бул процессте судьялар жәмийетшилиги уйымларының ролин арттырыў ҳәм олардың жуўапкершилик шеңберин анық белгилеў;

(в) судьялар жәмийетшилиги уйымлары жумысында ашық-айдынлықты тәмийинлеў, судьялыққа талабанларды таңлаўдың ашық-айдын тәртибин енгизиў;

(г) суд системасында гендер теңликти тәмийинлеў имканиятларын кеңейтиў арқалы ҳаял судьялардың үлесин кеминде 30 процентке жеткериў.

  1. II. Суд еркинлигине байланыслы алдыңғы стандартларды енгизиў ҳәм судьялар жәмийети уйымларының жумысын жетилистириў
  2. Судьялар жоқары кеңесиниң (кейинги орынларда – Кеңес) нызамшылыққа судьяның алмастырылмаслығына байланыслы принципти киргизиў бойынша төмендеги усынысларына келисим берилсин:

(а) судьяларды гезектеги он жыллық мүддетке тайынлаў (сайлаў) тәртибин бийкарлап, судьялық лаўазымларына талабанларды дәслеп бес жыллық мүддетке, кейин ала мүддетсиз дәўирге тайынлаў (сайлаў) тәртибин белгилеў;

(б) районлараралық, районлық, қалалық судлар баслықлары ҳәм олардың орынбасарлары лаўазымларына талабанларды анық өлшемлерге бола судьялар арасында ашық таңлаў тийкарында таңлаў тәртибин орнатыў;

(в) судьяның кәсиплик жумысын баҳалаўда “ҳадаллық,” “кәсиплик уқыплылық” ҳәм “судьялық әдеп қағыйдаларына әмел етиў” талапларының анық өлшемлерин нызам дәрежесинде белгилеў.

  1. Кеңес ҳәм Жоқарғы судтың Кеңес қурамын қәлиплестириў тәртибин судьялар жәмийети уйымларының қатнасын арттырыў арқалы буннан былай да жетилистириў бойынша төмендеги усыныслары мақуллансын:

(а) Кеңестиң турақлы тийкарда жумыс алып барыўшы судьялары лаўазымларына талабанлар тийисли суд судьялары квалификациялық коллегиялары тәрепинен усынылыўы. Онда Кеңестиң турақлы тийкарда жумыс алып баратуғын судьялары лаўазымына, қағыйда түринде, судья сыпатында кеминде 7 жыл ислеген судьялардың кандидатурасы көрсетилиўи мүмкин;

(б) Кеңестиң жәмийетлик тийкарда жумыс алып барыўшы ағзалары қурамына талабанлар ҳуқық тараўындағы илимий ҳәм жоқары билимлендириў шөлкемлери және пуқаралық жәмийети институтлары тәрепинен усыныс етилиўи.

  1. Кеңес Жоқарғы суд пенен биргеликте үш ай мүддетте Кеңестиң турақлы тийкарда жумыс алып баратуғын судьяларының қурамын төмендеги суд судьялары арасынан қәлиплестириў тәртибин енгизиў бойынша нызамшылыққа өзгерислер ҳәм қосымшаларды нәзерде тутатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарын киргизсин:

(а) Жоқарғы судтан – еки судья;

(б) ўәлаят дәрежесиндеги судлардан – жети судья;

(в) районлар аралық, район, қала судларынан – төрт судья.

  1. Кеңестиң судьялық лаўазымларына талабанлар бойынша жуўмақлар төмендеги судьялар жәмийетшилиги уйымлары тәрепинен берилиўин нәзерде тутатуғын тәртипти нызамшылыққа киргизиў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин:

(а) судьялардың маманлық коллегиялары – әскерий судлар, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы судлары, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимшилик судларының судьялары, аймақлық әскерий судлардың, районлараралық, районлық, қалалық судлардың баслықлары, баслық орынбасарлары ҳәм судьялары лаўазымларына талабанлар бойынша;

(б) Судьялар жоқары маманлық коллегиясы – Жоқарғы суд судьялары, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы судлары, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимшилик судларының, Өзбекстан Республикасы Әскерий судының баслықлары ҳәм баслық орынбасарлары лаўазымларына талабанлар бойынша.

