Өзбекистан Республикасы Президентиниң қарары

Елимизде энергетика саласын буннан былай да реформалаў, электр ҳәм ыссылық энергиясынан, тәбийғый газден, суўдан (кейинги орынларда энергия ресурслары деп аталады) ақылға уғрас пайдаланыўды тәмийинлеў, сондай-ақ, төлем тәртибин беккемлеў илажлары көрилмекте.

Соның менен бирге, энергия ресурсларынан пайдаланыўдың нәтийжелилигин мониторинг етиўдиң тәсиршең системасы, сондай-ақ, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыўы уйымлары, мәмлекетлик кәрханалар, мәкемелер менен шөлкемлерде (кейинги орынларда мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлер деп аталады) заманагөй энергияны үнемлейтуғын технологияларды енгизиў бойынша хызметлердиң жоқлығы энергия ресурслары қәрежетлерин оптималластырыў имканиятын бермей атыр.

Ыссылық тәмийнаты объектлерин модернизациялаўда системалы кемшиликлердиң бар екенлиги, руўхый ҳәм физикалық жақтан тозған қазанхана әсбап-үскенелеринен пайдаланылып атырғанлығы энергия ресурсларын нәтийжесиз пайдаланыўға алып келмекте.

Мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлер тәрепинен 2015-2019-жылларда экономика тармақларында ҳәм социаллық салада энергияны жумсаў көлемин қысқартыў, энергияны үнемлейтуғын технологияларды енгизиў илажлары бағдарламасын орынлаў бойынша жумыслар тийисли дәрежеде шөлкемлестирилмеген.

Мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлерде заманагөй энергия нәтийжелилигин тәмийинлейтуғын ҳәм энергияны үнемлейтуғын технологияларды кеңнен енгизиў, энергия ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыўды тәмийинлеў мақсетинде:

  1. Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги, Экономика министрлиги, Өзбекистан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлигиниң «Энергияны үнемлеў миллий компаниясы» ақционерлик жәмийетин (кейинги орынларда «ЭҮМК» АЖ деп аталады) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы қабыл етилсин.
  2. Төмендегилер «ЭҮМК» АЖ ның тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлерде энергия ресурсларынан пайдаланыўдың нәтийжелилигин мониторинг етиў;

мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлерде заманагөй энергия нәтийжелилигин тәмийинлейтуғын ҳәм энергияны үнемлейтуғын технологияларды енгизиў бойынша усынысларды таярлаў;

мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлерде заманагөй энергия нәтийжелилигин тәмийинлейтуғын ҳәм энергияны үнемлейтуғын технологияларды енгизиў;

мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлердиң қәрежетлерин оптималластырыў, товарлар (жумыслар, хызметлер) дың өзине түсер баҳасын азайтыў, энергияны үнемлейтуғын технологияларды енгизиў ҳәм энергия ресурслары ушын қәрежетлерди қысқартыў есабынан бюджет және өз қаржыларын үнемлеў;

пайдаланылатуғын энергия ресурслары көлемин азайтыўға қаратылған техникалық, технологиялық, экономикалық ҳәм басқа да илажларды әмелге асырыў.

  1. Төмендегилер:

«ЭҮМК» АЖ ның устав фонды шөлкемлестириўшилер арасында 1-қосымшаға муўапық бөлистирилетуғыны;

«ЭҮМК» АЖ мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлерде энергия нәтийжелилигин тәмийинлейтуғын ҳәм энергияны үнемлейтуғын технологияларды енгизиў бойынша товарлар (жумыслар, хызметлер) дың бирден-бир жеткерип бериўшиси есапланатуғыны;

энергия нәтийжелилигин тәмийинлейтуғын ҳәм энергияны үнемлейтуғын технологияларды енгизиў бойынша товарлар (жумыслар, хызметлер) мәжбүрий сертификатластырылыўы шәрт екенлиги;

«ЭҮМК» АЖ ның мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлерде энергия нәтийжелилигин тәмийинлейтуғын ҳәм энергияны үнемлейтуғын технологияларды енгизиў бойынша қәрежетлерин талқылаў олар енгизилгеннен кейин алынған үнемлеў муғдарларынан келип шығып әмелге асырылатуғыны;

үнемлеў дәрежеси тастыйықланғанда мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлердиң «ЭҮМК» АЖ алдындағы миннетлемелери бойынша Өзбекистан Республикасының мәмлекетлик кепиллиги берилетуғыны;

