Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитетиниң жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 18-ноябрьдеги “Экология ҳәм туризм тараўларында халықтың талапларына жедел жуўап бере алатуғын басқарыў системасын жаратыў илажлары ҳаққында”ғы ПП-217-санлы Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде қарар етемен:
- I. Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитетиниң жумысын жолға қойыў
- Төмендегилер:
(а) Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитетиниң (кейинги орынларда – Экология комитети) шөлкемлестириў структурасы 1-қосымшаға муўапық;
(б) Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитети ҳаққындағы реже 2-қосымшаға муўапық;
(в) Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитетиниң Мәмлекетлик Экологиялық қадағалаў инспекциясы (Экополиция) ҳаққындағы реже 3-қосымшаға муўапық;
(г) Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитети системасындағы мәмлекетлик инспектор статусына ийе хызметкерлерге арнаўлы атақлар бериў тәртиби ҳаққындағы реже 4-қосымшаға муўапық;
(д) Экополиция хызметкерлерин 2025-2027-жылларда арнаўлы техника ҳәм транспорт қураллары менен тәмийинлеў бойынша бағдарлама 5-қосымшаға муўапық;
(ж) Экология, қоршаған орталықты қорғаў тараўындағы реформаларды буннан былай да күшейтиў бойынша илажлар бағдарламасы 6-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Экология комитетиниң “Қоршаған орталықты қорғаў тараўында қәнигелестирилген аналитикалық қадағалаў орайы” мәмлекетлик мәкемеси негизинде “Экологиялық мониторинг миллий орайы” мәмлекетлик мәкемеси шөлкемлестирилсин.
- Төмендегилер:
(а) Экология комитети өз жумысында тиккелей Өзбекстан Республикасы Президентине есап береди;
(б) Экология комитети өз жумысын ҳәр қандай мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, олардың лаўазымлы шахсларынан ғәрезсиз түрде әмелге асырады ҳәм оның жумысына усы лаўазымлы шахслардың араласыўы қадаған етиледи;
(в) нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлеринде белгиленген Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў тараўындағы Министрлер Кабинетиниң ўәкилликлери, оларға тийисли өзгерислер киргизилгенге шекем, тиккелей Экология комитети тәрепинен әмелге асырылады;
(г) Экология комитети Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлигиниң ҳуқық ҳәм миннетлемелери бойынша ҳуқықый мийрасхоры болып есапланады;
(д) Экология комитетиниң ағымдағы жумысына Өзбекстан Республикасы Президентиниң Экология мәселелери бойынша кеңесгөйи – Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитетиниң баслығы басшылық етеди;
(ж) Экология комитети баслығының 4 орынбасары Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен лаўазымға тайынланады ҳәм лаўазымынан азат етиледи, статусы, мийнетке ҳақы төлеў, медициналық хызмет көрсетиў ҳәм транспорт тәмийнаты шараятлары бойынша тийислисинше Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң орынбасарларына теңлестириледи;
(з) Экология комитетиниң лаўазымлы шахслары ушын алдынғы жумыс орнында берилген узақ мүддетли хызметлери, әскерий ҳәм арнаўлы атақлар (мәртебе дәрежелери, қәнигелик дәрежелери, дипломатиялық дәрежелер ҳәм басқалар) ушын үстеме ҳәм қосымша төлемлер сақланып қалады;
(и) Экология комитетинде ислеген дәўир әскерий ҳәм арнаўлы атақлар бериў ушын зәрүр болған жумыс стажына қосылады;
(к) мәмлекетлик Экологиялық қадағалаўды әмелге асырыўшы хызметкерлердиң формалы кийим-кеншек ҳәм өзгешелениў белгилери сатып алыў менен байланыслы қәрежетлер Экология комитетиниң бюджеттен тысқары қаржылары есабынан әмелге асырылады;
(л) Экология хызметкерлерин арнаўлы техника ҳәм транспорт қураллары менен тәмийинлеў Экология комитетиниң бюджеттен тысқары қаржылары есабынан әмелге асырылады;
