Өзбекистан Республикасы Президентиниң қарары
Өзиниң миллий тарийхына ҳәм мәдениятына, дүньяда ең үлкен байлық болған интелектуаллық және руўхый потенциалға терең ҳүрмет пенен қатнас жасаў, оны қәстерлеп сақлаў ҳәм байытыў, усы тийкарда жас әўладты миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдриятлар руўхында тәрбиялаў дүньядағы ҳәр бир мәмлекеттиң ҳәм жәмийеттиң материаллық, сондай-ақ, руўхый жақтан раўажланыўында, әлбетте, шешиўши орын ийелейди.
Усы бағдарда дүнья тарийхында дәслепки Шығыс Ояныў дәўири – Мусылман Ренессансы деп аталған орта әсирлерлерде ҳәм оннан кейинги заманларда бүгинги Өзбекистан топырағынан жетисип шыққан уллы илимпазлар менен ағартыўшылардың дүнья илимине ҳәм мәдениятына, муқаддес ислам дининиң раўажланыўына қосқан бийбаҳа үлеси дүнья илимий жәмийетшилиги тәрепинен ҳақылы түрде тән алынған. Атап айтқанда, IX-XI әсирлерде Хорезмде шөлкемлестирилген Маъмун академиясы ҳәм «Байт ул-ҳикма», яғный «Данышпанлық үйи» деген ат пенен данқ таратқан Бағдад академиясында, XV әсирде Самарқандта қәлиплескен Мырза Улығбектиң илимий мектебинде жемисли мийнет еткен илимпазлар, өтмиште елимизде ислам дининиң мазмун-мәнисин терең изертлеў ҳәм үгит-нәсиятлаў бойынша бийтәкирар шығармалар дөреткен уламалар пүткил дүньяға данқ таратқан.
Орта әсирлердиң дәслепки дәўиринде уллы бабаларымыз тәрепинен математика, астрономия, физика, химия, геодезия, фармакология, медицина сыяқлы анық пәнлер менен бирге, тарийх, география, философия, мәденият ҳәм көркем өнер, архитектура салаларында жаратылған уллы илимий идеялар менен ашылыўлар дүнья илиминиң ҳәм цивилизациясының раўажланыўында кескин бурылыс жасады.
Өз дәўириндеги барлық қыйыншылықларға ҳәм аўыр сынақларға қарамастан, бул илимпазлар менен ағартыўшылар илимди раўажландырыў жолындағы өз ўазыйпасына, гуманизм ҳәм ағартыўшылық идеяларына бәрқулла садық қалып, ҳақыйқый руўхый жигерлилик үлгисин көрсетти ҳәм олардың халқымыз және адамзат алдындағы уллы хызметлери, әсиресе, ғәрезсизлик жылларында мүнәсип ҳүрмет-иззетке бөленип келмекте.
Уллы бабаларымыз тәрепинен дөретилген ҳәм бүгинги күнде пүткил дөретиўши дүньяны лал қалдырып атырған илимий мийрас тек ғана бир миллет яки халықтың емес, ал пүткил инсанияттың руўхый мүлки болып, бул бийбаҳа байлық жаңа ҳәм жаңа әўладлар ушын данышпанлық және билим дәреги, ең әҳмийетлиси, жаңа ашылыўлар ушын беккем тийкар болып хызмет ететуғынына гүман жоқ.
Соның менен биге, әне, усы бийтәкирар илимий мийрастың барлық қатламлары еле толық үйренилмеген ҳәм өз изертлеўшилерин күтпекте. Бир ғана елимиздиң китап фондларында сақланып атырған, тийкарғы бөлеги ЮНЕСКОның мәдений мийрас дизимине киргизилген 100 мыңнан аслам қолжазба дөретпелер де соннан дәрек беретуғынын атап өтиў орынлы.
