Өзбекистан Республикасы Президентиниң п ә р м а н ы

Ғәрезсизлик жылларында елимизде жасларды ўатанды сүйиўшилик, миллий дәстүр ҳәм қәдриятларымызға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў, руўхый дүньясы жетик ҳәм физикалық жақтан бәркамал әўладты камалға келтириў, олардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылды.

Соның менен бирге, салада жағдай ҳәм әмелге асырылған илажлардың талқыланыўы жаслардың кең қатламларына байланыслы болған әҳмийетли мәселелер, әсиресе, жәмлеспеген жаслардың турмыста өз орнын табыўы ушын мүнәсип шараят жаратыў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, кәсипке бағдарлаў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў, басламаларын хошаметлеў бойынша жумыслар талап дәрежесинде шөлкемлестирилмегенинен дәрек бермекте.

Орынларда, бәринен бурын, алыс аймақларда жасап атырған көп санлы жаслардың өз қәбилети менен талантын жүзеге шығарыўы, исбилерменлик жумысы менен шуғылланыўы ушын кең шараятлар жаратыў, оларды түрли зыянлы иллет ҳәм жат идеялар тәсиринен қорғаў, жаслар арасында ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў сыяқлы әҳмийетли ўазыйпаларды шешиўде «Камолот» жаслар жәмийетлик ҳәрекети Өзбекистан жасларын уллы мақсетлерге бирлестиретуғын ҳәм бағдарлайтуғын ғалаба ҳәрекетке айлана алмағанын турмыстың өзи көрсетпекте.

Сол себепли, бул саладағы жумысты түп-тийкарынан жетилистириў мақсетинде қабыл етилген Өзбекистан Республикасының «Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясат ҳаққында»ғы нызамы бүгинги дәўир талапларына сай тәризде ҳәр тәреплеме бәркамал, еркин пикирлейтуғын, елимиздиң келешеги ушын жуўапкершиликти өз мойнына алыўға уқыплы, инталы, халық мәпи жолында бар потенциалын жумсайтуғын, жигерли жасларды тәрбиялаў, олардың интеллектуаллық ҳәм дөретиўшилик потенциалын жүзеге шығарыў ушын беккем ҳуқықый тийкар жаратты.

2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша ҳәрекетлер стратегиясы демократиялық мәмлекет қурыў ҳәм пуқаралық жәмийетин раўажландырыў бағдарындағы реформаларда жаслардың белсендилигин арттырыў менен байланыслы бир қатар жаңа ҳәм әҳмийетли ўазыйпаларды белгилеп бергенин айрықша атап өтиў керек.

Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты избе-из ҳәм нәтийжели әмелге асырыў, жасларды ҳәр  тәреплеме қоллап-қуўатлаў, ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў системасын түп-тийкарынан реформалаў мақсетинде және бул бағдарда кең жәмийетшиликтиң, бәринен бурын, жаслар ўәкиллериниң пикир-усынысларын есапқа алған ҳалда:

  1. Өзбекистан «Камолот» жаслар жәмийетлик ҳәрекетиниң 2017-жыл 30-июнь күни болып өткен IV қуралтайының қарарына муўапық, Өзбекистан жаслар аўқамы шөлкемлестирилгени мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Өзбекистан жаслар аўқамы шөлкемлестирилген күн – 30-июнь сәнеси елимизде «Жаслар күни», деп жәриялансын.
  3. Өзбекистан жаслар аўқамы жумысының әҳмийетли бағдарлары сыпатында төмендегилер белгиленсин:

бириншиден, Өзбекистан жаслар аўқамын республикада жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың әмелге асырылыўында мәмлекетлик уйымлар, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтлары менен нәтийжели бирге ислесиўди тәмийинлейтуғын, «Жаслар – келешек қурыўшылары» сүрени астында профессионал жумысты әмелге асыратуғын структураға айландырыў;

екиншиден, жаслардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў, оларды миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдриятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў, санасында ҳәм қәлбинде ғәрезсизлик идеяларына садықлық, миллий өзликти аңлаў, Ўатанға сүйиспеншилик ҳәм оның тәғдирине жуўапкершилик, пидайылық сезимин беккем орналастырыў ҳәм раўажландырыў, түрли идеологиялық қәўиплерден сақлаў;

үшиншиден,  демократиялық мәмлекет қурыў ҳәм пуқаралық жәмийетин раўажландырыў бағдарындағы реформаларда жаслардың белсендилигин арттырыў, жоқары мәнаўиятлы, еркин пикирлейтуғын, қатаң турмыслық позицияға, кең дүнья қарасқа ҳәм терең билимлерге ийе инталы, жигерли, ел-журттың мәпи жолында бар күш-ғайратын, билим ҳәм потенциалын жумсайтуғын, елимиздиң келешеги ушын жуўапкершилигин өз мойнына алатуғын жаслардың қатарын кеңейтиў;

