Өзбекистан Республикасы Президентиниң қ а р а р ы
Өзбекистан Республикасы Президентиинң 2017-жыл 20-апрельдеги «Жоқары билимлендириў системасын буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-2909-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў және региондағы өндиристен, қолда бар техника ҳәм технологиялардан пайдаланыў, хызмет көрсетиўдиң тийкарғы тармақларын раўажландырыў, инженерлик билимлендириўди раўажландырыўда дүнья тәжирийбесин есапқа алған ҳалда кадрлар таярлаў системасын орынларда шөлкемлестириўди буннан былай да жетилистириў ҳәм сапасын жақсылаў мақсетинде:
- Өзбекистан Республикасы Президентиинң 2017-жыл 20-апрельдеги «Жоқары билимлендириў системасын буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-2909-санлы қарарына муўапық Ислам Кәримов атындағы Ташкент мәмлекетлик техника университети Термиз филиалы (кейинги орынларда Ташкент мәмлекетлик техника университети Термиз филиалы деп аталады) шөлкемлестирилгени мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Ташкент мәмлекетлик техника университети Термиз филиалының тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленсин:
транспорт системалары ҳәм жоллары және олардың эксплуатациясы, химиялық технология, имарат ҳәм объектлердиң қурылысы және материаллары, азық-аўқат технологиясы, технологиялық машина ҳәм үскенелер, жеңил санаат технологиясы, экология ҳәм санаат қәўипсизлиги салаларында жоқары маманлықтағы қәнигелерди халықаралық стандартлар дәрежесинде сапалы таярлаўды тәмийинлеў;
экономика тармақларын раўажландырыўдың илимий-технологиялық ўазыйпаларын шешиўге, алдынғы шет ел технологияларын сынап көриўге және енгизиўге бағдарланған илимий-әмелий изертлеўлерди алып барыў ҳәм исленбелерди әмелге асырыў;
шет еллердеги билимлендириў мәкемелериниң тәжирийбесин ҳәм елимиз экономикасының талап-зәрүрликлерин есапқа ала отырып, тийисли инженерлик-техникалық ҳәм өндирис бағдарлары және қәнигеликлери бойынша илимий-методикалық әдебиятларды ислеп шығыў;
қоспа илимий жойбарларды әмелге асырыў, илимий-билимлендириў процесине шет елли қәнигелерди тартыў мақсетинде техника саласындағы жетекши шет елдеги жоқары билимлендириў мәкемелери ҳәм илимий орайлары менен бирге ислесиў байланысларын раўажландырыў.
- Ташкент мәмлекетлик техника университети Термиз филиалына ҳәр жылғы студентлерди қабыллаў саны белгиленген тәртипте тастыйықланатуғын республикалық жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыл етиў квоталарынан келип шыққан ҳалда белгиленсин.
- Төмендегилер:
Ислам Кәримов атындағы Ташкент мәмлекетлик техника университети Термиз филиалының структурасы 1-қосымшаға муўапық;
Ислам Кәримов атындағы Ташкент мәмлекетлик техника университети Термиз филиалын шөлкемлестириў, оның материаллық-техникалық ҳәм илимий-педагогикалық базасын тәмийинлеў илажлары бағдарламасы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Өзбекистан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўды билимлендириў министрине, зәрүр жағдайларда, Ташкент мәмлекетлик техника университети Термиз филиалының структурасына хызметкерлердиң тастыйықланған улыўма шекленген саны шеңберинде өзгерислер киргизиў ҳуқықы берилсин.
- Өзбекистан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги 2017-жыл 1-сентябрьге шекем:
Ташкент мәмлекетлик техника университети Термиз филиалын таңлаў тийкарында жоқары маманлықтағы профессор-оқытыўшылар менен тәмийинлеў илажларын көрсин;
Ташкент мәмлекетлик техника университети Термиз филиалында оқыў-методикалық процесстиң шөлкемлестирилиўин тәмийинлеў, штатлар кестесин ҳәм қәрежетлер сметасын тастыйықлаў, оны оқыў әдебиятлары, заманагөй оқыў лаборатория үскенелери және компьютер техникасы менен тәмийинлеў бойынша анық илажларды әмелге асырсын.
