Өзбекистан Республикасы Президентиниң пәрманы

 

Ғәрезсизлик жылларында елимизде айрықша жағдайлардың алдын алыў, олар жүз бергенде ҳәрекет етиў бойынша бир пүтин мәмлекетлик система ҳәм оның муўапықластырыўшы уйымы етип Өзбекистан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлиги шөлкемлестирилди, саланың зәрүр нормативлик-ҳуқықый базасы қәлиплестирилди. Айрықша жағдайлар министрлиги, басқа да министрликлер менен ведомстволардың айрықша жағдайлар профилактикасы, олардың алдын алыў ҳәм ақыбетлерин сапластырыў бойынша имканиятларын беккемлеў бағдарында көлемине және мазмунына бола салмақлы жумыслар әмелге асырылды.

Соның менен бирге, айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм оның ақыбетлерин сапластырыў бағдарында көрилип атырған илажлар системасының жумыс нәтийжелилигин талқылаў соны көрсетеди, республика халқын ҳәм аймақларын қорғаў саласында бир қатар машқалалы мәселелер бар:

бириншиден – тәбийғый, техноген ҳәм экологиялық қәсийетке ийе айрықша жағдайлардан халықтың ҳәм аймақлардың қәўипсизлигин тәмийинлеўди болжаў, қәўипти баҳалаў, бақлаўды ҳәм қадағалаўды арттырыў мәселелери менен шуғылланатуғын бир қатар қәнигелестирилген мәкемелердиң жумыс ислеп атырғанына қарамастан, айрықша жағдайларды мониторинг етиўдиң ҳәм болжаўдың тәсиршең системасы жаратылмаған, соның ақыбетинде жер силкиниўлер, қәўипли гидрометеорологиялық ҳәдийселер, экзоген геологиялық процесслер, техноген қәсийетке ийе авариялардың ҳәм апатшылықлардың қәўип туўдырыўын ҳәр тәреплеме талқылаў, олардың жүз бериў қәўпин анықлаў толық әмелге асырылмай атыр;

екиншиден – Өзбекистан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлигиниң әмелдеги шөлкемлестириўшилик-штат бирлигиниң ҳәм жеке қурамының азлығы айрықша жағдайлардың профилактикасы ҳәм олардың ақыбетлерин  жедел түрде сапластырыў бойынша алып барылып атырған илажларды кең көлемли ҳәм нәтийжели әмелге асырыўды тәмийинлемей атыр;

үшиншиден – айырым қала ҳәм районларда төменги буўынның жоқ екени ҳәм раўажланбағаны айрықша жағдайлардың бөлимлери тәрепинен профилактикалық илажларды елимизде системалы түрде әмелге асырыўға имканият бермей атыр, халықты ҳәм аймақларды айрықша жағдайлардан қорғаўда жүзеге келетуғын машқалаларды шешиў бағдарында халық пенен кең көлемли сөйлесиўлер алып барыўды және пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары менен нәтийжели бирге ислесиўди тәмийинлемей атыр;

төртиншиден – Өзбекистан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлигиниң профессионал қутқарыў отрядлары ҳәкимшилик орайларында жайласқанлықтан алыс районларда айрықша жағдайлардың алдын алыўда ҳәм олар жүз бергенде қутқарыў отрядларының қамтылыўында белгили бир қыйыншылықлар туўдырып, оларды тек айрықша жағдайларлың ақыбетлерин сапластырыў жумысларына ғана тартыў менен шекленеди;

бесиншиден – аймақларда айрықша жағдайларды мониторинг етиў, болжаў, алдын алыў ҳәм оның ақыбетлерин сапластырыў мәселелерине тартылыўы зәрүр болған басқарыў уйымларын, күш ҳәм қуралларды муўапықластырыўшы тәсиршең механизмлер жоқ;

алтыншыдан – Өзбекистан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлиги структураларын заманагөй авариялық-қутқарыў техникалары, әсбап-үскенелер, әнжамлар ҳәм байланыс қураллары менен тәмийинлеўдиң дәрежеси қанаатладырарсызлығынша қалмақта;

жетиншиден – халықты ҳәм аймақларды тәбийғый апатлардан ҳәм техноген авариялар қәўпинен қорғаў бойынша машқалаларды шешиўде республиканың илимий-изертлеў потенциалынан әмелде толық пайдаланылмай атыр;