төртиншиден, жаслардың заманагөй кәсип-өнерлерди пуқта ийелеўи ушын мүнәсип шараятларды жаратыў, бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменлик қәбилетин раўажландырыў, оларды киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликке кеңнен тартыў, басламаларын хошаметлеў, интеллектуаллық ҳәм дөретиўшилик потенциалын жүзеге шығарыўға көмеклесиў;

бесиншиден, жаслардың илимий ҳәм көркем китаплар, соның ишинде, электрон шығармаларды оқыўға болған қызығыўшылығын буннан былай да арттырыў, ҳуқықый, экологиялық, медициналық ҳәм мәлимлеме коммуникация технологияларынан пайдаланыў мәдениятын жетилистириў арқалы оларда түрли идеологиялық қәўиплерге, атап айтқанда, диний экстремизмге, терроризмге, «ғалабалық мәдениятқа» ҳәм басқа да жат идеяларға қарсы беккем иммунитетти қәлиплестириў;

алтыншыдан, жаслар арасында саламат турмыс тәризин ҳәм шаңарақтың муқәддеслиги идеяларын кеңнен үгит-нәсиятлаў, ерте турмыс қурыў ҳәм жас шаңарақлар ажырасыўларының алдын алыўға қаратылған нәтийжели илажларды әмелге асырыў;

жетиншиден, жасларды, әсиресе, олардың жәмлеспеген бөлегиниң бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў мақсетинде спорт ҳәм дене тәрбиясы менен шуғылланыўға, дөретиўшилик дөгереклерге ҳәм ҳәр қыйлы, соның ишинде, шет тиллерди үйрениў оқыў курсларына кеңнен тартыў;

сегизиншиден, жас шаңарақларды, атап айтқанда, имканияты шекленген ҳәм социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж жасларды руўхый ҳәм материаллық жақтан қоллап-қуўатлаў, олар ушын мүнәсип турақ-жай ҳәм социаллық-турмыслық шараятлар жаратыўға қаратылған мақсетли жумысларды шөлкемлестириў;

тоғызыншыдан, жаслар арасында ҳуқықбузарлықлардың ҳәм жынаятшылықтың ерте алдын алыў ҳәм профилактика етиў жумысларына белсене қатнасыў;

оныншыдан, елимизде әмелге асырылып атырған реформаларда белсене қатнасатуғын, халықтың мәплерине садықлық пенен хызмет ететуғын билимли, инталы, исбилермен, ҳадал ҳәм пидайы жас басшы кадрларды тәрбиялаў, резервин жаратыў ҳәм оларды мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымарының жуўаплы лаўазымларына усыныў;

он бириншиден, жаслар сиясаты саласында халықаралық бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў, шет еллерде билим алып атырған ҳәм мийнет етип атырған жаслардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаўға қаратылған илажларды әмелге асырыў;

он екиншиден, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерге ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларына жасларға байланыслы жумысты шөлкемлестириўде идеялық-методикалық жақтан көмеклесиў.

Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўда қатнасыўшы ўәкилликли уйымлардың жумысы үстинен  нәтийжели жәмийетлик қадағалаўды шөлкемлестириў, нәтийжеси бойынша тәсиршең илажлар көриў.

  1. Өзбекистан Республикасы Президенти аппараты Жәмийетлик ҳәм диний шөлкемлер менен бирге ислесиў хызметиниң жаслар сиясатын әмелге асырыў саласында мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлерди муўапықластырыў сыңары негизинде Өзбекистан Республикасы Президенти аппаратының Жаслар сиясаты мәселелери хызмети шөлкемлестирилсин.

Хызметтиң тийкарғы ўазыйпалары сыпатында төмендегилер белгиленсин:

Өзбекистан жаслар аўқамы Орайлық Кеңесиниң жумысын нәтийжели шөлкемлестириў;

Өзбекистан Республикасының «Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясаты ҳаққында»ғы нызамында белгиленген ўазыйпалардың толық орынланыўын шөлкемлестириў ҳәм қадағалаў;

Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларының жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў бағдарындағы жумысын мониторинг етиў ҳәм муўапықластырыў. Оларға идеялық-методикалық жәрдем көрсетиўди шөлкемлестириў;

жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың нәтийжелилигини арттырыў мақсетинде системалы үйрениў ҳәм талқылаўлар тийкарында салаға байланыслы нызам ҳүжжетлерин ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелиятын жетилистириў бойынша усыныслар ислеп шығыў және енгизиў.

Өзбекистан Республикасы Президенти аппараты Шөлкемлестириўшилик-кадрлар хызмети бир ҳәпте мүддетте Өзбекистан Республикасы Президенти аппаратының Жаслар сиясаты мәселелери хызметиниң жумысын шөлкемлестириў ҳаққындағы Өзбекистан Республикасы Президентиниң қарары жойбарын киргизсин.

