Прокуратура уйымлары хызметкерлери күни мүнәсибети менен бир топар хызметкерлерди сыйлықлаў ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы
Елимиз прокуратура уйымларындағы көп жыллық пидәкерлик мийнети, елимизде нызамлылықты ҳәм ҳуқық-тәртибин беккемлеўге қосқан үлкен үлеси, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин, жәмийет ҳәм мәмлекеттиң нызам менен қорғалатуғын мәплерин қорғаў жолындағы ибратлы жумысы, ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў ҳәм жәмийетимизде ҳуқықый мәдениятты арттырыў, жас әўладты Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаў бағдарындағы айрықша хызметлери ушын төмендегилер сыйлықлансын:
«Меҳнат шуҳрати» ордени менен
Калонов Ботир Хамзаевич – Өзбекстан Республикасы прокуратурасы ветеранларын социаллық қоллап-қуўатлаў жәмийетлик орайының баслығы
«Мардлик» ордени менен
Юнусов Марат Эркинович – Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти баслығының биринши орынбасары
«Дўстлик» ордени менен
Разакова Гулчехра Нарзуллаевна – Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаментиниң Ташкент қалалық басқармасы аға инспекторы
«Жасорат» медалы менен
Зарипов Жамшид Баходирович – Жиззақ ўәлаяты прокуратурасы бөлим баслығы
Махмудов Муродбек Мадиёрович – Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының жуўапкер хызметкери
«Содиқ хизматлари учун» медалы менен
Ахмедов Бахридин Тожиевич – Наўайы қәнигелестирилген прокурорының орынбасары
Рахимов Урал Ташбулович – Самарқанд ўәлаяты Тайлақ районы прокурорының үлкен жәрдемшиси
Юнусов Баходир Холиярович – Сурхандәрья ўәлаяты Қизириқ районы прокуроры
«Шуҳрат» медалы менен
Гаиббаева Нигина Тайиржоновна – Наманган ўәлаяты прокуратурасы бөлим баслығы
Қобулов Дилмурод Қобулович – Сырдәрья ўәлаяты прокурорының орынбасары
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2026-жыл 7-январь