Өзбекистан Республикасы Президентиниң қарары

Жәмийетимизде саламат турмыс тәризин қәлиплестириўге, халықтың, әсиресе, жас әўладтың дене тәрбиясы ҳәм спорт пенен турақлы шуғылланыўы ушын заман талапларына сай шараятлар жаратыўға, спорт жарыслары арқалы жасларда өзиниң  ерк-ықрарына, күшине ҳәм имканиятларына болған исенимин беккемлеўге, мәртлик, ўатанды сүйиўшилик, ана-Ўатанға садықлық сезимлерин жетилистириўге, сондай-ақ, жаслардың арасынан талантлы спортшыларды таңлап алыў жумысларын системалы шөлкемлестириў және дене тәрбиясы менен ғалабалық спортты буннан былай да раўажландырыўға бағдарланған кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Елимиз ўәкиллериниң Олимпиада ойынларында, жәҳән чемпионатларында, Азия ойынларында ҳәм чемпионатларында және халықаралық жарысларда жоқары нәтийжелерге ерисип атырғаны, дүньяда Өзбекистанның абырой-мәртебеси ҳәм спорт потенциалы буннан былай да артып атырғаны, республикамыз аймақларында жәҳән стандартларына сәйкес ықшам спорт объектлериниң қурылып, оқыўшы ҳәм студент-жаслар арасында үш басқыштан ибарат «Үмит нәлшелери», «Бәркамал әўлад» ҳәм Универсиада спорт ойынларының ғалаба ен жайып атырғаны, айрықша, дыққатқа ылайық.

Соның менен бирге, елимиздиң барлық аймақларында ғалабалық спорттың инсан ҳәм шаңарақ турмысындағы айрықша әҳмийетин, оның физикалық ҳәм руўхый саламатлықтың тийкары екенин үгит-нәсиятлаў, өмирге үлкен үмит пенен кирип киятырған жасларды зыянлы әдетлерден сақлаў, оларға өз уқыбы менен талантын жүзеге шығарыўы ушын зәрүр шараятлар жаратыў, олардың арасынан талантлы спортшыларды таңлап алыў және мақсетли таярлаў системасын жетилистириў бағдарында әҳмийетли ҳәм тийкарғы ўазыйпалар тур.

Өзбекистан Республикасы аймақларында дене тәрбиясын ҳәм ғалабалық спортты буннан былай да раўажландырыў, халықтың барлық қатламларын, әсиресе, жасларды дене тәрбиясы ҳәм спорт пенен турақлы шуғылланыўға тартыў, елимизде бул бойынша жаратылған шараятлардан өнимли пайдаланыўдың нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде:

  1. Өзбекистан Республикасында дене тәрбиясын ҳәм ғалабалық спортты буннан былай да раўажландырыў бағдарламасы (кейинги орынларда Бағдарлама деп аталады) 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Төмендегилер Бағдарламаның тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:

дене тәрбиясы ҳәм спорт саласын шөлкемлестириў ҳәм басқарыў системасын раўажландырыўға бағдарланған нызамшылықты буннан былай да жетилистириў;

дене тәрбиясы ҳәм спорт саласының материаллық-техникалық базасын беккемлеў, заманагөй спорт комплекслерин қурыў, оларды заманагөй спорт үскенелери ҳәм әнжамлары менен тәмийинлеў, усы салада жеке секторды раўажландырыў;

дене тәрбиясы ҳәм спорт саласында кадрларды таярлаў, оларды қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў мәкемелерин илимий-методикалық жақтан қоллап-қуўатлаў және спорт мектеплерин жоқары маманлықтағы тренерлер ҳәм медицина хызметкерлери менен тәмийинлеў;

билимлендириў мәкемелериниң оқыўшы ҳәм студентлери, халықтың кең қатламлары арасында саламатландырыў, дене тәрбиясын, ғалабалық спорт жумысларын шөлкемлестириў, комплексли спорт жарысларын өткериў, жаслардың арасынан талантлы спортшыларды таңлап алыў ҳәм оларды мақсетли таярлаў;

ғалаба хабар қуралларынан, интернет тармағының имканиятларынан пайдалана отырып, халық арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, Бағдарламаның мазмун-мәниси ҳәм әмелге асырыў процеси ҳаққында кең түрде мәлимлеме-түсиник жумысларын алып барыў.