  1. Өзбекистан Республикасы Президенти аппаратының Жаслар сиясаты мәселелери хызметине Өзбекистан Республикасы Президентиниң жаслар сиясаты мәселелери бойынша Мәмлекетлик кеңесгөйи – Өзбекистан жаслар аўқамы Орайлық Кеңесиниң баслығы басшылық ететуғыны:

Өзбекистан Республикасы Президентиниң  жаслар сиясаты мәселелери бойынша Мәмлекетлик кеңесгөйи – Өзбекистан жаслар аўқамы Орайлық Кеңесиниң баслығы өз лаўазымына бола Өзбекистан Республикасы Президенти тәрепинен тайынланатуғын Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзасы есапланатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекистан Республикасы Президенти аппаратының Сиясий-ҳуқықый мәселелер хызмети, Жаслар сиясаты мәселелери хызмети Министрлер Кабинети менен биргеликте еки ҳәпте мүддетте Өзбекистан жаслар аўқамының жумысын жетилистириўге байланыслы комплексли илажлар бағдарламасын тастыйықлаўды нәзерде тутатуғын Өзбекистан Республикасы Президенти қарарының жойбарын ислеп шықсын ҳәм киргизсин.
  2. Жаслар мәселелери бойынша республикалық ведомстволараралық кеңеси қосымшаға муўапық қурамда дүзилсин.

Ведомстволараралық кеңестиң тийкарғы ўазыйпалары сыпатында төмендегилер белгиленсин:

Өзбекистан жаслар аўқамы Орайлық Кеңесине жүкленген ўазыйпаларды әмелге асырыўда жақыннан көмеклесиў;

Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўға қатнасатуғын ўәкилликли уйымлардың жумысын муўапықластырыў;

Өзбекистан Республикасының «Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясат ҳаққында»ғы нызамының талапларын турмысқа толық енгизиў ҳәм бул бағдарда тәсиршең қадағалаў орнатыў.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңесиниң баслығы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы, районлар ҳәм қалалар ҳәкимлери басшылығында Жаслар мәселелери бойынша аймақлық ведомстволараралық кеңеслер дүзилсин.

Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети еки ай мүддетте Жаслар мәселелери бойынша республикалық ведомстволараралық кеңес ҳаққындағы режени және Жаслар мәселелери бойынша аймақлық ведомстволараралық кеңеслер ҳаққындағы үлги режени тастыйықласын.

  1. Уллы мәмлекетлик ғайраткер ҳәм сәркарда Саҳыпқыран Әмир Темурдың Ўатанға садықлық, ел-журтты қәдирлеў, мәртлик, пидайылық ҳәм әдилликти сүйиў сыяқлы жоқары пазыйлетлери жас әўлад ушын өрнек болып хызмет ететуғынын есапқа алған ҳалда, республиканың барлық әскерий академиялық лицейлерине «Темурбеклер мектеби» атамасы берилсин.
  2. Жаслардың илимий ҳәм дөретиўшилик жумысының нәтийжелерин, илим ҳәм әдебиятқа болған қызығыўшылықларын және жаслар сиясатына байланыслы әҳмийетли жаңалықларды кеңнен сәўлелендириў мақсетинде:

Өзбекистан жаслар аўқамының «Туркистон» ҳәм «Молодёжь Узбекистана» газеталары, «Ёш куч» журналы және басқа да жаслар басылымларын басып шығарыўға қәнигелескен «Жаслар баспа үйи» шөлкемлестирилсин;

Өзбекистан жаслары аўқамы Орайлық Кеңеси Республикалық Ҳаял-қызлар комитети менен биргеликте «Қизларжон» журналын шөлкемлестирсин.

  1. Халық билимлендириў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги басқа да мәпдар министрлик ҳәм ведомстволар, Өзбекистан жаслар аўқамы Орайлық Кеңеси, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте еки ҳәпте мүддетте:

«Әдебиятқа итибар – мәдениятқа, келешекке итибар» сүрени астында «Мен сүйип оқыған китап» ҳәм «Ең жақсы китапқумар» республикалық таңлаўларын, «Китап байрамы» ҳәм «Балалар китаплары» дәстүрий республикалық фестивальларын;

«Биз Ўатанға таянышпыз», «Бизиң ең үлкен таянышымыз ҳәм сүйенишимиз, шешиўши күшимиз жаслар» сүренлери астындағы акцияларды;

«Әдебият ҳәм көркем өнер – шахстың руўхый дүньясын байытыў ҳәм жетилистириў факторы» темасында жазыўшылар, шайырлар, көркем өнер ғайраткерлери, әдебияттаныўшы илимпазлардың қатнасындағы ушырасыўларды;

республиканың алыс аймақларында халық художниклери, халық усталары менен балалар, жаслар ҳәм олардың ата-аналары ушын «Дөретиўши халқым менен пикирлесиў – дөретиўшилигим илҳамы» темасында мастер-класслар ҳәм дөретиўшилик ушырасыўларды;

«Ең уллы мәртлик – руўхый мәртлик болып табылады» темасында дөгерек сәўбетлерин турақлы түрде шөлкемлестириў бойынша илажлар режесин ислеп шықсын ҳәм әмелге асырсын.