- Сурхандәрья ўәлаяты ҳәкимлиги ҳәм Өзбекистан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң Термиз қаласы, Султон саодат көшеси 288«а»- жайда жайласқан Термиз мәмлекетлик университети жанындағы Термиз академиялық лицейиниң имаратлары менен объектлерин аймақлары менен Ташкент мәмлекетлик техника университети Термиз филиалына оператив басқарыў ҳуқықы менен бийпул пайдаланыўға бериў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
Термиз мәмлекетлик университети жанындағы Термиз академиялық лицейи Ташкент мәмлекетлик техника университети Термиз филиалының имаратларында ижара төлемисиз орналасатуғыны белгилеп қойылсын.
- Өзбекистан Республикасы Экономика министрлиги ҳәм Қаржы министрлиги Өзбекистан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң тийкарланған есап-санақлары бойынша Өзбекистан Республикасы инвестициялық бағдарламасының 2019-жылға ҳәм кейинги жылларға параметрлерин қәлиплестириўде Ташкент мәмлекетлик техника университети Термиз филиалы объектлерин реконструкциялаў, капитал оңлаў ҳәм үскенелеў ушын Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы Бюджеттен тысқары биимлендириў ҳәм медицина мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын раўажландырыў қорының есабынан қаржылар ажыратылыўын нәзерде тутсын.
- Ташкент мәмлекетлик техника университети Термиз филиалын сақлаў қәрежетлери 2017-жылы «Маориф» саласы бойынша тастыйықланған бюджет параметрлери шеңберинде, 2018-жылдан баслап болса бул салаға ҳәр жылы ажыратылатуғын қаржылар шеңберинде әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.
- Төмендегилер Ташкент мәмлекетлик техника университети Термиз филиалының жумысын қаржыландырыў дәреклери етип белгиленсин:
Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик бюджет қаржылары;
хожалық жумысынан ҳәм шәртнама тийкарында хызметлер көрсетиўден түсетуғын түсимлер;
физикалық ҳәм юридикалық шахслардың қәўендерликлери ҳәм мақсетли төлемлери;
халықаралық қаржы шөлкемлериниң грантлары;
нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер.
- Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги Ташкент мәмлекетлик техника университети Термиз филиалына 2, соның ишинде, 1 хызмет ҳәм 1 арнаўлы жеңил автотранспорт қуралын сақлаўға лимит ажыратсын.
- Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2016-жыл 2-майдағы «Ташкент мәмлекетлик техника университети жумысын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-2524-санлы қарарының 1-қосымшасының тексти 3-қосымшаға муўапық редакцияда жазылсын.
- Өзбекистан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги мәпдар министрлик ҳәм ведомстволар менен биргеликте бир ай мүддетте:
нызам ҳүжжетлерине усы қарарадан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин;
өзлери қабыл еткен нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди усы қарарға муўапықластырсын.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекистан Республикасы Президентиниң мәмлекетлик кеңесгөйи А.Н.Юнусходжаевқа жүкленсин.
Өзбекистан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2017-жыл 29-июнь
***
Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Ислам Кәримов атындағы Ташкент мәмлекетлик техника университети Термиз филиалының жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына
ТҮСИНИК
Республикамызда кадрларды таярлаўға, олардың жетик қәниге болып жетисиўине оғада үлкен әҳмийет берилмекте. Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Ислам Кәримов атындағы Ташкент мәмлекетлик техника университети Термиз филиалының жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарары Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 20-апрельдеги «Жоқары билимлендириў системасын буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-2909-санлы қарарында белгиленген ўазыйпаларды өз ўақтында толық көлемде орынлаўды тәмийинлеў мақсетинде, сондай-ақ, Сурхандәрья үлкесинде өндирис, қолда бар техника ҳәм технологиялардан пайдаланыў, хызмет көрсетиўдиң тийкарғы тармақларын раўажландырыў, инженерлик билимлендириўди раўажландырыўдың дүнья тәжирийбесин есапқа алған ҳалда кадрлар таярлаў системасын шөлкемлестириўди буннан былай да жетилистириў ҳәм сапасын жақсылаў, талап етилген хызмет көрсетиў саласы бағдарларын раўажландырыўды хошаметлеў мақсетинде қабыл етилди.
