USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Дүйшемби, 25 Ноябрь

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

КОРОНАВИРУС ПАНДЕМИЯСЫ ҲӘМ ГЛОБАЛ КРИЗИС ЖАҒДАЙЛАРЫНЫҢ ЭКОНОМИКА ТАРМАҚЛАРЫНА УНАМСЫЗ ТӘСИРИН ЖУМСАРТЫЎ БОЙЫНША БИРИНШИ ГЕЗЕКТЕГИ ИЛАЖЛАР ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң

п ә р м а н ы

Дүнья көлеминде коронавирус инфекциясының тарқалыўына қарсы гүресиўде, атап айтқанда, инсанлардың ҳәрекетлениўине шеклеўлер киргизиў ҳәм кәрханалардың жумысын тоқтатыў арқалы мисли көрилмеген илажлар көрилмекте.

Бул болса ең ири экономикаға ийе еллерде өндирис ҳәм тутыныў көлемлериниң кескин қысқарыўы, глобал өндирис шынжырларының ҳәм саўда байланысларының тоқтап қалыўы, дүнья финанс базарларында шийки зат товарлары баҳасының төменлеўи ҳәм конъюнктураның жаманласыўын келтирип шығарды.

Глобал экономика системасының бир бөлеги болған Өзбекстан экономикасына да усы факторлар тәсир етпекте, бул болса өз гезегинде бул жағдайдың унамсыз тәсирлерин жумсартыў бойынша нәтийжели алдын алатуғын илжалар көриўди талап етеди. Онда туризм, транспорт, фармацевтика ҳәм тоқымашылық санааты сыяқлы республика экономикасының жедел раўажланып атырған тармақларын қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың турақлылығын тәмийинлеўге айрықша итибар қаратыў зәрүр.

Коронавирус инфекциясының тарқалыўына қарсы гүресиў ҳәм басқа да глобал қәўип-қәтерлер дәўиринде макроэкономикалық турақлылықты, экономика тармақлары менен тараўларының үзликсиз ислеўин тәмийинлеў, сыртқы экономикалық жумысты хошаметлеў, халықты нәтийжели социаллық қоллап-қуўатлаў, мәмлекет халқының дәраматларының кескин төменлеп кетиўиниң алдын алыў мақсетинде:

1.Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги жанында юридикалық шахс шөлкемлестирмеген ҳалда, 10 триллион сум муғдарындағы Кризиске қарсы гүресиў қоры (кейинги орынларда-Кризиске қарсы гүресиў қоры) шөлкемлестирилсин.

Төмендеилер Кризиске қарсы гүресиў қорының қаржыларынан пайдаланыўдың тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:

а) коронавирус инфекциясының тарқалыўына қарсы гүрес бойынша төмендеги илажларды қаржыландырыў, атап айтқанда:

емлеў ҳәм басқа да мәкемелерди коронавирус инфекциясының тарқалыўына қарсы гүресиў ушын зәрүр болатуғын дәри-дармақлар ҳәм медициналық әсбаплар, қорғаўшы қураллар ҳәм тест системалары менен тәмийинлеў;

қәўип-қәтер астында болған ямаса вирус жуқтырғанлар менен қатнаста болған шахсларды карантинде сақлаў менен байланыслы қәрежетлерди қаплаў;

коронавирус инфекциясының тарқалыўына қарсы гүресиўде қатнасып атырған медицина хызметкерлерин материаллық хошаметлеў, республикалық санитариялық-эпидемиологиялық хызмет тәрепинен қорғаў илажларын әмелге асырыў қәрежетлери ушын қосымша қаржыларды ажыратыў;

жуқпалы кеселликлерди анықлаў, профилактика етиў ҳәм емлеў бойынша илажларға тартылған емлеў ҳәм басқа да мәкемелерди қурыў, оңлаў, реконструкциялаў ҳәм үскенелеў;

б) төмендегилер арқалы исбилерменликти ҳәм халық бәнтлигин қоллап-қуўатлаў:

Киши бизнести ҳәм исбилерменликти раўажландырыў агентлиги жанындағы Исбилерменликти раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қоры тәрепинен биринши гезекте социаллық әҳмийетке ийе тутыныў товарларын ислеп шығарыў, сатып алыў ҳәм сатыў ушын берилген кредитлер бойынша процент қәрежетлерин қаплаўға кепиллик және компенсация бериўди кеңейтиў;