  1. Мәмлекетлик архитектура ҳәм қурылыс комитети, Қаржы министрлиги, Экономика министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, Мәденият министрлиги, Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, басқа да мәпдар министрликлер менен ведомстволар, Өзбекистан жаслар аўқамы, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте бир ай мүддетте:

Әндижан, Жиззақ, Сырдәрья, Ташкент ўәлаятлары ҳәм Ташкент қаласы Жаслар орайлары имаратларын қурыў, Бухара ҳәм Хорезм ўәлаятлары Жаслар орайлары имаратлары қурылысын жуўмақлаў ҳәм пайдаланыўға тапсырыў, Самарқанд, Қашқадәрья ўәлаятлары Жаслар орайлары имаратларын реконструкциялаў ҳәм капитал оңлаў бойынша бағдарламаның жойбарын;

республиканың барлық район ҳәм қалаларында сынаў тәризинде 11 жыллық мәжбүрий орта билимлендириў системасының енгизилиўи мүнәсибети менен босайтуғын колледжлерди Өзбекистан Жаслар аўқамының тийисли кеңеслериниң ықтыярына бийғәрез өткериў, олардың тийкарында барлық қолайлықларға, соның ишинде, китапхана ҳәм китап дүкәнына ийе болған жаслар орайларын ҳәм заманагөй жаслар кинотеатрларын, сондай-ақ, жасларды, әсиресе, олардың жәмлеспеген бөлегин 6 айға шекемги мүддетте кәсип-өнерге төлемсиз оқытыў орайларын шөлкемлестириў бағдарламасы жойбарын ислеп шықсын ҳәм Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Өзбекистан Жаслар аўқамы Орайлық Кеңесиниң:

2017-2018-оқыў жылынан баслап улыўма орта билим бериў мәкемелеринде «үлкен жетекши» ҳәм «дөгерек басшысы» штат бирликлерин сапластырыўдың есабынан лаўазымлық мийнет ҳақысы жоқары класс оқытыўшысына теңлестирилген «Жаслар жетекшиси» штат бирлигин енгизиў;

орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириў мәкемелеринде «жаслар жетекшиси» ўазыйпасы жүкленген хызметкерге орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириў мәкемесиниң директор қорының қаржылары есабынан жоқары мағлыўматлы оқытыўшы базалық тариф ставкасының 50 процент муғдарында ҳәр айлық үстеме белгилеў;

Өзбекистан жаслар аўқамы Орайлық Кеңеси жанында жаслардың тилек ҳәм умтылысларынан келип шығып, жаслар аўқамлары және жасларға социаллық-психологиялық жәрдем көрсетиў орайларын шөлкемлестириў;

Өзбекистан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясы жанында Жаслар машқалаларын үйрениў ҳәм перспективалы кадрларды таярлаў институтын шөлкемлестириў;

елимизде түрли тараўларда жоқары нәтийжелер менен табысларға ерисип атырған жигитлерди сыйлықлаў мақсетинде «Мәрт жигит» мәмлекетлик сыйлығын шөлкемлестириў;

жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў, оқыў, мийнет ҳәм жәмийетлик жумысларда ҳәр тәреплеме белсене қатнасып атырған жасларды сыйлықлаў мақсетинде «Келешек дөретиўшиси» медалын шөлкемлестириў;

2018-жылдың 1-январынан баслап киши бизнес кәрханалары тәрепинен төленетуғын бирден-бир салық төлеми ушын есапланған сумманың 8 процентин Өзбекистан жаслар аўқамының раўажланыў қорына өткериў;

билимлендириў мәкемелерин тамамлағанына үш жыл болмаған, биринши мәрте жумысқа қабыл етилген жасларға  дәрамат салығын биринши жыл ушын 50 процент, екинши ҳәм үшинши жыллар ушын болса 25 процентке кемейтиў;

Өзбекистан жаслар аўқамы жанында түрли пәнлер, соның ишинде шет тиллерди үйретиў, компьютер бағдарламаларын дүзиў ҳәм исбилерменлик тийкарларын оқытыў мақсетинде шөлкемлестирилетуғын сыңар кәрханаларды 2027-жыл 1-августқа шекем барлық салықлардан азат етиў,  бунда кәрхана ықтыярында қалатуғын сумманың 20 процентин Өзбекистан жаслар аўқамының раўажландырыў қорына өткериў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.

