Өзбекистан Республикасы Президентиниң

пәрманы

Ветеринария саласында мәмлекетлик басқарыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў, ҳайўанатлардың денсаўлығын сақлаў бойынша нәтийжели жумысларды шөлкемлестириў, мәмлекетлик ветеринариялық қадағалаўды күшейтиў ҳәм ветеринариялық сервис сапасын артырыў, эпизоотикалық турақлылықты ҳәм азық-аўқат өнимлериниң қәўипсизлигин тәмийинлеў, ишки ҳәм сыртқы базарларда талап жоқары болған, ҳайўанлардан алынатуғын бәсекиге шыдамлы өним ҳәм шийки зат ислеп шығарыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў, ветеринариялық хызмет системасын буннан былай да раўажландырыў мақсетинде:

  1. Өзбекистан Республикасы Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлиги жанындағы Мәмлекетлик ветеринария бас басқармасының тийкарында Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик ветеринария комитети шөлкемлестирилсин.

Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик ветеринария комитети Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң Аўыл ҳәм суў хожалығы, аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеў ҳәм тутыныў товарлары мәселелери комплексиниң қурамына киретуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик ветеринария комитетиниң тийкарғы ўазыйпалары ҳәм жумыс бағдарлары етип төмендегилер белгиленсин:

ветеринария саласында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў, нормативлик-ҳуқықый тәртипке салыўды тәмийинлеў, усы салада мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымларының ҳәм жергиликли ҳәкимият уйымларының өз-ара бирге ислесиўин муўапықластырыў, ветеринария жумысын лицензиялаўды әмелге асырыў;

ветеринария хызметин буннан былай да раўажландырыў бойынша мәмлекетлик бағдарламаларды ислеп шығыў, елимиз аймақларына ҳайўанлардың жуқпалы кеселликлери кирип келиўинен қорғаўды тәмийинлеў, әмелиятқа ҳайўанларды емлеўдиң ҳәм профилактикасының заманагөй усылларын енгизиў, жергиликли ҳәм ел илим табысларын енгизиў тийкарында ветеринариялық дәри қуралларының жаңа түрлерин ҳәм формаларын ислеп шығарыў;

эпизоотикалық турақлылықты тәмийинлеўде ҳайўанлардың жуқпалы кеселликлерин өз ўақтында анықлаў, диагноз қойыўдың тарқалыўының алдын алыўға байланыслы профилактикалық жумыслардың нәтийжелилигин мониторинг етиў;

ветеринария ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўинде мәмлекетлик қадағалаўды тәмийинлеў, ветеринария саласындағы ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў жумысларын сапалы ҳәм системалы түрде шөлкемлестириў бойынша илажларды өз ўақтында ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў;

ҳайўанларды кеселликлерден қорғаў, ҳайўанлардан алынатуғын өнимниң ҳәм шийки заттың қәўипсизлигин тәмийинлеўде ведомстволық ҳәм өндирислик ветеринариялық хызметлердиң жумысын муўапықластырыў;

ветеринариялық дәри қураллардың ҳәм азықлық қосымшалардың сапасы және айланысы бойынша қадағалаўды әмелге асырыў;

кадрларды системалы қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыўды шөлкемлестириў, басшылардың ҳәм қәнигелердиң жумыс усылларын ҳәм түрлерин жетилистириў, соның ишинде, системаға қараслы ведомстволар, жүкленген ўазыйпалардың өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўы бойынша олардың жуўапкершилигин арттырыў;

ветеринария саласында илимий, методикалық ҳәм билимлендириў потенциалын ҳәр тәреплеме раўажландырыў, илимий изертлеўлер бағдарларын белгилеў, фундаментал ҳәм әмелий изертлеўлер, инновациялық қолланбалардың нәтийжелерин ветеринариялық әмелиятқа енгизилиўин муўапықластырыў;

халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў және ветеринариялық хызмет жумысына алдынғы технологияларды ҳәм жумыс усылларын енгизиў.

  1. Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик ветеринария комитети системасында төмендегилер шөлкемлестирилсин:

аймақлық мәмлекетлик ветеринария басқармалары тийкарында Қарақалпақстан Республикасы ветеринария комитети, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ветеринария басқармалары;

аймақлық мәмлекетлик ветеринария бөлимлери базасында районлық (қалалық) ветеринария бөлимлери.

Қарақалпақстан Республикасы ветеринария комитети, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ветеринария басқармалары Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик ветеринария комитетине ҳәм тийисли түрде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесине, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлерине есап береди.