республика аймақларында экономикалық белсендиликти ҳәм бәнтликти кеңейтиўге қаратылған қосымша инфраструктура жойбарларын әмелге асырыў, сондай-ақ, бәринен бурын, киши  санаат зоналарында инженерлик коммуникацияларын қурыў;

в) халықты социаллық қоллап-қуўатлаўды кеңейтиў, атап айтқанда, төмендегилер ушын қосымша қаржылар ажыратыў:

Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Кеңеси арқалы кем тәмийинленген шаңарақларды қоллап-қуўатлаў бойынша илажларды күшейтиў ҳәм напақа алыўшылардың санын арттырыў;

Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги жанындағы Жәмийетлик жумыслар қорына жәмийетлик жумысларды кеңейтиў;

«Жумысқа мәрҳамат» моно орайларын ҳәм кәсипке таярлаў орайларын шөлкемлестириў. сондай-ақ, мийнет мигрантларын кәсипке ҳәм тилге үйретиўди шөлкемлестириў арқалы оларды қоллап-қуўатлаў;

г) төмендегилер арқалы экономика тармақларының турақлы жумыс ислеўин тәмийинлеў:

Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик кепиллиги тийкарында тартылған кредитлерди сөндириў, сондай-ақ, биринши дәрежели қәрежетлерди әмелге асырыў ушын процентсиз бюджет ссудаларын ажыратыў жолы менен стратегиялық кәрханаларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў илажларын көриў;

сыртқы саўда жумысын әмелге асыратуғын исбилерменлик субъектлери транспорт қәрежетлериниң бир бөлегин компенсациялаў;

коронавиурс инфекциясы тарқалыўының унамсыз тәсирине ең көп ушырайтуғын экономикалық тармақларды ҳәм тараўларды, сондай-ақ, кредит портфелиниң сапасы төменлеген жағдайларда коммерциялық банклерди қоллап-қуўатлаўдың қосымша илажларын усыныў;

үш жылға шекемги мүддетке процентсиз бюджет ссудаларын ажыратыў арқалы салық төлеў мүддетлери бойынша кешиктириў берилиўи және исбилерменлик белсендилигиниң төменлеўи мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасының бюджети, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының жергиликли бюджетлеринде алынбай қалатуғын дәраматлардың орнын толтырыў.

2. Кризиске қарсы гүресиў қорының дәреклери етип Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик бюджетиниң қаржылары (соның ишинде, қәрежетлерди оптималластырыў есабынан), халықаралық финанс институтларының жеңиллетилген кредитлери ҳәм нызам менен қадаған етилмеген басқа дәреклер белгиленсин.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети:

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети ҳәм Кризиске қарсы гүресиў қорын қаржыландырыўды тәмийинлеў мақсетинде 2020-жылы  бюджетти қоллап-қуўатлаў ушын халықаралық финанс институтларының жеңиллетилген кредитлери ҳәм басқа да дәреклер есабынан 1 млрд АҚШ доллары муғдарына шекем сыртқы қарыз қаржыларын, сондай-ақ, экономиканың реал секторының кәрханалары, экспорт етиўшилер ҳәм коммерциялық банклерди қоллап-қуўатлаў бойынша илажларды қаржыландырыў ушын қосымша қаржыларды тартыў илажларын көрсин;

еки ҳәпте мүддетте салық ҳәм бажыхана ҳәкимшилигин жетилистириў арқалы иске қосылмаған резервлерди излеп табыў, есапланған салықлардың толық төлениўин тәмийинлеў, «жасырын» экономиканы қысқартыў және салық ҳәм бажыхана ҳәкимшилигиниң жаңа нәтийжели түрлерин енгизиў бойынша комплексли илажларды тастыйықласын.

Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги ҳәр айда комплексли илажлардың орынланыўы және Кризиске қарсы гүресиў қорының қаржыларынан пайдаланылыўы ҳаққындағы мағлыўматларды Өзбекстан Республикасы Президентиниң Администрациясына ҳәм Министрлер Кабинетине киргизсин.

3. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги 2020-жыл 1-июньге шекем жүзеге келип атырған макроэкономикалық жағдайды, сондай-ақ, төмендегилерди есапқа алған халда 2020-жыл ушын Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң параметрлерин анықластырыў бойынша Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин:

Экономика ҳәм санаат министрлиги, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги менен биргеликте исбилерменликти раўажландырыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, атап айтқанда, киши санаат зоналарына инженерлик коммуникацияларды өткериў ушын имканиятларды беретуғын және де әҳмийетли болған инфраструктура жойбарларын әмелге асырыўға қаржыларды қайта бағдарлаған ҳалда Инвестиция бағдарламасын қайта көрип шығыў;

Кризиске қарсы гүресиў қорын шөлкемлестириў және исбилерменликти ҳәм халықтың социаллық әззи қатламларын қоллап-қуўатлаў ушын қәрежетлерди арттырыў;

Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги менен биргеликте 2020-жылы тартылатуғын мәмлекетлик сыртқы қарызларының шекленген көлемлерин қайта көрип шығыў;

қосымша қәрежетлерди оптималластырыў ҳәм шеклеў бойынша анық усынысларды киргизген ҳалда қатаң бюджет интизамы.

4. Кризиске қарсы гүресиў республикалық комиссиясы қосымшаға муўапық қурамда шөлкемлестирилсин.

Кризиске қарсы гүресиў республикалық комиссиясының тийкарғы ўазыйпалары етип коронавирус инфекциясының тарқалыўына қарсы гүресиў ҳәм басқа глобал қәўип-қәтерлер дәўиринде экономика тармақлары менен тараўларының үзликсиз ислеўин тәмийинлеў, халықты социаллық қоллап-қуўатлаў бойынша жүзеге келетуғын машқалалы мәселелерди тезлик пенен шешиў ҳәм қосымша илажлар ислеп шығыў белгиленсин.

Министрлер Кабинети еки күн мүддетте тийислисинше Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар, район ҳәм қалалар ҳәкимлери басшылық ететуғын Кризиске қарсы гүресиў республикалық комиссиясының аймақлық штабларын олардың анық функциялары менен ўазыйпаларын белгиленген ҳалда шөлкемлестирсин.

Барлық дәрежедеги басшылардың уйымға тийисли шөлкемлерде халық ҳәм исбилерменлик субъектлериниң жүзеге келген машқалаларды ҳәм  қыйыншылықларды шешиў мақсетинде еткен мүрәжатлерине айрықша итибар қаратыў, рәсмиятшылық, шубалаңқылыққа ҳәм бюрократияға жол қоймаў бойынша жеке жуўапкершилиги көрсетип өтилсин.

5. а) 2020-жыл 1-апрельден 1-октябрьге шекемги дәўирде:

жеке тәртиптеги исбилерменлер ушын социаллық салықтың айлық ең кем суммасы базалық есаплаў муғдарының 50 процентине шекем азайтылатуғыны;

алкоголь өнимлериниң көтере саўдасы менен шуғылланатуғын кәрханалардың ажыратпаларының муғдары 5 проценттен 3 процентке азайтылатуғыны;

улыўма аўқатланыў кәрханалары ушын алкоголь өнимлерин усақлап сатыў ҳуқықы ушын жыйымлар муғдары белгиленген муғдарлардан 25 процентке  азайтылатуғыны;

б) 2020-жыл 1-апрельден 1-июльге шекемги дәўирде туристлик (мийманхана) жыйымын есаплаў ҳәм төлеў тоқтатылатуғынлығы;

в) аўыл хожалығындағы жерлерди суўғарыў ушын пайдаланылатуғын көлемлер бойынша суў ресурсларынан пайдаланыў ушын салық ставкалары 2020-жылда орнатылған ставкалардан 50 процентке азайтылатуғынлығы;

г) 2019-жыл ушын физикалық тәреплердиң улыўма жыллық дәраматлар ҳаққындағы декларацияны усыныў мүддетти 2020-жыл 1-августқа шекем созылатуғынлығы;

д) физикалық тәреплердиң мүлк салығы ҳәм жер салығын төлеў мүддетти 2020-жыл 15-октябрьге шекем созылатуғынлығы белгиленсин.

6. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 1-апрельден физикалық тәреплер тәрепинен қайырқомлық шөлкемлерден материаллық зыян тәризинде алынатуғын дәраматларды салыққа тартыўдан азат етиў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.

Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги бир ҳәпте мүддетте усы бәнтте белгиленген норманы 2020-жыл 1-апрельден  әмелге киргизиўди нәзерде тутатуғын «Өзбекстан Республикасының Салық кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар  киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.