сегизиншиден – айрықша жағдайларды мониторинг етиў ҳәм болжаў, олардың қәўпи ҳаққында халықты хабардар етиў және ескертиў, сондай-ақ, қутқарыў жумысларын алып барыўға тартылыўы зәрүр болған күш ҳәм қуралларды муўапықластырыў ҳәм басқарыў жумысларына заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын тартыў жумыслары төмен дәрежеде алып барылмақта;

тоғызыншыдан – халықты ҳәм аймақларды айрықша жағдайлардан қорғаў саласында қәнигелерди таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў системасы заманагөй талапларға жуўап бермейди, келешекте усы салада ислейтуғын профессионал кадрлар таярлаўдың үзликсиз системасы жоқ.

2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясының ўазыйпаларына муўапық, айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм оларды сапластырыў илажларының нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў мақсетинде:

  1. Төмендегилер айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм оларды сапластырыў системасын жетилистириўдиң ең әҳмийетли бағдарлары болып есаплансын:

Өзбекистан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлигин айрықша жағдайлардың қәўпин алдын ала сапластыратуғын, халықтың өмирине ҳәм денсаўлығына қәўип туўылғанда өз ўақтында ҳәм комплексли жәрдем көрсетиўге қаратылған жумыс алып баратуғын, оның ҳәр бир хызметкери «Өз ўақтында ескертиў, қутқарыў ҳәм жәрдем бериў» сүрени астында хызмет ететуғын мобиль, заманагөй профессионал хызметке айландырыў;

халық, биринши гезекте, жас өсипиримлер ҳәм жаслар менен пикирлесиўлерди беккемлеў және кеңейтиў, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм басқа да пуқаралық жәмийетиниң институтлары менен айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм оларды сапластырыў саласында өз-ара бирге ислесиўди тәмийинлеў;

Өзбекистан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлигиниң структурасын жетилистириў, халықтың ҳәм аймақлардың қәўипсизлигине қәўиплер, тәбийғый ҳәм техноген қәсийетке ийе қәўиплер дәреклериниң бар екенин есапқа ала отырып, районлардағы ҳәм қалалардағы күшлер менен  қуралларды нәтийжели бөлистириў, халықтың өмирине ҳәм денсаўлығына қәўип туўылғанда өз ўақтында және сапалы жәрдем көрсететуғын ҳәр қыйлы хызметлердиң жедел ҳәрекетин муўапықластырыўшы механизмлерди жаратыў;

айрықша жағдайлардың жүз бериўи қәўпин терең талқылаўды ҳәм анықлаўды нәзерде тутатуғын айрықша жағдайларды мониторинг етиў ҳәм болжаў системасын жетилистириў, республика аймақларын сейсмикалық қәўиплер, техноген авариялар ҳәм апатшылықлар дәреклери бойынша районластырыў;

пуқаралардың өмирине ҳәм денсаўлығына, мүлкине қәўиплерди өз ўақтында профилактикалаў және олардың алдын алыў, турмыслық хызметин тәмийинлейтуғын объектлер менен системалардың турақлы ислеўин, қәўиплер ҳәм олардың келип шығыў факторларын алдын ала анықлаў, сапластырыў бағдарында анық илажлар көриў, халықтың усы салада мағлыўматларға ийе болыў дәрежесин арттырыўды тәмийинлеў;

Үлкен ҳәм айрықша әҳмийетли суў хожалығы объектлериниң техникалық жағдайын және қәўипсиз ислеўин қадағалаў мәмлекетлик инсфекцияны, сондай-ақ, киши көлемдеги кемелерди эксплуатациялаўға байланыслы айрықша жағдайлардың жүзеге келиўиниң алдын алыў ҳәм суў бассейнлеринде адамлардың қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде мәмлекетлик қадағалаўды ҳәм бақлаўды күшейтиў;

халықты ҳәм аймақларды айрықша жағдайлардан қорғаў ўәкиллигине ийе басшылар ҳәм лаўазымлы шахслар тәрепинен ғалаба хабар қураллары имканиятларынан кең пайдалана отырып, пуқараларды айрықша жағдайлар жүз бергенде ҳәрекет етиўге таярлаў системасын буннан былай да жетилистириў;

