Өзбекистан Республикасы Президентиниң қарары
Халқымыздың руўхый дәрежесин арттырыў, жас әўладты жоқары инсаныйлық идеялар, ана Ўатанға меҳир ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаў, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдриятлар тийкарында камалға жеткериўде музыка көркем өнериниң орны ҳәм әҳмийети шексиз.
Мине, усындай әҳмийетли ўазыйпаны орынлаў бағдарында Өзбекистан Композиторлар аўқамының жумысында заман талапларынан артта қалыў, нәтийжесиз дөретиўшилик, инталылықтың жетиспеўшилиги сыяқлы жағдайлар бақланбақта. Аўқамның қаржы жағдайы менен материаллық-техникалық базасына байланыслы машқалалар да оның жумысына унамсыз тәсир етпекте.
Бай музыка мийрасымызды қәстерлеп сақлаў ҳәм раўажландырыў, усы бағдарда жумыс ислеп атырған дөретиўшилик шөлкемлер менен жәмәәтлердиң, композиторлар менен мелодистлердиң, атқарыўшылар менен сазенделердиң, жас атқарыўшылардың жумысын муўапықластырыў, олардың таланты менен шеберлигин жүзеге шығарыў, зәрүр материаллық жәрдем бериў, сала ўәкиллериниң арасында нәтийжели дөретиўшилик орталығын шөлкемлестириў бойынша көплеген әҳмийетли ўазыйпалар өз шешимин күтпекте.
Жоқарыда атап өтилген машқалаларды шешиў ҳәм Өзбекистан Композиторлар аўқамының жумысын түп-тийкарынан жетилистириў мақсетинде:
- Өзбекистан Композиторлар аўқамы белсендилери кеңесиниң Өзбекистан композиторлар аўқамын Өзбекистан композиторлары ҳәм мелодистлери аўқамы сыпатында қайта шөлкемлестириў ҳаққындағы қарары мақуллансын.
- Төмендегилер Өзбекистан композиторлары ҳәм мелодистлери аўқамының (кейинги орынларда – Аўқам деп аталады) тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленгени мағлыўмат ушын қабыл етилсин:
халқымыздың эстетикалық талаплары менен мүтәжликлерин ҳәр тәреплеме есапқа ала отырып, заманагөй руўхтағы көркемлиги жоқары шығармалар дөретиў, үлкен музыкалық шығармалар, соның ишинде, опера, симфония, концерт ҳәм оратория сыяқлы классикалық жанрлардың раўажланыўына айрықша итибар қаратыў;
жас композиторлардың, мелодистлер менен музыкатаныўшылардың, барлық атқарыўшылардың дөретиўшилик пенен нәтийжели шуғылланыўы ушын имканиятлар менен шараятларды кеңейтиў;
елимиздиң мәдений ҳәм жәмийетлик турмысында белсене қатнасыў, мәмлекетлик уйымлар, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, ғалаба хабар қураллары, дөретиўшилик аўқамлар ҳәм басқа да шөлкемлер менен биргеликте музыка көркем өнери саласында дөретиўшилик етип атырған барлық дөретиўшилерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў;
миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдриятларды қәстерлеп сақлаў, музыкалық тәлим-тәрбия саласын жетилистириў, классикалық ҳәм заманагөй музыка көркем өнерин үгит-нәсиятлаў процесслеринде белсене қатнасыў;
Өзбекистан Республикасы Мәденият министрлиги менен дөретиўшилик бирге ислесиўди күшейтиў, ҳәр қыйлы дөретиўшилик таңлаўларды өткериў, композиторлардың дөретиўшилигин хошаметлеўге қаратылған концертлер, фестивальлар, дөретиўшилик кешелери менен ҳәм басқа да мәдений-ағартыўшылық, ғалабалық илажларды шөлкемлестириў;
халықаралық мәдений ҳәм музыкалық жақтан бирге ислесиўдиң шеңберин кеңейтиў, жас композиторларды, мелодистлер менен музыкатыныўшыларды заман талаплары дәрежесинде таярлаў, шет мәмлекетлердеги белгили композиторлар ҳәм музыкатаныўшылар менен өз-ара тәжирийбе алмасыўды жолға қойыў;
Өзбекистан мәмлекетлик консерваториясында сала ўәкиллери ушын маманлығын арттырыў курсларын шөлкемлестириў;
Реже талаплары тийкарында Аўқам ағзаларының қатарын жас талантлы композиторлар ҳәм мелодистлер, музыкатаныўшылар менен толықтырып барыў.
