Өзбекистан Республикасы Президентиниң қарары
Мүбәрек Қурбан ҳайытының руўхый турмысымыздағы орнын, мәниси менен әҳмийетин, халқымызға тән мийрим-шәпәәт, шүкиршилик ҳәм кеңпейиллик нышаны екенин итибарға алып, миллий-диний қәдриятларымызды сақлаў және улығлаў мақсетинде:
- Өзбекистан мусылманлары мәкемесиниң быйыл Қурбан ҳайытының биринши күни 1-сентябрь жума күнине туўра келиўи ҳаққындағы мүрәжатын инабатқа алып, 2017-жыл 1-сентябрь елимизде байрам сыпатында кеңнен белгиленсин.
- Республикалық «Нураний», «Мәҳәлле» қорлары ҳәм басқа барлық жуўапкер ведомстволар, жәмийетлик шөлкемлер Қурбан ҳайытының орынларда тәртипли ҳәм жоқары дәрежеде, халқымыздың миллий қәдриятларына сәйкес түрде өтиўи ушын тийисли илажларды әмелге асырсын.
- Өзбекистан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекистан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына Қурбан ҳайытын белгилеўге байланыслы илажларды кең түрде сәўлелендириў усыныс етилсин.
Өзбекистан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2017-жыл 24-август