Мәмлекетлик тилди және де раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында

61

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Мәмлекетимиздиң жәмийетлик-сиясий турмысының барлық тараўларында мәмлекетлик тил имканиятларынан толық ҳәм нәтийжели пайдаланыў, билимлендириў шөлкемлеринде өзбек тилин оқытыў системасын жетилистириў, оның тазалығын сақлаў ҳәм турақлы байытып барыў, заманагөй мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларына жедел интеграцияласыўын тәмийинлеў, халықаралық көлемдеги орнын ҳәм абырайын кеңейтиў мақсетинде қарар етемен:

  1. Тийкарғы мақсетлер.
  2. Төмендегилер мәмлекетлик тилди буннан былай да раўажландырыўдың тийкарғы мақсетлери етип белгиленсин:

а) мәмлекетимиз жәмийетлик-сиясий турмысының барлық тараўларында мәмлекетлик тил имканиятларынан толық ҳәм нәтийжели пайдаланыўға ерисиў;

б) билимлендириў шөлкемлеринде мәмлекетлик тилди оқытыў системасын буннан былай да жетилистириў, оның илим тили сыпатындағы абырайын арттырыў;

в) мәмлекетлик тилдиң тазалығын сақлаў ҳәм оның сөзлик байлығын турақлы арттырып барыў;

г) мәмлекетлик тилдиң заманагөй мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларына жедел интеграциясын тәмийинлеў, бул бағдарда жасалма интеллект имканиятларынан үнемли пайдаланыў;

д) мәмлекетлик тилдиң халықаралық көлемдеги орнын ҳәм абырайын арттырыў, сырт ел бирге ислесиў байланысларын раўажландырыў;

ж) елимизде жасап атырған барлық миллет ҳәм халық ўәкиллери ҳәм сырт елдеги ўатанласларымыздың мәмлекетлик тилди үйрениўи ушын қолайлы шараятлар жаратыў.

  1. Республикада мәмлекетлик тил имканиятларынан нәтийжели пайдаланыўға ерисиў
  2. 2020-2030-жыллары өзбек тилин раўажландырыў ҳәм тил сиясатын жетилистириў концепциясын 2025-2026-жылларда әмелге асырыў бағдарламасы қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  3. 2026-жыл 1-январьдан баслап республика дәрежесиндеги мәмлекетлик уйымлар ҳәм хожалық бирлеспелериниң орайлық аппаратларында ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы, район (қала) ҳәкимликлеринде басқарыў хызметкерлериниң белгиленген улыўма шекленген саны шеңберинде басшының мәнаўият ҳәм мәмлекетлик тил мәселелери бойынша кеңесгөйи лаўазымы енгизилсин.
  4. Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги менен биргеликте 2026-жылдан баслап:

а) билимлендириў туўысқан тиллерде алып барылатуғын улыўма орта билимлендириў шөлкемлери ушын өзбек тилин үйретиў бойынша сабақлықлардың жаңа әўладын жаратсын;

б) мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде өзбек тилин үйретиў бойынша педагоглар ушын оқыў қолланбаларын ислеп шықсын;

в) мектепке шекемги билимлендириў жасындағы балалар ушын «“Менинг илк изоҳли луғатчам”» (“Мениң биринши түсиндирме сөзлигим”) сүўретли сөзлик китабын жаратсын;

г) балаларға өзбек тилин үйретиў бойынша заманагөй анимациялық видео ҳәм аудио өнимлер ислеп шығарылыўын шөлкемлестирсин.

  1. Илимлер академиясы:

а) 2026-жыл 1-июньға шекем көп томлық “Ўзбекистон миллий қомуси”н («Өзбекстан миллий энциклопедиясын») электрон тәризде таярлаў ҳәм жәриялаў бойынша нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин;

б) 2026-жыл 1-декабрьге шекем Она тили. Қомус(«Ана тили. Энциклопедия») китабының баспаға таярланыўын ҳәм басып шығарылыўын тәмийинлесин.

  1. Мәмлекетлик тилдиң мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларына жедел интеграцияласыўын тәмийинлеў бойынша:

а) Санлы технологиялар министрлиги, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги, Илимлер академиясы мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте 2026-жыл 1-майға шекем өзбек тилин жасалма интеллект жәрдеминде қоллап-қуўатлаўға хызмет ететуғын платформа ислеп шығыў бойынша нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин;

б) Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги 2025-жыл 1-декабрьге шекем:

  1. i) жаңадан қабыл етилип атырған терминлер бойынша жәмийетшилик додалаўда билдирилген пикир, усынысларды жазып барыўшы;
  2. ii) тастыйықланған жаңа сөз ҳәм атамаларды өзинде сәўлелендириўши электрон реестрди жүргизиўши;

iii)өзбек тилинде басып шығарылған тараўлық, түсиндирме ҳәм имла сөзликлерин өзинде жәмлеў ҳәм пайдаланыў ушын мөлшерленген электрон платформаны жаратыў бойынша илимий жойбарға таңлаў жәрияласын.