- Төмендегилер:
Өзбекистан композиторлары ҳәм мелодистлери аўқамының структурасы 1-қосымшаға муўапық;
Қарақалпақстан композиторлары ҳәм мелодистлери аўқамының структурасы 2-қосымшаға муўапық мақуллансын.
- Аўқам ҳәм оның аймақлық бөлимлериниң жумысына байланыслы қәрежетлерди қаплаў, сондай-ақ, олардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў бойынша қәрежетлерди қаржыландырыў дәреги етип, Өзбекистан дөретиўшилерин қоллап-қуўатлаў «Илҳам» жәмийетлик фонды (кейинги орынларда – Фонд деп аталады) қаржылары ҳәм нызамшылықта қадаған етилмеген басқа да дәреклер белгиленсин.
Бул бойынша Аўқам ҳәм оның аймақлық бөлимлери хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеў қәрежетлери Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик бюджетинен Фондқа ажыратылатуғын бюджет қаржылары (субсидия) есабынан қапланатуғыны нәзерде тутылсын.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Аўқамның аймақлық бөлимлериниң анық мәнзиллер бойынша орналастырылыўын тәмийинлесин.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Аўқамның ағзасы болған белсенди композиторлар менен мелодистлерди, музыкатаныўшыларды жеңилликли ипотека кредитлери тийкарында арзан турақ жайлар ямаса жер участкалары менен тәмийинлеў бойынша тийисли илажларды көрсин.
- «Асакабанк» акционерлик коммерциялық банкиниң Өзбекистан композиторлары ҳәм мелодистлери аўқамының «Дослар клубы»на басшылық етиў бойынша билдирген басламасы мақуллансын. «Асакабанк» акционерлик коммерциялық банкиниң Өзбекистан композиторлары ҳәм мелодистлери аўқамы менен биргеликте Ташкент қаласы, Мырза Улығбек районы, Яҳё Ғуломов көшеси, 69-жайда жайласқан Аўқамның имаратын оңлаў, оның материаллық-техникалық базасын беккемлеў, саланың белгили ғайраткерлериниң электрон архивин ҳәм арнаўлы фонотекасын, даўыс жазыў студиясын және «Музыка дөретиўшилери» музейин шөлкемлестириўде қәўендерлик жәрдемин көрсетиў ҳаққындағы усынысы қоллап-қуўатлансын.
- Аўқам өз жумысын жетилистириў мақсетинде дүньядағы раўажланған мәмлекетлердиң музыка көркем өнери саласындағы дөретиўшилик аўқамлар менен өз-ара бирге ислесиў байланысларын жолға қойыў, соның ишинде, халықаралық шөлкемлердиң грантларын тартыў илажлары белгиленгени мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
Аўқамның усынысы менен оның белсенди ағзаларын шет мәмлекетлерге маманлығын арттырыў ҳәм тәжирийбе алмасыў ушын Фондтың есабынан хызмет сапарларына жибериў системасы жолға қойылсын.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекистан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи Х.М.Султановқа жүкленсин.
Өзбекистан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2017-жыл 15-август
***
Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Өзбекистан композиторлары аўқамының жумысын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарарына
ТҮСИНИК
Бүгинги күнде халқымыздың мәдений дәрежесин арттырыў, жерлеслеримизди, әсиресе, жас әўладты жоқары адамгершилик идеялары, ана Ўатанымызға меҳир ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаў, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдриятлар тийкарында камалға келтириўде музыка көркем өнериниң орны ҳәм әҳмийети шексиз.
