Өзбекистан Республикасы Президентиниң пәрманы
Соңғы жылларда республикамызда жерлерден ақылға уғрас ҳәм нәтийжели пайдаланыўды шөлкемлестириў, тәсиршең қадағалаўды тәмийинлеў ҳәм жер ресурсларын, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр саласындағы қатнасықларды комплексли тәртипке салыўда бир қатар илажлар әмелге асырылды.
Жер ресурсларын системалы есапқа алыў ҳәм олардан пайдаланыўды қадағалаў, мәмлекетлик кадастрларды тәртипке салыў Өзбекистан Республикасы картография фондын жетилистириў илажлары бағдарламасы шеңберинде жер нызамшылығына әмел етиў бойынша турақлы мониторинг жүргизиў системасы ислеп шығылды ҳәм енгизилди, көшпес мүлк объектлерин жалпы хатлаўдан өткериў жумыслары шөлкемлестирилди, 21 мәмлекетлик кадастрлардың интеграцияланыўын нәзерде тутатуғын Өзбекистан Республикасы Миллий геомәлимлеме системасын шөлкемлестириў жумыслары басланды.
Соның менен бирге, жерден пайдаланыў жағдайын талқылаў соны көрсетпекте, жерлерден пайдаланыўда турақлы мәмлекетлик қадағалаўды тәмийинлеў, заманагөй технологияларды енгизиў, сондай-ақ, жер ресурсларын системаластырылған жағдайда есапқа алыў жумыслары жетерли дәрежеде нәтийжели болмай атыр.
Салаға жүкленген ўазыйпаларды өз ўақтында ҳәм сапалы орынлаўда, илимий-изертлеў жумысларын тез және нәтийжели әмелге асырыўда тармақтың материаллық-техникалық базасы бүгинги күнниң талапларына жуўап бермейди. Әмелдеги хызметкерлердиң саны, әсиресе, төменги буўында, жер ресурсларынан пайдаланыўды қадағалаў ҳәм олардың толық есабын жүргизиў имканиятын бермей атыр.
Саланың жетекши шет ел шөлкемлери менен жақыннан байланыслар орнатыў, алдынғы халықаралық тәжирийбелерди терең үйрениў ҳәм қолланыў, қәнигелердиң әмелият өтеўлерин ҳәм маманлықларын арттырыўды шөлкемлестириўге жетерлише итибар қаратылмай атыр.
Жерлерди қорғаў ҳәм олардан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша қадағалаўды күшейтиў, геодезия ҳәм картография жумысын жетилистириў, Өзбекистан Республикасы Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитетиниң жумыс нәтийжелилигин түп-тийкарынан арттырыў мақсетинде:
- Өзбекистан Республикасы Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети және оның аймақлық бөлимлери басшыларының, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлериниң жер ресурсларынан мақсетли, ақылға уғрас ҳәм нәтийжели пайдаланыў, жерлерди қорғаў бойынша мәмлекетлик қадағалаўды және топырақтың өнимдарлығын арттырыў бойынша аймақлық бағдарламаларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў бағдарындағы жумыслары қанаатландырарсыз, деп есаплансын.
- Төмендегилер Өзбекистан Республикасы Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитетиниң тийкарғы ўазыйпалары ҳәм жумыс бағдарлары етип белгиленсин:
жер ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, геодезия ҳәм картография саласындағы жумыс бойынша бирден-бир мәмлекетлик сиясатты ислеп шығыў ҳәм әмелге асырылыўын тәмийинлеў;
жерден ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм оны қорғаў бойынша системалы мәмлекетлик қадағалаўды, мәмлекетлик геодезиялық қадағалаўды нызам ҳүжжетлери талапларына сөзсиз әмел етилиўи бойынша оны бузғаны ушын айыпкер шахсларды ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартыў арқалы әмелге асырыў;
жер ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, жерлерди сақлаў ҳәм қорғаў, топырақтың өнимдарлығын арттырыў, геодезия ҳәм картография жумысының нәтийжелилигин күшейтиў бойынша мәмлекетлик бағдарламаларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў;
мәмлекетлик жер кадастрын, мәмлекетлик картография-геодезия кадастрын, имаратлар ҳәм объектлердиң мәмлекетлик кадастрын, аймақлардың мәмлекетлик кадастрын, сондай-ақ, Мәмлекетлик кадастрлардың бирден-бир системасын жүргизиў;
мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының мәмлекетлик кадастрларды жүргизиў саласындағы жумысын муўапықластырыў;
ушыўшысы жоқ аппаратлардан пайдаланған ҳалда аўыл хожалығы жерлерин, аўыл хожалығы егинлерин егиўди ҳәм тәрбиялаўды мониторинг етиў, геодезия мағлыўматларынан ҳәм картография материалларынан пайдаланған ҳалда жасалма жер жолдасы навигация системасының ислеўин тәмийинлеў;