  1. Төмендегилер:

Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик ветеринария комитетиниң баслығы Өзбекистан Республикасы Президенти тәрепинен Өзбекистан Республикасы Бас министриниң усынысына бола лаўазымға тайынланатуғыны ҳәм лаўазымнан азат етилетуғыны;

Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик ветеринария комитети баслығының орынбасарлары Өзбекистан Республикасы Президенти тәрепинен лаўазымға тайынланатуғыны ҳәм лаўазымнан азат етилетуғыны;

Қарақалпақстан Республикасы ветеринария комитетиниң баслығы Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик ветеринария комитетиниң баслығы менен келисилген ҳалда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен лаўазымға тайынланатуғыны ҳәм лаўазымнан азат етилетуғыны;

ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ветеринария басқармаларының баслықлары Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик ветеринария комитетиниң баслығы тәрепинен ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлериниң усынысына бола лаўазымға тайынланатуғыны ҳәм лаўазымнан азат етилетуғыны;

Районлық (қалалық) ветеринария бөлимлери баслықлары Қарақалпақстан Республикасы ветеринария комитетиниң баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ветеринария басқармаларының баслықлары тәрепинен район (қала) ҳәкимлериниң усынысына бола лаўазымға тайынлатуғыны ҳәм лаўазымнан азат етилетуғыны;

Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик ветеринария комитетиниң баслығы Өзбекистан Республикасының Бас мәмлекетлик ветеринария инспекторы, оның орынбасарлары Өзбекистан Республикасының Бас мәмлекетлик ветеринария инспекторының орынбасарлары, Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик ветеринария комитетиниң Мәмлекетлик ветеринариялық қадағалаў басқармасы ветеринар қәнигелери өз ўәкилликлери шеңберинде мәмлекетлик ветеринария инспекторлары есапланатуғыны;

Мәмлекет шегарасындағы ҳәм транспорттағы мәмлекетлик ветеринариялық қадағалаў басқармасының баслығы мәмлекет шегарасындағы ҳәм транспорттағы бас мәмлекетлик ветеринария инспекторы, оның орынбасарлары болса мәмлекет шегарасындағы ҳәм транспорттағы бас мәмлекетлик ветеринария инспекторының орынбасарлары есапланатуғыны;

Қарақалпақстан Республикасы ветеринария комитетиниң баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ветеринария басқармаларының баслықлары Қарақалпақстан Республикасы ўәлаятлар, Ташкент қаласы ҳәм районлық (қалалық) бас мәмлекетлик ветеринария инспекторлары, оның орынбасарлары болса тийисли түрде Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы бас мәмлекетлик ветеринария инспекторларының орынбасарлары есапланатуғыны;

районлық (қалалық) ветеринария бөлимлериниң баслықлары тийисли түрде районлық (қалалық) бас мәмлекетлик ветеринария инспекторлары есапланатуғыны;

ветеринария участкалары ҳәм базарлар ветеринариялық-санитариялық экспертиза лабораториясының баслықлары, тийисли түрде участкаларда ҳәм базарларда мәмлекетлик ветеринария инспекторлары есапланатуғыны;

шегарадағы ҳәм транспорттағы ветеринариялық пунктлердиң (участкалардың) баслықлары ҳәм ветеринар шыпакерлери, тийисли түрдеги шегарадағы ҳәм транспорттағы ветеринариялық пунктлердиң (участкалардың) мәмлекетлик ветеринария инспекторлары есапланатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Төмендегилер:

Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик ветеринария комитети Өзбекистан Республикасы Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлиги жанындағы Мәмлекетлик ветеринария бас басқармасының ҳуқықлары ҳәм миннетлемелери бойынша ҳуқықый мийрасқоры есапланатуғыны;

Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик ветеринария комитетиниң өз ўәкилликлери шеңберинде қабыл еткен қарарлары министрликлер, ведомстволар, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, басқа да шөлкемлер, лаўазымлы шахслар ҳәм пуқаралар тәрепинен орынланыўы мәжбүрий есапланатуғыны;

Мәмлекетлик ветеринариялық хызмет Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң қаржылары ҳәм нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан тәмийинленетуғыны белгиленсин.

  1. Өзбекистан Республикасы Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлигиниң:

Өзбекистан Республикасы Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлиги жанындағы Өзбекистан Аўыл хожалығы илимий-өндирислик орайы қарамағындағы Ветеринариялық илимий-изертлеў институтын Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик ветеринария комитетиниң структурасына бериў ҳаққындағы;

Эпизоотияға қарсы гүресиў республикалық экспедециясы ҳәм Ҳайўанлардың аўсыл кеселлигине қарсы гүресиў отряды сапластырылып, олардың фнукцияларын Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик ветеринария комитетиниң Ҳайўанлардың денсаўлығын сақлаў басқармасына жүклеў ҳаққындағы;

Ҳайўанлардың оғада қәўипли кеселликлери бойынша мәмлекетлик лабораториясы, Қус кеселликлери бойынша мәмлекетлик ветеринария лабораториясы ҳәм Республикалық мәмлекетлик ветеринария лабораториясы тийкарында республикалық ҳайўанлар кеселликлери ҳәм азық-аўқат өнимлериниң қәўипсизлиги диагноз орайын шөлкемлестириў ҳаққындағы;

Ветеринариялық дәри қуралларының ҳәм азықлық қосымшалардың сапасын қадағалаў мәмлекетлик лабораториясын Ветеринариялық  дәри қуралларының ҳәм азықлық қосымшалардың сапасын ҳәм айланысын қадағалаў мәмлекетлик илимий орайына айландырыў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.