Әне усындай ийгиликли ўазыйпаларды әмелге асырыўда музыка көркем өнери ғайраткерлериниң профессионал шөлкеми – Өзбекистан композиторлар аўқамы айрықша орын ийелейди. 1938-жылы шөлкемлестирилген, үлкен жумыс тәжирийбесине ийе болған бул Аўқам халқымыз, әсиресе, жаслар арасында миллий ҳәм жәҳән музыка көркем өнериниң классикалық үлгилерин үгит-нәсиятлаў, олардың көркем-эстетикалық талғамын ҳәм мәдениятын арттырыў, елимиз композиторларының профессионаллық жумысы, жасаў шараяты менен байланыслы әҳмийетли мәселелерди нәтийжели шешиў, оларды жаңа, көркемлиги жағынан жетик шығармалар дөретиўге руўхландырыў бойынша оғада көп қырлы жумысы арқалы миллий мәдениятымыздың раўажланыўына мүнәсип үлес қосып келмекте.
Аўқам тәрепинен соңғы ўақытта өткерилген халықаралық симфониялық музыка фестивалы, «Куз наволари» халықаралық музыка фестивалы, «Давр садолари» музыка әнжуманы және Назира Аҳмедова атындағы халықаралық ҳәм республикалық қосық атқарыўшылары таңлаўлары сыяқлы көплеген илажлар елимиздиң жәмийетлик-сиясий турмысында әҳмийетли ўақыялар болды. Елимиз көлеминде өткерилип киятырған байрам ҳәм салтанатлар, мәмлекетлик илажлар, әдебий-көркем өнер кешелери менен ушырасыўлар Аўқамның ағзалары – белгили сазенде ҳәм атқарыўшылардың, композиторлардың қатнасыўы менен және де мазмунлы және пайызлы өтетуғынын ел журтымыз жақсы биледи ҳәм жоқары қәдирлейди.
Ҳәзирги ўақытта Өзбекистан Композиторлар аўқамының жумысын талқылаў соны көрсетпекте, бул абыройлы дөретиўшилик структура барлық салалардағы реформаларымыз жаңа басқышқа көтерилип атырған ҳәзирги раўажланыўымыздың талапларынан соңғы ўақытта бираз артта қалмақта. Аўқамның жумысында нәтийжесизлик, басламалардың жетиспеўшилиги сыяқлы жағдайлар бақланбақта, басқарыў аппаратының қаржы жағдайы ҳәм материаллық-техникалық базасына байланыслы машқалалар да оның жумысына кери тәсир етпекте.
Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың усы жыл 3-августта Өзбекистан дөретиўши зыялылары менен болған ушырасыўда шығып сөйлеген баянатында мәденият, әдебият ҳәм көркем өнер саласындағы басқа да мәселелердиң қатарында әне усы кемшиликлерге де айрықша итибар қаратылып, оларды сапластырыў бойынша әҳмийетли усыныслар ҳәм басламалар алға қойылған еди. Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен әне усы ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде «Өзбекистан композиторлар аўқамының жумысын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарарына қол қойылды.
Қарарға муўапық бәринен бурын Өзбекистан Композиторлар аўқамы белсендилери кеңеси тәрепинен билдирилген усыныс тийкарында аўқам Өзбекистан композиторлары ҳәм мелодистлери аўқамы етип өзгертилген ҳәм оның тийкарғы ўазыйпалары белгилеп берилген. Атап айтқанда, халқымыздың эстетикалық талаплары менен мүтәжликлерин ҳәр тәреплеме есапқа алып, заманагөй руўхтағы көркемлиги жоқары шығармалар дөретиў, жас композитор, мелодистлер менен музыкатаныўшылардың, барлық атқарыўшылардың дөретиўшилик пенен нәтийжели шуғылланыўы ушын имканиятлар және шараятларды кеңейтиў, үлкен музыкалық шығармалар, соның ишинде, опера, симфония, концерт ҳәм оратория сыяқлы классикалық жанрлардың раўажланыўына айрықша итибар қаратыў нәзерде тутылған.