Өзбекистан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлиги хызметкерлерин айрықша жағдайларға таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў системасын раўажландырыў, сондай-ақ, министрлик ушын кадрларды қәлиплестириў тәртибин түп-тийкарынан қайта көрип шығыў;

Өзбекистан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлиги, гидрометеорологиялық ҳәм сейсмологиялық хызметлердиң материаллық-техникалық тәмийнатын буннан былай да жақсылаў, оқыў ҳәм илимий-методикалық базасын модернизациялаў, илимий хызметкерлердиң, қәнигелердиң ҳәм қутқарыўшылардың нәтийжели ислеўи ушын мүнәсип шараятлар жаратыў;

айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм оларды сапластырыў илажларын шөлкемлестириўдиң және әмелге асырыўдың барлық басқышларында заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын кеңнен енгизиў;

айрықша жағдайлардың алдын алыўға ҳәм оларды сапластырыўға қаратылған мақсетли және илимий-изертлеў бағдарламаларын ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў, сондай-ақ, олар жүз бергенде экономика объектлериниң жумыс ислеў турақлылығын арттырыў.

  1. Төмендегилер Өзбекистан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлиги системасына белгиленген тәртипте берилсин:

Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Гидрометеорологиялық хызмет көрсетиў орайы қурамлық структуралары менен биргеликте;

Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Үлкен ҳәм айрықша әҳмийетли суў хожалығы объектлериниң техникалық жағдайын ҳәм қәўипсиз ислеўин қадағалаў бойынша мәмлекетлик инспекциясы;

Өзбекистан Республикасы Илимлер академиясы Ғ.А.Мавлонов атындағы Сейсмология институтының оператив хабарлар хызмети ҳәм сейсмикалық қәўиптиң сейсмологиялық мониторинги және прогностикалық мониторинги республикалық тармағы.

Гидрометеорологиялық хызмет көрсетиў орайы ҳәм оның қурамлық структураларының, Үлкен ҳәм айрықша әҳмийетли суў хожалығы объектлериниң техникалық жағдайын және қәўипсиз ислеўин қадағалаў бойынша мәмлекетлик инспекциясы, Сейсмология институтының оператив хабарлар хызмети ҳәм сейсмикалық қәўиптиң сейсмологиялық мониторинги ҳәм прогностикалық мониторинги республикалық тармағы бар штат бирлиги ҳәм материаллық-техникалық базасы менен толық, әмелдеги қаржыландырыў тәртиби, мийнетке ҳақы төлеў ҳәм материаллық хошаметлеў тәртиби менен өткерилетуғыны белгиленсин.

  1. Берилип атырған Сейсмология институтының оператив хабарлар хызмети ҳәм сейсмикалық қәўиптиң сейсмологиялық мониторинги ҳәм болжаў мониторинги республикалық тармағы базасында Өзбекистан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлигиниң сейсмопрогностикалық мониторинги Республикалық орайы шөлкемлестирилсин.

Өзбекистан Республикасы Илимлер академиясы Ғ.А.Мавлонов атындағы Сейсмология институты Өзбекистан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлигиниң сейсмоболжаў мониторинги Республикалық орайының жумысын илимий-методикалық жақтан тәмийинлейтуғыны белгиленсин.

  1. Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 21-апрельдеги «Өзбекистан Республикасы экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети жумысын шөлкемлестириўди тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы 2915-санлы қарары менен Өзбекистан Республикасы Киши көлемли кемелер бойынша мәмлекетлик инспекциясы Айрықша жағдайлар министрлигиниң қарамағына тапсырылғаны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

Өзбекистан Республикасы Киши көлемли кемелер бойынша мәмлекетлик инспекциясының негизинде Өзбекистан Республикасы айрықша жағдайлар министрлиги орайлық аппараты қурамында Киши көлемли кемелер инспекциясы шөлкемлестирилсин.

