Өзбекистан Республикасы Президентиниң бийлиги

Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 7-февральдағы ПП-4947-санлы Пәрманы менен тастыйықланған 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы (кейинги орынларда Ҳәрекетлер стратегиясы деп жүргизиледи) елимиздиң мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик раўажланыўының перспективасын стратегиялық раўажландырыў системасына сапасы жағынан жаңа көз-қарасларды баслап берди.

Ҳәрекетлер стратегиясын «Халық пенен пикрлесиў ҳәм инсан мәплери жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламаның (кейинги орынларда Мәмлекетлик бағдарлама деп жүргизиледи) тастыйықланыўы стратегиялық раўажланыўдың тийкарғы бағдарларын әмелий жүзеге шығарыўдың басланғыш механизми болды.

Дәслепки жуўмақлар мәмлекетлик уйымлардың, мәмлекетлик емес шөлкемлердиң, пуқаралық жәмийети институтларының Мәмлекетлик бағдарламаның нәтийжели әмелге асырыўға қаратылған күшлери, соның ишинде, шет елли қәнигелер менен халықаралық экспертлерди белсене тартқан ҳалда ҳақықый бирлескенин көрсетти.

Ҳәзирги күнде Ҳәрекетлер стратегиясының орынланыўы бойынша мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстың барлық салаларын раўажландырыўға қаратылған 15 нызам ҳәм 700 ден аслам басқа да нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилди.

Атап айтқанда, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылыс системасын жетилистириў саласында заманагөй талаплар және тийкарғы бағдарларды есапқа ала отырып 16 министрлик, ведомство ҳәм басқа да шөлкемлердиң структурасы, ўазыйпалары менен функциялары қайта көрип шығылды, 20 мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, басқа да шөлкемлер қайта шөлкемлестирилди.

Суд-ҳуқық системасы түп-тийкарынан қайта қарап шығылды. Суд ҳәкимиятының бирден бир жоқары уйымы-Өзбекистан Республикасы Жоқарғы суды, ғалаба-ҳуқықый қатнасықлардан келип шығатуғын ҳәкимшилик келиспеўшиликлерди, сондай-ақ, ҳәкимшилик  ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы жумысларды қарап шығыўға ўәкилликли болған ҳәкимшилик судлар шөлкемлестирилди.

Ишки ислер уйымлары системасы реформаланып, олардың тийкарғы жумысы пуқаралдардың ҳуқықларын, еркинликлери менен нызамлы мәплерин тәмийинлеўге – «Халық мәплерине хызмет етиў»ге бағдарланды.

Экономиканы раўажландырыў ҳәм либералластырыў саласында салық системасы реформаланды, ҳадал салық төлеўшилер – хожалық жүргизиўши субъектлерге салық дем алыслары берилиўи нәзерде тутылды.

Аймақлық социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламалары шеңберинде 13 339 жойбар әмелге асырылды, 2,1 трлн.сум кредит өзлестирилди, 10 еркин экономикалық зона, 5 киши санаат зонасы шөлкемлестирилди, «Peugeot» ҳәм «Citroen» бренди менен жеңил коммерциялық автомобильлерди ислеп шығарыў бойынша завод қурылмақта.

Социаллық салада тек ғана усы жылдың биринши ярымында 2,7 мың км. автомобиль жоллары қурылды ҳәм оңланды, 84 300 жумыс орны жаратылды.

2017-2020-жылларда қалаларда энергия жағынан нәтийжели арзан көп квартиралы жайларды қурыў ҳәм реконструкциялаў бағдарламасы әмелге асырылмақта, оның шеңберинде 50 286 квартирадан ибарат 1 136 көп қабатлы жайларды, буннан тысқары, үлги жойбар тийкарында аўыллық жерлерде 75 мың турақ жайларды қурыў мөлшерленген.

 Миллетлераралық татыўлықты тәмийинлеў, терең ойланған, өз-ара пайдалы ҳәм әмелий рухтағы сыртқы сиясат жүргизиў саласында Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети жанында Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм шет еллер менен дослық байланыслары комитети шөлкемлестирилди.

Европа Аўқамы ҳәм 21 шет ел менен саўда-экономикалық, инвестициялық, технология ҳәм қаржылық-техникалық салаларда 22 «жол карта»лары тастыйықланды.

«Раўажланыў стратегиясы» орайы тәрепинен басқа да мәпдар ведомстволар менен биргеликте Ҳәрекетлер стратегиясын әмелге асырыўдың барысы ҳаққында халықты, пуқаралық жәмийети институтларын ҳәм халықаралық жәмийетшиликти кеңнен хабардар етиў жумыслары әмелге асырылды. Орынларда 6 мыңға жақын ушырасыўлар, ғалаба хабар қурылларында телекөрсетиў ҳәм шығыўлар шөлкемлестирилди.

Соның менен бирге, гезектеги реформаларды сапалы ҳәм алдын ала режелестириў ушын 2017-жылдың жуўмақлары бойынша ерисилген нәтийжелерди терең үйрениў ҳәм пуқта талқылаў зәрүр.

