Өзбекистан Республикасы Президентиниң пәрманы

Елимизде экономиканы ҳәр тәреплеме ҳәм жедел раўажландырыў, макроэкономикалық турақлылықты беккемлеў, шет ел инвестицияларын белсене тартыў бойынша кең көлемли жумыслар, сондай-ақ, санаатты модернизациялаў ҳәм заманагөй жоқары технологиялы өндиристи қурыў бойынша ири жойбарлар әмелге асырылмақта.

Соның менен бирге, талқылаўлар комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша ўазыйпалардың нәтийжели орынланыўына, елимизде әмелге асырылып атырған реформаларға иркиниш жасап атырған факторларды өз ўақтында анықлаўға ҳәм сапластырыўға тосқынлық етип атырған бир қатар кемшиликлердиң бар екенин, атап айтқанда:

бириншиден,  мәмлекетлик әҳмийетке ийе жойбарларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў процесин сапалы шөлкемлестириў, муўапықластырыў, мониторинг етиўди ҳәм қадағалаўды тәмийинлейтуғын жойбарлаў басқармасының бирден-бир системасы жоқ екенлигин;

екиншиден, жойбарларды әмелге асырыўдың пәтин ҳәм нәтийжелилигин оператив бақлаў имканиятын беретуғын алдынғы мәлимлеме-коммуникация технологияларының басқарыў процесине толық енгизилмей атырғанын;

үшиншиден, мәмлекетлик ҳәм аймақлық бағдарламаларды, инвестициялық жойбарларды ислеп шығыўда ҳәм әмелге асырыўда ашықлық ҳәм жәриялылық дәрежесиниң төменлиги бул салада қаржылардың мақсетсиз ҳәм нәтийжесиз жумсалыўы, сондай-ақ, ҳәр қыйлы өзи боларлық жағдайларды келтирип шығарып атырғанын;

төртиншиден,  мәмлекетлик сатып алыўларды әмелге асырыў тәртип-қағыйдаларының ашықлығын тәмийинлейтуғын мәмлекетлик уйымлар, хожалық басқарыў уйымлары, мәмлекетлик кәрханалар менен шөлкемлер (кейинги орынларда мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер деп аталады)диң мағлыўматлар базалары менен интеграцияланған бирден-бир мәлимлеме майданының жоқ екенлигин;

бесиншиден, әмелге асырылып атырған жойбарлардың мақсетке муўапықлығын, тийкарлылығын ҳәм рентабельлигин талқылаў және баҳалаў, сондай-ақ, олардың баҳасын арттырып көрсетиў ҳәм басқа да өзи боларлықлардың белгилерин анықлаў бойынша жумыслардың нәтийжелилигиниң төменлигин;

алтыншыдан, товарлар, жумыслар ҳәм хызметлердиң ҳақықый базар баҳасын анықлаў имканиятын беретуғын бирден-бир классификатор ислеп шығылмағанын көрсетпекте.

Соның менен бирге, 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында мәмлекетлик уйымлардың жумысы, соның ишинде, мәмлекетлик сатып алыўларды әмелге асырыў саласында ашық-айдынлықты ҳәм жәриялылықты тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылған.

Жойбарлаў басқармасының бирден-бир мәлимлеме системасын жаратыў арқалы мәмлекетлик ҳәм аймақлық бағдарламалар, инвестициялық жойбарлардың әмелге асырылыўын, қаржылардың жумсалыўын басқарыў механизмлериниң нәтийжелилигин ҳәм ашықлығын буннан былай да арттырыў, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде:

  1. Өзбекистан Республикасы Жойбарлаў басқармасының бирден-бир миллий мәлимлеме системасын енгизиў бойынша Муўапықластырыўшы кеңес қосымшаға муўапық қурамда шөлкемлестирилсин.