Халқымыздың ақылый дөретиўшилиги менен қурылған әне, усындай теңи-тайы жоқ мийрасты илимий тийкарда ҳәр тәреплеме терең үйрениў, елимизден жетисип шыққан уллы илимпазлар менен ағартыўшылардың өмири ҳәм илимий-дөретиўшилик жумысы туўралы бир пүтин көз-қарас оятыў, олар менен халқымызды ҳәм дүнья жәмийетшилигин кеңнен таныстырыў, халықаралық көлемде динлераралық ҳәм цивилизациялараралық пикирлесиўди жолға қойыў, инсанның жүрегин, сана-сезимин ийелеў ушын ҳәр қыйлы қәўип-қәтерлер күшейип атырған бүгинги қыйын дәўирде ислам дининиң инсаныйлық мазмун-мәнисин ашып бериў, жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық пенен гүресиў, жас әўладты гуманистлик идеялар, миллий мақтаныш руўхында тәрбиялаў мақсетинде:
- Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Дин ислери бойынша комитет, Мәденият министрлиги, Илимлер академиясы, Республикалық миллий идея ҳәм ағартыўшылық илимий-әмелий орайы, Өзбекистан Жазыўшылар аўқамы, Ташкент ислам университети, Өзбекистан мусылманлары мәкемеси, «Камолот» жаслар жәмийетлик ҳәрекети ҳәм жәмийетшилик ўәкиллери тәрепинен билдирилген усынысларды инабатқа ала отырып, Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети жанында мәмлекетлик мәкеме түриндеги Өзбекистандағы Ислам мәденияты орайы (кейинги орынларда – Орай) шөлкемлестирилсин.
- Төмендегилер Орайдың тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
елимиздиң әсирлер даўамында дүнья цивилизациясының ажыралмас бөлеги, ислам мәденияты орайларынан бири болып келгенин сәўлелендиретуғын илимий-тарийхый концепцияны ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў;
Орай қурамындағы китапхана ҳәм архив, қолжазбалар фондларын бүгинги Өзбекистан топырағынан жетисип шыққан уллы илимпазлар менен ағартыўшылар, әзийз-уламалар, олар тәрепинен тийкар салынған илимий ҳәм диний мектеплерге байланыслы елимизде ҳәм шет еллерде сақланып атырған әййемги қолжазбалар және тас баспа китаплар, тарийхый дәлиллер ҳәм ҳүжжетлер, археологиялық табылмалар, әййемги естеликлер, усы бағдардағы заманагөй илимий-изертлеў жумыслары, китап ҳәм топламлар, видео ҳәм фото ҳүжжетлердиң есабынан қәлиплестириў;
Орай қурамындағы музей экспозициясының тематикалық бағдарларын терең ойланған, илимий тийкарланған анық реже бойынша қәлиплестириў ҳәм оны ең заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологиялары тийкарында көрсетиў;
ислам дининиң раўажланыўына үлкен үлес қосқан уллы ўатанласларымыз – Имам Бухарий, Имам Термизий, Ҳәким Термизий, Әбу Мансур Мотурудий, Әбу Муин Насафий, Қаффол Шоший, Абдулхолиқ Ғиждувоний, Нажмиддин Қубра, Бурҳаниддин Марғиноний, Баҳауиддин Нақшбанд, Хожа Аҳрар Валий сыяқлы илимпазлардың бийбаҳа мийрасын илимий тийкарда терең изертлеў, олардың илимий-руўхый ерлигин, уллы инсаныйлық пазыйлетлерин кеңнен үгит нәсиятлаў;
дүнья илими тарийхында өшпес из қалдырған Муҳаммед Хорезмий, Аҳмад Фарғоний, Әбу Насыр Фарабий, Әбу Райхан Беруний, Әбу Әли Ибн Сино, Маҳмуд Замаҳшарий, Мырза Улығбек, Әли Қусшы сыяқлы илимпазлар менен ағартыўшылар мийрасының тарийхый ҳәм заманагөй цивилизацияның раўажланыўындағы орнын ҳәм әҳмийетин, Әлийшер Наўайы, Заҳириддин Муҳаммед Бабур, Камолиддин Беҳзод, Маҳмуд Музаҳҳиб сыяқлы классикалық әдебият ҳәм көркем өнер ғайраткерлери дөретиўшилигиниң инсаныйлық мазмун-мәнисин терең ашып бериў;