аэрокосмослық сүўретке алыў, топография-геодезия, картография, топырақтаныў, геоботаникаға байланыслы ҳәм басқа да излениўлерди және изертлеўлерди, жерлерди аралықтан зондлаў, геодинамикалық изертлеўлер мағлыўматларынан ҳәм материалларынан пайдалана отырып, картографиялық мониторингти әмелге асырыў;
көшпес мүлк объектлериниң электрон мағлыўматлар базасын, көшпес мүлктиң баҳасын базар нырқында баҳалаўға басқышпа-басқыш өтиў ушын мәмлекетлик кадастрлардың геомәлимлеме системаларын жаратыў ҳәм турақлы түрде жаңалап барыў;
салаға заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын кеңнен енгизиў, соның ишинде, мәмлекетлик хызметлердиң сапасын жақсылаў мақсетинде пуқараларға ҳәм исбилерменлик субъектлерине тез және сапалы хызметлер көрсетиў;
жер дүзиў, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр саласында халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў, халықаралық грантларды тартыў;
жер дүзиў, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастрлар бойынша системалы түрде кадрларды қайта таярлаўды, маманлығын арттырыўды тәмийинлеў.
- Өзбекистан Республикасы Экономика министрлиги, Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлиги, Қаржы министрлиги ҳәм Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитетиниң;
Мәмлекетлик кадастрларды, алдынғы мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў салаларының жумысын шөлкемлестириўге ҳәм муўапықластырыўға жуўапкер есапланатуғын, Өзбекистан Республикасы мәмлекетлик бюджети қаржылары есабынан қаржыландырылатуғын, Өзбекистан Республикасы Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети баслығының орынбасары лаўазымын енгизиў;
районлар (қалалар)дың жер дүзиў ҳәм көшпес мүлк кадастры мәмлекетлик кәрханаларын Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы жер дүзиў ҳәм көшпес мүлк кадастры мсәмлекетлик кәрханаларының филиаллары етип, қайта шөлкемлестириў;
Топырақтаныў ҳәм агрохимия илимий-изертлеў институтын Өзбекистан аўыл хожалығы илимий-өндирислик орайы қурамынан Өзбекистан Республикасы Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети қурамына өткериў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.
- Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги, Экономика министрлиги ҳәм Өзбекистан Республикасы Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитетиниң жер қатнасықлары ҳәм мәмлекетлик кадастрларды раўажландырыў қорын (кейинги орынларда Қор деп аталады) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.
- Төмендегилер Қор қаржыларының тийкарғы дәреклери етип белгиленсин:
Өзбекистан Республикасы Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети уйымлары тәрепинен жерлерден өз бетинше пайдаланғаны ямаса оларды жарамсыз жағдайға түсиргенлиги, хожалық жумысындағы жер дүзиў жойбарларынан өз басымшалық пенен шетке шыққанлығы, мәмлекетлик жер кадастрын жүргизиў қағыйдаларының бузылғанлығы, шегара ҳәм шеклеў белгилериниң жоқ етилгенлиги ямаса зыянланғанлығы ушын Өзбекистан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине муўапық салынатуғын жәриймалардың 100 проценти;
пуқаралардың турақ жайға тийисли мүлк ҳуқықын көшпес мүлкке болған ҳуқықларды мәмлекетлик дизимнен өткериўди әмелге асыратуғын уйымларда өз ўақтында рәсмийлестирилмегенлиги ушын өндирилетуғын жәриймалардың 10 проценти;
кадастр ҳүжжетлерин техникалық хатлаўдан өткериў ҳәм рәсмийлестириў бойынша мәмлекетлик хызметлерге белгиленген баҳаларды 25 процент арттырыў есабынан түсетуғын қаржылардың (салықлар есапланғаннан кейин) 100 проценти;
нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер.
- Қор қаржылары:
жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр уйымларының материаллық-техникалық базасын беккемлеўге ҳәм раўажландырыўға;
Өзбекистан Республикасы Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети уйымлары системасына қосымша түрде киргизилип атырған штат бирликлерин сақлаўға;
Өзбекистан Республикасы Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети системасы уйымларының хызметкерлерин хошаметлеўге, қайта таярлаўға ҳәм олардың маманлығын арттырыўға жумсалатуғыны белгилеп қойылсын.
- Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети бир ҳәпте мүддетте Өзбекистан Республикасы Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитетиниң жумысын буннан былай да жетилистириў илажларын әмелге асырыўды нәзерде тутатуғын Өзбекистан Республикасы Президенти қарарының жойбарын белгиленген тәртипте тастыйықлаў ушын киргизсин.
- Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2004-жыл 15-октябрьдеги «Өзбекистан Республикасы Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитетин шөлкемлестириў ҳаққында»ғы ПП-3502-санлы пәрманының 2-бәнти өз күшин жойытқан, деп есаплансын.
- Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Өзбекистан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2017-жыл 31-май
Өзбекистан Республикасы Президентиниң
«Жерлерди қорғаў ҳәм олардан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша қадағалаўды күшейтиў, геодезия ҳәм картография жумысын жетилистириў, мәмлекетлик кадастрларды жүргизиўди тәртипке салыў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманына
ТҮСИНИК
Соңғы жылларда республикада жерлерден ақылға уғрас ҳәм нәтийжели пайдаланыўды шөлкемлестириў, тәсиршең қадағалаўды тәмийинлеў ҳәм жер ресурсларын, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр салаларындағы қатнасықларды комплексли тәртипке салыўға бағдарланған бир қатар илажлар әмелге асырылды.
Республикамыз ушын оғада үлкен әҳмийетке ийе болған суўғарылатуғын жерлер 4,3 миллион гектарды, ямаса елимиздиң улыўма майданының 9,6 процентин қурап, оларда барлық аўыл хожалығы өнимлериниң 95 проценттен асламы жетистириледи.
Бағдарламалық илажлар шеңберинде системалы түрде жер ресурсларын есапқа алыў ҳәм жерлерден пайдаланыўды қадағалаў, көшпес мүлк объектлерин, картографиялық фондты жетилистириў бойынша жер қатнасықларын тәртипке салыў саласында жер нызамшылығына әмел етиў бойынша турақлы мониторинг етиў системасы ислеп шығылып енгизилди, көшпес мүлк объектлерин жалпы хатлаўдан өткериў, 21 мәмлекетлик қадастрлардың интеграцияланыўына қаратылған Өзбекистан Республикасы Миллий геомәлимлеме системасын енгизиў жумыслары әмелге асырылмақта.
Соның менен бирге, өткерилген талқылаўлар төмендегилерди көрсетпекте:
орынларда жерден ақылсызлық пенен пайдаланыўдың өз ўақтында алдын алыў бойынша өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм басқа да шөлкемлер менен биргеликте жетерли дәрежеде системалы жумыслар әмелге асырылмай атыр;
аўыллық елатлы пунктлерде ҳәм мәҳәллелерде, әсиресе, узақ аймақларда жерлерден пайдаланыў жағдайын турақлы мониторинг етиў жумыслары жетерли дәрежеде алып барылмай атыр;
бар қәнигелердиң саны жер ресурсларынан пайдаланыўды қадағалаў ҳәм олардың есабын жүргизиўди толық әмелге асырыў имканиятын бермей атыр.
Жоқарыдағы кемшиликлер жерлерден ақылға уғрас ҳәм мақсетли пайдаланыў, сондай-ақ, тармақта нызам ҳүжжетлерине әмел етиў үстинен толық тәсиршең қадағалаўды тәмийинлеў имканиятын бермей атыр.
Республикамыздағы жер ресурсларынан пайдаланыўдың нәтийжелилигин, аўыл хожалығы жерлери өнимдарлығын арттырыў, сондай-ақ, саланың жумысын жетилистириў ҳәм оның материаллық-техникалық базасын беккемлеў мақсетинде Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Жерлерди қорғаў ҳәм олардан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша қадағалаўды күшейтиў, геодезия ҳәм картография жумысын жетилистириў, мәмлекетлик кадастрларды жүргизиўди тәртипке салыў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы ҳәм Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Өзбекистан Республикасы Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитетиниң жумысын буннан былай да жетилистириў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.
Қабыл етилген ҳүжжетлерде Өзбекистан Республикасы Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети жумысының тийкарғы ўазыйпалары ҳәм бағдарлары етип төмендегилер белгиленди:
жерден ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў, картография ҳәм геодезия жумысы бойынша бирден-бир мәмлекетлик сиясаттың әмелге асырылыўын тәмийинлеў;
жерден ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм оны қорғаў үстинен системалы мәмлекетлик қадағалаўды ҳәм нызам ҳүжжетлерине сөзсиз әмел етилиўи бойынша мәмлекетлик геодезия қадағалаўын әмелге асырыў;
топырақтың өнимдарлығын арттырыў, жерлерден ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм оны қорғаў бойынша мәмлекетлик бағдарламаларды ислеп шығыў және әмелге асырыў;
жер дүзиў, жерден пайдаланыў, топырақтың өнимдарлығын арттырыў салаларындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары бойынша усыныслар таярлаў, жер ресурсларынан пайдаланыў және жерден пайдаланыў перспективалары менен схемаларын болжаўда ҳәм режелестириўде қатнасыў;
ушыўшысы жоқ аппаратлардан пайдаланған ҳалда аўыл хожалығы жерлерин, аўыл хожалығы егинлерин ҳәм оларды тәрбиялаўды мониторинг етиў, геодезиялық мағлыўматлардан ҳәм картографиялық материаллардан пайдаланған ҳалда жасалма жер жолдасы навигация системасының ислеўин тәмийинлеў ҳәм басқалар.