Өзбекистан Республикасы Жойбарлаў басқармасының бирден-бир миллий мәлимлеме системасы төмендегише белгиленсин:

ҳәр бир ресурстың (товарлар, жумыслар ҳәм хызметлердиң) ҳақықый базар баҳасын қәлиплестириў ҳәм надурыс техникалық тапсырмаларды ҳәм сметаларды жүргизиўге жол қоймаў имканият беретуғын ресурслардың бирден бир миллий мағлыўматнамасын енгизиў;

үш өлшемли жойбарлаў технологиясынан пайдаланған ҳалда ресурслардың есап-санағын жүргизиў, жойбарлаў бойынша қабыл етилген қарардың нәтийжелилигин баҳалаў, ресурслардың муғдары менен түрлери дурыс белгиленгенлигин анықлаў;

жойбарлаўалды, жойбарлаў ҳүжжетлерин ислеп шығыў ҳәм тийисли процесслерден өткериў, атқарыў тәртибине әмел етиў, жумыс алып барыў, есап-санақлар дүзиў үстинен электрон қадағалаўды орнатыў;

мәмлекетлик сатып алыўлардың ашықлығын ҳәм өзи боларлықлардың алдын алыўды тәмийинлейтуғын бирден-бир автоматластырылған система шөлкемлестириў;

жумыслар ҳәм бағдарламалардың орынланыўының ҳақықый жағдайын сәўлелендиретуғын календарь-тармақ режелестириўди енгизиў, сондай-ақ, хабардар етиў системасына ийе режелер менен кестелерди қәлиплестириў;

басқарма қарарларын қабыл етиўдиң қадағалаў-талқылаў тәмийнатын нәзерде тутыў.

  1. Өзбекистан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги (кейинги орынларда Агентлик деп аталады) шөлкемлестирилсин.

Төмендегилер Агентликтиң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

Өзбекистан Республикасы Жойбарлаў басқармасының бирден-бир миллий мәлимлеме системасын жаратыў, енгизиў ҳәм эксплуатациялаў;

Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик бюджети, мәмлекетлик мақсетли қорлары, Өзбекистан Республикасы тәрепинен тартылатуғын шет ел кредитлери, заём ҳәм грант қаржылары есабынан қаржыландырылатуғын мәмлекетлик ҳәм аймақлық бағдарламалар, инвестициялық жойбарлардың ислеп шығылыўы ҳәм әмелге асырылыўының нәтийжелилигин ҳәм ашық-айдынлығын арттырыў;

ресурслардың ҳақықый базар баҳасын қәлиплестириў ҳәм надурыс техникалық тапсырмалар менен сметаларды жүргизиўге жол қоймаў имканиятын беретуғын ресурслардың бирден-бир миллий мағлыўматнамасын жүргизиў;

мәмлекетлик сатып алыўларды әмелге асырыў ушын бирден-бир мәлимлеме майданын жаратыў;

Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик бюджети, мәмлекетлик мақсетли қорлары, Өзбекистан Республикасы тәрепинен тартылатуғын шет ел кредитлери, заём ҳәм грант қаржылары есабынан қаржыландырылатуғын жойбарларды сапалы ҳәм өз ўақтында әмелге асырыўға көмеклесиўди тәмийинлеў, рентабельли емес ҳәм нәтийжелилиги төмен жойбарларды анықлаў;

мәмлекетлик уйымларда ҳәм басқа да шөлкемлерде заманагөй технологияларды енгизиў концепцияларының ислеп шығылыўы ҳәм ҳәр тәреплеме талқыланыўын тәмийинлеў;

жойбарларды, соның ишинде, әмелге асырылып атырған жойбарларды коррупция ҳәм басқа да өз мәпине пайдаланыў белгилери бар екени бойынша комплесли техникалық-экономикалық талқылаў;

Өзбекистан Республикасы Жойбарлаў басқармасының бирден-бир миллий мәлимлеме системасының ислеўин тәмийинлейтуғын заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын мәмлекетлик уйымларда ҳәм басқа да шөлкемлерде енгизиў;

жойбарлаў басқармасы саласында кадрларды оқытыў ҳәм олардың маманлығын арттырыўға көмеклесиў.