  1. Төмендегилер Өзбекистан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлигиниң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

тынышлық ҳәм әскерий дәўирде тәбийғый ҳәм техноген қәсийетке ийе айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм олардың ақыбетлерин сапластырыў, гидротехникалық объектлердиң турақлы ислеўи, гидрометеорологиялық ҳәм сеймологиялық бақлаўлар, киши көлемдеги кемелерден қәўипсиз пайдаланыў, суў объектлеринде пуқаралардың өмирин ҳәм денсаўлығын қорғаў саласында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў;

айрықша жағдайлардың жүзеге келиў қәўпин ҳәм факторларын алдын ала анықлаў, олардың жүзеге келиўин ерте профилактикалаў ҳәм алдын алыўды тәмийинлеў;

халыққа пуқаралардың турмысына, денсаўлығына ямаса мүлкине қәўип-қәтер туўылғанда комплексли жәрдем көрсетиў, халық пенен пикирлесиўди, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтлары менен бул бағдарда өз ара жақын бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм кеңейтиў, туўылған қәўип-қәтерлер ҳаққында халықты өз ўақтында  ескертиў ҳәм хабардар етиў;

айрықша жағдайларда олардың алдын алыў ҳәм ҳәрекет етиў мәмлекетлик системасын және Өзбекистан Республикасының пуқаралық қорғалыўын раўажландырыў ҳәм басқарыўды тәмийинлеў;

айрықша жағдайлардың жүзеге келиў ҳәм раўажланыў қәўпин комплексли мониторинг етиўди ҳәм болжаўды тәмийинлеў, усы салада гидрометеорологиялық ҳәм сейсмикалық бақлаўлар алып барыў;

халықты ҳәм аймақларды тәбийғый және техноген қәсийетке ийе айрықша жағдайлардан қорғаў саласында мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымларының, жергиликли ҳәкимият уйымларының, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының ҳәм басқа да шөлкемлердиң жумысын, усы мақсетлер ушын қаржы, азық-аўқат, медициналық ҳәм материаллық-техникалық ресурслардың мәмлекетлик резерв фондларын шөлкемлестириўге байланыслы жумысларды муўапықластырыў ҳәм олардың нәтийжели бирге ислесиўин шөлкемлестириў;

айрықша жағдайлардың алдын алыў, елимиз халқын ҳәм аймақларын қорғаў, гидротехникалық объектлер, киши көлемли кемелерден пайдаланыў қәўипсизлигин нәтийжели қадағалаў, суў бассейнлеринде халықтың қәўипсизлигин тәмийинлеў, сондай-ақ, айрықша жағдайлар жүзеге келгенде экономика объектлери жумысының турақлылығын арттырыўға қаратылған илажларды таярлаў, өткериў ҳәм муўапықластырыў бойынша комплексли илажлар ҳәм мақсетли илимий-техникалық бағдарламалар ислеп шығыўды шөлкемлестириў ҳәм әмелге асырыў;

заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларынан ҳәм ғалаба хабар қуралларынан кеңнен пайдалана отырып, лаўазымлы шахсларды және Айрықша жағдайларда олардың алдын алыў ҳәм ҳәрекет етиў мәмлекетлик системасының структураларын айрықша жағдайларда ҳәрекет етиўге системалы таярлаў жумысларын шөлкемлестириў ҳәм әмелге асырыў;

жоқары маманлықтағы кадрларды таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў, гидрометеорологиялық ҳәм басқа да айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм сапластырыў саласында илимий-изертлеў жумысларын шөлкемлестириў ҳәм әмелге асырыў.

  1. Өзбекистан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлигиниң айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм оларды сапластырыў бойынша ҳүкиметлик ҳәм аймақлық комиссияларды шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы 1-3-қосымшаларға муўапық мақуллансын.

Төмендегилер Айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм оларды сапластырыў бойынша ҳүкиметлик комиссияның тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

айрықша жағдайларда олардың алдын алыў ҳәм ҳәрекет етиў мәмлекетлик системасын жетилистириўдиң ҳәм буннан былай да раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын белгилеў;

халықты ҳәм аймақларды айрықша жағдайлардан қорғаўға қаратылған ең әҳмийетли мәселелерди көрип шығыў, министрликлер, ведомстволар, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар, қалалар ҳәм районлар ҳәкимликлериниң ўазыйпаларын белгилеў ҳәм қарар қабыл етиў бойынша усыныслар таярлаў;

ҳәр жылы айрықша жағдайлардың алдын алыў нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған пуқаралық қорғаў (бәҳәр мәўсиминде) айлығын шөлкемлестириў ҳәм өткериў;

жергиликли ҳәкимият уйымлары, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының авариялық, тәбийғый ҳәм басқа да апатшылықлардың ақыбетинде жәбирленген пуқараларды, сондай-ақ, айрықша жағдайларды сапластырыўда қатнасқан шахсларды социаллық-экономикалық ҳәм ҳуқықый қорғаў, медициналық реабилитациялаў мәселелери бойынша жумысын муўапықластырыў;

қаржы ҳәм материаллық ресурслар мәмлекетлик резервлерди шөлкемлестириўди тәмийинлеў, сондай-ақ, олардан айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм оларды сапластырыў мақсетинде пайдаланыў бойынша усыныслар ислеп шығыў;

айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм оларды сапластырыў бағдарында халықаралық бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарларын белгилеў.