  1. Өзбекистан Республикасында дене тәрбиясын ҳәм ғалабалық спортты буннан былай да раўажландырыў бағдарламасының орынланыўын муўапықластырыўшы республикалық комиссияның (кейинги орынларда Республикалық комиссия деп аталады) қурамы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Республикалық комиссияның (А.Н.Арипов) ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленсин:

Бағдарламада нәзерде тутылған барлық илажлардың толық әмелге асырылыўы бойынша жуўапкер министрликлердиң, ведомстволардың ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының жумысын муўапықластырыў;

бир ҳәпте мүддетте Қарақалпақстан Республикасында, ўәлаятларда, Ташкент қаласында, районларда ҳәм қалаларда Бағдарламаның орынланыўын тәмийинлеў бойынша аймақлық жумысшы топарлардың шөлкемлестирилиўин тәмийинлеў;

еки ҳәпте мүддетте Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар, Ташкент қаласы, район ҳәкимликлери тәрепинен усы қарардан ҳәм бағдарламадан келип шыққан ҳалда аймақлық бағдарламалардың ислеп шығылыўын тәмийинлеў;

бир ай мүддетте Өзбекистан Республикасы Дене тәрбиясы ҳәм спорт бойынша мәмлекетлик комитетиниң Спорт ҳәм ғалабалық дене тәрбия илажларының календарьлық режесине киргизилген барлық спорт түрлери бойынша тийисли республикалық ҳәм аймақлық спорт федерацияларына (ассоциацияларына) бириктирилетуғын қәўендер шөлкемлердиң әмелий жәрдем бериў бойынша усыныслары менен басламаларын қоллап-қуўатлаўға байланыслы барлық мәселелердиң шешилиўин тәмийинлеў;

еки ай мүддетте жаслардың арасынан талантлы спортшыларды таңлап алыў, оларды мақсетли таярлаў жумысларын системалы шөлкемлестириў ҳәм қадағалаў тәртибин ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаў.

Республикалық комиссия тәрепинен әмелге асырылған жумыслардың нәтийжелери турақлы түрде ҳүкиметтиң ярым жыллық мәжилислеринде додаланып барылсын.

  1. Бағдарламаның қаржыландырыў дәреклери етип төмендегилер белгиленсин:

Өзбекистан Республикасы Дене тәрбиясы ҳәм спорт бойынша мәмлекетлик комитети жанындағы Балалар спортын раўажландырыў қорының қаржылары;

Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы Бюджеттен тысқары билимлендириў ҳәм медицина мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын раўажландырыў қорының қаржылары;

Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары;

Қарақалпақстан Республикасы бюджети, ўәлаятлар, Ташкент қаласының жергиликли бюджетлери, қорлар, спорт федерациялары (ассоциациялары), клублары, шет ел инвесторлары, дене тәрбиясы ҳәм спорт жәмийетлериниң қаржылары, юридикалық ҳәм физикалық шахслардың қәўендерлик қайырқомлықлары;

нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер.

  1. Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар, Ташкент қаласы, районлар ҳәм қалалардың ҳәкимликлери халықты, оқыўшыларды ҳәм студентлерди спорт жарысларына, республикалық спорт илажларына жибериў ушын қаржылар Спорт ҳәм ғалабалық дене тәрбиясы илажларының календарьлық режесинде нәзерде тутылған қаржылар шеңберинде тийкарланған есап-санақларға муўапық ажыратылыўын тәмийинлесин.
  2. Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик архитектура ҳәм қурылыс комитети:

спорт объектлерин жаңадан қурыў, реконструкциялаў ҳәм толық оңлаў жумыслары бойынша жойбарлаў-смета ҳүжжетлерин белгиленген тәртипте мәмлекетлик экспертизадан өткерилиўин тәмийинлесин;

Бағдарламаны әмелге асырыў шеңберинде орынланатуғын жойбарлаў ҳәм қурылыс-монтажлаў жумысының сапасына, қала қурылысының нормаларына ҳәм қағыйдаларына әмел етилиўи үстинен мәмлекетлик архитектура-қурылыс қадағалаўын орнатсын және буйыртпашы ҳәм жумысты бөлип алып ислеўши шөлкемлер тәрепинен дүзилген шәртнамалардың шәртлери орынланыўы бойынша системалы мониторинг алып барсын.

