Монголияға жоқары дәрежедеги сапар даўамында аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат тараўларында ерисилген келисимлерди әмелге асырыў илажлары ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 24-25-июнь күнлери Монголияға мәмлекетлик сапары даўамында ерисилген келисимлер шеңберинде аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат тараўларында белгиленген ўазыйпалардың өз ўақтында ҳәм толық әмелге асырылыўын тәмийинлеў мақсетинде қарар етемен:
- Мақсетлер
Өзбекстан ҳәм Монголия арасында 2025-2026-жылларда аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат тараўларында әмелге асырылатуғын илажлардың тийкарғы көрсеткишлери етип төмендегилер белгиленсин:
(а) Монголиядан Өзбекстанға 100 мың бас қой-ешкилерди алып келиў ҳәм оларды жергиликли шараятта нәсилшилик-селекция жумыслары жәрдеминде көбейтиў арқалы олардың санын 2029-жылдың ақырына шекем 1 млн басқа жеткериў;
(б) басқышпа-басқыш жүн ҳәм кашемирди қайта ислеў ҳәм таяр өнимлер ислеп шығарыўды жолға қойыў;
(в) мийўе-овощ ҳәм азық-аўқат өнимлериниң Монголияға экспорт көлемин ҳәр жылы арттырып барып, 10 есеге көбейтиў илажларын көриў;
(г) Өзбекстан ҳәм Монголия арасында аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыў тараўында тәжирийбе алмасыў ҳәм қәнигелердиң маманлығын арттырыўды жолға қойыў.
- II. Монголиядан қой-ешкилерди импорт етиўди мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў.
- 2025-жыл 1-августтан 2027-жыл 31-декабрьге шекем Монголиядан қой-ешкилерди Өзбекстанға импорт етиўде исбилерменлик субъектлерине:
(а) ҳаўа транспортында тасыў қәрежетлериниң 50 проценти Мәмлекетлик бюджет есабынан компенсацияланады. Онда усы киши бәнтте нәзерде тутылған қәрежетлер ушын талап етилетуғын қаржылар Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде Аўыл хожалығы министрлигине шарўашылық хожалықлары тәрепинен сырт мәмлекетлерден импорт етилген нәсилли қарамал, қой ҳәм ешки, ана балық ҳәм шөжелерди сатып алыў қәрежетлериниң бир бөлегин қаплап бериў ушын ажыратылған қаржылар шеңберинде қаржыландырылатуғыны.
(б) қосымша қун салығын төлеў мүддетин процентлер есапланбастан төлем тәмийнатысыз кешиктирип төлеў имканияты берилетуғыны белгилеп қойылсын.
Экономика ҳәм қаржы министрлиги басқа да қәрежетлерди қайта көрип шығыў есабынан 2027-жыл ушын Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде усы қарардың 2-бәнти “б” киши бәнтинде көрсетилген төлемлерди қаплап бериў бойынша қәрежетлерди нәзерде тутсын.
Орайлық банк, Экономика ҳәм қаржы министрлиги және Аўыл хожалығы министрлигиниң Монголиядан қой-ешкилерди Өзбекстанға импорт етиўде төмендеги усынысларына келисим берилсин:
(а) шарўашылық бағдарында тартылған халықаралық қаржы институтларының кредит қаржыларын исбилерменлик субъектлерине жыллық 10 процент ставкада (соннан 3 процент банк маржасы) 5 жыл мүддетке 2 жыллық жеңиллетилген дәўир менен ажыратыў. Онда коммерциялық банклердиң усы киши бәнтте нәзерде тутылған кредитлерди жеңиллетилген шәртлерде ажыратыўға байланыслы қәрежетлери Мәмлекетлик бюджетке төленетуғын дивидендлерин сәйкес түрде азайтыў есабынан қапланады;
(б) исбилерменлик субъектлерине ажыратылатуғын кредит қаржылары ушын қамсызландырыў механизминен пайдаланған ҳалда мүлк гиреў тәмийнатын 50 процентке шекем етип белгилеў.
Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитетине (кейинги орынларда – Ветеринария комитети) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы ҳәм ўәлаят ҳәкимлериниң кепиллиги тийкарында бир ай мүддетте қайтарыў шәрти менен Ветеринария хызмети ҳәм шарўашылықты раўажландырыў қорының қаржылары есабынан исбилерменлик субъектлерине Монголиядан қой-ешкилерди жеткерип бериўде финанслық жәрдем көрсетиў ҳуқықы берилсин.