Төмендегилер Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм оларды сапластырыў комиссияларының тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

айрықша жағдайлардың алдын алыў, қәўпи жоқары болған объектлердиң беккемлигин арттырыў, айрықша жағдайларда экономика тармақлары жумысының турақлылығын тәмийинлеў бойынша шөлкемлестириўшилик ҳәм инженерлик-техникалық илажларды ислеп шығыўға ҳәм әмелге асырыўға басшылық етиў;

айрықша жағдайларда ҳәрекет етиўге ведомстволық басқарыў уйымларының, күш ҳәм қураллардың таярлығын тәмийинлеўде қатнасыў, объектлерде айрықша жағдайларды сапластырыў, соның ишинде, объект хызметкерлерин эвакуациялаў ҳәрекетлерин муўапықластырыў;

айрықша жағдайларды сапластырыў ушын ведомстволық қаржы ҳәм материаллық ресурслардың резервин шөлкемлестириўге ҳәм олардан пайдаланыўға басшылық етиў;

айрықша жағдайларда жәбирленген халықты, соның ишинде, айрықша жағдайларды сапластырыўда тиккелей қатнасқан шахсларды социаллық қорғаў илажларын әмелге асырыў;

айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм оларды сапластырыў бойынша орынларда алып барылып атырған жумыслардың нәтийжелилигин қадағалаў ҳәм тексериў.

Төмендегилер қалалар ҳәм районлардағы айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм оларды сапластырыў комиссияларының тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

айрықша жағдайлардың алдын алыў, авария, тәбийғый апатлардың зыянларын ҳәм ақыбетлерин азайтыў илажларын әмелге асырыў;

басқарыў уйымлары күш қуралларының айрықша жағдайларда ҳәрекет етиўге таяр екенин тәмийинлеўде қатнасыў;

авариялық-қутқарыў структураларын, айрықша жағдайлардың алдын алыў, оларды сапластырыў ҳәм жәбирленгенлерге жәрдем көрсетиў илажларын тәмийинлеў қәрежетлерин қаплаўда ислетилетуғын қаржы ҳәм материаллық-техникалық ресурслар резерв қорларын шөлкемлестириў.

  1. Айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм оларды сапластырыў системасын буннан былай да раўажландырыў бойынша комплексли илажлар Бағдарламасы (кейинги орынларда – Бағдарлама) 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын, онда төмендеги тийкарғы бағдарлар нәзерде тутылсын:

Өзбекистан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлигиниң шөлкемлестириўшилик-штатлар структурасын жетилистириў;

айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм оларды сапластырыў системасының нәтийжелилигин арттырыў;

Өзбекистан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлиги кадрларының потенциалын беккемлеў, хызметкерлерди таярлаў, таңлаў ҳәм орны-орнына қойыў, олардың маманлығын арттырыў механизмлерин жетилистириў;

Айрықша жағдайлар министрлиги жумысына заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын ҳәм илим-техника жетискенликлерин енгизиў;

қутқарыў структураларының материаллық-техникалық базасын беккемлеў, жәмийетлик-турмыслық шараятын жақсылаў және Айрықша жағдайлар министрлигиниң әскерий хызметкерлерин социаллық қорғаў илажларын жетилистириў.

Министрликлер менен ведомстволардың басшылары Бағдарламада нәзерде тутылған илажлардың өз ўақтында ҳәм нәтийжели әмелге асырылыўы бойынша жеке жуўап беретуғыны белгиленсин.

