Арипов Тахир Фатиховичке «Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен жаслар устазы» ҳүрметли атағын бериў ҳаққында

220

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы

Елимизде илим тараўын раўажландырыў, халқымыздың илимий-интеллектуаллық потенциалын арттырыў бағдарындағы көп жыллық нәтийжели мийнети, атап айтқанда, биофизика бағдарындағы фундаментал изертлеўлери менен көплеген әҳмийетли ойлап табыўлар, алдынғы инновациялық жойбарларды табыслы әмелге асырыўға қосқан үлкен үлеси, қәбилетли жас илимпазларды таярлаў, нәўқыран әўладты Ўатанға муҳаббат, улыўма инсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет, ғәрезсизлик идеясына садықлық руўхында тәрбиялаўдағы ибратлы жумысы ҳәм туўылған күниниң 80 жыллығы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының Биоорганикалық химия институты лабораториясының баслығы, академик Арипов Тахир Фатиховичке «Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен жаслар устазы» ҳүрметли атағы берилсин.

 

Өзбекстан Республикасы Президенти

Ш.Мирзиёев