Ҳәрекетлер стратегиясын әмелге асырыўдың нәтийжелери ҳаққында халықты ҳәм жәмийетшиликти кеңнен хабардар етиў, сондай-ақ, 2017-жыл елимизди раўажландырыў жуўмақларын есап-санақ етиў ҳәм 2018-жылда гезектеги реформаларды режелестириў бойынша илажларды шөлкемлестириў мақсетинде:

  1. Ҳәрекетлер стратегиясын әмелге асырыў бойынша Миллий комиссия тәрепинен барлық дәрежедеги мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң, ғалаба хабар қуралларының, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының, дөретиўшилик ҳәм илимий-изертлеў мәкемелериниң ўәкиллери, кексе әўлад, ҳаял-қызлар ҳәм жаслардың белсене қатнасыўында әмелге асырылып атырған Ҳәрекетлер стратегиясының дәслепки жуўмақлары өткерилгени мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Ҳәрекетлер стратегиясында нәзерде тутылған Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын әмелге асырыў бойынша комиссиялар «Раўажланыў стратегиясы» орайы менен биргеликте:

2017-жылдың август-сентябрь айлары даўамында статистикалық ҳәм басқа да мағлыўматларды топлап, қабыл етилген нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди ҳәм барлық дәрежедеги мәмлекетлик уйымлар жумысының нәтийжелерин үйрениў, сондай-ақ, пуқаралық жәмийети институтыларының, ғалаба хабар қуралларының, илимий топар ўәкиллерин ҳәм шет елли қәнигелерди кеңнен тарта отырып ушырасыўлар, «дөгерек сәўбетлер», сораўлар, эксперт ҳәм жәмийетлик додалаўларды өткериў арқалы Ҳәрекетлер стратегиясын әмелге асырыўдың жуўмақлары системалы талқыланыўын;

2017-жыл 1-декабрьге шекемги мүддетте елимизди раўажландырыўдың жуўмақларын есапқа ала отырып «2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўы» мәлимлеме-талқылаў шолыўы басылыўын ҳәм тарқатылыўын;

Ҳәрекетлер стратегиясын 2018-жылда әмелге асырыў бойынша ислеп шығылатуғын Мәмлекетлик бағдарламаның жойбарына киргизиў ушын усынылатуғын әҳмийетли усыныслардың таярланыўын, топланыўын ҳәм улыўмаластырылыўын, олардың 2017-жыл 10-ноябрьге шекемги мүддетте Ҳәрекетлер стратегиясын әмелге асырыў бойынша Миллий комиссияға көрип шығыў ушын киргизилиўин тәмийинлесин.

  1. Ҳәрекетлер стратегиясын 2018-жылы әменлге асырыў бойынша ислеп шығылатуғын Мәмлекетлик бағдарламаның жойбарына киргизилетуғын усыныслар тек ғана кең жәмийетшилик пенен дәслепки додаланғаннан кейин қарап шығылатуғыны белгиленсин.
  2. Министрлер Кабинети Ҳәрекетлер стратегиясында нәзерде тутылған Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын әмелге асырыў бойынша комиссиялар менен биргеликте усы бийликтиң екинши бәнтинде нәзерде тутылған илажларды әмелге асырыў бойынша мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымларының, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлериниң жумысын муўапықластырыўды тәмийинлесин.
  3. Өзбекистан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги төмендегилерди нәзерде тутатуғын илажларды көрсин:

шет ел ҳәм халықаралық жәмийетшилик арасында «2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўы» мәлимлеме-талқылаў шолыўын тарқатыў, сондай-ақ, Ҳәрекетлер стратегиясын әмелге асырыў бойынша Миллий комиссияны хабардар етиў ушын олардың пикрлерин кейин ала топлаў;

Ҳәрекетлер стратегиясын 2018-жылы әмелге асырыў бойынша Мәмлекетлик бағдарламаның жойбарына киргизилетуғын усынысларды таярлаў процессинде, зәрүрлик болғанда халықаралық, шет ел ҳүкиметиниң ҳәм ҳүкиметлик емес шөлкемлердиң ўәкиллерин тартқан ҳалда, Ҳәрекетлер стратегиясында нәзерде тутылған Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын әмелге асырыў бойынша комиссияларға алдынғы шет еллердиң тийисли тәжирийбесин үйрениўди шөлкемлестириўге көмеклесиў.

  1. Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги Ҳәрекетлер стратегиясында нәзерде тутылған Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын әмелге асырыў бойынша комиссиялардың тийкарландырылған усыныслары бойынша Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик бюджеттиниң есабынан усы бийликтиң орынланыўы менен байланыслы илажларды қаржыландырыў ушын қәрежетлер ажыратсын.
  2. Өзбекистан Республикасы Президенти аппаратының хызметкерлери, Министрлер Кабинети, министрлик ҳәм ведомстволардың басшылары, сондай-ақ, Ҳәрекетлер стратегиясында нәзерде тутылған Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын әмелге асырыў бойынша комиссиялар ағзалары усы бийликте нәзерде тутылған ўазыйпалардың өз ўақтында, толық ҳәм сапалы орынланыўы ушын жеке жуўапкер екени белгиленсин.
  3. Усы бийликтиң орынланыўын қадағалыў Ҳәрекетлер стратегиясында нәзерде тутылған Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын әмелге асырыў бойынша комиссиялар басшыларына жүкленсин.

 

Өзбекистан Республикасы

Президенти    Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2017-жыл 15-август