7. Өзбекстан Республикасы Салық кодексине муўапық жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларына тийисли салықларды төлеў мүддетлерин өзгертиў, сондай-ақ, олардың ставкаларын азайтыў ҳаққында қарарлар қабыл етиў ўәкиллиги берилгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

Халық депутатлары районлық ҳәм қалалық Кеңеслерине жумысы туризм тараўына тиккелей ямаса тиккелей емес байланыслы болған бирден-бир тәртиптеги исбилерменлер ушын физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығының қатаң белгиленген суммаларын 30 процентке азайтыў усыныс етилсин.

Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары хожалық жүргизиўши субъектлерге мүлк салығы, жер салығы ҳәм суў ресурсларынан пайдаланғаны ушын салықты төлеў бойынша процентлерди өндирмей 6 айға кешиктириў (бөлип-бөлип төлеў) усыныс етсин. Бунда, көрсетип өтилген салықларды төлеўди кешиктириў (бөлип-бөлип төлеў) салық төлеўшилердиң арзасы, сондай-ақ, Экономика ҳәм санаат министрлиги менен Қаржы министрлиги аймақлық басқармалары басшыларының жуўмақлары тийкарында, басқа ҳүжжетлерди талап етпеген ҳалда усыныс етиледи.

8. 2020-жыл 1-октябрьге шекемги дәўирде:

сыртқы саўда операциялары бойынша мүддетти өткен дебитор қарыздарлық ушын хожалық жиргизиўши субъектлерге жәриймалар қолланыў тоқтатылатуғынлығы;

салық уйымлары ўақтынша  қыйншылықларды бастан өткерип атырған хожалық жүргизиўши субъектлерге мүлк салығы, жер салығы ҳәм суў ресурсларынан пайдаланғаны ушын салық бойынша пенялардың есапланыўын тоқтатып туратуғынлығы, сондай-ақ, салық қарызын мәжбүрий өндириў илажларын қөрмейтуғынлығы белгилеп қойылсын.

9. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети:

заманагөй мәлимлеме технологияларын қолланыў және программалық өнимлер ислеп шығарыўға қәнигелестирилген компанияларды тартыў жолы менен салық есабатларын таярлаў ҳәм усыныс етиўде «Салық хызмети» МУК арқалы салық төлеўшилерге жәрдем бериў;

салық төлеўшилердиң мәмлекетлик салық хызмети уйымларына бармастан салық миннетлемелерин орынлаў ушын оларға аралықтан хызмет көрсетиўди кеңейтиў илажларын көрсин.

10. 2020-жыл 1-январьға шекем исбилерменлик субъектлериниң жумысын салық аудитинен өткериў тоқтатылсын, жынаят ислери шеңберинде ҳәм юридикалық тәрепти тоқтатыў мүнәсибети менен салық аудитинен өткериў буған кирмейди.

Министрлер Кабинети Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил менен биргеликте мәмлекетлик уйымлар тәрепинен исбилерменлик  субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерине қатаң әмел етилиўи үстинен қадағалаў орнатсын.

11. Исбилерменлик субъектлерине:

есабат жылында әмелге асырылған товарлардың улыўмалық экспортына салыстырғанда 10 проценттен артпаған мүддети өткен дебитор қарыздарлығы бар болған жағдайда, кепилленген төлемди тәмийинлемей товарлардың экспортын әмелге асырыўға;

2020-жыл даўамында сыртқы саўда операциялары бойынша мүддети өткен дебитор қарыздарлығын сөндириў есабынан технологиялық әсбап-үскенелер ҳәм шийки зат товарларын импорт етиў бойынша бир мәртелик операцияларды әмелге асырыўға руқсат етилсин.

12. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана комитети Транспорт министрлиги, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң шегара әскерлери, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, «Өзстандарт» агентлиги, Министрлер Кабинети жанындағы Өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекциясы менен биргеликте:

жүклерди шегара бажыхана постлары арқалы жедел өткериў, олардың үзликсиз бажыхана рәсмийлестирилиўин, сондай-ақ, экспорт ҳәм импорт етилип атырған товарларға руқсат етиўши ҳүжжетлердиң бирилиўин тәмийинлеў бойынша оператив штаб шөлкемлестирилсин;

2020-жыл 1-апрельден баслап, импорт етилетуғын азық-аўқат өнимлериниң оператив тәртипте, соның ишинде, руқсат етиўши ҳүжжетлерди Өзбекстан Республикасы аймағына кирип келиўине шекем бериў арқалы бажыхана рәсмийлестириўи механизмин енгизсин.

13. Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги еки ҳәпте мүддетте глобаллық өндирис шынжырлары, транспорт-логистикалық системалары ҳәм саўда қарым-қатнасларындағы үзилислер тәсир етип атырған инвестициялық жойбарлардың интакерлерин қоллап-қуўатлаў бойынша илажлар бойынша усыныслар киргизсин.

14. Аймақлар ҳәм тармақларда экспорт потенциалын раўажландырыў мәселелери бойынша республикалық комиссиясына 2020-жыл 1-октябрьге шекем экспорт етиўшилердиң транспорт қәрежетлериниң бир бөлегин компенсациялаў ушын Экспортты хошаметлеў агентлигине ажыралатуғын қаржылар есабынан субсидиялар усыныс етиў ҳаққында еркин қарарлар қабыл етиў ҳуқықы берилсин.

Аймақлар ҳәм тармақларда экспорт потенциалын раўажландырыў мәселелери бойынша республикалық комиссия еки ҳәпте мүддетте экспорт етиўшилерди мәнзилли қоллап-қуўатлаўдың тәсиршең илажларын тастыйықласын, сондай-ақ, барлық мүлкшилик түриндеги экспорт етиўшилердиң жүзеге келип атырған қыйыншалақларын өз ўақтында анықлаў ҳәм тез шешиўди тәмийинлесин.

15. Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги, Қаржы министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери, министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте Кризиске қарсы гүресиў қорының қаржылары есабынан қаржыландырылатуғын республика аймақларындағы төмендегилерди қурыў, реконструкциялаў ҳәм оңлаўды нәзерде тутатуғын 2020-жылға қосымша инфраструктура жойбарларының дизимин қәлиплестирилсин:

киши санаат зоналары инфраструктура объектлери ушын – 400 млрд сум муғдарында;

қалалар ҳәм басқа да елатлы пунктлердиң көшелери, улыўма пайдаланыўдағы жолларды ағымдағы оңлаў ушын – трлн сум;

суў тәмийнаты ҳәм канализация объектлери ушын – 500 млрд сум;

ирригация ҳәм мелиорация объектлери ушын – 400 млрд сум;

денсаўлықты сақлаў объектлери ушын –500 млрд сум;

улыўма билим бериў мектеплери ҳәм социаллық тараўдың басқа да объектлери ушын – 800 млрд сум;

экономикалық жеделлик ҳәм бәнтликти, соның ишинде, ипотека кредитлеў көлемлерин арттырыўды тәмийнлейтуғын басқа да объектлер ушын.

Өзбекстан Республикасы Есап палатасы Экономика ҳәм санаат министрлиги және Қаржы министрлиги менен биргеликте Кризиске қарсы гүресиў қорының қаржылары есабынан қаржыландырылатуғын инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўда  жойбарлаў-смета ҳүжжетлериниң таярланыўы ҳәм орнатылған талапларға әмел етилиўи үстинен қатаң қадағалаў орнатсын.

16. Коронавирус инфекциясы менен кеселлениў ямаса кеселленген деп гүман етилиўи мүнәсибети менен карантинге жайластырылған ата-аналар (олардың орнын басатуғын шахслар, қәўендерлер, шериклер), сондай-ақ, олардың 14 жасқа шекемги баласын тәрбиялап атырған шахсларға орташа айлық мийнет ҳақының 100 процент муғдарында ўақтынша мийнетке жарамсызлық напақасы төленетуғынлығы;

коронавирус инфекциясы менен кеселленген ямаса карантинге жайластырылған, сондай-ақ, 14 жасқа толмаған баланың ата-анасы (олардың орнын басатуғын шахслар, қәўендерлер, шериклер) болған хызметкерлер менен мийнет шәртнамаларын жумыс бериўшиниң басламасы менен бийкар етиў қадаған етилетуғынлығы белгиленсин.

17. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги:

14 жасқа шекемги балалары болған шаңарақларға напақа, бала еки жасқа толғанына шекем бала тәрбиялаў бойынша напақа ҳәм материаллық жәрдем алыўшылардың санын 2020-жыл 1-апрельден баслап 10 процентке арттырыў илажларын көрсин;

Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен биргеликте медицина, санитария-эпидемиологиялық ҳәм басқа да хызметкерлер коронавирус инфекциясы тарқалыўына қарсы гүресиў илажларына тартылатуғын дәўирде олардың айлық лаўазым мийнет ҳақысына 6 процент муғдарда ҳәр күнлик қосымша төлемлер енгизилсин;

Мәмлекетлик бюджеттен қаржыландырылатуғын ҳәм өз жумысын тоқтатқан мектепке шекемги, улыўма орта, орта арнаўлы ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелери, спорт ҳәм мәденият мәкемелери хызметкерлериниң мийнет ҳақыларын өз ўақтында төлеп берилиўин тәмийинлесин;

Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен биргеликте бир ҳәпте мүддетте халыққа ўақтынша мийнетке жарамсызлық ҳаққындағы ҳүжжетлерди усыныўдың әпиўайыластырылған системасын шөлкемлестириў илажларын көрсин.

18. Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги бир ҳәпте мүддетте төмендегилерди нәзерде тутатуғын тәртипти енгизсин:

Мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери ҳәм улыўма билим бериў мектеплериниң жумысы тоқталтылған дәўирде мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң тәрбияланыўшылары ҳәм улыўма билим бериў мектеплери баслаўыш класслары муғаллимлериниң ата-аналарына (олардың орнын басатуғын шахсларға, әмеңгерлерге, қәўендерлерге) жыллық  дем алыстан пайдаланыў графигине қарамастан (соның ишинде, 6 айдан кем ислегенлерге) жыллық дем алыс бериледи;

карантинге байланыслы илажлардың әмел етиўи дәўиринде жумыс бериўшилер хызметкерлерди, әсиресе, ҳәмиледар ҳаяллар, кекселер, имканияты шекленген ҳәм жуқпалы кеселликке шалынған шахсларды, олардың келисими менен, аралықтан турып жумыс ислеў усылына, қолайлы жумыс графигине ямаса үйден турып жумыс ислеўге өткериўи мүмкин.

19. Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң төмендеги усынысларына келисим берилсин:

а) банк ҳәм төлем системаларының үзликсиз ҳәм турақлы жумысын тәмийинлеў илажларын төмендегилер арқалы көриў:

пул-кредит сиясаты инструментлеринен жедел пайдаланыў есабынан пул базарына ҳәр айда улыўма суммасы 1 трлн сумға шекем ликвидлик усыныў;

банкоматлардың жетерли муғдардағы нақ пул қаржылары менен үзликсиз тәмийинлениўин, сондай-ақ, аралықтан банк хызметлерин раўажландырыўды хошаметлеў;

б) коммерциялық банклер тәрепинен:

туристлик операторларға, мийманхана бизнеси субъектлерине, транспорт-логистика компанияларына ҳәм туризм тармағының басқа да кәрханаларына, сондай-ақ, сыртқы саўда операцияларына енгизилген шеклеўлер себепли финанслық қыйыншылықларға дус келген хожалық жүргизиўши субъектлерге ажыратылған кредитлер бойынша улыўма суммасы 5 триллион сум муғдарында қарызларды төлеў бойынша кешиктириўди (жәрийма санкцияларын есапламаған ҳалда) 2020-жыл 1-октябрьге шекем созыў;

жеке исбилерменлик кәрханаларына берилген айланыс қаржыларды толықтырыў ушын, соның ишинде, тутыныў базарын ең зәрүр товарлар менен толықтырыў ушын қайта тикленетуғын револьвер кредитлер ажыратыў;

2020-жыл 1-июньге шекем кредит портфелин стресс-тесттен өткериў, сондай-ақ, машқалалы кредитлердиң артыў қәўипи бар болған банклерде активлердиң сапасын баҳалап барыў нәтийжелерин усыныў.

20. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети исбилерменлик субъектлерине кредитлер бойынша процент қәрежетлерин қаплаў ушын кепиллик ҳәм компенсациялар усыныў көлемлерин арттырыўға болған талабын есапқа алған ҳалда Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қорының капиталласыўын 500 миллиард сумға шекем арттырсын.

21. «Өзбекстан Республикасы Сыртқы экономикалық жумыс миллий банки» АЖ:

бир ай мүддетте «Uzbekistan airways» АЖның 111 миллион АҚШ долларына тең болған кредитин қаплаў графигин 2020-жыл ушын карыздарлықлар төлемин тоқтатқан ҳалда қайта көрип шықсын;

Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте жеңип болмайтуғын күшлер (форс-мажор) жағдайлары жүзеге келгени мүнәсибети менен кредитлер және оларға байланыслы төлемлерди қайтарыў шәртлерин қайта көрип шығыў бойынша «Uzbekistan airways» АЖның сырт елли кредиторлары менен сөйлесиўлер алып барсын.

22. Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Саўда-санаат палатасы үш күн мүддетте шеклеўлер әмел ететуғын дәўир ушын жеңип болмайтуғын күшлер (форс-мажор) жағдайлар келип шыққаны ҳаққында рәсмий хабар жәрияласын ҳәм хожалық жүргизиўши субъектлердиң мүрәжатлары тийкарында бир күнлик мүддетте тийисли сертификатлар берсин.

23. Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги, Қаржы министрлиги ҳәм Монополияға қарсы гүресиў комитети:

тутыныў товарларын ислеп шығарыў ушын зәрүр болған шийки зат ресурсларының көлемин мониторинг етиў, өндирис қуўатлылықларынан толық пайдаланыў ушын  олардың биржаға қойыў көлемин арттырыў илажларын көрсин;

он күн мүддетте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик резервлерди басқарыў комитети тәрепинен импортқа сатып алынатуғын ҳәм интервенция әмелге асырылатуғын азық-аўқат өнимлериниң дизими ҳәм зәрүр көлемлерин анықласын;

социаллық әҳмийетке ийе азық-аўқат өнимлериниң базарлардағы баҳалары үстинен күнлик мониторинг өткериўди тәмийинлесин ҳәм олардың баҳаларын жасалма арттырыў, жасалма қытшылық ҳәм ажиотаж талапты жүзеге келтириўге жол қоймаў үстинен қатаң қадағалаў орнатсын.

24. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик резервлерди басқарыў комитети азық-аўқат өнимлерин шәртнамалар тийкарында ямаса биржа саўдалары арқалы еркин баҳаларда, базарды толықтырыў ҳәм ишки базарлардағы өнимлердиң баҳаларын турақластырыў бойынша илажларды әмелге асырыў ушын жетерли көлемлерде сатыўды тәмийинлесин.

25. Кризиске қарсы гүресиў республикалық комиссиясы (А.Н.Арипов):

усы жылы 22-марттан баслап еки ай даўамында селектор мәжилислерин өткерип, ҳәр бир аймақта коронавирус инфекциясының тарқалыўына қарсы гүресиў, санаат, инфраструктура, транспорт ҳәм логистика, социаллық тараў объектлери, саўда тармақлары ҳәм исбилерменлик субъектлериниң турақлы жумыс алып барыўын тәмийинлеў илажларының орынланыўын толық додалап барсын және олардың нәтийжелерине бола жүзеге келетуғын мәселе ҳәм машқалалар бойынша жедел қарарлар қабыл етсин;

усы Пәрманның орынланыўы ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентине ҳәр ҳәпте мәлимлеме берип барсын ҳәм, зәрүр жағдайларда, кризиске қарсы гүресиўдиң қосымша илажлары бойынша усыныслар киргизсин.

26. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимлери:

коронавирус инфекциясының тарқалыўына қарсы гүресиў илажларының әмелге асырылыўы, санитариялық-эпидемиологиялық ҳәм медициналық мәкемелердиң үзликсиз жумысын тәмийинлеў үстинен жеке қадағалаў орнатсын;

исбилерменлик субъектлери ҳәм халықтың мүрәжатлерин жеделлик пенен көрип шығыў, орынларда өндиристиң көлемин кеңейтиў ҳәм бәнтликти тәмийинлеў бойынша қосымша резервлердиң анықланыўын тәмийинлесин.

27. Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги артып атырған жүклемени есапқа алған ҳалда телекоммуникациялық инфраструктураның турақлы жумысын тәмийинлеў илажларын көрсин және халық ҳәм исбилерменлик субъектлериниң мүрәжатларын қабыл етиў ушын «оператив байланыс линиялары»ның үзликсиз ислеўин тәмийинлесин.

28. Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги, Өзбекстан Республикасы Орайлық банки коронавирус инфекциясының тарқалыўына қарсы гүресиў ҳәм оның экономика тармақлары ҳәм тараўларын раўажландырыўға унамсыз тәсирин жумсартыў бойынша көрилип атырған илажлар ҳаққында халық арасында системалы түрде мәлимлеме-ағартыўшылық жумысларын шөлкемлестирсин.

29. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2020-жыл 19-март