Монголиядан Өзбекстанға импорт етилетуғын қой-ешкилердиң аймақлар кесиминдеги бөлистирилиўи 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Бухара, Жиззақ, Наманган, Наўайы, Самарқанд, Сурхандәрья, Қашқадәрья ҳәм Ташкент ўәлаятларының ҳәкимлери бир ҳәпте мүддетте қой-ешкилерди бағыў ушын азықлық жери, шарўашылық комплекси ҳәм қәнигеси (ветеринар) бар болған исбилерменлердиң дизимин қәлиплестирип, Ветеринария комитетине усынсын;
- Жайлаў жерлеринен нәтийжели пайдаланыўды шөлкемлестириў ҳәм оларды қорғаў, қаракөлшилик, тери ҳәм жүн санааты тараўларын буннан былай да раўажландырыў бойынша республикалық комиссияның қарарына тийкарланып Қарақалпақстан, Бухара, Жиззақ, Қашқадәрья, Наўайы, Самарқанд ҳәм Сурхандәрья жайлаў хожалықлары балансындағы жерлер Монголиядан қой-ешкилерди Өзбекстанға кеминде 1 000 бас импорт еткен исбилерменлик субъектлерине төмендеги шәртлер тийкарында тиккелей ижараға берилетуғыны белгиленсин:
(а) нәсилшилик ҳәм селекция жумысларын раўажландырыў арқалы импорт етилген қой-ешкилердиң бас санын көбейтип барыў;
(б) жайлаўларда азықлық өсимлик түрлеринен болған изен, терескен, күйреўик, камфоросма, шоган, еркек шөп, ақ (қара) сексеўил егилиўин шөлкемлестириў.
III. Монголияға мийўе-овощ ҳәм азық-аўқат өнимлерин экспорт етиў жумысларын шөлкемлестириў.
Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлиги Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги, Саўда-санаат палатасы менен биргеликте 2025-2026-жылларда:
(а) Монголиядағы ири саўда орайларында “Өзбекстан өнимлери” ярмаркасын шөлкемлестирсин ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин Өзбекстаннан экспорт етип, келешекте басқа мәмлекетлерге реэкспортты әмелге асырсын;
(б) Улан-Батор қаласындағы ири саўда майданларында Өзбекстан өнимлери стендин шөлкемлестирип барсын;
(в) Өзбекстан-Монголия саўда үйин шөлкемлестирсин;
(г) Монголия импортёр кәрханалары ўәкиллеринен ибарат делегацияның Өзбекстанға сапарын шөлкемлестирген ҳалда бизнес ушырасыўлар өткерсин.
- Жумсақ жүннен аралас жип ҳәм гезлеме ислеп шығарыўды шөлкемлестириў.
Саўда-санаат палатасы, “Өзтоқымашылықсанаат” ассоциациясы ҳәм Аўыл хожалығы министрлигиниң төмендеги усынысларына келисим берилсин:
(а) 2025-жылдың ақырына шекем Өзбекстан тоқымашылық фабрикаларында дәслепки басқышта сынаў түринде аралас жип ҳәм гезлеме ислеп шығарыў ушын Монголиядан “Өзсанаатэкспорт” АЖ арқалы орайласқан ҳалда жумсақ жүн ҳәм кашемир алып келиў. Онда “Саўданы раўажландырыў компаниясы” АЖ усы мақсетлер ушын “Өзсанаатэкспорт” АЖға оның буйыртпасына тийкарланып белгиленген тәртипте қаржы ажыратады;
(б) 2026-жылдың ақырына шекем Монголиядан импорт етилген қой-ешкилерден алынатуғын жүнди қайта ислеў бойынша жергиликли қәнигелердиң Монголияның кашемир ислеп шығарыў ҳәм тоқымашылық кәрханаларында маманлығын арттырған ҳалда жүнди қайта ислеў кәрханасын шөлкемлестириў.
- Аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыў тараўында тәжирийбе алмасыў ҳәм қәнигелердиң маманлығын арттырыўды жолға қойыў.
- Агросанаатты раўажландырыў агентлиги 2026-жылдың ақырына шекем Монголияға суўыққа шыдамлы ҳәм зүрәәтли 10 мың дана мийўе нәллерин тамшылатып суўғарыў технологиялары менен бирге жеткерип берсин және 15 гектар жер майданында заманагөй санаатласқан интенсив бағ шөлкемлестириўге жәрдемлессин. Онда мийўе нәллерин ҳәм тамшылатып суўғарыў технологияларын сатып алып, оны Монғолияға жеткериў қәрежетлерин қаплаў Агросанаатты раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик мақсетли қорының қаржылары есабынан Агросанаатты раўажландырыў агентлиги жанындағы “Агросаноат инноваторлари” ЖШЖ тәрепинен әмелге асырылады.
