Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Мәмлекетимизде ҳаял-қызларды ҳүрметлеў, олардың арзыў-нийетлерин қоллап-қуўатлаў ҳәм өзиниң қәбилети, айрықша идея ҳәм басламалары, ибратлы әмелий жумыслары ҳәм ерискен жетискенликлери менен жасларға үлги болып киятырған, социаллық-экономикалық турмысымыздағы өзгерислер процесине белсене қатнасып, Ўатанымыздың раўажланыўы жолында бар күш-ғайраты, заманагөй билим ҳәм маманлығы, руўхый-интеллектуаллық потенциалын көрсеткен қызларымызды мүнәсип хошаметлеў мақсетинде:
- Шаңарақ ҳәм хаял-қызлар комитети жанындағы Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық комиссиясының Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының талантлы қызларын айрықша минез-қулқы, сийрек ушырасатуғын қәбилети, шаққанлығы, интакерлиги, оқыўдағы табыслары ҳәм билимлендириў, илим, әдебият, көркем өнер, мәденият, спорт тараўларында ҳәм жәмийетлик жумысларда ерискен айрықша жетискенликлери ушын Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық пенен сыйлықлаў ҳаққындағы усыныслары қосымшадағы дизимге муўапық мақуллансын.
- Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық пенен сыйлықланғанларға 8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен өткерилетуғын байрам салтанатларында сыйлық лауреатлық дипломлары ҳәм көкирек белгилери тапсырылсын.
- Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм қаржы министрлиги Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық ийелериниң ҳәр бирине базалық есаплаў муғдарының 50 есеси муғдарында ақшалай сыйлық берилиўин тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық ийелериниң ибратлы жумысы, олардың сийрек ушырасатуғын қәбилети ҳәм ерискен жетискенликлерин кеңнен сәўлелендирип барыў усыныс етилсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Ғ.Мирзаевқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2024-жыл 4-март
* * *
Өзбекстан Республикасы Президентиниң
2024-жыл 4-марттағы ПҚ-111-санлы қарарына қосымша
Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық пенен сыйлықланғанлардың
ДИЗИМИ
Қарақалпақстан Республикасы бойынша:
Худайбергенова Гүлшынар Жаңабаевна – Нөкис қаласындағы 1-балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң бақсышылық классының оқытыўшысы
Коканова Нурсулыў Жеңисбай қызы – Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң шет тиллери факультети филология бағдарының 4-курс студенти