ислам дини адамларды, барлық миллетлер менен халықларды бәрқулла нурлы турмысқа, жақсылыққа, өз-ара дослыққа ҳәм инсаныйлыққа шақыратуғынын, оның негизги, гуманистлик мазмунын терең талқылаўға қаратылған илимий изертлеўлерди, дүнья жәмийетшилигин бир мақсет жолында – жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық пенен гүресиў жолында бирлесиўге шақыратуғын ҳәр қыйлы әнжуманларды, ағартыўшылық илажларды әмелге асырыў;
Өзбекистанның әййемги тарийхы ҳәм мәденияты, мәмлекетшилик дәстүрлери, халқымыздың турмыс тәризи менен дүнья қарасы ислам цивилизациясы менен тығыз байланыслы түрде қәлиплесип, раўажланғанын Самарқанд, Бухара, Хийўа, Ташкент, Кеш, Насаф, Термиз, Әндижан, Марғилан, Кармана, Қоқанд сыяқлы әййемги қалаларымыз, уллы илимпазлар ҳәм әзийз-уламалардың естелигине бағышлап елимизде қурылған естелик комплекслери, муқаддес зыярат етиў орынларының макети, уллы тулғалар, бийбаҳа қолжазбалар ҳәм тасбаспа шығармалар, материаллық және материаллық емес мийрас, атап айтқанда, «Шашмақом» үлгилери сыяқлы бийбаҳа экспонатлар арқалы сәўлелендириў, усы бағдарларда илимий изертлеўлер алып барыў, олардың нәтийжелери тийкарында энциклопедиялар, катологлар менен альбомлар, илимий-көпшилик топламлар, телекөрсетиўлер, фильмлер ҳәм басқа да материалар таярлаў;
Орайда, жергиликли ҳәм шет елли қәнигелерди кеңнен тартқан ҳалда, илимий-изертлеў жумысларын жолға қойыў ҳәм олардың нәтийжелеринен елимизди және дүнья жәмийетшилигин хабардар етип барыў;
Европа Ренессансының қәлиплесиўине күшли тәсир көрсеткен Мусылман Ренессансы дәўиринде илим, мәденият ҳәм көркем өнер, архитектуралық раўажланыў ҳаққындағы кең қамтылған мағлыўматлар павильонларын шөлкемлестириў арқалы Орайда таныстырылатуғын экспозицияларды сол дәўирге тийисли экспонатлар ҳәм көргизбели дәреклер менен байытыў;
дүнья тарийхында «Әмир Темур ҳәм темурийлер ренессансы» деген ат пенен айрықша орын ийелейтуғын дәўирде жаратылған илим, мәденият ҳәм архитектуралық ғәзийнелерди ислам мәдениятының тек ғана елимиздеги емес, ал пүткил мусылман дүньясындағы раўажланыў және жетилисиў дәўири сыпатында көрсетиў;
бүгинги күнде барған сайын үлкен әҳмийетке ийе болып атырған динлераралық ҳәм цивилизациялараралық пикирлесиўди нәтийжели жолға қойыў мақсетинде Өзбекистандағы Ислам мәденияты орайының дүньядағы абыройлы халықаралық илимий мәкемелер ҳәм структуралар, соның ишинде, ЮНЕСКО, АЙСЕСКО сыяқлы халықаралық шөлкемлер менен жақыннан бирге ислесиў байланысларын орнатыў.
- Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Өзбекистандағы Ислам мәденияты орайынының шөлкемлестириўшилик структурасы 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Орай директорына, зәрүрлик туўылғанда, Орайдың шөлкемлестириўшилик структурасына хызметкерлердиң белгиленген улыўма шекленген саны шеңберинде өзгерислер киргизиў ҳуқықы берилсин.
- Орайдың жумысын қоллап-қуўатлаў ҳәм муўапықластырыў бойынша қәўендерлик кеңесиниң қурамы 2-қосымшаға бола тастыйықлансын.
- Төмендегилер:
Орай директоры Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен лаўазымға тайынланатуғыны ҳәм лаўазымнан азат етилетуғыны;
Орайдың жумысын қоллап-қуўатлаў ҳәм муўапықластырыў бойынша қәўендерлик кеңеси Орайдың жумысын муўапықластыратуғыны, оған жүкленген ўазыйпаларды әмелге асырыўда көмеклесетуғыны белгилеп қойылсын.