энергия нәтийжелилиги жоқары уқсас товарлар бар болған жағдайда, мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлерге энергия нәтийжелилиги төмен товарлар (жумыслар, хызметлер) ды сатып алыў қадаған етилетуғыны;

«ЭҮМК» АЖ ның төлемлери қәрежетлердиң төртинши топары – басқа қәрежетлер бойынша әмелге асырылатуғыны;

шет ел ҳәм халықаралық қаржы институтларының қаржылары, коммерциялық банклердиң кредитлери ҳәм нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер «ЭҮМК» АЖ жумысын қаржыландырыў дәреклери есапланатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекистан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети Өзбекистан Республикасы Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги менен биргеликте «ЭҮМК» АЖ ның устав фондын қәлиплестирген ҳалда акцияларды белгиленген тәртипте шығарыў, мәмлекетлик дизимнен өткериўди ҳәм шөлкемлестириўшилер арасында орналастырыўды тәмийинлесин.
  2. «ЭҮМК» АЖ ның директорына бурынғысынан басқаша тәризде жоқары маман шет ел қәнигелерин жумысқа қабыл етиўге ҳәм оларға мийнет ҳақы және басқа да төлемлерди еркин конвертацияланатуғын валютада белгилеўге руқсат берилсин.
  3. Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў саласындағы жойбарларды сын көз-қарастан талқылаў ҳәм оларды оптималластырыў ушын усыныслар таярлаў бойынша комиссия 2-қосымшаға муўапық қурамда шөлкемлестирилсин.
  4. Комиссия (М.Х.Салиев) үш ай мүддетте:

турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў саласында, соның ишинде, шет ел ҳәм халықаралық қаржы институтларының қатнасында әмелге асырылып атырған жойбарлар бойынша сын көз-қарастан талқылаў өткерсин;

өткерилген үйрениў жуўмақлары бойынша турақ жай коммуналлық хызметлердиң бюджет қәрежетлерин ҳәм шөлкемлестириўшилик-штат структурасын оптималластырыў бойынша усыныслар таярласын;

Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў саласында Өзбекистан Республикасы инвестициялық бағдарламаларын оптималластырыў бойынша усыныслар таярласын.

  1. Өзбекистан Республикасы Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги:

«ЭҮМК» АЖ ҳәм Өзбекистан Республикасы Экономика министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлерде заманагөй энергия нәтийжелилигин тәмийинлейтуғын ҳәм энергияны үнемлейтуғын технологияларды енгизиўдиң шәртлерин және анық өлшемлерин белгилейтуғын усынысларды киргизсин;

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлиги, «ЭҮМК» АЖ, Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы «ӨзИнжиниринг» Республикалық жойбарлаў институты менен биргеликте үш ай мүддетте қазанхана станцияларын хатлаўдан өткерсин ҳәм жуўмағы бойынша Министрлер Кабинетине Қазанхана әсбап-үскенелерин модернизациялаў бағдарында мәмлекетлик бағдарлама жойбарын киргизсин.

  1. Министрлер Кабинети жанындағы «ӨзИнжиниринг» Республикалық жойбарлаў институты Өзбекистан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте шет ел ҳәм халықаралық қаржы институтларының қаржыларын тартқан ҳалда энергия сервис шәртнамалары шеңберинде әмелге асырылып атырған жойбарлар бойынша жойбар алды ҳүжжетлериниң ислеп шығылыўын тәмийинлесин.
  2. «Өзстандарт» агентлиги «ЭҮМК» АЖ ны мәмлекетлик уйымлар менен басқа да шөлкемлерде энергия нәтийжелилигин тәмийинлейтуғын ҳәм энергияны үнемлейтуғын технологияларды енгизиў бойынша товарлар (жумыслар, хызметлер) ды сертификатлаў бойынша бирден-бир уйым сыпатында белгиленген тәртипте аккредитация етсин.
  3. Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги еки ай мүддетте:

Әдиллик министрлиги, Экономика министрлиги, Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети ҳәм Өзбекистан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги менен биргеликте Министрлер Кабинетине энергия сервис шәртнамасында белгиленген үнемлеў дәрежеси тастыйықланғанда мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлердиң «ЭҮМК» АЖ алдындағы миннетлемелери бойынша Өзбекистан Республикасының мәмлекетлик кепиллигин бериў тәртиби туўралы усынысларды киргизсин;

энергия сервис шәртнамаларының әмел етиў дәўиринде коммуналлық хызметлер ушын, соның ишинде, тарифлердиң өсиўин есапқа алып, бурын нәзерде тутылған бюджет ажыратпаларының муғдарын сақлап қалған ҳалда бюджет шөлкемлерин ҳәм бюджет қаржыларын алыўшыларды қаржыландырыў тәртибин ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.