  1. Өзбекистан Республикасы Президенти аппаратының Шөлкемлестириўшилик-кадрлар хызмети мәпдар министрлик ҳәм ведомостволар менен биргеликте бир ай мүддеттеҮ

Өзбекистан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясының жаңаланған уставын ҳәм структурасын тастыйықлаў ҳаққында Өзбекистан Республикасы Президенти пәрманының жойбарын киргизсин;

«Мәрт жигит» ҳәм «Келешек дөретиўшиси» мәмлекетлик сыйлықларын шөлкемлестириў ҳаққындағы нызам жойбарын Өзбекистан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасына киргизиў бойынша усыныс таярласын.

  1. Өзбекистан жаслар аўқамының Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлық, Ташкент қалалық, районлық ҳәм қалалық кеңеслериниң баслықлары тийисли түрде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы, районлар менен қалалар ҳәкимлериниң жаслар сиясаты мәселелери бойынша кеңесгөйи есапланатуғыны ҳәм статусы бойынша олардың биринши орынбасарларына теңлестирилетуғыны;

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы, районлар менен қалалар ҳәкимлериниң жаслар сиясаты мәселелери бойынша кеңесгөйлерин сақлаў қәрежетлери Өзбекистан жаслар аўқамының тийисли кеңеслери есабынан қапланатуғыны;

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы, районлар менен қалалар ҳәкимлериниң жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары, районлық (қалалық) ишки ислер басқармалары (бөлимлери) баслығының жаслар мәселелери бойынша орынбасары – ҳуқықбузарлықлар профилактикасы бөлими (бөлимшеси) баслығы Өзбекистан жаслар аўқамы Орайлық Кеңеси баслығының усынысы тийкарында белгиленген тәртипте лаўазымға тайынланатуғыны;

Өзбекистан жаслар аўқамы системасында 3 жыл ҳәм оннан көп мүддет даўамында белсене жумыс ислеп киятырған хызметкерлерге турақ-жай сатып алыў ушын ипотекалық кредиттиң басланғыш төлеми Өзбекистан жаслар аўқамының раўажландырыў қоры қаржылары есабынан төленетуғыны;

Өзбекистан жаслар аўқамының белсенди ағзасы болған жоқары оқыў орынларының бакалавриат ҳәм магистратура басқышларының студентлерине орташа өзлестириў көрсеткиши 86 процент ҳәм оннан жоқары болған жағдайда билимлендириў бойынша төлем контракты муғдарының 35 проценти Өзбекистан жаслар аўқамының раўажландырыў қоры қаржылары есабынан төленетуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети, Экономика ҳәм Қаржы министрликлери, Мәмлекетлик архитектура ҳәм қурылыс комитети Өзбекистан жаслар аўқамы менен биргеликте бир ай мүддетте елимиздиң жәмийетлик-сиясий турмысында белсене қатнасып киятырған жас шаңарақларды буннан былай да қоллап-қуўатлаў, олардың турақ-жай ҳәм турмыслық шараятларын жақсылаў мақсетинде 2018-2021-жылларға мөлшерленген Жаслар жайларын қурыў бағдарламасын ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.

Жаслар жайларын қурыў бағдарламасында барлық ири қалаларда – көп қабатлы, елатлы пунктлерде – 1-2 қабатлы үлги жойбарлар тийкарында арзан турақ жайлар жаслардың турақ жайға болған талапларынан келип шығып, қурылыўы нәзерде тутылсын.

  1. Өзбекистан Республикасы Орайлық банки, коммерциялық банклер Өзбекистан жаслар аўқамы менен биргеликте бир ай мүддетте Өзбекистан жаслар аўқамының ўәлаятлық, қалалық ҳәм районлық кеңеслериниң баслықларын хошаметлеў мақсетинде оларға «Матиз» ҳәм «Дамас» автомашиналарын сатып алыў ушын 10 жыл мүддетке шекем мөлшерленген, басланғыш төлеми 15 процентлик жеңиллетилген кредитлер ажыратыў бойынша Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.
  2. Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети, Экономика министрлиги, Қаржы министрлиги, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, Мәмлекетлик салық комитети, Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Саўда-санаат палатасы, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар, Ташкент қаласының ҳәкимликлери Өзбекистан жаслар аўқамы Орайлық Кеңеси менен биргеликте еки ай мүддетте:

район орайларында ҳәм қалаларында Жаслардың исбилерменлик кластерлерин шөлкемлестириўди;

пайдаланылмай атырған мәмлекетлик объектлерди, сондай-ақ, еркин экономикалық ҳәм киши санаат зоналарындағы объектлерди Өзбекистан жаслар аўқамының ағзасы болған жас исбилерменлерге төлемсиз ижараға бериў тәртибин енгизиўди тәмийинлесин.

  1. Өзбекистан Миллий телерадиокомпаниясы, «Өзбекнефтьгаз» МХК ҳәм «Өзбектелеком» АК ның «Yoshlar» телерадиоканалы» АЖның 50 процент акцияларын Өзбекистан жаслар аўқамына бериў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.

Өзбекистан Миллий телерадиокомпаниясы Әдиллик министрлиги, Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети және Өзбекистан жаслар аўқамы менен биргеликте «Yoshlar» телерадиоканалы» АЖның жумысын жетилистириў бойынша бир ай мүддетте Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.