  1. Айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм оларды сапластырыў бойынша Ҳүкиметлик комиссиясы (А.Ж.Раматов):

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери министрликлер ҳәм ведомстволар менен бирге Бағдарламада нәзерде тутылған илажлардың толық ҳәм белгиленген мүддетлерде орынланыўын тәмийинлесин;

министрликлер менен ведомстволардың қәнигелери, илимий-изертеў ҳәм билимлендириў мәкемелериниң жетекши илимпазлары, пуқаралық жәмийети институтларының ўәкиллерин тарта отырып, нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын таярлаў бойынша эксперт топарын дүзсин, олардың нәтийжели ислеўин шөлкемлестирсин;

нызам ҳүжжетлериниң терең сын көз-қарастан талқыланыўын, әмелиятта қолланыўды ҳәм алдынғы шет ел тәжирийбесин үйрениў, усы тийкарда Бағдарламада нәзерде тутылған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын таярлаўды тәмийинлесин;

нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын турақлы ҳәм сапалы таярлаў, өз ўақтында көрип шығыў ҳәм белгиленген тәртипте киргизиў бойынша турақлы қадағалаўды әмелге асырсын.

  1. Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети (А.Н.Арипов):

Өзбекистан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлигиниң жумысын, сондай-ақ, пуқаралық қорғаныў саласында қәнигелерди таярлаў системасын буннан былай да жетилистириў бойынша шөлкемлестириўшилик илажлары ҳаққындағы Өзбекистан Республикасы Президентиниң қарарлары жойбарларын бир ҳәпте мүддетте киргизсин;

бир ай мүддетте «Айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм оларды сапластырыў бойынша Ҳүкиметлик комиссия ҳәм аймақлық комиссиялар ҳаққында»ғы Режени тастыйықласын;

еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине Пәрманнан келип шығатуғын қосымшалар менен өзгерислер ҳаққында усыныслар киргизсин;

үш ай мүддетте министрлик бөлимлериниң ҳәм қәнигелериниң өзине тән өзгешеликлерин ҳәм мақсетлерин есапқа ала отырып, толық жумыс алып барыўын тәмийинлеў ушын оларды орналастырыў, үскенелеў ҳәм басқа да шөлкемлестириўшилик мәселелерди шешиў илажлары ҳаққындағы бағдарламаны тастыйықласын.

  1. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекистан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик кеңесиниң хаткери В.В.Маҳмудовқа жүкленсин.

 

Өзбекистан Республикасы

              Президенти                              Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2017-жыл 1-июнь

 

Ҳ Ҳ Ҳ

ӨЗБЕКИСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ПРЕЗИДЕНТИНИҢ «АЙРЫҚША ЖАҒДАЙЛАРДЫҢ АЛДЫН АЛЫЎ ҲӘМ ОЛАРДЫ САПЛАСТЫРЫЎ СИСТЕМАСЫНЫҢ НӘТИЙЖЕЛИЛИГИН  ТҮП-ТИЙКАРЫНАН АРТТЫРЫЎ ИЛАЖЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА»ҒЫ ПӘРМАНЫНА

ТҮСИНИК

Айрықша жағдайлардың алдын алыў, олардың ақыбетлерин азайтыў ҳәм нәтийжели сапластырыў халықтың тыныш ҳәм қәўипсиз турмыс кешириўин тәмийинлеў, елимизди раўажландырыўдың стратегиялық мақсетлерине ерисиўде үлкен әҳмийетке ийе.

Экономика тармақларының жедел раўажланып атырғаны, өндирислик технологиялардың қурамаласып атырғаны, өндирислик объектлердиң елатлы пунктлерге жақын орналастырылғаны, халық санының көбейип, урбанизация процессиниң жеделлесип атырғаны, қәўипли тәбийғый процесслердиң тез-тез жүз берип атырғаны ҳәм оның көлеминиң артып атырғаны, сондай-ақ, трансшегаралық қәўиплердиң бар екени тәбийғый және техноген қәсийетке ийе айрықша жағдайлардың пайда болыў қәўпин буннан былай да арттырмақта.

Ғәрезсизлик жылларында елимизде халықты ҳәм аймақларды тәбийғый апатлар, техноген авариялардан ҳәм апатлардан қорғаў бойынша бир пүтин мәмлекетлик система, зәрүр нормативлик-ҳуқықый база қәлиплестирилди, айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм оларды сапластырыў, сондай-ақ, халықты апатшылықлар ўақтында ҳәрекет етиўге таярлаў бағдарында көлеми ҳәм мазмуны жағынан үлкен жумыслар әмелге асырылды.