III. Мәмлекетлик тилдиң тазалығын сақлаў, оны байытып барыў ҳәм де илим тили сыпатындағы абырайын арттырыў

  1. Ҳәр жылы октябрь айында:

а) Илимлер академиясы, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги, Министрлер Кабинети жанындағы Өзбек тилин раўажландырыў қоры өзбек тилиниң дүнья тиллери арасында тутқан орнын ҳәм халықаралық абырайын арттырыўға қаратылған халықаралық илимий-әмелий конференцияны;

б) Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги елимиздеги жоқары билимлендириў мәкемелеринде билим алып атырған сырт елли студентлер арасында:

  1. i) өзбек тили бойынша республикалық олимпиаданы;
  2. ii) “Ўзбек тили – қалбим таржимони” («Өзбек тили- қәлбим айнасы») таңлаўын жоқары дәрежеде шөлкемлестирсин;

в) Министрлер Кабинети жанындағы Өзбек тилин раўажландырыў қоры, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте өзбек тилин раўажландырыўға қаратылған ең жақсы илимий, дөретиўшилик, әмелий жумысларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде “Жонажон ўзбек тилим(«Жанажан өзбек тилим») таңлаўын;

г) Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы, Жаслар ислери агентлиги, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте улыўма миллий диктант жойбарын;

д) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери ҳәм министрликлер ҳәм уйымлар 21-октябрь – Өзбек тили байрамы күнине бағышланған мәдений-ағартыўшылық, әдебий илажлар, жаңа китаплардың презентацияларын;

ж) Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги:

  1. i) улыўма билим бериў мектеплери оқыўшылары арасында өзбек тили темасында шығармалар таңлаўын;
  2. ii) өзбек тили пәни муғаллимлери арасында “Жылдың ең жақсы өзбек тили муғаллими” республикалық таңлаўын өткерсин.
  3. Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги, “Ватандошлар” жәмийетлик фонды менен биргеликте ҳәр жылы Әлийшер Наўайы атындағы халықаралық өзбек тили олимпиадасын өткерип барсын. Онда олимпиада жеңимпазларын республика жоқары билимлендириў мәкемелериниң “филология ҳәм тиллерди оқытыў: өзбек тили ҳәм әдебияты” тәлим бағдарына улыўма қабыллаў квотасынан тысқары мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға қабыл етиў жолға қойылсын.
  4. Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги Әлийшер Наўайы атындағы Ташкент мәмлекетлик өзбек тили ҳәм әдебияты университети жанындағы Мәмлекетлик тилде жумыс алып барыў тийкарларын оқытыў ҳәм қәнигелигин арттырыў орайы және Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда оның аймақлық бөлимлеринде елимиздеги жоқары билимлендириў шөлкемлеринде билим алып атырған сырт елли студентлерди өзбек тилин үйрениў тилегинде болған олар оқып атырған жоқары билимлендириў шөлкемлериниң қаржылары есабынан өзбек тилине бийпул оқытыў курсларын шөлкемлестирсин.
  5. Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт елдеги ўатанласлар мәселелери бойынша комитет:

а) 2026-жыл даўамында өз қаржылары ҳәм Министрлер Кабинети жанындағы Өзбек тилин раўажландырыў қорының қаржылары есабынан елимизде жумыс алып барып атырған миллий мәдений орайлардың ўәкиллери ушын өзбек тилине оқытыў курсларын кеңейтиў;

б) Сыртқы ислер министрлиги, “Ватандошлар” жәмийетлик фонды ҳәм мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте “Ватандошлар” жәмийетлик фондының қаржылары есабынан сырт мәмлекетлердеги өзбек диаспорасы шөлкемлери жанында ўатанласлардың перзентлерине өзбек тилин үйретиўге қәнигелескен оқыў орайларын шөлкемлестириўге жәрдемлесиў, оларды зәрүр оқыў қолланбалары, сабақлықлар ҳәм әдебиятлар менен тәмийинлеў илажларын көрсин.

  1. Жаслар ислери агентлиги үш ай мүддетте өзбек тилин басқа миллет ҳәм халықлардың ўәкиллерин, сырт елдеги ўатанласлардың перзентлерин, өзбек тилин үйрениў тилегинде болған сырт ел пуқараларын оқытыў мақсетинде “Ибрат фарзандлари” жойбары менен биргеликте өз алдына жасалма интеллект жәрдеминде өзбек тилин үйретиў модулин иске қоссын. Онда өзбек модулин жаратыў ушын қәрежетлер Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты қоллап-қуўатлаў қорынан әмелге асырылатуғыны нәзерде тутылсын.
  2. Қарар орынланыўын шөлкемлестириў, тәмийинлеў ҳәм қадағалаў
  3. Әдиллик министрлиги үш ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  4. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери белгиленсин.
  5. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

Өзбекстан  Республикасы

Президенти   Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2025-жыл 20-октябрь