  1. Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының басшылары ҳәр айда кеминде бир мәрте жаслар менен ашық пикирлесиўлер өткерип барыў әмелиятын енгизсин.
  2. Өзбекистан Республикасы Әдиллик министрлиги Өзбекистан жаслар аўқамы, Қаржы министрлиги ҳәм басқа да мәпдар шөлкемлер менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар бойынша Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  3. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекистан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи Қ.Қ.Қуронбоевқа жүкленсин.

 

Өзбекистан Республикасы

Президенти    Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2017-жыл 5-июль

   

***

Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың нәтийжелилигин арттырыў ҳәм Өзбекистан жаслар аўқамының жумысын қоллап-қуўатлаў ҳаққында»ғы пәрманына

ТҮСИНИК

Елимизде ғәрезсизлик жылларында жасларды руўхый жақтан жетик ҳәм физикалық жақтан саламат, ўатанды сүйиўши ҳәм пидайы етип тәрбиялаў, олардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылды.

Соған қарамастан, жаслар турмысындағы ең әҳмийетли мәселелер, әсиресе, жәмлеспеген жаслардың турмыста орнын табыўы ушын шараят ҳәм имканият жаратыў, оларды кәсипке бағдарлаў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў, басламаларын хошаметлеў бойынша алып барылған жумыслар талап дәрежесинде емеслигин турмыстың өзи тастыйықламақта.

Орынларда, бәринен бурын, алыс аймақларда жасап атырған көп санлы жаслардың өз талантын жүзеге шығарыўы, исбилерменлик жумысы менен шуғылланыўы ушын кеңнен шараятлар жаратыў, оларды ҳәр қыйлы зыянлы иллетлерден ҳәм жат идеялардың тәсиринен қорғаў, жаслар арасында ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў сыяқлы әҳмийетли ўазыйпаларды шешиўде «Камолот» жаслар жәмийетлик ҳәрекети  Өзбекистан жасларын уллы мақсетлер жолында бирестиретуғын ҳәм соған қарай бағдарлайтуғын ғалабалық ҳәрекетке айлана алмағанын турмыстың өзи көрсетпекте.

Сол себепли, усы саладағы жумысты түп-тийкарынан жетилистириў ҳәм жаңа жоқары сапа басқышына көтериў мақсетинде Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың нәтийжелилигин арттырыў ҳәм Өзбекистан жаслар аўқамының жумысын қоллап-қуўатлаў ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилди.

Пәрманға муўапық, жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты избе-из ҳәм нәтийжели әмелге асырыў, жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў системасын түп-тийкарынан реформалаў мақсетинде Өзбекистан «Камолот» жаслар жәмийетлик ҳәрекети негизинде Өзбекистан Жаслар аўқамы шөлкемлестирилди.

Өзбекистан Жаслар аўқамы шөлкемлестирилген күн – 30-июнь сәнеси елимизде «Жаслар күни» сыпатында белгиленеди.

Өзбекистан Жаслар аўқамына 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы шеңбериндеги реформаларда жаслардың белсендилигин арттырыўға байланыслы бир қатар жаңа ҳәм әҳмийетли ўазыйпалар қойылды.

Өзбекистан Жаслар аўқамы республикамызда жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың әмелге асырылыўында мәмлекетлик уйымлар, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтлары менен нәтийжели бирге ислесиўди тәмийинлейтуғын «Жаслар – келешек  қурыўшылары» сүрени астында профессионал жумысты әмелге асыратуғын структураға айланады.

Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўда қатнасатуғын ўәкилликли мәкемелердиң жумысы үстинен нәтийжели жәмийетлик қадағалаўды шөлкемлестириў, нәтийжеси бойынша тәсиршең илажлар көриў мақсетинде Өзбекистан Жаслар аўқамының ҳуқықый ҳәм әмелий ўәкилликлери кеңейтилди, тийисли имканиятлар менен жеңилликлер берилди.

Өзбекистан Республикасы Президенти аппаратында жаслар сиясаты мәселелери бойынша хызмети шөлкемлестирилип, оған  Өзбекистан Республикасы Президентиниң жаслар сиясаты мәселелери бойынша Мәмлекетлик кеңесгөйи – Өзбекистан жаслар аўқамы Орайлық Кеңеси баслығының басшылық ететуғыны белгиленди.

Жаслар сиясаты мәселелери хызмети Өзбекистан жаслар аўқамы Орайлық Кеңесиниң жумысын нәтийжели шөлкемлестириў, Өзбекистан Республикасының «Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясат ҳаққында»ғы нызамында белгиленген ўазыйпалардың толық орынланыўын шөлкемлестириў ҳәм қадағалаў, мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларының бул бағдардағы жумысын мониторинг етиў ҳәм муўапықластырыў, оларға идеялық-методикалық жәрдем көрсетиўди шөлкемлестириў, салаға байланыслы нызам ҳүжжетлерин ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелиятын жетилистириў бойынша усыныслар ислеп шығыў сыяқлы ўазыйпаларды әмелге асырады.