Соның менен бирге, әмелдеги айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм оларды сапластырыў системасы жумысының талқыланыўы елимиздиң халқын ҳәм аймақларын тәбийғый апатлардан, техноген авариялардан ҳәм апатшылықлардан қорғаўға унамсыз тәсир көрсетип атырған бир қатар машқалалы мәселелердиң бар екенин көрсетпекте.

Атап айтқанда, айрықша жағдайларды мониторинг етиў ҳәм болжаў системасын буннан былай да модернизациялаў талап етиледи. Усы система бүгинги күнде қәўипли гидрометеорологиялық жағдайлардың бар қәўип-қәтерлерин ҳәм олар жүз бергенде ҳәрекет етиў механизмлерин мәнзилли анықлаў имканиятын бермейди.

Халықты ҳәм аймақларды айрықша жағдайларда қорғаў саласындағы машқалаларды шешиў ушын елимиздиң бар илимий потенциалынан, заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларынан жетерли дәрежеде пайдаланылмай атыр. Қутқарыў структураларының материаллық-техникалық тәмийнаты, халықты ҳәм аймақларды айрықша жағдайларда қорғаў саласында жоқары маманлықтағы кадрларды таярлаў, пуқараларды бундай жағдайлар жүз бергенде дурыс ҳәрекет етиўге үйретиў, қәўипли тәбийғый процесслердиң күшейиўине байланыслы бар қәўип-қәтерлер, сондай-ақ, техноген авариялық ҳәм апатшылық қәўпи ҳаққында өз ўақтында ҳәм анық хабардар етиў системасы бүгинги күнниң талапларына толық жуўап бермейди.

Халықты ҳәм аймақларды айрықша жағдайлардан қорғаў саласында мәмлекетлик сиясатты нәтийжели әмелге асырыўды тәмийинлеў мақсетинде Өзбекистан Республикасы Президентиниң  «Айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм оларды сапластырыў системасының нәтийжелилигин  түп-тийкарынан арттырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилди.

Ҳүжжетте айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм оларды сапластырыў ситемасының жумысын жетилистириўдиң ең әҳмийетли бағдарлары ҳәм Өзбекистан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлигиниң ўазыйпалары белгиленди.

Пәрманға муўапық, Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Гидрометеорологиялық хызмет көрсетиў орайы, Үлкен ҳәм айрықша әҳмийетли суў хожалығы объектлериниң техникалық жағдайын ҳәм қәўип-қәтерсиз ислеўин қадағалаў бойынша мәмлекетлик инспекциясы, Киши көлемдеги кемелер бойынша мәмлекетлик инспекциясы, сондай-ақ, Илимлер академиясы Сейсмология институтының Оператив хабарлар хызмети Өзбекистан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлигиниң системасына өткерилди.

Жоқарыда атап өтилген шөлкемлердиң министрликтиң системасына өткерилиўи мүнәсибети менен тынышлық ҳәм әскерий дәўирде тәбийғый ҳәм техноген қәсийетке ийе айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм олардың ақыбетлерин сапластырыў, гидротехникалық қурылмалардың турақлы ислеўи, гидрометеорологиялық ҳәм сеймологиялық бақлаўлар, киши көлемдеги кемелерден қәўипсиз пайдаланыў, суў бассейнлеринде пуқаралардың өмирин ҳәм денсаўлығын қорғаў, айрықша жағдайлардың жүзеге келиў қәўпин ҳәм факторларын алдын ала анықлаў, олардың жүзеге келиўин ерте профилактикалаўды ҳәм алдын алыўды тәмийинлеў және басқа да ўазыйпалар  Өзбекистан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлигиниң жаңа тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленди.

Өзбекистан Республикасы Президентиниң усы пәрманы айрықша жағдайлардың раўажланыў қәўипи жоқары болған районларда (қалаларда) айрықша жағдайлар бойынша қосымша бөлимлерин ҳәм қутқарыў отрядларын шөлкемлестириў арқалы Айрықша жағдайлар министрлиги ситемасының потенциалын беккемлеўге ҳәм төменги буўынларын кеңейтиўге қаратылған.

