Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Инвесторлардың ҳуқықлары менен мәплериниң қорғалыўын беккемлеў, сондай-ақ, исбилерменлердиң машқалалары ҳәм усынысларын турақлы үйрениў және исбилерменликти келешекте раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын белгилеп алыў бойынша 2021-жыл 20-август күни өткерилген Өзбекстан Республикасы Президентиниң исбилерменлер менен ашық сөйлесиўи шеңберинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде:
- 2020-жыл 1-январьдан баслап арнаўлы экономикалық зоналардың қатнасыўшыларына пайда салығы бойынша жеңилликлер бийкарланғанлығы мүнәсибети менен усы салық жеңилликлериниң пайдаланылмай қалған бөлеги 2020-жыл 1-октябрьге шекем арнаўлы экономикалық зона қатнасыўшыларының реестрине киргизилген қатнасыўшылар ушын, олар тәрепинен киргизилген инвестициялар көлеминен келип шыққан ҳалда, олар реестрге киргизилген сәнеден баслап 3 жылдан 10 жылға шекемги мүддетлерде толық қолланылатуғыны;
арнаўлы экономикалық зоналардың қатнасыўшыларына 2021-жыл 15-сентябрьден баслап өним ислеп шығарыўда ҳәм өз мүтәжликлери ушын пайдаланылатуғын комплектлеўши буйымлар, шийки зат ҳәм материалларды импорт еткенде қосымша қун салығы ҳәм бажыхана бажысын процентлер есапланбаған ҳәм олардың төлениўин тәмийинлеў талап етилмеген ҳалда 120 күнге шекемги мүддетке кешиктирип (бөлип-бөлип) төлеў ҳуқықы берилетуғыны белгиленсин.
- Қаржы министрлиги ҳәм Мәмлекетлик салық комитети арнаўлы экономикалық зоналардың қатнасыўшыларына артықша қосымша қун салығының суммасын жети күн ишинде қаплап бериў тәртибине қатаң әмел етсин.
Онда, камерал салық тексериўиниң нәтийжелерине бола қапланған қосымша қун салығының суммасы тийкарсыз екенлиги анықланған жағдайда, бул сумма белгиленген тәртипте өндириледи.
- Инвестициялар ҳәм сырқы саўда министрлиги Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги және Қаржы министрлиги менен биргеликте:
еки ай мүддетте арнаўлы экономикалық зоналардың қатнасыўшыларына олар тәрепинен киргизилген инвестициялар көлеминен келип шыққан ҳалда пайда салығы бойынша жеңилликлер бериўди нәзерде тутатуғын нызам жойбарын;
2022-жыл 1-июльге шекем халықаралық тәжирийбеден келип шыққан ҳалда арнаўлы экономикалық зоналардың жумысын, олардың ўазыйпалары ҳәм күтилип атырған нәтийжелерди, сондай-ақ, оларды жайластырыў орынларын белгилеген ҳалда және де жетилистириў бойынша усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары С.У.Умурзаковқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2021-жыл 14-сентябрь