Өзбекистан Республикасы Президентиниң жаслар сиясаты мәселелери бойынша Мәмлекетлик кеңесгөйи – Өзбекистан жаслар аўқамы Орайлық Кеңесиниң баслығы өз лаўазымына бола Өзбекистан Республикасы Президенти тәрепинен тайынланатуғын Өзбекистан Республикасы Олий Мажилиси сенатының ағзасы есапланады.

Пәрманда  Өзбекистан жаслар аўқамының жумысын жетилистириўге байланыслы комплексли илажлардың бағдарламасын ислеп шығыў ўазыйпасы белгиленди.

Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети жанында Өзбекистан жаслар аўқамының Орайлық кеңесине жүкленген ўазыйпаларды әмелге асырыўда жақыннан жәрдем бериў, жасларға байланыслы мәмлекетлик  сиясатты әмелге асырыўда қатнасатуғын ўәкилликли мәкемелердиң жумысын муўапықластырыў, Өзбекистан Республикасының «Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясат ҳаққында»ғы нызам талапларын турмысқа толық енгизиў ҳәм қадағалаў мақсетинде Жаслар мәселелери бойынша республикалық ведомстволараралық кеңес шөлкемлестирилди.

Әйне пайытта Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы, районлар менен қалалардың ҳәкимлери басшылығында жаслар мәселелери бойынша аймақлық ведомстволараралық кеңеслер жумыс алып барады.

Уллы мәмлекетлик ғайраткер Саҳыпқыран Әмир Темурдың ўатанға садықлық, ел-халқын қәдирлеў, мәртлик, пидайылық ҳәм әдиллик сыяқлы уллы пәзийлетлери жас әўлад ушын өрнек болып хызмет ететуғынын инабатқа алып, республиканың барлық әскерий академиялық лицейлерине «Темурбеклер мектеби» аты бериледи.

Жаслардың илимий ҳәм дөретиўшилик жумыс нәтийжелерин илимге ҳәм әдебиятқа болған қызығыўшылығын және жаслар сиясатына байланыслы әҳмийетли жаңалықларды кеңнен сәўлелендириў мақсетинде Өзбекистан жаслар аўқамының басылымларын басып шығарыўға қәнигелескен «Жаслар баспа үй» шөлкемлестириледи. Қызларымыздың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў, талантын ҳәм қәбилетин жүзеге шығарыў, олардың арасында ҳақыйқый жетекшилерди тәрбиялаў жумысларын буннан былай да күшейтиў мақсетинде «Қизларжон» журналы шөлкемлестириледи.

Пәрманға бола, жасларда китап оқыўды ҳәм китапқумарлық мәдениятын арттырыўға қаратылған «Мен сүйип оқыған китап» ҳәм «Ең жақсы китапқумар» республикалық таңлаўлары, «Китап байрамы» ҳәм «Балалар китаплары» дәстүрий республикалық фестивальлары, Ўатанға муҳаббат ҳәм оның тәғдирине байланыслылық сезимин қәлиплестириўге қаратылған акциялар, жазыўшылар, шайырлар, көркем-өнер хызметкерлери, әдебияттаныўшы илимпазлар менен ушырасыўлар ҳәм мастер-класслар системалы шөлкемлестирилиўи белгиленди.

Соның менен бирге, 2017-2018-оқыў жылынан баслап улыўма орта билимлендириў мәкемелеринде «үлкен жетекши» ҳәм «дөгерек басшысы» штат бирликлерин сапластырыў есабынан лаўазымлық мийнет ҳақысы жоқары класс оқытыўшысына теңлестирилген «жаслар жетекшиси» штат бирлиги енгизилди.

Орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириў мәкемелеринде «жаслар жетекшиси» ўазыйпасы жүкленген хызметкерге орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириў мәкемесиниң директор қоры қаржылары есабынан жоқары мағлыўматлы оқытыўшы базалық тариф ставкасының 50 проценти муғдарында ҳәр айлық үстеме белгиленеди.

Өзбекистан жаслар аўқамының Орайлық кеңеси жанында жаслардың тилек ҳәм умтылысларынан келип шығып, жаслар аўқамлары ҳәм жасларға социаллық-психологиялық жәрдем көрсетиў орайлары сондай-ақ, Өзбекистан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясы жанында Жаслардың машқалаларын үйрениў ҳәм перспективалы кадрларды таярлаў институтының шөлкемлестирилиўи пәрманда белгилеп берилген.