Аўқамның жумысында елимиздиң мәдений ҳәм жәмийетлик турмысына белсене қатнасыў, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдриятларды қәстерлеп сақлаў, музыкалық тәлим-тәрбия саласын жетилистириў, мәмлекетлик уйымлар, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, дөретиўшилик аўқамлар ҳәм басқа да шөлкемлер менен тығыз бирге ислесиўди жолға қойыў мәселелери айрықша орын ийелеўи зәрүрлигине итибар қаратылған.
Ҳәзирги ўақытта, қарарда халықаралық мәдений ҳәм музыкалық бирге ислесиўдиң шеңберин кеңейтиў, жас композитор, мелодист ҳәм музыкатыныўшылардың маманлығын ҳәм шеберлигин турақлы арттырып барыў мақсетинде шет мәмлекетлердеги белгили композиторлар ҳәм музыкатаныўшылар менен өз-ара тәжирийбе алмасыўды жолға қойыў, композитор ҳәм мелодистлердиң дөретиўшилигин хошаметлеўге қаратылған концертлер, фестивальлар, дөретиўшилик кешелери ҳәм басқа да мәдений – ағартыўшылық, ғалабалық илажларды жоқары дәрежеде шөлкемлестириў лазымлығы атап өтилген.
Дөретиўшилик аўқамлардың жумысын қоллап-қуўатлаў мақсетинде шөлкемлестирилген «Илҳам» жәмийетлик фонды композиторлар, мелодистлер ҳәм музыкатаныўшылар ушын үлкен имканиятлар ҳәм жеңилликлер жаратады.
Қарардың тағы бир әҳмийетли жағы сонда, онда Аўқам ағзаларының дөретиўшилик пенен шуғылланыўы, дем алыўы ҳәм денсаўлығын тиклеўи ушын кең шараятлар жаратыў нәзерде тутылған. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесине, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлерине Аўқамның аймақлық бөлимлериниң анық мәнзиллер бойынша орналастырылыўын тәмийинлеў және Аўқамның ағзасы болған белсенди композиторлар менен мелодистлерди, музыкатаныўшыларды жеңилликли ипотека кредитлери тийкарында арзан турақ жайлар менен тәмийинлеў бойынша тийисли ўазыйпалар белгиленген.
Буннан тысқары, «Асакабанк» акционерлик коммерциялық банкиниң Өзбекистан композиторлары ҳәм мелодистлери аўқамының «Дослар клубы»на басшылық етиў бойынша билдирген басламасы мақулланып, бул шөлкем менен биргеликте Ташкент қаласы, Мырза Улығбек районы, Яҳё Ғуломов көшеси, 69-жайда жайласқан Аўқамның имаратын оңлаў, оның материаллық-техникалық базасын беккемлеў, белгили музыка ғайраткерлериниң электрон архивин ҳәм арнаўлы фонотекасын, даўыс жазыў студиясын және «Музыка дөретиўшилери» музейин шөлкемлестириўге қәўендерлик жәрдемин көрсетиўи нәзерде тутылған.
Қарарда композиторлар ҳәм мелодистлеримиздиң дөретиўшилигин кеңнен үгит-нәсиятлаў шет еллердеги белгили дөретиўшилер менен бирге ислесиўди беккемлеў, халықаралық симфониялық ҳәм республикалық музыка фестивальларын өткериў, жас дөретиўшилерди хошаметлеўди жолға қойыў, бул бағдарда музыка көркем өнериниң түрли жанрларында таңлаўлар шөлкемлестирилип барылыўына айрықша итибар қаратыў зәрүрлиги атап өтилген.
Жуўмақлап айтқанда, бул қарар Өзбекистан композиторлары ҳәм мелодистлери аўқамының жумысын ҳәр тәреплеме жетилистириў, Аўқамнның ағзаларын қоллап-қуўатлаў ҳәм жаңа шығармалар дөретиўге руўхландыратуғыны менен әҳмийетли.