(м) Тоғай ҳәм жасыл аймақларды көбейтиў, шөллениўге қарсы гүресиў агентлиги, Гидрометеорология хызмети агентлиги ҳәм Шығындыларды басқарыў ҳәм циркуляр экономиканы раўажландырыў агентлиги:
(i) директорлары Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен лаўазымға тайинланады ҳәм лаўазымынан азат етиледи;
(ii) директор орынбасарлары Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы басшысы тәрепинен лаўазымға тайынланады ҳәм лаўазымынан азат етиледи;
(н) Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм климат өзгериўи комитети, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы Экология ҳәм климат өзгериўи бас басқармалары (кейинги орынларда – аймақлық бөлимлер) басшылары Экология комитети баслығы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы менен келисилген ҳалда лаўазымға тайынланады ҳәм лаўазымынан азат етиледи;
(о) аймақлық бөлимлер ҳәм район (қала)лық бөлимлериниӊ жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары структурасына кирмейди ҳәм өз жумысын еркин әмелге асырады ҳәм Экология комитети алдында есап береди;
(п) мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер Экологиялық дипломатия бөлимлери хызметкерлерин лаўазымға тайынлаў ҳәм лаўазымынан азат етиў мәселелерин мәжбүрий тәртипте Экология комитети менен алдыннан келисип алады;
(р) Экология комитетине қорғалатуғын тәбийғый аймақлар ҳәм мәмлекетлик тоғай хожалықлары структураларын (үлгили структураларын) тастыйықлаў ўәкиллиги бериледи.
- II. Тараўды санластырыў ҳәм экологиялық өндириске өтиў
- Экология комитети Санлы технологиялар министрлиги менен биргеликте 2026-жыл 1-сентябрьге шекем Экология қорының қаржылары есабынан Бирден-бир Экологиялық онлайн платформаның жумысын жолға қойсын.
Бирден-бир экологиялық онлайн платформаға қойылатуғын тийкарғы талаплар 7-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Қоршаған орталыққа тәсир көрсетиў бойынша I ҳәм II категорияға тийисли санаат кәрханалары (кейинги орынларда – I ҳәм II категориядағы кәрханалар) 2026-жыл 1-мартқа шекем өз аймақларында фон мониторинг станцияларын орнатыў ҳәм оларды Экология комитетиниң Экологиялық мониторинг миллий орайына интеграциялаў илажларын көрсин.
- 2026-жыл 1-марттан баслап белгиленген мүддетте фон мониторинг станцияларын орнатпаған ҳәм оларды Экология комитетиниң Экологиялық мониторинг миллий орайына интеграцияламаған I ҳәм II категориядағы кәрханаларға компенсация төлемлерин бес есеге арттырған ҳалда қолланыў тәртиби енгизилсин.
- Төмендегилер:
(а) 2026-жыл 1-марттан баслап тәбиятқа зыян жеткериў бойынша компенсация төлемлеринен азат етиў түринде жеңиллик бериў менен байланыслы барлық нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм ҳуқықый күшке ийе көрсетпелер өз күшин жойытқан деп есапланады ҳәм бул мәселеде жеңиллик бериў тек ғана нызам арқалы әмелге асырылады;
(б) Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў тараўындағы нызамшылық талапларына әмел етиўди бийкарлаў ямаса әмел етпестен руқсат етиў характерине ийе ҳүжжетлерди бериў, соның ишинде мәмлекетлик Экологиялық экспертиза жуўмағын бериў, терек ҳәм путаларды кесиў ҳәм көшириўди нәзерде тутатуғын Ҳүкиметтиң қарар, бийлик, протокол ҳәм жазба тапсырмаларын ҳәмде ведомстволық ҳүжжетлер, жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымларының ҳүжжетлерин қабыл етиў қатаң қадаған етиледи;
(в) Экополиция хызметкерлерине физикалық күш қолланыў, арнаўлы қуралларды (электрошок қурылмаларын) ҳәм хызмет қуралын (резина оқлы, тор атыўшы) қолланыў ҳуқықы бериледи ҳәм де олардың арнаўлы кийимине боди камералар орнатылады;
(г) нызамшылыққа тийисли өзгерислер киргизилгенге шекем Экополиция хызметкерлери тәрепинен физикалық күш ислетиў, арнаўлы қураллар ҳәм хызмет қуралын қолланыў тәртибине Өзбекстан Республикасының “Ишки ислер уйымлары ҳаққында”ғы Нызамында белгиленген тийкарлар ҳәм шәртлер қолланылады.