Елимизде ҳәр қыйлы салаларда ҳәм тармақларда жоқары нәтийжелери менен тапбысларға ерисип атырған жигитлерди сыйлықлаў мақсетинде «Мәрт жигит» мәмлекетлик сыйлығы, сондай-ақ, жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўда, оқыўда, мийнет ҳәм жәмийетлик жумысларда ҳәр тәреплеме белсенди қатнасып атырған жасларды сыйлықлаў мақсетинде «Келешек дөретиўшиси» медалы шөлкемлестириледи.

Пәрманда 2018-жылдың 1-январынан баслап киши бизнес кәрханалары тәрепинен төленетуғын бирден-бир салық төлеми ушын есапланған сумманың 8  проценти Өзбекистан жаслар аўқамының раўажландырыў қорына өткерилиўи белгиленди.

Билимлендириў мәкемесин тамамлағанына үш жыл болмаған, биринши мәрте жумысқа қабыл етилген жасларға дәрамат салығын биринши жыл ушын  50 процент, екинши ҳәм үшинши жыллар ушын болса  25 процентке азайтыў, сондай-ақ, Өзбекистан жаслар аўқамының жанында ҳәр қыйлы илимлерди, соның ишинде шет тиллерин үйретиў компьютер бағдарламаларын дүзиў ҳәм исбилерменликтиң тийкарларын оқытыў мақсетинде шөлкемлестирилетуғын сыңар кәрханаларын  2027-жыл 1-августқа шекем барлық салықлардан азат етиў,  бунда кәрхананың ықтыярында қалатуғын сумманың 20 процентин Өзбекистан жаслар аўқамының раўажландырыў қорына өткериў әмелияты енгизиледи.

Өзбекистан жаслар аўқамының Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлық, Ташкент қалалық, районлық ҳәм қалалық кеңеслериниң баслықлары тийислилиги бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы, районлар ҳәм қалалар ҳәкимлериниң жаслар сиясаты мәселелери бойынша кеңесгөйи есапланады ҳәм статусы бойынша олардың биринши орынбасарларына теңлестирилди.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы, районлар ҳәм қалалар ҳәкимлериниң жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағаратыўшылық жумыслар бойынша орынбасары, районлық (қалалық) ишки ислер басқармалары (бөлимлери) баслығының жаслар мәселелеси бойынша орынбасары – ҳуқықбузарлықлар профилактикасы бөлиминиң (бөлимшесиниң) баслығы Өзбекистан жаслар аўқамы Орайлық Кеңеси баслығының усынысы тийкарында белгиленген тәртипте лаўазымға тайынланады.

Өзбекистан жаслар аўқамы системасында 3 жыл ҳәм оннан көп мүддет даўамында белсенди ислеп киятырған хызметкерлерге турақ жай сатып алыў ушын ипотека кредитиниң басланғыш төлеми, сондай-ақ, шөлкемниң белсенди ағзасы болған жоқары билимлендириў мәкемелериниң бакалавриат ҳәм магистратура басқышларының студентлерине орташа өзлестириў көрсеткиши 86 процент ҳәм оннан жоқары болғанда билимлендириў бойынша төлем контракти муғдарының 35 проценти Өзбекистан жаслар аўқамының раўажландырыў қоры қаржылары есабынан төленеди.

Әҳмийетли тәрепи сонда, елимиздиң социаллық-сиясий турмысында белсене қатнасып атырған жас шаңарақларды буннан былай да қоллап-қуўатлаў, олардың турақ жай ҳәм турмыслық шараятларын жақсылаў мақсетинде 2018-2021-жылларға мөлшерленген Жаслар үйлерин қурыў бағдарламасы ислеп шығылады. Бул бағдарламада барлық ири қалаларда – көп қабатлы, елатлы пунктлерде – 1-2 қабатлы үлги жойбарлар тийкарында арзан турақ жайлар жаслардың турақ жайға болған талапларынан келип шығып, қурылыўы нәзерде тутылады.

Өзбекистан жаслар аўқамының ўәлаятлық, қалалық ҳәм районлық кеңеслериниң баслықларын хошаметлеў мақсетинде оларға «Матиз» ҳәм «Дамас» автомашиналарын сатып алыў ушын 10 жыл мүддетке шекем мөлшерленген, басланғыш төлеми 15 процентлик жеңиллетилген кредитлер ажыратылады.

Республикамыздың район орайларында ҳәм қалаларында Жаслардың исбилерменлик кластерлери шөлкемлестириледи.

Пайдаланылмай атырған мәмлекетлик объектлерди, сондай-ақ, еркин экономикалық ҳәм киши санаат зоналарындағы объектлерди Өзбекистан жаслар аўқамының ағзасы болған жас исбилерменлерге төлемсиз ижараға бериў тәртиби енгизиледи.

«Yoshlar» телерадиоканалы» АЖ жумысын күшейтиў мақсетинде оның 50 процент акциялары Өзбекистан жаслар аўқамына бериледи.

Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының басшылары ҳәр айда кеминде бир мәрте жаслар менен ашық пикирлесиўлерди өткерип барыў әмелияты енгизиледи.