  1. Өзбекистан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Дене тәрбиясы ҳәм спорт бойынша мәмлекетлик комитети тәрепинен билдирилген аймақлық көп тармақлы медицина орайларында спорт медицинасы бөлимлерин шөлкемлестириў ҳәм олардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.
  2. Өзбекистан Республикасы Дене тәрбиясы ҳәм спорт бойынша мәмлекетлик комитетине:

Бағдарлама ҳәм оның тийкарында ислеп шығылған аймақлық бағдарламаларда белгиленген барлық илажлардың орынланыўы өз мүддетинде сапалы әмелге асырылыўы бойынша тийисли министрликлер менен ведомстволарға, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларына ҳәм аймақлық жумысшы топарларға шөлкемлестириўшилик-методикалық жәрдем көрсетиў;

Өзбекистан сайланды командалары спортшыларының оқыў-шынығыў жыйынларда, жәҳән бириншиликлеринде, Азия ойынларында ҳәм чемпионатларда, халықаралық жарысларда табыслы қатнасыўын тәмийинлеў мақсетинде жарыслардың жуўмағында ерисилген нәтийжелерди терең талқылаў ҳәм системалы мониторингин алып барыў;

жаслардың арасынан талантлы спортшыларды таңлап алыў, дене тәрбиясы ҳәм спортқа қәнигелескен спорт мектеплерине, билимлердириў мәкемелерине, спорт клубларына талантлы спортшыларды қабыл етиў процесслериниң ашық-айдынлығын және қалыслығын тәмийинлеў бойынша турақлы түрде тәсиршең илажлар көриў ҳәм ҳәр шеректиң жуўмағы бойынша комитеттиң мәжилислеринде сын көз-қарастан додалаўдан өткериў ўазыйпалары жүкленсин.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар, Ташкент қаласы ҳәкимликлери:

спорт объектлериниң жыл даўамында үзликсиз жумыс ислеўин тәмийинлеў, олардан нәтийжели пайдаланыў, материаллық-техникалық базасын беккемлеў, талапқа бола спорт объектлерин альтернатив энергия дәреклери менен тәмийинлеў илажларын көрсин;

тийисли аймақта спорт федерацияларына (ассоциацияларына) бириктирилетуғын қәўендер шөлкемлердиң әмелий жәрдем бериў түрлери (имаратлардан ҳәм объектлерден бийпул пайдаланыў, қаржылар ҳәм спорт әнжамлары менен тәмийинлеў ҳәм т.б.) бойынша усынысларын және басламаларын қоллап-қуўатлаўға байланыслы барлық мәселелердиң шешелиўин тәмийинлесин;

спорт билимлендириў мәкемелери ҳәм комплекслери ықтиярындағы жер майданларын (ашық ҳәм жабық түрдеги спорт объектлерин) ийелеў Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарарлары тийкарында әмелге асырылатуғынына қатаң түрде әмел етилсин.

  1. Өзбекистан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекистан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекистан баспасөз ҳәм хабар агентлиги, Өзбекистан Республикасы Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Бағдарламаның мазмун-мәниси ҳәм оның шеңберинде шөлкемлестирилетуғын илажлардың ғалаба хабар қуралларында, соның ишинде, интернет тармағы арқалы халық арасында турақлы және кеңнен сәўлелениўин тәмийинлесин.
  2. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекистан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи А.Н.Юнусходжаевқа жүкленсин.

Өзбекистан Республикасы

                 Президенти                                Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы, 2017-жыл 3-июнь

 

***

Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Дене тәрбиясын ҳәм ғалабалық спортты буннан былай  да раўажландырыў  илажлары ҳаққында»ғы қарарына

ТҮСИНИК

Елимизде ғәрезсизлик жыллапрында халықтың, әсиресе, жас әўладтың дене тәрбиясы ҳәм спорт пенен турақлы шуғылланыўы ушын заман талапларына сай шараятлар жаратылды, спорт жарыслары арқалы жасларда өзиниң  ерк-ықрарына, күшине ҳәм имканиятларына болған исенимин беккемлеў, мәртлик, ўатанды сүйиўшилик, ана-Ўатанға садықлық сезимлерин жетилистириў, олардың арасынан талантлы спортшыларды таңлап алыў ҳәм мақсетли таярлаў жумысларын системалы шөлкемлестириў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылды.