  1. Кеңес ҳәм Жоқарғы судтың судьялар жәмийетшилиги уйымларының еркинлигин арттырыў мақсетинде Кеңес ҳәм Судьялар жоқары маманлық коллегиясының биргеликтеги мәжилисин өткериў тәртибин бийкар етиў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
  2. Кеңес баслығына, оның конституциялық статусынан келип шыққан ҳалда, төмендеги ўәкилликлер берилсин:

(а) судьялар тәрепинен Судьялар әдеби кодекси нормалары бузылған ямаса мәплер соқлығысыўына жол қойылған жағдайларда судьялардың қәнигелик коллегиялары тәрепинен интизамый ис тийкарсыз тамамланған ямаса тайынланған интизамий жаза судья ислеген қылмысқа муўапық емес деп табылған жағдайда, маманлық коллегияларының тийисли қарарларын қайта көрип шығыў бойынша усыныс киргизиў;

(б) Кеңестиң структурасы ҳәм штат кестесин белгиленген штат бирликлери шеңберинде еркин тастыйықлаў.

  1. Кеңес ўәкилликлерине тийисли нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарлары министрликлер ҳәм уйымлар тәрепинен Кеңес пенен мәжбүрий тәртипте келисилиўи белгиленсин.

III. Судьялар жәмийетшилиги уйымлары жумысында ашықлық дәрежесин арттырыў ҳәм суд басқарыўын жетилистириў

  1. 2025-жыл 15-декабрьге шекем Кеңестиң рәсмий веб-сайтында төмендегилерди ашық жәриялап барыў әмелияты енгизилсин:

(а) суд системасындағы бос турған басшылық ҳәм жоқары турыўшы судьялық лаўазымларына тийисли мағлыўматлар ҳәм оларды ийелеў ушын таңлаўда қатнасыў тәртиби;

(б) суд системасында судьялық лаўазымлары, соның ишинде, басшылық ҳәм жоқары турыўшы судьялық лаўазымларына талабанларды таңлаў ҳәм тайынлаў бойынша барлық басқышларға байланыслы мағлыўматлар.

  1. Кеңес жумысына заманагөй санлы технологияларды кеңнен енгизиў, судьялық лаўазымларына талабанларды таңлаў ҳәм үйрениў процесин санластырыў мақсетинде:

(а) судьялық лаўазымларына талабанлардан артықша мағлыўматлар талап етилиўине шек қойыў мақсетинде “Санлы ҳүкимет” системасы уйымлараралық интеграцияласыў платформасы Кеңестиң мәлимлеме системасы менен толық интеграциялансын;

(б) судьялар жумысының нәтийжелилигин баҳалаўда жасалма интеллект имканиятларынан пайдаланыў жолға қойылсын;

(в) судьялық лаўазымына талабанлар ҳәм судьялардың психологиялық портрети бойынша судьяның кәсибине мүнәсиплигин баҳалаўға жәрдемлесетуғын электрон бағдарламаны жетилистириў илажларын көрсин;

(г) Кеңес мәжилислеринде жабық даўыс бериў ҳәм қарар қабыл етиў процесслерине санлы технологиялар енгизилсин.