  1. Төмендегилер:

Агентликке Өзбекистан Республикасы Президенти тәрепинен лаўазымға тайынланатуғын ҳәм лаўазымнан азат етилетуғын директор басшылық ететуғыны;

Агентлик директоры  Өзбекистан Республикасы Президенти менен келисилген ҳалда Агентлик директоры тәрепинен лаўазымға тайынланатуғын ҳәм лаўазымнан азат етилетуғын орынбасарларына ийе екени;

Агентлик директорының статусы, медициналық ҳәм транспорт тәмийнаты шәртлери бойынша Өзбекистан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйине, директор орынбасарлары болса, Өзбекистан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи орынбасарына теңлестирилетуғыны белгилеп қойылсын.

Агентлик директоры менен  хызметкерлердиң мийнетине ҳақы төлеў шәртлери Өзбекистан Республикасы Жойбарлаў басқармасының бирден-бир миллий мәлимлеме системасын енгизиў бойынша Муўапықластырыўшы кеңес тәрепинен белгиленеди.

  1. Агентликте, бурынғыдан басқаша тәризде:

тендер саўдаларын өткермеген ҳалда, Өзбекистан Республикасы Жойбарлаў басқармасының бирден-бир миллий мәлимлеме системасын енгизиў ушын зәрүр болған товарлар (жумыслар, хызметлер) ды жеткерип бериўшилер ямаса олардың рәсмий дилерлери (дистрибьютерлери) менен ең жақсы усынысларды таңлап алыў тийкарында әсбап-үскене, техникалар менен материалларды, аўысық бөлеклерди, бағдарламалық өнимлерди, комплектлеўши буйымларды жеткериў бойынша шәртнамалар дүзиўге;

жоқары маманлықтағы шет елли қәнигелерди жумысқа қабыл етиўге ҳәм оларға Өзбекистан Республикасы Жойбарлаў басқармасының бирден-бир миллий мәлимлеме системасын енгизиў бойынша Муўапықластырыўшы кеңес пенен келискен ҳалда еркин конвертацияланатуғын валютада мийнет ҳақы ҳәм басқа да төлемлерди белгилеўге руқсат етилсин.

  1. Өзбекистан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги Агентликтиң буйыртпаларына тийкарланып Өзбекистан Республикасы Жойбарлаў басқармасының бирден-бир миллий мәлимлеме системасын енгизиў шеңберинде тартылатуғын шет елли қәнигелерге кириў визалары рәсмийлестирилиўин тәмийинлесин.
  2. Өзбекистан Республикасы Ишки ислер министрлиги Агентликтиң буйыртпаларына тийкарланып Өзбекистан Республикасы Жойбарлаў басқармасының бирден-бир миллий мәлимлеме системасын енгизиў шеңберинде тартылып атырған шет елли қәнигелерге мәмлекетлик бажы өндирилместен көп мәртелик визалардың рәсмийлестирилиўин, берилиўин ҳәм мүддетиниң созылыўын, сондай-ақ, оларды ўақтынша есапқа алыў, турақ жайы бойынша есапқа алыўды және ўақтынша есапқа алыў ҳәм турақ жайы бойынша есапқа алыўдың созылыўын тәмийинлесин.
  3. Өзбекистан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги Агентликтиң буйыртпаларына тийкарланып Өзбекистан Республикасы Жойбарлаў басқармасының бирден-бир миллий мәлимлеме системасын енгизиў ушын жоқары маманлықтағы шет елли қәнигелерди республикаға тартыўға руқсатнамалардың берилиўин (созылыўын), сондай-ақ, тартылып атырған шет елли қәнигелерге Өзбекистан Республикасының аймағында мийнет жумысын әмелге асырыў ҳуқықын тастыйықлайтуғын ҳүжжетлердиң берилиўин (созылыўын) тәмийнлесин.
  4. Өзбекистан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети Өзбекистан Республикасы Жойбарлаў басқармасының бирден-бир миллий мәлимлеме системасын ислеп шығыў, енгизиў ҳәм эксплуатациялаў ушын шет елли инвесторлардың қаржыларын, соның ишинде, халықаралық қаржы институтларының кредитлери менен заёмларын тартыўға ҳәр тәреплеме көмеклессин.
  5. Өзбекистан Республикасы Бас прокуратурасы усы Пәрман ҳәм Өзбекистан Республикасы Жойбарлаў басқармасының бирден-бир миллий мәлимлеме системасының енгизилиўине байланыслы басқа да нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң орынланыўы үстинен қатаң түрде қадағалаў орнатсын.
  6. Өзбекистан Республикасы Әдиллик министрлиги бир ай мүддетте:

Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги, Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети ҳәм Бас прокуратура менен биргеликте Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Өзбекистан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлигиниң жумысын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарарының жойбарын ҳәм Өзбекистан Республикасы Жойбарлаў басқармасының бирден-бир миллий мәлимлеме системасын енгизиў бойынша комплексли илажларды киргизсин;

Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги ҳәм басқа да мәпдар министрликлер және ведомстволар менен биргеликте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққындағы усынысларды  Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекистан Республикасы Бас прокуроры И.Б.Абдуллаевқа жүкленсин.

Өзбекистан Республикасы

        Президенти                                                  Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2017-жыл 24-июль

 

***

Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Өзбекистан Республикасында Жойбарлаў басқармасы системасын енгизиў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманына

ТҮСИНИК

Басқарма қарарларын ислеп шығыў ҳәм қабыл етиў процесинде алдынғы мәлимлеме-коммуникация технологияларын ҳәм бағдарламалық өнимлерди қолланыўға тийкарланған инновациялық қатнасларды енгизиў бүгинги күнде экономиканың барлық тармақларын жедел раўажландырыў ҳәм мәмлекетлик басқарыў системасын жетилистириўге бағдарланған реформаларды табыслы әмелге асырыўдың тийкарғы шәртлеринен бири болып есапланады.

Елимизде мәмлекетлик басқарыў системасына заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў ҳәм усы салаға байланыслы нормативлик-ҳуқықый базаны қәлиплестириў бойынша избе-из жумыслар әмелге асырылды.

Атап айтқанда, «Электрон ҳүкимет» системасын раўажландырыў шеңберинде 2013-жылда Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы иске қосылды.

Көрсетилетуғын хызметлер шеңберин кеңейтиў мақсетинде Бирден-бир портал мәмлекетлик уйымлар ҳәм хожалық басқарыў уйымларының мәлимлеме системалары менен ресурслары интеграцияланды. Буның нәтийжесинде ҳәзирги ўақытта портал тәрепинен 300 ден аслам хызметлер көрсетилмекте.

Соның менен бирге, өткерилген талқылаўлар комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша ўазыйпалардың нәтийжели орынланыўына, елимизде әмелге асырылып атырған реформаларға иркиниш жасап атырған факторларды өз ўақтында анықлаўға ҳәм сапластырыўға тосқынлық етип атырған бир қатар кемшиликлер бар екенлигин, атап айтқанда:

мәмлекетлик әҳмийетке ийе жойбарларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў процесин сапалы шөлкемлестириў, муўапықластырыў, мониторинг етиў ҳәм қадағалаўды тәмийинлейтуғын жойбарлаў басқармасының бирден-бир системасы жоқ екенлигин;

жойбарларды әмелге асырыўдың пәтин ҳәм нәтийжелилигин оператив бақлаў имканиятын беретуғын алдынғы мәлимлеме-коммуникация технологияларының басқарыў процесине толық енгизилмей атырғанын;

