Ҳаял-қызлар ҳәм балалар ҳуқықларының қорғалыўын күшейтиў және оларға басым ҳәм зорлық жағдайларының алдын алыў бойынша қосымша шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый илажлар ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы
Елимизде ҳаял-қызлар ҳәм балалардың ҳуқықларын исенимли тәмийинлеў, оларды ҳәр қандай басым ҳәм зорлықтан қорғаў және жәмийетте бундай жағдайларға маўасасызлық орталығын қәлиплестириў, сондай-ақ, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң бул бағдардағы жумысын муўапықластырылған ҳалда нәтийжели жолға қойыў мақсетинде қарар етемен:
- I. Мақсетлер.
- Төмендегилер усы Пәрманның тийкарғы мақсетлери етип белгиленсин:
(а) неке жасына жетпеген шахс пенен ҳақыйқый некеге кириў жағдайларының алдын алыўға ерисиў (ерте неке), ата-аналардың өз ержетпеген перзентлери ушын жуўапкершилигин және де арттырыў;
(б) финанслық еркинликке ерискен ҳәм шаңарақ дүзиўге ҳәр тәреплеме таяр болған жаслар арасында неке дүзиўди хошаметлеў;
(в) ҳаял-қызлар ҳәм балаларға қарата басым ҳәм зорлық жағдайларының алдын алыў системасын жетилистириў арқалы олардың санын кескин қысқартыў, сондай-ақ, бундай жағдайға ушыраған шахсларды қоллап-қуўатлаў системасын енгизиў;
(г) шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәкемелеринде некелениўшилерди “турмыслық зорлықсыз бахытлы шаңарақлық турмысқа таярлаў” арнаўлы курсларында бийпул оқытыў менен қамтып алыў дәрежесин 2026-жылы 50 процентке, 2027-жылы 60 процентке ҳәм 2030-жылы 100 процентке жеткериў және усы курслардың сапасын ҳәм тәсиршеңлигин түп-тийкарынан арттырыў.
- II. Ерте турмыс қурыў жағдайларының алдын алыў
- Кең жәмийетшиликтиң басламасы ҳәм халықаралық шөлкемлердиң усыныслары тийкарында таярланған неке жасын азайтыўдың анық (пүтин) тийкарларын белгилеў ҳаққындағы усыныс мақуллансын.
- Жаслардың өз өмир жолын саналы түрде белгилеўине жәрдемлесиў, сондай-ақ, неке шәртнамасы дүзилиўин хошаметлеў мақсетинде:
(а) 2027-жылдан баслап ҳәр еки тәреп кеминде 21 жасқа толғанда биринши мәрте некелескен жас шаңарақлар ушын:
(i) мәмлекет тәрепинен қосымша жеңиллик ҳәм басқа түрдеги қоллап-қуўатлаў илажлары берилетуғыны;
(ii) бул шаңарақлар Социаллық реестрге киргизилген жағдайда, шаңарақ ағзаларына олардың жумысын қоллап-қуўатлаў, раўажландырыў, дәраматларын арттырыў ямаса қыйын жағдайдан шығарыў ушын усынылатуғын финанслық жәрдемлер (субсидия, ссуда, грантлар) нызам ҳүжжетлеринде белгиленген муғдарлардан 1,5 есеге арттырылған ҳалда берилетуғыны;
(б) неке шәртнамасын дүзген некелениўшилерди некени дизимге алыў ушын белгиленген мәмлекетлик бажыдан азат етиў тәртиби қолланылатуғыны белгиленсин.
- Ҳәмиледар студент-қызларға ямаса 3 жасқа шекемги перзент тәрбиясы менен шуғылланыўшы студентлерге жоқары билим алыў ушын “екинши имканият” жаратыў мақсетинде 2026/2027-оқыў жылынан баслап:
(а) курстан курсқа қалған ямаса студентлер қатарынан шығарылған шахсларға, айрықша тәризде, пәнлер парқын қайта өзлестириў шәрти менен билимди даўам еттириў имканияты жаратылсын;
(б) студентлер пәнлер парқын өз бетинше өзлестириўи ушын қосымша мүддет берилсин ҳәм басқа зәрүр шараятлар шөлкемлестирилсин.
- Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги үш ай мүддетте төмендегилер бойынша усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин:
(а) ҳәмиледар студент-қызлар ямаса 3 жасқа шекемги перзент тәрбиясы менен шуғылланыўшы студентлерге академиялық дем алыс дәўиринде, олардың қәлеўине бола, аралықтан билимлендириў түринде оқыўды даўам еттириў имканиятын жаратыў;
(б) аралықтан билимлендириў формасында кадрлар таярлаў бойынша билимлендириў бағдарлары ҳәм қабыллаў көрсеткишлерин арттырыў арқалы ҳәмиледар студент-қызлар ямаса 3 жасқа шекемги перзент тәрбиясы менен шуғылланыўшы студентлерге билимлендириўди даўам еттириў ушын қосымша шараятлар жаратыў;
(в) академиялық дем алысқа шыққан, курстан курсқа қалған ҳәм студентлер қатарынан шығарылған ҳәмиледар студент-қызлар ямаса 3 жасқа шекемги перзент тәрбиясы менен шуғылланыўшы студентлер бойынша өз алдына статистикалық мағлыўматларды жүргизиў.
- Әдиллик министрлиги, Олий Мажлистиң Бала ҳуқықлары бойынша ўәкили, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң жас өспиримлер менен неке дүзиўге шақырғаны (қызықтырғаны) ҳәм оны үгит-нәсиятлағаны ушын ҳәкимшилик жуўапкершиликти белгилеў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
- 2026-жыл 1-сентябрьден баслап неке жасы ҳаққындағы нызамшылық ямаса неке дүзиў тәртибин бузыўға байланыслы ҳуқықбузарлықлар ушын өндирилген жәрийма суммасының 15 процентин бундай жағдай ҳаққында хабар берген шахсларды хошаметлеўге қаратыў тәртиби енгизилетуғыны белгиленсин.
III. Ўәкилликли уйым ҳәм шөлкемлердиң жумысын муўапықластырылған ҳалда шөлкемлестириў ҳәмде уйымлараралық бирге ислесиўди тәмийинлеў
- Неке жасы ҳаққындағы нызамшылық ямаса неке дүзиў тәртибин бузыўға байланыслы ҳуқықбузарлықлар латентлигиниң алдын алыў, қылмыс ушын жаза сөзсиз екенлигин тәмийинлеў ҳәм бундай жағдайға түсип қалған жас өспиримлерди қоллап-қуўатлаў бойынша уйымлараралық шынжырды жаратыў мақсетинде сондай тәртип орнатылсын, оған бола:
(а) Ерте неке ҳәм 16 жасқа шекемги ҳәмиледарлық пенен байланыслы жағдайлар ҳаққында ишки ислер уйымлары ҳәм “Инсан” социаллық хызметлер орайларына хабар бериў миннетлемеси пуқаралардың өзин-өзи басқарыў ҳәм ПҲАЖ уйымлары, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў мәкемелери ҳәм диний мәкемелер ўәкиллерине жүкленеди;
(б) пуқаралардың өзин-өзи басқарыў ҳәм ПҲАЖ уйымлары, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў мәкемелери және диний мәкеме ўәкиллериниң ерте неке ҳәм 16 жасқа шекемги ҳәмиледарлық пенен байланыслы жағдайлар және басқа да нызамбузыўшылықлар ҳаққында ишки ислер уйымлары ҳәм “Инсан” социаллық хызметлер орайларына хабар бермеўи олардың ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылыўына тийкар сыпатында белгиленеди;
(в) ерте неке ҳәм 16 жасқа шекемги ҳәмиледарлық анықланған ҳаял-қызлар ҳаққындағы мағлыўматлардың сыр сақланыўын ҳәм қорғалыўын тәмийинлеў кепилликлери нәзерде тутылады.