- Өзбекистандағы Республикасы Министрлер Кабинети бир ай мүддетте:
Өзбекистандағы Ислам мәденияты орайының уставын тастыйықласын;
Орайдың ҳәкимшилик ҳәм тийкарғы имаратларын (кейинги орынларда –объект деп аталады), оның қурамындағы китапхана менен музейди есапқа ала отырып, Ташкент қаласындағы Ҳәзирети Имам (Ҳастимам) комплексине тутас аймақта қурыў, оның зәрүр материаллық-техникалық базасын ҳәм инфраструктураларын қурыў және раўажландырыў жойбарларын тастыйықлаў ҳәм әмелге асырыў, Орайдың жумысына жоқары маманлықтағы қәнигелерди тартыў бойынша Министлер Кабинетиниң қарарын тастыйықласын.
Қарарда төмендеги ўазыйпалардың белгилениўи нәзерде тутылсын:
объекттиң қурылыс-монтажлаў ҳәм үскенелеў жумысларында қолланылатуғын және жумысты бөлип алыў шөлкеми ҳәм буйыртпашы тәрепинен алып келинетуғын қурылыс материалларын, әсбап-үскенелерди, комплектлеўши буйымларды, мебельлерди, инвентарьларды ҳәм үскенелерди орнатылған тәртипте тастыйықланған дизимлер бойынша бажыхана төлемлеринен (бажыхана жыйымларынан тысқары) азат етиў;
елимизде ислеп шығарылатуғын ҳәм шет елден алып келинетуғын қурылыс материалларын, әсбап-үскенелерди, комплектлеўши буйымларды, мебельлерди, инвентарларды ҳәм үскенелерди тендер өткерместен, ислеп шығарыўшылар ҳәм жеткерип бериўшилердиң ең жақсы үлгилер бойынша усыныслары тийкарында сатып алыў;
объект ушын мөлшерленген, шет елден алып келинетуғын қурылыс материалларын, әсбап-үскенелерди, комплектлеўши буйымларды, мебельлерди, инвентарларды ҳәм үскенелерди бас жумысты бөлип алып ислеўшиниң қоймаханаларында (ИМ-74) (бажыхана қоймаханасы) бажыхана режиминде орналастырыўға руқсат бериў;
Орайдың илимий-тарийхый концепциясын ислеп шығыў, оның музейиниң ҳәм китапханасының жумысын және фондларын қәлиплестириў, экспозицияларды шөлкемлестириў тәртиплерин белгилеў;
Илимий-тарийхый концепцияны ислеп шығыўға шет ел қәнигелерин тартыў ҳәм бул бағдардағы алдынғы шет ел тәжирийбесин үйрениў.
- Ташкент қаласы ҳәкимлиги:
объект қурылысы ушын таңланған жер майданындағы турақ жай имаратларын ҳәм басқа да объектлерди белгиленген тәртипте бузып алыў ҳәм көшириў жумысларын еки ай мүддетте әмелге асырсын;
жойбарлаў-смета ҳүжжетлерин ислеп шығыў ҳәм қурылыс-монтажлаў жумысларын белгиленген мүддетлерде әмелге асырыў ушын барлық зәрүр шараятлардың жаратылыўын тәмийинлесин;
«Давархитектқурилиш» комитети ҳәм «Ергеодезкадастр» мәмлекетлик комитети менен биргеликте объект қурылысы ушын тийисли жер майданының ажыратылыўын еки ҳәпте мүддетте тәмийинлесин;
- «Давархитектқурилиш» комитети жойбарлаў-смета ҳүжжетлери белгиленген тәртипте мәмлекетлик экспертизадан өткерилиўин ҳәм қурылыс-монтажлаў жумысларын белгиленген мүддетлерде әмелге асырыў ушын барлық зәрүр шараятлардың жаратылыўын тәмийинлесин.
- Өзбекистан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги:
Орайға мәдений-гуманитарлық саладағы абыройлы халықаралық шөлкемлер ҳәм шет еллердеги усы бағдарда жумыс ислеп атырған мәкемелер менен илимий бирге ислесиў орнатыўда ҳәм раўажландырыўда әмелий жәрдем берсин;
Орайдың мүрәжатына бола, Орайды шөлкемлестириў, оның жумысын раўажландырыў және келешекте өткерилетуғын илажларда (конференция, симпозиум, форум ҳәм басқалар) қатнасатуғын шет ел қәнигелерине визалардың консуллық ҳәм басқа да жыйымлар өндирилместен рәсмийлестирилиўин тәмийинлесин.