- 2026-жыл 1-апрельден баслап, тоғай фондына кирмейтуғын терек пенен қапланған елатлы пунктлердиң (қалалар, посёлкалар ҳәм аўыллық елатлы пунктлер) жер майданларын алып қойыў ҳәм басқа да мақсетлер ушын ажыратыўға жәмийетшилик тәрепинен қадаған етиў бойынша баслама киргизиў имканияты жаратылатуғыны белгиленсин. Бунда:
(а) пуқара мәмлекетлик хызметлер орайлары яки Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы мүрәжат етеди;
(б) терек пенен қапланған жер майданы жайласқан мәҳәлле халқының кеминде 10 проценти қадаған етиўге разы болса, Экология комитети тәрепинен усы майданды алып қойыў ҳәм басқа мақсетлер ушын ажыратыў қадаған етиледи;
(в) Кадастр агентлиги тийисли жер майданы жеке меншик мүлк есапланбаўын ямаса басқа жер категориясына кирмеўин үйренип, унамлы жағдайларда Экология комитети тәрепинен усы майданға қойылған қадаған етиўди дизимнен өткереди.
III. Қорғалатуғын тәбийғый аймақларды басқарыўды жетилистириў.
- Сондай тәртип орнатылсын, оған бола:
(а) Экология комитети системасындағы бар қорғалатуғын тәбийғый аймақлар улыўма мәмлекетлик әҳмийетке ийе қорғалатуғын тәбийғый аймақлар (кейинги орынларда – тәбийғый аймақлар) есапланады ҳәм оларға төмендеги тәртип енгизиледи:
(i) тәбийғый аймақлар басқарыўы ҳәм бойсыныўы тиккелей Экология комитетинде болады;
(ii) жаңа тәбийғый аймақларды шөлкемлестириў ҳәм бар тәбийғый аймақлар майданын кеңейтиў нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлер менен әмелге асырылыўы мүмкин;
(iii) тәбийғый аймақлардың жумысын тоқтатыў ямаса олардың аймағын қысқартыў Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарының қарарлары менен әмелге асырылады;
(б) жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары тәрепинен жергиликли әҳмийеттеги тәбийғый бағлар, буйыртпа қорықханалар, курорт тәбийғый аймақлар ҳәм ботаника бағлары шөлкемлестирилиўи мүмкин ҳәм оларға төмендеги тәртип енгизиледи:
(i) басқарыўы ҳәм бойсыныўы район (қала) ҳәкимликлери тәрепинен әмелге асырылады;
(ii) олардың жумысын тоқтатыў ямаса аймақларын қысқартыў Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық кеңеслериниң қарарлары менен әмелге асырылады.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимликлери 2026-жыл 1-ноябрьге шекем 2 ден жергиликли әҳмийетке ийе тәбийғый парклерди шөлкемлестирсин.