- Ишки ислер министрлиги Социаллық қорғаў миллий агентлиги, Санлы технологиялар министрлиги, Бас прокуратура, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги, Әдиллик министрлиги және басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте:
(а) 2026-жылдың ақырына шекем Ишки ислер министрлигиниң жынаят ҳәм ҳәдийселерди дизимге алыў бойынша электрон системасында ерте неке ҳәм 16 жасқа шекемги ҳәмиледарлық пенен байланыслы жағдайлар ҳаққында хабар бериў имканиятын беретуғын “O‘smir-signal” модулин ислеп шықсын;
(б) пуқаралардың өзин-өзи басқарыў ҳәм ПҲАЖ уйымлары, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў мәкемелери, диний уйым ҳәм басқа да мәпдар уйымлардың мәлимлеме системалары, сондай-ақ, Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң “Бирден-бир миллий социаллық қорғаў” мәлимлеме системасын Ишки ислер министрлигиниң жынаят ҳәм ҳәдийселерди дизимге алыў бойынша электрон системасына “Электрон ҳүкимет” системасының уйымлараралық интеграцияласыў платформасы арқалы интеграцияласын.
- Министрлер Кабинети бир ай мүддетте Ерте неке ҳәм 16 жасқа шекемги ҳәмиледарлық жағдайлары бойынша ишки ислер уйымлары ҳәм “Инсан” социаллық хызметлер орайларын хабардар етиў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықласын.
- Ишки ислер министрлиги ҳәм Бас прокуратура Социаллық қорғаў миллий агентлиги, Олий Мажлистиң Бала ҳуқықлары бойынша ўәкили және ерте неке ҳәм 16 жасқа шекемги ҳәмиледарлық пенен байланыслы жағдайлар бойынша хабар бериў миннетлемеси жүкленген шөлкемлер менен келискен ҳалда ҳәр ярым жыллықтың жуўмағы бойынша усы мәселе бойынша уйымлараралық биргеликтеги улыўмаластырыўды өткерип, олардың алдын алыў бойынша көрилип атырған илажлар ҳаққында жәмийетшиликти хабардар етиў әмелиятын енгизсин.
- IV. Басым ҳәм зорлық жағдайларына қарсы гүресиў
- 2026-жыл 1-апрельден баслап сондай тәртип орнатылсын, оған бола қорғаў ордери берилген жәбирлениўши ҳаял-қызлардың байланыс қуралларына (телефон, планшет ҳәм басқа да қурылмалар) Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң басым ҳәм зорлық жағдайлары ҳаққында тезлик пенен хабар бериў имканиятын беретуғын (“SOS” шақырыў) “my.ihma.uz” мобиль қосымшасы олардың разылығы менен орнатылады.
- Ишки ислер министрлиги Бас прокуратура ҳәм басқа да мәпдар уйымлар менен биргеликте үш ай мүддетте зорлық жағдайын ислеген шахстың руўхый жағдайында бузылыў бар деп болжаўға тийкар болған жағдайда, ишки ислер уйымлары тәрепинен оның мәжбүрий амбулатор психиатр тексериўинен өткерилиўин шөлкемлестириў, руўхый жағдайында бузылыў анықланған жағдайда белгиленген тәртипте медициналық мәкемеге жайластырыўды нәзерде тутатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжеттиң жойбарын киргизсин.
- Бас прокуратура, Жоқарғы суд, Әдиллик министрлиги, Ишки ислер министрлиги ҳәм Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң нызамшылыққа өзгерис киргизиў арқалы 2026-жыл 1-ноябрьден баслап төмендеги тәртиплерди белгилеў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин:
(а) Жынаят кодексиниң 118 (намысқа тийиў), 119 (жынысый талапты зорлық пенен тәбийғый емес усылда қанаатландырыў), 121 (шахсты жынысый қатнасқа мәжбүрлеў), 128 (он алты жасқа толмаған шахс пенен жынысый қатнас жасаў), 1281 (он алты жастан он сегиз жасқа шекемги шахс пенен материаллық байлықлар бериў ямаса мүлклик ямаса басқаша тәризде мәпдар етиў арқалы жынысый қатнас жасаў), 129 (он алты жасқа толмаған шахсқа қарата әдепсиз-бузық ҳәрекетлер жасаў) статьяларында нәзерде тутылған жынаятлар бойынша тергеўге шекем тексериў ҳәм дәслепки тергеўди тек ғана прокуратура уйымлары тәрепинен әмелге асырыў;
(б) ержетпеген шахсқа исленген жынысый зорлық бойынша ҳәкимшилик ҳуқықбузарлыққа тийисли ис ҳүжжетлерин қылмыста жынаят белгилери жоқ екенлиги ҳаққында прокурор тәрепинен қарар қабыл етилгенинен соң судқа жибериў.