  1. Кеңес жумысының нәтийжелилигин арттырыў, заманагөй санлы технологияларды енгизиў мақсетинде Мәмлекетлик бюджет есабынан қаржыландырылатуғын қосымша 4 штат бирлиги ажыратылсын.
  2. Кеңестиң улыўма штат бирликлериниң шекленген саны 32, соның ишинде, судья лаўазымлары – 13, атқарыў аппараты хызметкерлери – 10, қаржы-хожалық бөлими хызметкерлери – 6 етип белгиленсин.
  3. IV. Суд еркинлиги кепилликлерин күшейтиў.
  4. Кеңес (Х.Ёдгоров), Жоқарғы суд (Б.Исламов) ҳәм Бас прокуратура (Н.Йўлдошев) үш ай мүддетте төмендегилер бойынша аналитикалық мағлыўмат киргизсин:

(а) әдалатcыз ҳүким, қарар, ажырым ямаса қарар шығарғаны ушын жуўапкершиликти белгилеўши нызамшылық нормаларын суд еркинлигине байланыслы халықаралық стандартлар тийкарында қайта көрип шығыў;

(б) Кеңес ағзаларының суд ҳәкимияты еркинлигин тәмийинлеў бағдарындағы жумысына араласқаны ушын жынайый жуўапкершилик илажларын белгилеў;

(в) судьялар ҳәм суд хизметкерлери күнин белгилеў.

  1. Кеңес ҳәм Жоқарғы судтың судьяның бийғәрезлиги ҳәм жуўапкершилиги арасындағы тең салмақлылықты тәмийинлеў мақсетинде судьяға интизамый жаза қолланыў системасын ашық-айдын ҳәм әдалатлы етиў бойынша төмендеги усыныслары мақуллансын:

(а) судьяға қарата интизамый ис көрип шығылыўында оның қорғаўға болған ҳуқықын бериў;

(б) төменги судьялық лаўазымына өткериў интизамый жаза шараларын енгизиў;

(в) интизамый жаза әмелде болган ўақытта жоқары судьялық лаўазымына усыныс етилмеў;

(г) судьяны интизамый жуўапкершиликке тартыў тийкарларының анық өлшемлерин белгилеў.

  1. V. Судьялар корпусында гендер теңликти тәмийинлеў ҳәм илимий потенциалды арттырыў.
  2. Судьялар корпусында гендер теңликти тәмийинлеў мақсетинде:

(а) Кеңестиң Әдил судлаў академиясының кәсиплик қайта таярлаў курсларына қабыллаўда ҳәр жылы зәрүрликке бола Кеңес тәрепинен ҳаял-қызлар ушын квота белгилеў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин;

(б) интакер судьялар топары тәрепинен Өзбекстан ҳаял судьялар ассоциациясын шөлкемлестириў бойынша усыныс ислеп шығылғаны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

  1. Суд системасында кеминде бес жыллық мийнет стажына ҳәм илимий потенциалға ийе судьялар нызамшылықта белгиленген тәртипте Әдил судлаў академиясына профессор-оқытыўшы лаўазымына тайынланғанда Академиядағы жумысы жуўмақланғаннан кейин оның бурын жумыс ислеген судьялық лаўазымында жумысын даўам еттириўи, бос турған судьялық лаўазымы болмаған жағдайда, разылығы менен алдынғысына тең басқа судьялық лаўазымына өткерилиўи белгиленсин.
  2. VI. Пәрманның орынланыўын шөлкемлестириў, тәмийинлеў ҳәм қадағалаў
  3. Судьялар жәмийетшилиги уйымлары жумысының нәтийжелилиги ҳәм ашық-айдынлығын буннан былай да арттырыў бойынша “жол картасы” қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  4. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 7-декабрьдеги “Судьялардың ҳақыйқый еркинлигин тәмийинлеў және суд системасында коррупцияның алдын алыў нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында”ғы ПП-6127-санлы Пәрманы 8-бәнтиниң үшинши ҳәм төртинши абзацлары және 2-қосымшасы өз күшин жойытқан деп есаплансын.
  5. Кеңес (Х.Ёдгоров) мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте үш ай мүддетте нызамшылыққа усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында усыныслар киргизсин.

Усы Пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Судялар жоқары кеңесиниң баслығы Х.Б. Ёдгоров белгиленсин.

  1. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў ҳәм орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы басшысының суд системасын реформалаў бойынша орынбасары Н.Ж.Хакимоваға жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                 Ш.МИРЗИЁЕВ