Қабыл етилген ҳүжжетте Топырақтаныў ҳәм агрохимия илимий-изертлеў институтын Өзбекистан аўыл хожалығы илимий-өндирислик орайы қурамынан Өзбекистан Республикасы Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети қурамына өткериў нәзерде тутылған.
Бул өз гезегинде комитетке жүкленген ўазыйпалар менен тапсырмаларды өз ўақтында ҳәм сапалы орынлаў имканиятын жаратады, институт пенен бирге ислесиўде илимий-изертлеўлер өткериў арқалы, биринши гезекте топырақтың қурамы ҳәм арнаўлы илимий лабораторияларда топырақтағы барлық процесслерди үйрениў арқалы суўғарылатуғын жерлердиң өнимдарлығы ҳәм олардың балл-бонитети анықланады.
Мәмлекетлик кадастрларды жүргизиўди шөлкемлестириў дәрежесин арттырыў мақсетинде Өзбекистан Республикасы Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети баслығының орынбасары лаўазымы енгизилди. Ол мәмлекетлик кадастрлар саласын муўапықластырыў, системаға алдынғы мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў ҳәм халықаралық қатнасықларды раўажландырыў жумысларына жуўапкер етип белгиленди.
Өзбекистан Республикасы Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитетине, оның аймақлық бөлимлерине бар штатларға қосымша түрде 937 инженер-жер дүзиўшилер штат бирлиги, соннан 92 проценти комитеттиң районлық бөлимлерине берилмекте.
Қабыл етилген Өзбекистан Республикасы Президентиниң қарарында комитет системасының шөлкемлестириўшилик структурасы, комитеттиң орайлық аппаратының структурасы, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы жер ресурслары ҳәм мәмлекетлик кадастр басқармалары, районлық (қалалық) жер ресурслары ҳәм мәмлекетлик кадастр бөлимлериниң үлги структурасы ҳәм хызметкерлердиң шекленген улыўма саны тастыйықланды.
Сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасы Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитетиниң жумысын нәтийжели шөлкемлестириў, салаға алдыңғы илим-техника жетискенликлерин енгизиў, материаллық-техникалық базасын жаңалаў, тармаққа халықаралық грантларды тартыў илажлары бағдарламасы тастыйықланған.
Комитет ҳәм оның аймақлық бөлимлериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў мақсетинде районлық (қалалық) ер ресурслары ҳәм мәмлекетлик кадастр бөлимлериниң хызмет автомашиналары, орынлардағы қәнигелерди заманагөй өлшеў әсбаплары, хызмет бөлмелери менен тәмийинлеў белгиленген.
Жер ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыўды ҳәм нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўин қадағалаўды тәмийинлеў сыяқлы тийкарғы ўазыйпаларды орынлаў ушын комитет ҳәм оның аймақлық уйымлары өзлериниң ўәкилликлери шеңберинде судларға берилетуғын даўа арзалары бойынша мәмлекетлик бажы төлеўден азат етилмекте.
Усы пәрман ҳәм қарардың әмелге асырылыўы:
бириншиден, республикамыздың жер ресурсларынан пайдаланыўдың нәтийжелилигин ҳәм аўыл хожалығы жерлериниң өнимдарлығын арттырыў;
екиншиден, аўыл хожалығы жерлеринен, әсиресе, суўғарылатуғын жерлерден басқа да мақсетлерде пайдаланыўдың алдын алыў бойынша қатаң қадағалаў орнатыў, сондай-ақ, республикалық жер фонды есап-санағын жүргизиўди системаластырыў;
үшиншиден, заманагөй жоқары технологиялы техникалық қуралларды ҳәм мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў;
төртиншиден, Өзбекистан Республикасы Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети ҳәм оның аймақлық бөлимлериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, сала қәнигелерине жүкленген ўазыйпаларды өз ўақтында ҳәм сапалы орынлаў ушын қолайлы шараятлар жаратыў имканиятын береди.