  1. Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети бир ҳәпте мүддетте Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик ветеринария комитетиниң жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққындағы Өзбекистан Республикасы Президенти қарарының жойбарын белгиленген тәртипте киргизсин.
  2. Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик ветеринария комитети Әдиллик министрлиги ҳәм басқа да мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққында Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  3. Усы пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

 

Өзбекистан Республикасы

Президенти                            Ш.МИРЗИЁЕВ

 

Ташкент қаласы,

2017-жыл 1-июнь

 

***

Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Мәмлекетлик ветеринариялық хызметти басқарыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманына

Т Ү С И Н И К

Соңғы жылларда елимизде шарўашылықты буннан былай да раўажландырыў, қарамаллардың ҳәм қуслардың бас санын турақлы арттырыўды тәмийинлеўде мәмлекетлик ветеринария хызмети системасын жетилистириўге айрықша итибар қаратылмақта. Мәмлекетлик ветеринария хызмети басқарыў структурасын ағылға уғрас шөлкемлестириў, илимий-лабораториялық, материаллық-техникалық базасынан ҳәм кадрлардың потенциалынан нәтийжели пайдаланыў ҳайўанларды кеселликлерден сақлаў, республикамызға оғада қәўипли жуқпалы кеселликлер кирип келиўиниң ҳәм тарқалыўының алдын алыўда, халықты адамлар ҳәм ҳайўанлар ушын улыўма болған кеселликлерден қорғаўда және азық-аўқат өнимлериниң қәўипсизлигин тәмийинлеўде әҳмийетли институтқа айланады.

Елимизде ғәрезсизлик жылларында алып барылған режели жумыслардың нәтийжесинде қара маллардың саны 2,4 есеге, қой ҳәм ешкилердиң саны 2 есеге, қуслардың саны 1,9 мәртеге өзиўине ҳәм гөш өнимлериниң көлеми 2,8 есеге, сүт 2,7 есеге, мәйек 3,3 есеге артты.

Соның менен бирге, мәмлекетлик ветеринариялық хызметтиң әмелдеги системасын талқылаўы салада бир қатар машқалалар ҳәм кемшиликлер бар екенин көрсетпекте, атап айтқанда:

мәмлекетлик ветеринариялық хызмети саласында жумыслардың улыўма жағдайы елимиздиң жедел пәтлер социаллық-экономикалық раўажланыў пәтлеринен ҳәм ҳәзирги заманның ҳайўанлардың денсаўлығының профилактикасы және өз ўақтында ҳәм сапалы емлеўди тәмийинлеўге қаратылған заманагөй талаплардан сезилерли дәрежеде изде қалмақта;

тармаққа бирден-бир вертикал басқарыў системасы жаратылмаған, оның материаллық-техникалық базасы руўхый ҳәм физикалық жақтан гөнерген;

ҳайўанлардың кеселликлерин профилактикалаўға ҳәм емлеўге илимий қолланбаларды ҳәм заманагөй ветеринариялық дәри қуралларын ислеп шығарыўды жолға қойыў, инновациялық усылларды әмелиятқа енгизиў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылмай атыр;

салада кадрлар таярлаў ҳәм қайта тарлаў, олардың маманлығын арттырыў бағдарында илимий-изертлеў ҳәм жоқары оқыў орынлары менен өз-ара бирге ислесиў жолға қойылмаған.

Ветеринария саласында мәмлекетлик басқарыўды түп-тийкарынан жетилистириў, эпизоотикалық турақлылықтың ҳәм азық-аўқат өнимлериниң қәўипсизлигин тәмийинлеў, ветеринариялық сервис хызметлериниң сапасын арттырыў ҳәм мәмлекетлик ветеринариялық хызметти буннан былай да жетилистириў, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы шеңберинде қабыл етилген «Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы» Мәмлекетлик бағдарламасында нәзерде тутылған ўазыйпаларды шешиў мақсетинде Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Мәмлекетлик ветеринариялық хызметти басқарыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы ҳәм «Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик ветеринария комитетиниң жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

Пәрман менен Өзбекистан Республикасы Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлиги жанындағы Мәмлекетлик ветеринария бас басқармасы тийкарында Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик ветеринария комитети шөлкемлестирилип, оның төмендеги тийкарғы ўазыйпалары ҳәм бағдарлары белгиленди:

ветеринария саласында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў ҳәм мәмлекетлик бағдарламаларды ислеп шығыў, нормативлик-ҳуқықый тәртипке салыўды тәмийинлеў, усы салада мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары және жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының өз-ара нәтийжели бирге ислесиўин муўапықластырыў;

ҳайўанлардың жуқпалы кеселликлери тарқалыўының алдын алыў, оператив анықлаў, диагноз қойыў ҳәм эпизоотикалық турақлылықты тәмийинлеў арқалы әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжелилигин мониторинг етиў;

ҳайўанларды ҳәр қыйлы кеселликлерден сақлаў, ҳайўанлардан алынатуғын өнимлердиң ҳәм шийки затлардың қәўипсизлигин тәмийинлеў саласында ведомстволық ҳәм өндирислик хызметлер, сондай-ақ, жеке меншик ветеринариялық хызметти муўапықластырыў;

ветеринариялық дәри қураллардың ҳәм азықлық қосымшалардың сапасы ҳәм айланысы бойынша қадағалаўды әмелге асырыў;

илимий-изертлеў жумысларының бағдарларын белгилеў, фундаментал, әмелий ҳәм инновациялық қолланбаларды ветеринария әмелиятына енгизилиўин муўапықластырыў ҳәм бул мақсетлерде халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў және алдынғы технологияларды ҳәм тәжирийбелерди ветеринария саласына енгизиў ҳәм басқалар.

Мәмлекетлик ветеринария комиетине жүкленген ўазыйпаларды ҳәм функцияларды орынлаў ушын мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары және пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары менен бирге ислесиў механизмлери, сондай-ақ, ҳайўанларды идентификациялаў ҳәм дизимге алыўдың жетистирилген системасы ислеп шығылады ҳәм әмелиятқа енгизиледи.

Ветеринария саласында илимий-изертлеўлердиң көлеми, муғдарын ҳәм сапасын арттырыў мақсетинде усы пәрманға муўапық:

Өзбекистан Республикасы Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлиги жанындағы Өзбекистан Аўыл хожалығы илимий-өндирислик орайының қурамындағы Ветеринария илимий-изертлеў институты Мәмлекетлик ветеринария комитетиниң системасына өткерилди;

Республикалық мәмлекетлик ветеринария лабораториясы, Ҳайўанлардың оғада қәўипли кеселликлери бойынша мәмлекетлик лабораториясы ҳәм Қус кеселликлери бойынша мәмлекетлик ветеринария лабораториясы сапластырылып, олардың тийкарында Республикалық ҳайўанлар кеселликлери диагностикасы ҳәм азық-аўқат өнимлериниң қәўипсизлиги орайы шөлкемлестирилди;

Ветеринариялық дәри қураллардың ҳәм азықлық қосымшалардың сапасын қадағалаў мәмлекетлик лабораториясы Ветеринариялық дәри қураллардың ҳәм азықлық қосымшалардың сапасын ҳәм айланысын қадағалаў бойынша мәмлекетлик илимий орайына айландырылды;

Өзбекистан Республикасы Президентиниң қарары менен Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик ветеринария комитетиниң ҳәм бөлимлердиң структурасы, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасы мәмлекетлик ветеринария хызметиниң жумысын жетилистириў бойынша илажлардың бағдарламасы тастыйықланды, бағдарламада төмендеги ўазыйпалар белгиленген:

Ветеринариялық нызамшылықты жетилистириў ҳәм оған әмел етилиўи үстинен қадағалаў орнатыў бойынша усыныслар ислеп шығыў;

Мәмлекетлик ветеринариялық хызметтиң материаллық-техникалық базасын беккемлеў;

Ветеринария саласында қолланылатуғын әсбап-үскенелерди ҳәм ветеринариялық дәри қуралларын ислеп шығарыў бойынша бар қуўатлылықларды модернизациялаў ҳәм жаңаларын енгизиў;

әмелдеги диагностикалық усылларды ҳәм қуралларды, ҳайўанларды емлеўди ҳәм профилактикалаўды жетилистириў және халықты қәўипсиз ҳәм сапалы азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеўди әмелге асырыў нәзерде тутылған.

Өзбекистан Республикасы Президенти пәрманы ҳәм қарарының әмелиятқа енгизилиўи:

бириншиден, ветеринария саласында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты жүргизиўге;

екиншиден, ветеринариялық әмелияттың илим менен өз-ара нәтийжели ҳәм белсенди бирге ислесиўин тәмийинлеўге;

үшиншиден, бар кадрлар потенциалының беккемлениўине ҳәм жоқары маманлықтағы кадрлардың резервин жаратыўға;

төртиншиден, ҳайўанлардың денсаўлығының ҳәм азық-аўқат өнимлериниң қәўипсизлигин тәмийинлеўде саланың жумысын сапа жағынан жаңа басқышқа көтериўге беккем тийкар жаратады.