Муғаллимлер ҳәм устазлар күни мүнәсибети менен тәлим-тәрбия системасында айрықша өрнек көрсеткен хызметкерлерден бир топарын сыйлықлаў ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы
Елимизде тәлим-тәрбия тараўын халықаралық стандартлар тийкарында раўажландырыў, бул бағдардағы реформалардың нәтийжелилигин арттырыў, оқыў процесине алдынғы тәжирийбелер, инновациялық педагогикалық технологияларды кеңнен енгизиў бағдарындағы мүнәсип үлеси, оқыўшы жасларға заманагөй билим ҳәм кәсип-өнерлерди үйретиў, олардың интеллектуаллық потенциалын арттырыў, жоқары маманлықтағы кадрларды таярлаў, саламат ҳәм бәркамал әўладты камалға келтириў, перзентлеримизди ана Ўатанға сүйиспеншилик ҳәм садықлық, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў жолындағы үлкен хызметлери, жәмийетлик турмыста белсене қатнасып атырғаны, сондай-ақ, елимизде билимлендириўге байланыслы инвестициялық жойбарларды табыслы әмелге асырып киятырғаны ушын төмендеги муғаллимлер сыйлықлансын:
Қарақалпақстан Республикасы бойынша:
«Меҳнат шуҳрати» ордени менен
Оразимбетова Гулдариха Кдирбаевна – Қараөзек районындағы 32-улыўма орта билим бериў мектебиниң инглис тили пәни муғаллими
«Дўстлик» ордени менен
Қалбаева Наубаҳар Пердебаевна – Нөкис районындағы 1-улыўма орта билим бериў мектебиниң қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими
«Шуҳрат» медалы менен
Жалелов Илхам Клишбаевич –Қанлыкөл районындағы 2-улыўма орта билим бериў мектебиниң шақырыўға шекемги басланғыш таярлық пәни муғаллими
Оразбаев Журабек Ибадуллаевич –Елликқала районындағы “Сарабий” оқыў орайының баслығы
Сарсенбаева Улдаулет Ансатбай қизи – Бозатаў районындағы 20-балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң бақсышылық классының муғаллими
Явидов Баҳрам Янгибаевич – Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының физика оқытыў методикасы кафедрасының профессоры
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2025-жыл 11-сентябрь