- Кең жәмийетшилик, эксперт ҳәм белсендилердиң жынаят-орынлаў нызамшылығын жетилистириўге қаратылған төмендеги усыныслары мақуллансын:
(а) Жынаят кодексиниң 118 ҳәм 119-статьяларында нәзерде тутылған жынаятларды ержетпеген шахсларға қарата ислегенлиги ушын судланған шахсларды мәнзил-колонияларға өткерилмейтуғын судланғанлар категориясына киргизиў;
(б) усы бәнттиң “а” киши бәнтинде нәзерде тутылған жынаятлар ушын жазаны өтеп атырған қамақтағыларды психологиялық дүзетиў бағдарламасынан өтпестен, сақлаў шараятларын жеңиллестириў әмелиятына шек қойыў.
- 2027-жыл 1-январьдан баслап ҳаял-қызлар ҳәм балаларға болған басым ҳәм зорлық пенен байланыслы жынаятлар, қағыйда түринде, арнаўлы таярлықтан өткен тергеўшилер ҳәм судьялар тәрепинен тергеў етилетуғыны ҳәм көрип шығылатуғыны белгиленсин.
- Бас прокуратура, Судьялар жоқары кеңеси, Жоқарғы суд ҳәм Ишки ислер министрлиги:
(а) 2026-жылдың ақырына шекем ҳәр бир аймақтағы жумыс көлеминен келип шыққан ҳалда кеминде 1 тергеўши ҳәм судья халықаралық стандартларға тийкарланған бағдарлама тийкарында арнаўлы таярлықтан өткерилиўин және олар тәрепинен ҳаял-қызлар ҳәм балаларға болған басым ҳәм зорлыққа байланыслы жумыслар тергеў ҳәм көрип шығылыўын тәмийинлесин. Онда, қағыйда сыпатында арнаўлы таярлықтан өткериўде ҳаял тергеўши ҳәм судьяларға үстинлик берилиўине итибар қаратылсын;
(б) 2026-жыл 1-сентябрьден баслап Ҳуқықты қорғаў академиясы, Ишки ислер министрлиги академиясы ҳәм Әдил судлаў академиясында халықаралық ҳәм миллий экспертлерди тартқан ҳалда тергеўши ҳәм судьялар ушын “Жынаяттан жәбирленген ҳаял-қызлар ҳәм балалар менен ислесиўдиң өзине тән процессуаллық тәреплери” арнаўлы оқыў бағдарламасын шөлкемлестирсин.
- Ишки ислер министрлиги, Бас прокуратура, Жоқарғы суд, Социаллық қорғаў миллий агентлиги ҳәм Әдиллик министрлиги менен биргеликте үш ай мүддетте төмендегилерди нәзерде тутыўшы нызам жойбарын киргизсин:
(а) Жынаят кодексинде жас өспиримлерге қарата жынысый еркинликке қарсы жынаятлар ҳәм де олар менен жынысый байланыс ҳәм әдепсиз ҳәрекетлерди ислеў менен байланыслы жынаятлар ушын алдын судланған шахслар төмендеги жынаятларды ислегенинде оларға тийислисинше өмирлик еркинен айырыў ямаса узақ мүддетли еркинен айырыў жазасын белгилеў:
(i) он төрт жасқа толмаған шахстың намысына тийиў;
(ii) он төрт жасқа толмаған шахсқа қарата жынысый мүтәжликти зорлық ислетип тәбийғый емес усылда қанаатландырыў;
(б) он алты жасқа толмаған шахсқа қарата әдепсиз-бузық ҳәрекетлерди бир топар шахслар тәрепинен ислегенлик ушын аўырлаў жуўапкершиликти белгилеў, сондай-ақ, тергеў ҳәм суд әмелиятынан келип шыққан ҳалда Жынаят кодексиниң 129-статьясы диспозициясына анықлық киргизиў;
(в) Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексте жынысый зорлық етиў ҳәм неке жасы ҳаққындағы нызамшылықты ямаса некени дүзиў тәртибин бузыў менен байланыслы ҳуқықбузарлық ушын жаза санкцияларын арттырыў, сондай-ақ, жынаят исин қозғаўдан бас тартылған болып, ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық белгилери анықланған жағдайларда жуўапкершиликке тартыў тәртибин жетилистириў.