мәмлекетлик ҳәм аймақлық бағдарламаларды, инвестициялық жойбарларды ислеп шығыўда ҳәм әмелге асырыўда ашықлық ҳәм жәриялылық дәрежесиниң төменлиги бул салада қаржылардың мақсетсиз ҳәм нәтийжесиз жумсалыўы, сондай-ақ, ҳәр қыйлы өзи боларлық жағдайларды келтирип шығарып атырғанын;

мәмлекетлик сатып алыўларды әмелге асырыў тәртип-қағыйдаларының ашықлығын тәмийинлейтуғын мәмлекетлик уйымлар, хожалық басқарыў уйымлары, мәмлекетлик кәрханалар менен шөлкемлердиң мағлыўматлар базалары менен интеграцияланған бирден-бир мәлимлеме майданының жоқ екенлигин;

әмелге асырылып атырған жойбарлардың мақсетке муўпықлығы, тийкарлылығы ҳәм рентабельлигин талқылаў және баҳалаў, сондай-ақ, олардың баҳасын арттырып көрсетиў ҳәм басқа да өз мәпине пайдаланыў белгилерин анықлаў бойынша жумыслардың нәтийжелилигиниң төмен екенин;

товарлар, жумыслар ҳәм хызметлердиң ҳақықый базар баҳасын анықлаў имканиятын беретуғын бирден-бир классификатор ислеп шығылмағанын көрсетпекте.

Жоқарыда келтирилген жағдайлар мәмлекетлик басқарыў системасы, экономика ҳәм социаллық салаларды реформалаў шараятында ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыўды тәмийинлейтуғын, жойбарлаў басқармасы принциплерине тийкарланған қарараларды қабыл етиў механизмлерин ислеп шығыўдың ҳәм қадағалаўдың заманагөй түрлери менен усылларын енгизиўди талап етеди.

Усы мүнәсибет пенен, қабыл етилген Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Өзбекистан Республикасында Жойбарлаў басқармасы системасын енгизиў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманына тийкарланып мәмлекетлик бағдарламалардың әмелге асырылыўын, қаржылардың сарпланыўын басқарыў механизмлериниң нәтийжелилиги менен ашықлығын буннан былай да арттырыў, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекистан Республикасы Жойбарлаў басқармасының бирден-бир мәлимлеме системасы жаратылмақта. Бул система:

ҳәр бир ресурстың (товарлар, жумыслар ҳәм хызметлердиң) ҳақықый базар баҳасын қәлиплестириў ҳәм надурыс техникалық тапсырмаларды ҳәм сметаларды жүргизиўге жол қоймаў имканиятын беретуғын ресурслардың бирден-бир миллий мағлыўматнамасын енгизиўди;

үш өлшемли жойбарлаў технологиясынан пайдаланған ҳалда ресурслардың есап-санағын жүргизиў, жойбарлаў бойынша қабыл етилген қарардың нәтийжелилигин баҳалаў, ресурслардың муғдары менен түрлери дурыс белгиленгенлигин анықлаўды;

жойбарлаўалды, жойбарлаў ҳүжжетлерин ислеп шығыў ҳәм тийисли процесслерден өткериў, атқарыў тәртибине әмел етиў, жумыс алып барыў, есап-санақлар дүзиў үстинен электрон қадағалаўды орнатыўды;

мәмлекетлик сатып алыўлардың ашықлығын ҳәм өз мәпине пайдаланыўдың алдын алыўды тәмийинлейтуғын бирден-бир автоматластырылған система шөлкемлестириўди;

жумыслар ҳәм бағдарламалардың орынланыўының ҳақыйқый жағдайын сәўлелендиретуғын календарь-тармақ режелестириўди енгизиўди, сондай-ақ, хабардар етиў системасына ийе режелер менен кестелерди қәлиплестириўди;

басқарма қарарларын қабыл етиўдиң қадағалаў-талқылаў тәмийнатын нәзерде тутады.