Елимизде оқыўшы ҳәм студент-жаслар арасында барған сайын ғалаба ен жайып атырған, билимлендириў мәкемелеринде оқып атырған нәўқыран ул-қызларымыз ушын шын мәнисиндеги шынығыў ҳәм шеберлик мектебине, үлкен өмир жолындағы пәрўаз майданшасына айланған  «Үмит нәлшелери», «Бәркамал әўлад» ҳәм Универсиада спорт ойынларын өзинде жәмлеген үш басқыштан ибарат бир пүтин система жаратылды. Бул система арқалы бүгинги күнде абыройлы халықаралық майданларда Ўатанымыздың байрағын бәлент көтерип киятырған белгили спортшылар жетисип шықпақта. Ең әҳмийетлиси, бул жарыслар жасларымызды ғалабалық түрде спортқа , саламат турмыс тәризине тартыў қуралына айланды.

Соңғы бес жылдың өзинде республикамызда дене тәрбиясын ҳәм спортты раўажландырыў, сондай-ақ, оның материаллық-техникалық базасын беккемлеў шын бюджеттен 1 триллион 230 миллиард сум қаржы ажыратылды.

Соның менен бирге, бүгинги күнде халықтың барлық қатламларын дене тәрбиясы ҳәм ғалабалық спорт пенен қамтып алыў, елимиздиң барлық аймақларында дене тәрбиясы ҳәм ғалабалық спорттың инсан ҳәм шаңарақ турмысындағы айрықша әҳмийети, оның физикалық ҳәм руўхый саламатлықтың, жетикликтиң тийкарғы шәртлеринен бири екенин белсене үгит-нәсиятлаў, жасларға өз уқыбы менен талантларын жүзеге шығарыўы ушын зәрүр шараятлар жаратыў, олардың арасынан спорт саласында айрықша талант ийелерин таңлап алыў және мақсетли таярлаў системасын жетилистириў сыяқлы ўазыйпалар системалы тийкардағы шешимин күтпекте. Бир қатар спорт мәкемелериниң материаллық-техникалық базасы заман талапларына жуўап бермейди, спорт объектлеринен нәтийжели пайдаланыў дәрежеси төменлигинше қалмақта.

Усы салада жыйналып қалған машқаларды шешиў мақсетинде Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Дене тәрбиясын ҳәм ғалабалық спортты буннан былай         да раўажландырыў  илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

Усы қарар менен Өзбекистан Республикасында дене тәрбиясын ҳәм ғалабалық спортты буннан былай да раўажаландырыў бағдарламасы тастыйықланып, оған муўапық кең көлемли, анық мақсетли жумыслардың әмелге асырылыўы нәзерде тутылған. Соның ишинде, бағдарламаға муўапық:

дене тәрбиясы ҳәм спорт саласын шөлкемлестириўге ҳәм басқарыў системасын раўажландырыўға бағдарланған нызамшылықты буннан былай да жетилистириў;

дене тәрбиясы ҳәм спорт саласының материаллық-техникалық базасын беккемлеў, заманагөй спорт комплекслерин қурыў, оларды заманагөй спорт үскенелери ҳәм әнжамлары менен тәмийинлеў, усы салада жеке секторды раўажландырыў;

дене тәрбиясы ҳәм спорт саласында кадрларды таярлаў, оларды қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў мәселелерин илимий-методикалық жақтан қоллап-қуўатлаў, спорт мектеплерин жоқары маманлықтағы тренерлер ҳәм медицина хызметкерлери менен тәмийинлеў;

билимлендириў мәкемелериниң оқыўшы ҳәм студентлери, халықтың кең қатламлары арасында саламатландырыў, дене тәрбиясы, ғалабалық спорт жумысларын шөлкемлестириў, комплексли спорт жарысларын өткериў, жаслардың арасынан талантлы спортшыларды таңлап алыў ҳәм оларды мақсетли таярлаў сыяқлы бағдарларда комплексли илажларды әмелге асырыў нәзерде тутылған.

Бағдарламаның орынланыўы шеңберинде спорт түрлери бойынша Республикалық жоқары спорт шеберлиги мектеплери ҳәм балалар-жас өспиримлер спорт мектеплериниң штатлар кестесине «Спортшы» лаўазымының енгизилиўи Өзбекистан миллий сайланды командаларының ағзаларын материаллық қоллап-қуўатлаў системасын буннан былай да беккемлеўге бағдарланған әҳмийетли қәдем ўазыйпасын атқарады.