- Барлық көринистеги басым өткериў ҳәм зорлық жағдайларынан қорғаў системасын жетилистириў мақсетинде үш ай мүддетте төмендегилер бойынша тийкарланған усыныслар киргизилсин:
(а) Әдиллик министрлиги, Бас прокуратура, Социаллық қорғаў миллий агентлиги, Ишки ислер министрлиги, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети және Олий Мажлистиң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман) менен биргеликте – ҳаял-қызлар ҳәм балалардың ҳуқықларын қорғаў бойынша халықаралық стандартлар ҳәм алдынғы сырт ел әмелиятын үйренген ҳалда ҳаял-қызларды жынысы себепли қастан өлтириў (фемицид), шаңарақ ағзаларын қастан өлтириў (фамилицид), шахсты оның еркине қарсы түрде нызамсыз қуўдалаў (сталкинг), Интернет ямаса социаллық тармақларда исленетуғын зорлық (кибер зорлық), жас өспиримлерден жынысый пайдаланыў ҳәм усы мақсетте Интернет арқалы жас өспирим шахстың исенимине ерисиў (онлайн груминг) ушын нызамшылықта жуўапкершилик белгилеў;
(б) Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети, Ишки ислер министрлиги ҳәм Әдиллик министрлиги – зорлық жағдайларын ислеген шахслар (агрессор) менен ислесиў системасын жетилистириў, соның ишинде, бул процессте шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәкемелериниң имканиятларынан пайдаланыўды кеңейтиў.
- V. Пәрманның орынланыўын шөлкемлестириў, тәмийинлеў ҳәм қадағалаў
- Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети, Ғалаба хабар қураллары ушын контент таярлаў орайы, Өзбекстан мәҳәллелери аўқамы, Әдиллик министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте усы Пәрманның мазмун-мәнисин түсиндириў, соның ишинде, шаңарақ институтын беккемлеў ҳәм турмыслық зорлықтың алдын алыў мәселелери бойынша креатив индустрия қәнигелери, блогер ҳәм инфлюенсерлерди тартқан ҳалда медиаөнимлерди таярлаў бойынша илажлар режесин тастыйықласын.
- Судьялар жоқары кеңеси ҳәм Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясының еки ҳәпте мүддетте төмендегилерди нәзерде тутатуғын реже-графикти тастыйықлап, әмелиятқа енгизиў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын:
(а) ҳәр бир ўәлаят кесиминде “мәҳәлле жетилиги” менен шаңарақлық (турмыслық) зорлық түсиниклери ҳәм оның алдын алыўға қаратылған оқыў семинар сабақларын өткериў;
(б) улыўма орта, орта арнаўлы ҳәм кәсиплик билимлендириў шөлкемлеринде суд ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары ветеранларының қатнасыўында ҳаял-қызлар ҳәм балалардың ҳуқықларын тәмийинлеў, олардың жәмийеттеги орнын арттырыў бойынша жаслар менен ушырасыўлар өткериў.
- Ҳаял-қызлар ҳәм балалардың ҳуқықларын қорғаўды күшейтиў және оларға болған басым ҳәм зорлық жағдайларының алдын алыў бойынша “жол картасы” қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Усы Пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Бас министрдиң орынбасары – Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы З.Б. Маҳкамова, Бас прокурор Н.Т. Йўлдошев ҳәм ишки ислер министри А.А. Ташпулатов белгиленсин.
- Пәрманның орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы басшысының суд системасын реформалаў бойынша орынбасары Н.Ж.Хакимоваға жүкленсин.
Ўзбекистон Республикаси Президенти
Ш. Мирзиёев