Сондай-ақ, Пәрманға муўапық Өзбекистан Республикасы Президенти тиккелей басшылық ететуғын  Өзбекистан Республикасы Жойбарлаў басқармасының бирден-бир мәлимлеме системасын енгизиў бойынша Муўапықластырыўшы кеңес шөлкемлестирилди.

Соның менен бир қатарда, Өзбекистан Республикасы Президенти жанында Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги шөлкемлестирилди ҳәм оған төмендеги ўазыйпалар жүкленди:

Өзбекистан Республикасы Жойбарлаў басқармасының бирден-бир миллий мәлимлеме системасын жаратыў, енгизиў ҳәм эксплуатациялаў;

Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик бюджети, мәмлекетлик мақсетли қорлары, Өзбекистан Республикасы тәрепинен тартылатуғын шет ел кредитлери, заём ҳәм грант қаржылары есабынан қаржыландырылатуғын мәмлекетлик ҳәм аймақлық бағдарламалар, инвестициялық жойбарлардың ислеп шығылыўы ҳәм әмелге асырылыўының нәтийжелилигин ҳәм ашық-айдынлығын арттырыў;

ресурслардың ҳақыйқый базар баҳасын қәлиплестириў ҳәм надурыс техникалық тапсырмалар менен сметаларды жүргизиўге жол қоймаў имканиятын беретуғын ресурслардың бирден-бир миллий мағлыўматнамасын жүргизиў;

мәмлекетлик сатып алыўларды әмелге асырыў ушын бирден-бир мәлимлеме майданын жаратыў;

Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик бюджети, мәмлекетлик мақсетли қорлары, Өзбекистан Республикасы тәрепинен тартылатуғын шет ел кредитлери, заём ҳәм грант қаржылары есабынан қаржыландырылатуғын жойбарларды сапалы ҳәм өз ўақтында әмелге асырыўға көмеклесиўди тәмийинлеў, рентабельли емес ҳәм нәтийжелилиги төмен жойбарларды анықлаў;

мәмлекетлик уйымларда ҳәм басқа да шөлкемлерде заманагөй технологияларды енгизиў концепцияларының ислеп шығылыўы ҳәм ҳәр тәреплеме талқыланыўын тәмийинлеў;

жойбарларды, соның ишинде, әмелге асырылып атырған жойбарларды коррупция ҳәм басқа да өз мәпине пайдаланыў белгилери бар екени бойынша комплесли техникалық-экономикалық талқылаў;

Өзбекистан Республикасы Жойбарлаў басқармасының бирден-бир миллий мәлимлеме системасының ислеўин тәмийинлейтуғын заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын мәмлекетлик уйымларда ҳәм басқа да шөлкемлерде енгизиў;

жойбарлаў басқармасы саласында кадрларды оқытыў ҳәм олардың маманлығын арттырыўға көмеклесиў.

Жойбарлаў басқармасының бирден-бир миллий мәлимлеме системасын енгизиў оғада зәрүрлигин инабатқа алып, Өзбекистан Республикасы Бас прокуратурасына Пәрман талапларының сөзсиз орынланыўы үстинен қатаң қадағалаўды тәмийинлеў жүкленди.

Пәрманда нәзерде тутылған илажлардың нәтийжели әмелге асырылыўы мәмлекетлик уйымлар жумысының ашық-айдынлығын ҳәм жәриялылығын буннан былай да арттырыўға, бюджет қаржыларынан ақылға уғрас пайдаланыўды тәмийинлеўге, мәмлекетлик сатып алыўларды әмелге асырыўда коррупциялық жағдайлардың алдын алыўға, сондай-ақ, атқарыў тәртибин беккемлеўге, буның нәтийжесинде, бәринен бурын экономиканың барлық тармақларын жедел раўажландырыў ҳәм халықтың абаданлық дәрежесин арттырыў бағдарында нәзерде тутылған реформаларды табыслы жүзеге шығарыўға көмеклеседи.