Бағдарламада, сондай-ақ, барлық билимлендириў мәкемелериниң спорт объектлеринде сабақтан соң оқыўшылар ҳәм студентлер ушын спорт дөгереклериниң және спорт клубларының жумысын системалы шөлкемлестириўди ҳәм басқарыўды жолға қойыў мақсетинде спорт түрлерине қәнигелестирилген балалар-жас өспиримлер спорт мектеплеринде ҳәм балалар-жас өспиримлер спорт мектеплеринде «спорт дөгереги ҳәм селекциясы бойынша тренер» лаўазымын киргизиў белгиленген. Бул лаўазымды енгизиў арқалы билимлендириў мәкемелеринде шөлкемлестирилетуғын спорт дөгереклери менен қосымша түрде мыңлаған оқыўшыларды ҳәм студентлерди қамтып алыўға ерисиледи ҳәм оларға спорт пенен турақлы түрде шуғылланыўға қолайлы имканиятлар жаратылады.

Буннан тысқары, бағдарламада дене тәрбиясына ҳәм спортқа қәнигелескен билимлендириў мәкемелериниң ҳәм спорт клубларының жумысын олипиада, миллий ҳәм басқа да спорт түрлериниң кесиминде рейтинг баҳалаў системасын енгизиў белгиленгени олардың жумысын сапа жағынан жаңа басқышқа көтериўге, Дене тәрбиясы ҳәм спорт бойынша мәмлекетлик комитетиниң «Дене тәрбиясы ҳәм спорт ағласы» көкирек нышанының енгизилиўи болса, сала пидайыларының мийнетин буннан былай да мүнәсип хошаметлеўге хызмет етеди.

Бағдарламаға бола, оқыўшылардың ҳәм студент–жаслардың арасында өткерилетуғын үш басқыштан ибарат «Үмит нәлшелери», «Бәркамал әўлад» ҳәм Универсиада спорт ойынларының бағдарламасын спорттың ғалабалық түрлери есабынан кеңейтиў, абыройын арттырыў ҳәм жарыс жеңимпазларын мүнәсип хошаметлеў системасын түп-тийкарынан жетилистириў нәзерде тутылған.

Жаслардың арасынан талантлы спортшыларды таңлап алыў, оларды мақсетли таярлаў жумысларын системалы түрде шөлкемлестириў ҳәм қадағалаў бойынша Республикалық ҳәм аймақлық кеңеслер жумысының шөлкемлестирилиўи, дене тәрбиясына ҳәм спортқа қәнигелескен билимлендириў мәкемелерине ҳәм спорт клубларына талантлы спортшыларды таңлап алыў және қабыл етиў процесинде ашық-айдынлықты, қалыслықты тәмийинлеў илажларының әмелге асырылыўы нәтийжесинде халықаралық жарысларда спортшыларымыздың табысларын және де артырыўға хызмет ететуғынына гүман жоқ.

Қарарда өз шешимин тапқан әҳмийетли мәселелерден және бири-аймақлық ҳәм көп тармақлы медицина орайларында спорт медицинасы бөлимлериниң шөлкемлестирилиўи және олардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў белгилеп қойылғаны  болып табылады.

Бағдарлама шеңберинде режелестирилген илажларды әмелге асырыў ушын, 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасында дене тәрбиясын ҳәм ғалабалық спортты буннан былай да раўажландырыў мақсетинде жәми 995,2 миллиард сумнан аслам қаржының жумсалыўы нәзерде тутылған болып, соның 706,2 миллиард сумнан аслам бөлеги усы жылларда жәми 167 спорт объектин, соның ишинде, 90 спорт комплексин ҳәм 77 жүзиў бассейнин қурыў, реконструкциялаў ҳәм ири оңлаў және үскенелеў ҳәм қайта тәмийинлеўге бағдарланады.

Қарар ҳәм бағдарлама шеңберинде белгиленген илажлардың әмелге асырылыўы дене тәрбиясының ҳәм ғалабалық спорттың жәмийетимиз турмысындағы ролин буннан былай да күшейтиў, халықтың барлық қатламлары арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, жасларға өз уқыбы менен талантын жүзеге шығарыўы ушын барлық шараятларды жаратыў арқалы оларды ғалаба түрде спортқа, саламат турмыс тәризине тартыў, қала берсе, абыройлы халықаралық майданларда Ўатанымыздың байрағын бәлент көтерип киятырған белгили спортшыларымыздың қатарын барған сайын кеңейтиўге хызмет етеди.