- Аўыл хожалығы министрлиги 2026-2027-оқыў жылынан баслап Ташкент мәмлекетлик аграр университети ҳәм Монголия тәбийғый пәнлер университети арасында магистратура қәнигеликлери бойынша биргеликтеги билимлендириў бағдарламаларының енгизилиўин тәмийинлесин.
- Қарардың орынланыўын шөлкемлестириў, тәмийинлеў ҳәм қадағалаў
Бас министрдиң орынбасарлары Ж.Қўчқоров ҳәм Ж.Ходжаев еки ай мүддетте Өзбекстан ҳәм Монголия арасында ерисилген келисимлер ҳәм жойбарларды қаржыландырыў ҳәм исбилерменлик субъектлерин айланыс қаржылар менен тәмийинлеў мақсетинде Санаатты раўажландырыў қорына 50 миллион АҚШ доллары ҳәм Саўдаға көмеклесиў қорына 50 миллион АҚШ доллары эквивалентинде 2030-жыл 31-декабрьге шекем қайтарыў шәрти менен төмен процентли қаржы тартыў бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына усыныс киргизсин.
Министрлер Кабинети (Ходжаев) еки ҳәпте мүддетте усы қарардың 2 ҳәм 4-бәнтлерине муўапық төмендегилерди тастыйықласын:
(а) ҳаўа транспортында тасыў қәрежетлериниң 50 процентин Мәмлекетлик бюджет есабынан компенсациялаў бойынша ўақытша тәртипти;
(б) Ветеринария хызмети ҳәм шарўашылықты раўажландырыў қоры қаржылары есабынан исбилерменлик субъектлерине Монголиядан қой-ешкилерди алып келиў ушын финанслық жәрдем бериў бойынша ўақытша тәртипти.
- Транспорт министрлиги он күн мүддетте:
(а) Ветеринария комитети менен биргеликте қой-ешкилерди Монголиядан Өзбекстанға ҳаўа транспорты арқалы алып келиў;
(б) Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлиги менен биргеликте аўыл хожалығы өнимлерин Өзбекстаннан Монголияға ҳаўа транспорты арқалы экспорт етиўди шөлкемлестириў илажларын көрсин.
Ветеринария комитети бир ҳәпте мүддетте Монголиядан импорт етилетуғын қой-ешкилердиң нәсил, салмағы ҳәм жасы бойынша талапларды ислеп шығып, аймақлар ҳәм исбилерменлерге жеткерсин.
2025-2026-жылларда Өзбекстан ҳәм Монголия арасында аўыл хожалығы тараўында әмелге асырылатуғын илажлар бойынша “жол картасы” 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип төмендегилер белгиленсин:
(а) аўыл хожалығы министри И. Абдураҳмонов – Монголияда овощ ҳәм палыз егинлерин жетистириў және аграр тараўда илимий бирге ислесиўди нәтийжели жолға қойыўға;
(б) аўыл хожалығы министри И.Абдураҳмонов ҳәм Ветеринария комитетиниң баслығы Б.Норқобилов – Монголиядан Өзбекстанға импорт етилетуғын қой-ешкилерди алып келиў ҳаўа транспорты қәрежетиниң бир бөлегин қаплап бериўге;
(в) Ветеринария комитетиниң баслығы Б.Норқобилов:
(i) Монголиядан қой-ешкилерди Өзбекстанға импорт етиў ҳәм нәсилшилик ҳәм селекция жумысларын раўажландырыў арқалы олардың санын жергиликли шараятқа бейимлестирген ҳалда 2029-жылдың ақырына шекем 1 млн басқа жеткериў;
(ii) Монголиядан алып келинетуғын қой-ешкилерди жергиликли шараятқа бейимлестириў, оларды көбейтиў бойынша илажлардың нәтийжелилиги, берилген жеңилликлердиң нәтийжелилиги бойынша ҳәр айдың жуўмағы менен Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына есабат киргизип барыўға;
(г) Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлигиниң директоры И.Эргашев – Монголияға мийўе-овощ ҳәм азық-аўқат өнимлериниң экспорт көлемин кескин арттырыўға;
(д) Саўда-санаат палатасының баслығы Д.Ваҳобов – Монголиядан Өзбекстанға импорт етилетуғын қой-ешкилердиң жүнин қайта ислеўге.
Қарардың орынланыўы ушын жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың жумысын муўапықластырыў және қадағалаў Бас министрдиң орынбасары Ж.А.Ходжаевқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы Президенти
Ш.Мирзиёев