О. Назировқа «Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен артист» ҳүрметли атағын бериў ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Президентиниң
Пәрманы
Өзиниң жоқары таланты, атқарыў шеберлиги менен өзбек опера өнерин ҳәм миллий мәдениятымызды раўажландырыў, оның даңқын жоқарылатыўға қосқан мүнәсип үлеси, халықаралық көлемде дөретиўшилик байланысларын беккемлеў, халқымызды дүнья классикалық музыкасы менен таныстырыў, жаслардың көркем өнерге қызығыўшылығын ҳәм меҳрин арттырыў, оларды Ўатанға муҳаббат, улыўма инсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў бойынша ибратлы жумыслары ҳәм жәмийетлик турмысқа белсене қатнасқаны ушын Өзбекстан мәмлекетлик симфониялық оркестри опера артисти Назиров Отабек Баҳадир улына «Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен артист» ҳүрметли атағы берилсин.
Өзбекстан Республикасы Президенти
Ш.Мирзиёев