- IV. Экология тараўында финанслық турақлылық
- Экология тараўындағы улыўмамиллий жойбарлар, экологиялық машқалаларды сапластырыў мақсетинде өткерилетуғын изертлеўлер ҳәм әмелге асырылатуғын жойбарлар бағдарламаларын қаржыландырыў ушын Экология комитети жанында Улыўмамиллий Экологиялық машқалаларды сапластырыў мәмлекетлик мақсетли қоры (кейинги орынларда – Арнаўлы қор) шөлкемлестирилсин ҳәм оның дәраматларын қәлиплестириў дереклери етип төмендегилер белгиленсин:
(а) 2025-жылы республика бюджетинен ажыратылатуғын 900 миллиард сум;
(б) 2026-жылы республикалық бюджеттен 8-қосымшаға муўапық илажлар ушын мақсетли ажыратылатуғын 548 миллиард сум;
(в) 2026-жыл 1-январьдан баслап:
(i) Өзбекстан Республикасы тәрепинен ийелик етилетуғын углерод бирликлери саўдасы нәтийжесинде пайда болатуғын қаржылардың 20 проценти;
(ii) қоршаған тәбийғый орталықтың патасланғанлығы ҳәм шығындылардың жайластырылғанлығы ушын компенсация төлемлери, тәбиятты қорғаў ҳаққындағы нызамшылықтың бузылыўында айыплы болған физикалық ҳәм юридикалық тәреплерден ҳәкимшилик ҳәм суд тәртибинде өндирилетуғын жәриймалар, финанслық санкциялар ҳәм пул қаржыларынан ажыратпалар 9-қосымшада белгиленген муғдарларда;
(iii) транспорт қуралларын “еркин айланысқа шығарыў (импорт) ” бажыхана режиминде рәсмийлестирип атырған физикалық ҳәм юридикалық тәреплер тәрепинен төленетуғын утилизация жыйымынан 10 процент;
(г) 2027-жыл 1-январьдан баслап:
(i) пневматикалық резина шиналар ҳәм покришкалар ушын ҳәм келешекте жаңадан енгизилетуғин утилизация жыйымларының 100 проценти;
(ii) транспорт қуралларын “еркин айланысқа шығарыў (импорт) ” бажыхана режиминде рәсмийлестирип атырған физикалық ҳәм юридикалық тәреплер тәрепинен төленетуғын утилизация жыйымынан 90 проценти.
- Усы қарардың 12-бәнтинде нәзерде тутылған утилизация жыйымлары бойынша дәраматлар Мәмлекетлик бюджет дәраматлары қурамында толық көрсетилген ҳалда Арнаўлы қорға өткерилетуғыны белгиленсин.
- Улыўмамиллий экологиялық машқалаларды сапластырыў мәмлекетлик мақсетли қорының басқарыў кеңеси (кейинги орынларда – Қор кеңеси) 10-қосымшаға муўапық қурамда шөлкемлестирилсин. Бунда:
(а) кейинги жыллар ушын Арнаўлы қор есабынан анық финанслық қаржылар көрсетилген ҳалда әмелге асырылатуғын жойбарлар бағдарламасы алдыннан ҳәр жылдың ноябрь айында Қор кеңесинде көрип шығылады ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына киргизип барылады;
(б) Қор Кеңеси Арнаўлы қорға келип түскен қаржылардан ашық-айдынлық ҳәм жәмийетшиликке есап бериў принциплери тийкарында пайдаланыўды тәмийинлейди;
(в) Арнаўлы қордың дәраматларын қәлиплестириў ҳәм қаржыларынан пайдаланыў тәртиби Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы басшысы тәрепинен белгиленеди.
- Экономика ҳәм қаржы министрлиги 2025-жылдың ақырына шекем 2025-жыл ушын республикалық бюджетте Өзбекстан Республикасы Президентиниң тапсырмаларына тийкарланып аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў және мәмлекетлик қарызға хызмет көрсетиў бойынша процент төлемлери ушын қәрежетлерде нәзерде тутылған қаржылар есабынан Арнаўлы қорға 900 миллиард сум қаржы ажыратсын.
- Экономика ҳәм қаржы министрлиги Салық комитети менен биргеликте бир ай мүддетте юридикалық тәреплердиң Экология комитети жанындағы Жасыл қайырқомлық қорына ажыратылатуғын ықтыярый қайырқомлық түриндеги қаржылары және жасыл бағларды жаратыў ҳәм оларды тәрбиялаў илажлары ушын қаратылған қәрежетлерин пайда салығынан азат етиў бойынша нызам жойбарын киргизсин.
- Салық комитети Экология комитети менен биргеликте “Soliq” мобиль қосымшасы арқалы физикалық тәреплерге сатып алыў суммасының ҳәм республика аймақлары бойлап ишки саяхатларды әмелге асырғаны ушын қәрежетлердиң республикалық бюджеттен қайтарылатуғын бөлегин ықтыярлы түрде терек нәллерин егиўге қаратыў имканиятын жаратсын.
- V. Қарардыӊ орынланыўын шөлкемлестириў, тәмийинлеў ҳәм қадағалаў
Экология комитети мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында усыныслар киргизсин.
Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы С.Ш. Мирзиёеваға жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.Мирзиёев