Ишки ислер уйымлары хызметкерлери күни мүнәсибети менен бир топар хызметкерлерди сыйлықлаў ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы
Мәмлекетимиз ишки ислер уйымларындағы көп жыллық нәтийжели хызмети, елимизде жәмийетлик қәўипсизликти, халқымыздың тынышлығын тәмийинлеўге, тынышлық ҳәм турақлылықты беккемлеўге қосқан мүнәсип үлеси, жынаятшылыққа қарсы гүресиў, профилактика жумысларының нәтийжелилигин арттырыў, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў жолындағы ибратлы жумысы, өз миннетин мақтаныш ҳәм жуўапкершилик пенен орынлап, мәртлик ҳәм ерлик үлгисин көрсетип киятырғаны, жас әўладты Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаўға белсене қатнасқаны ушын төмендегилер сыйлықлансын:
Қарақалпақстан Республикасы бойынша:
«Мардлик» ордени менен:
Торебеков Бахтияр Исмандиярович – Қарақалпақстан Республикасы ишки ислер министри;
«Содиқ хизматлари учун» медалы менен:
Машарипов Атабек Султанбаевич – Шымбай районы ишки ислер бөлиминиң баслығы
Өзбекстан Республикасы Президенти
Ш.Мирзиёев