- Өзбекистан Республикасы Ишки ислер министрлиги орай тәрепинен берилетуғын буйыртпаларға бола, Орайды шөлкемлестириў, оның жумысын раўажландырыў және усы мәкеме тәрепинен келешекте өткерилетуғын илажларда қатнасатуғын тийисли шет елли қәнигелерге көп мәртелик визалардың берилиўин ҳәм олардың мүддетиниң созылыўын, сондай-ақ, олардың Өзбекистан Республикасында ўақтынша пропискадан өткерилиўин және мүддетиниң созылыўын мәмлекетлик бажы өндирместен тәмийинлесин.
- Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги бир ай мүддетте Орайдың штат кестесин ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте тастыйықласын.
- Төмендегилер орайды қаржыландырыў дәреклери етип белгиленсин:
Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары;
Ислам бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлерден түсетуғын ықтиярлы төлемлер;
Өзбекистан Республикасы ҳәм шет еллердиң физикалық ҳәм юридикалық шахсларының қайырқомлық қаржылары;
белгили бир жойбарлардан ҳәм грантлардан ажыратылған қаржылар.
- Орайдың ҳәкимшилик ҳәм тийкарғы имаратларын қурыў, оның материаллық-техникалық базасын беккемлеў бағдарындағы жумыслар белгили ўатанласымыз, россиялы исбилермен Әлийшер Усмановтың қайырқомлық қаржылары есабынан әмелге асырылатуғыны инабатқа алынсын.
- Жергиликли ҳәм шет елли юридикалық ҳәм физикалық шахсларының Орайды шөлкемлестириў ҳәм оның материаллық-техникалық базасын беккемлеўге бағдарланған қайырқомлық қаржылары дәрамат салығынан азат етилсин.
- Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 6-апрельдеги Б-4891-санлы бийлиги тийкарында шөлкемлестирилген Товарлар (жумыслар, хызметлер) импортының көлемин ҳәм қурамын сын қөз-қарастан талқылаў, импорттың орнын басатуғын өнимлерди ислеп шығарыўды жергиликлилестириўди тереңлестириў бойынша Комиссия менен келисилген ҳалда, Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланатуғын дизим тийкарында бас жумысты бөлип алып ислеўши тәрепинен Орай ушын алып келинетуғын, Өзбекистан Республикасында ислеп шығарылмайтуғын қурылыс материаллары, әсбап-үскенелер, комплектлеўши буйымлар, мебельлер, инвентарьлар ҳәм үскенелер 2022-жыл 1-январьға шекем бажыхана төлемлеринен (бажыхана жыйымларынан тысқары) азат етилсин.
- Өзбекистан Республикасының Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети усы объект қурылысы шеңберинде қурылыс материаллары, әсбап-үскенелер, комплектлеўши буйымлар, мебельлер, инвентарьларды ҳәм үскенелерди сатып алыў бойынша шәртнамаларды он күн мүддетте экспертизадан өткерсин.
- «Ўзбекистон ҳаво йўллари» МАК Орайдың буйыртпаларына бола Орайды шөлкемлестириў, оның жумысын раўажландырыў және усы мәкеме тәрепинен келешекте өткерилетуғын илажларда қатнасатуғын жоқары мәртебели мийманларға Ислам Кәримов атындағы Ташкент халықаралық аэропортының V8P залы арқалы бийпул хызмет көрсетилиўин, шет елли қәнигелерге усы аэропорттың V8P залы арқалы белгиленген тәртипте хызмет көрсетилиўин тәмийинлесин.
- Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Дин ислери бойынша комитет Әдиллик министрлиги, мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар киргизиў ҳаққындағы усынысларды еки ай мүддетте Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Өзбекистан Баспасөз ҳәм хабар агентлигине, Өзбекистан Миллий телерадиокомпаниясына, Өзбекистан Миллий мәлимлеме агентлигине, «Жаҳон» мәлимлеме агентлигине Өзбекистандағы Ислам мәденияты орайын қурыў ҳәм оның жумысын жолға қойыўға байланыслы жумысларды ғалаба хабар қуралларында сәўлелендирип барыў усыныс етилсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Ариповқа ҳәм Өзбекистан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйлери Х.Султанов ҳәм Р.Комиловқа жүкленсин.
Өзбекистан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2017-жыл 23-июнь