Усы пәрманға муўапық, Өзбекистан Республикасы Бас министриниң биринши орынбасары басшылығында Айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм оларды сапластырыў бойынша ҳүкиметлик комиссия, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы, сондай-ақ, районлық, қалалық ҳәкимликлери жанында да усындай аймақлық комиссиялардың шөлкемлестирилгенин атап өтиў лазым. Олардың қурамына халықты ҳәм аймақларды айрықша жағдайлардан қорғаўды тәмийинлеўде қатнасатуғын барлық дәрежедеги жуўапкер ведомстволардың ҳәм шөлкемлердиң басшылары киргизилди.

Төмендегилер Айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм оларды сапластырыў бойынша ҳүкиметлик комиссияның тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленди:

айрықша жағдайларда олардың алдын алыў ҳәм ҳәрекет етиў мәмлекетлик системасын жетилистириўдиң ҳәм буннан былай да раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын белгилеў;

министрликлер, ведомстволар, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар, районлар, қалалар ҳәкимликлериниң ўазыйпаларын белгилеў ҳәм қарар қабыл етиўи бойынша усыныслар таярлаў;

ҳәр жылы айрықша жағдайлардың алдын алыўдың нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған пуқаралық қорғаў (бәҳәр мәўсиминде), халықты ҳәм аймақларды айрықша жағдайлардан қорғаў (гүз мәўсиминде) айлығын шөлкемлестириў ҳәм өткериў;

жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының авария, апат, тәбийғый ҳәм басқа да апатшылық ақыбетинде жәбирленген пуқараларды, сондай-ақ, айрықша жағдайларды сапластырыўда қатнасқан шахсларды социаллық-экономикалық ҳәм ҳуқықый қорғаў, медициналық реабилитациялаў бойынша жумысын муўапықластырыў.

Ҳүжжетте халық пенен пикирлесиўди беккемлеў ҳәм кеңейтиў, «Өз ўақтында ескертиў, қутқарыў ҳәм жәрдем бериў» сүрени астында халықты ҳәм аймақларды айрықша жағдайлардан қорғаў ўазыйпаларын орынлаўды тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылған.

Пәрманда айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм олардың ақыбетлерин сапластырыў системасының нәтийжелилигин арттырыў, кадрлардың потенциалын беккемлеў, замангөй мәлимлеме-коммуникация технологиялары, илим-техника жетискенликлерин енгизиў, сондай-ақ, Айрықша жағдайлар минстрлигиниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў нәзерде тутылған комплексли илажлардың бағдарламасы тастыйықланды.

Пәрманды әмелге асырыў мақсетинде Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Өзбекистан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлигиниң жумысын буннан былай да жетилистириў бойынша шөлкемлестириўшилик илажлар ҳаққында»ғы ҳәм «Халықты ҳәм аймақларды айрықша жағдайлардан қорғаў саласында қәнигелерди таярлаў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарларына қол қойылды.

Усы ҳүжжетлерде нәзерде тутылған илажлардың әмелге асырылыўы әмелдеги Айрықша жағдайларда олардың алдын алыў ҳәм ҳәрекет етиў мәмлекетлик системасы, халықты ҳәм аймақларды айрықша жағдайлардан қорғаў саласында әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилигин түп-тийкарынан арттырыў, сондай-ақ:

бириншиден – халық пенен пикирлесиўди беккемлеў ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары менен жақыннан бирге ислесиў арқалы айрықша жағдайлардың алдын алыў бойынша мәнзилли илажларды өз ўақтында системалы тийкарда қабыл етиў;

екиншиден – айрықша жағдайларды мониторинг етиў ҳәм болжаў бағдарындағы жумысларды сезилерли дәрежеде жақсылаў ҳәм сапасын арттырыў, гидрометеорологиялық ҳәм сейсмикалық бақлаўлар бойынша жумысларды системаластырыў, ири гидротехникалық қурылмаларда ҳәм суў объектлеринде айрықша жағдайлардың пайда болыў қәўип-қәтерлерин ерте анықлаў;

үшиншиден – айрықша жағдайларда комплексли ҳәрекет етиўдиң оперативлигин арттырыў ҳәм олардың зыянын азайтыў;

төртиншиден – жергиликли кәрханалардың негизинде тийкарғы түрдеги авариялық-қутқарыў техникасы, мүлк ҳәм үскенелерди ислеп шығарыўды жергиликлилестириў жумысларын шөлкемлестириў имканиятын береди.