Бүгинги күнге шекем Сурхандәрья ўәлаятында бирден-бир Термиз мәмлекетлик университети жумыс алып атырған болып, ҳәр жылы абитуриентлерден ең көп ҳүжжет тапсырыў усы жоқары билимлендириў мәкемесине туўра келетуғын еди. Быйылдан баслап Сурхандәрья ўәлаятында Термиз мәмлекетлик университети менен биргеликте және еки жоқары билимлендириў мәкемесиниң филиаллары студентлерди қабыл етеди. Олардың бири Ташкент мәмлекетлик техника университети Термиз филиалы болып табылады.
Қабыл етилген қарарға бола, төмендегилер Ташкент мәмлекетлик техника университети Термиз филиалының ең әҳмийетли ўазыйпалары етип белгиленген:
транспорт системалары ҳәм жоллары және олардың эксплуатациясы, химиялық технология, имарат ҳәм объектлердиң қурылысы және материаллары, азық-аўқат технологиясы, технологиялық машина ҳәм үскенелер, жеңил санаат технологиясы, экология ҳәм санаат қәўипсизлиги салаларында жоқары маманлықтағы қәнигелерди халықаралық стандартлар дәрежесинде сапалы таярлаўды тәмийинлеў;
экономика тармақларын раўажландырыўдың илимий-технологиялық ўазыйпаларын шешиўге, алдынғы шет ел технологияларын сынап көриўге және енгизиўге бағдарланған илимий-әмелий изертлеўлерди алып барыў ҳәм исленбелерди әмелге асырыў;
шет еллердеги билимлендириў мәкемелериниң тәжирийбесин ҳәм елимиз экономикасының талап-зәрүрликлерин есапқа ала отырып, тийисли инженерлик-техникалық ҳәм өндирис бағдарлары және қәнигеликлери бойынша илимий-методикалық әдебиятларды ислеп шығыў;
қоспа илимий жойбарларды әмелге асырыў, илимий-билимлендириў процесине шет елли қәнигелерди тартыў мақсетинде техника саласындағы жетекши шет елдиң жоқары билимлендириў мәкемелери ҳәм илимий орайлары менен бирге ислесиў байланысларын раўажландырыў.
Ташкент мәмлекетлик техника университети Термиз филиалына ҳәр жылғы студентлерди қабыл етиў бағдарлары ҳәм қабыллаў квотасы үлкениң жоқары мағлыўматлы инженер-техник кадрларға болған зәрүрликлеринен келип шыққан ҳалда белгиленеди.
Қарар менен Ислам Кәримов атындағы Ташкент мәмлекетлик техника университети Термиз филиалын шөлкемлестириў, оның материаллық-техникалық ҳәм илимий-педагогикалық базасын тәмийинлеў илажлар бағдарламасы тастыйықланды. Сондай-ақ, бул Бағдарламаға муўапық 2017-жыл 1-сентябрьге шекем Ташкент мәмлекетлик техника университети Термиз филиалын таңлаў тийкарында жоқары маманлықтағы профессор-оқтыўшылар менен тәмийинлеў илажлары белгиленди.
Буннан тысқары, Сурхандәрья ўәлаяты ҳәкимлиги ҳәм Өзбекистан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң усынысларына муўапық Термиз қаласы, Султон Саодат көшеси 288«а»- жайда жайласқан Термиз мәмлекетлик университети жанындағы Термиз академиялық лицейиниң имаратлары менен объектлери аймақлары менен Ташкент мәмлекетлик техника университети Термиз филиалына пайдаланыўға берилди.
Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Ислам Кәримов атындағы Ташкент мәмлекетлик техника университети Термиз филиалын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарары үзликсиз билимлендириў системасын раўажландырыў, елимиз аймақларын избе-из раўажланып атырған экономиканы жоқары маманлықтағы кадрлар менен тәмийинлеў, барлық сала ҳәм тармақларды стратегиялық жақтан комплексли раўажландырыў мәселелерин шешиў бағдарында жоқары билимлендириў системасының қатнасын кеңейтиў жолындағы тағы бир әҳмийетли әмелий қәдем болып есапланады.