  1. Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети бир ҳәпте мүддетте «ЭҮМК» АЖ ның структурасын тастыйықласын.
  2. Өзбекистан Республикасы Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги Әдиллик министрлиги ҳәм басқа да ведомстволар менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар киргизиў ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  3. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекистан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги директоры С.М.Садиқовқа жүкленсин.

Өзбекистан Республикасы

Президенти                                      Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2017-жыл 23-август

***

Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Заманагөй энергия нәтийжелилигин тәмийинлейтуғын ҳәм энергияны үнемлейтуғын технологияларды буннан былай да енгизиў илажлары ҳаққында»ғы қарарына

ТҮСИНИК

Елимизде энергетика саласын буннан былай да реформалаў, электр ҳәм ыссылық энергиясынан, тәбийғый газден, суўдан (кейинги орынларда энергия ресурслары деп аталады) ақылға уғрас пайдаланыўды тәмийинлеў, сондай-ақ, төлем тәртибин беккемлеў илажлары көрилмекте.

Соның менен бирге, өткерилген талқылаў энергия ресурсларынан нәтийжесиз пайдаланыўға алып келип атырған системалы машқалаларды анықлаў имканиятын берди, бул болса ақыр-ақыбетинде энергия ресурслары қәрежетлерин оптималластырыўды ҳәм мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыўы уйымлары, мәмлекетлик кәрханалар, мәкемелер менен шөлкемлердиң (кейинги орынларда мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлер деп аталады) энергия ресурсларынан қарыздарлығын қысқартыўға ерисиўди тәмийинлемей атыр. Атап айтқанда:

энергия  ресурсларынан пайдаланыўдың нәтийжелилигин мониторинг етиўдиң ҳәм мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлерде заманагөй энергияны үнемлейтуғын технологияларды енгизиў хызметлерин көрсетиўдиң тәсиршең системасы, соның ишинде, усы функцияларды орынлаўға жуўапкер болған қәнигелестирилген мәкемениң жоқ екенлиги, соның ақыбетинде пайдаланылатуғын энергия ресурслары көлемин азайтыўға қаратылған техникалық, технологиялық, экономикалық ҳәм басқа да илажлар күтилген нәтийжени бермей атыр. Бул болса мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлердиң энергия ресурсларына қәрежетлерин көбейтеди;

ыссылық тәмийнаты объектлерин модернизациялаўдағы системалы кемшиликлер, истен шығыўы 70 процентке жеткен ҳәм ыссылық тәмийнатының нәтийжесизлиги және энергияны жумсаў көлеминиң үлкенлигине себепши болған, руўхый ҳәм физикалық жақтан тозған қазанхана әсбеп-үскенелериниң қолланылыўы;

Мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлер тәрепинен 2015-2019-жылларда экономика тармақларында ҳәм социаллық салада энергияны жумсаў көлемин қысқартыў, энергияны үнемлейтуғын технологияларды енгизиў илажлары бағдарламасын орынлаў бойынша жумыслар тийисли дәрежеде шөлкемлестирилмеген. Соның ақыбетинде бағдарламада мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлерде энергия нәтийжелилиги технологияларын енгизиў бойынша нәзерде тутылған жойбарлар орынланбай қалған.

Атап өтилгенлерди инабатқа алған ҳалда ҳәм мәмлекетлик уйымларда, шөлкемлерде заманагөй энергия нәтийжелилигин тәмийинлейтуғын ҳәм энергияны үнемлейтуғын технологияларды кеңнен енгизиў, энергия ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыўды тәмийинлеў мақсетинде Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Заманагөй энергия нәтийжелилигин тәмийинлейтуғын ҳәм энергияны үнемлейтуғын технологияларды буннан былай да енгизиў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

Мәмлекетимиз басшысының усы қарарына муўапық «Энергияны үнемлеў миллий компаниясы» акционерлик жәмийети (кейинги орынларда «ЭҮМК» АЖ деп аталады) шөлкемлестирилди ҳәм оның тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленди:

мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлерде энергия ресурсларынан пайдаланыўдың нәтийжелилигин мониторинг етиў;

мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлерде заманагөй энергия нәтийжелилигин тәмийинлейтуғын ҳәм энергияны үнемлейтуғын технологияларды енгизиў бойынша усынысларды таярлаў;

мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлерде заманагөй энергия нәтийжелилигин тәмийинлейтуғын ҳәм энергияны үнемлейтуғын технологияларды енгизиў;

мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлердиң қәрежетлерин оптималластырыў, товарлар (жумыслар, хызметлер) дың өзине түсер баҳасын азайтыў, энергияны үнемлейтуғын технологияларды енгизиў ҳәм энергия ресурслары ушын қәрежетлерди қысқартыў есабынан бюджет және өз қаржыларын үнемлеў;

пайдаланылатуғын энергия ресурслары көлемин азайтыўға қаратылған техникалық, технологиялық, экономикалық ҳәм басқа да илажларды әмелге асырыў.

Өзбекистан Республикасы Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги, Сыртқы экономикалық хызмет миллий банки, «Асакабанк» АКБ ҳәм «Туранбанк» АКБ «ЭҮМК» АЖ ның шөлкемлестириўшилери болып есапланады.

Усы жерде, «ЭҮМК» АЖ мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлерде энергия нәтийжелилигин тәмийинлейтуғын ҳәм энергияны үнемлейтуғын технологияларды энергия сервис шәртнамалары тийкарында енгизиў бойынша товарлар (жумыслар, хызметлер) дың бирден-бир жеткерип бериўшиси етип белгиленди. Оның қәрежетлерин қаплаў энергия нәтийжелилигин тәмийинлейтуғын ҳәм энергияны үнемлейтуғын технологиялар енгизилгеннен кейин алынған үнемлеў муғдарларынан келип шығып әмелге асырылады.

Энергия нәтийжелилигин тәмийнлейтуғын ҳәм энергияны үнемлейтуғын технологияларды енгизиў бойынша товарлар (жумыслар, хызметлер) ушын мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлер тәрепинен төлемлерди тәмийинлеў мақсетинде қарар арқалы мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлердиң миннетлемелери бойынша Өзбекистан Республикасы мәмлекетлик кепиллигин бериў механизми нәзерде тутылды. Үнемлеў дәрежеси тастыйықланғанда бундай кепиллик «ЭҮМК» АЖ ға бериледи.

Соның менен бир қатарда, энергия нәтийжелилиги жоқары болған уқсас товарлар бар болған жағдайда, мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлерге энергия нәтийжелилиги төмен товарлар (жумыслар, хызметлер) ды сатып алыў қадаған етилди.

Жаңадан дүзилген шөлкем өз ўазыйпаларын орынлаў ушын зәрүр болған кадрлар менен толықтырылыўын тәмийинлеў мақсетинде «ЭҮМК» АЖ ның директорына бурынғыдан басқаша түрде жоқары маман шет ел қәнигелерин жумысқа қабыл етиўге ҳәм оларға мийнет ҳақы және басқа да  төлемлерди еркин конвертацияланатуғын валютада белгилеўге руқсат берилди.

Сондай-ақ, қарар менен турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў саласындағы жойбарларды сын көз-қарастан талқылаў ҳәм оларды оптималластырыў бағдарында усыныслар таярлаў бойынша комиссия шөлкемлестирилди.

Комиссияға:

турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў саласында, соның ишинде, шет ел ҳәм халықаралық қаржы институтларының қатнасында әмелге асырылып атырған жойбарлар бойынша сын көз-қарастан талқылаў өткериў;

турақ жай коммуналлық хызметлердиң бюджет қәрежетлерин ҳәм шөлкемлестириўшилик-штат структурасын, турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў саласында Өзбекистан Республикасы инвестициялық бағдарламаларын оптималластырыў бойынша усыныслар таярлаў ўазыйпалары жүкленди.

Буннан тысқары, тийисли министрликлер менен ведомстволарға:

Мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлерде заманагөй энергия нәтийжелилигин тәмийинлейтуғын ҳәм энергияны үнемлейтуғын технологияларды енгизиўдиң шәртлерин және анық өлшемлерин белгилейтуғын усынысларды киргизиў;

Қазанхана әсбап-үскенелерин модернизациялаў бойынша мәмлекетлик бағдарлама жойбарын Министрлер Кабинетине киргизиў тапсырылды.

Мәмлекетимиз басшысының бул қарарының қабыл етилиўи, әлбетте, мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлердиң заманагөй энергия нәтийжелилигин тәмийинлейтуғын ҳәм энергияны үнемлейтуғын технологияларды енгизиў бағдарындағы жумысын жеделлестириўге, энергия ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыўды тәмийинлеўге хызмет етеди.