Өзбекистан Республикасы Президентиниң қарары
Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 1-апрельдеги «Денсаўлықты сақлаў тараўында жеке меншик секторды буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында» ғы ПҚ-2863-санлы қарарына муўапық, денсаўлықты сақлаўдың жеке меншик секторын және де раўажландырыў бойынша жеке меншик медицина шөлкемлериниң жумысы ушын қолайлы шараятлар жаратыў, олардың жумысын тәртипке салыў ҳәм лицензиялаў системасын жетилистириў, көрсетилип атырған хызметлердиң көлемин ҳәм түрлерин арттырыўды хошаметлеўге қаратылған кең көлемли жумыслар әмелге асырылды.
Өткен дәўир ишинде денсаўлықты сақлаўдың жеке меншик секторы тәрепинен көрсетилип атырған медициналық хызметлердиң түрлери 50 ден 126 ға көбейди. Стоматология ҳәм косметология шөлкемлеринен тысқары жеке меншик медицина шөлкемлери 2022-жылдың 1-январына шекем барлық түрдеги салықлар және мәжбүрий ажыратпалар, сондай-ақ, алып келинетуғын жаңа медициналық әсбап-үскенелер, комплектлеўши буйымлар, олардың аўысық бөлеклери ҳәм зәрүр материаллар ушын бажыхана төлемлерин төлеўден азат етилди.
Аўыллық жерлерде медициналық хызметлер көрсетиў тараўында жаңадан шөлкемлестирилетуғын микрофирмалар ҳәм киши кәрханалар мәмлекетлик дизимге алынған күннен баслап 10 жыл мүддетке бирден-бир салық төлемин төлеўден азат етилиўи аўылларда ҳәм узақ районларда жеке меншик медицинаны жедел раўажландырыў имканиятын берди.
Нәтийжеде жеке меншик медицина мәкемелериниң саны 440 қа көбейип, олардың улыўма саны 4 мыңға жетти.
Соның менен бирге, мәмлекетлик медицина мәкемелериниң айырым функцияларын денсаўлықты сақлаўдың жеке меншик секторына өткериў, усы тараўда мәмлекетлик-жеке меншик шерикшилигин раўажландырыў, сондай-ақ, республикада ҳәм шет елде медицина кадрларының маманлығын арттырыў, медицина шөлкемлерин аккредитациялаў системасын енгизиў мәселелери әҳмийетли болып қалмақта.
Денсаўлықты сақлаўдың жеке меншик секторын раўажландырыўды буннан былай да хошаметлеў, кадрларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў ушын шараятларды жақсылаў, сондай-ақ, көрсетилип атырған медициналық хызметлердиң көлемин және де кеңейтиў, жеке меншик медицина тараўына инвестицияларды тартыў мақсетинде:
- Өзбекистан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги (Шодмонов) ҳәм Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги (Қўчқоров)ниң мәмлекетлик медицина шөлкемлериниң функцияларын мәмлекетлик-жеке меншик шерикшилиги тийкарында исбилерменлик субъектлерине өткериў бойынша илажларды басқышпа-басқыш әмелге асырыў:
жәрдемши бөлимшелердиң (азық-аўқат блоклары, кир жуўыў бөлмелери ҳәм басқалар) жумысын тәмийинлеў;
дизими Өзбекистан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен анықланатуғын айырым медициналық хызметлерди көрсетиў бойынша усыныслары мақуллансын.
- 2018-2019-жылларда аймақларда жеке меншик медицина шөлкемлерин шөлкемлестириў ҳәм жумысын кеңейтиў бойынша параметрлер қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери:
бир ҳәптелик мүддетте 2018-2019-жылларда жеке меншик медицина шөлкемлерин шөлкемлестириў ҳәм жумысын кеңейтиў бойынша жойбарлардың мәнзилли дизими (кейинги орынларда мәнзилли дизим деп аталады) ҳәм оның «жол картасы»н усы қарардың қосымшасына муўапық тастыйықласын.
Өзбекистан Республикасы Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша Мәмлекетлик комитети менен биргеликте мәнзилли дизим жойбарлары басламашыларына олар белгиленген тәртипте зәрүр ҳүжжетлерди усынғанда қурылысты әмелге асырыў ушын жер майданларын ажыратсын;
Өзбекистан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте, бурынғысынан өзгеше тәризде, мәнзилли дизим жойбарлары басламашыларына мәмлекетлик мүлкиндеги пайдаланылмай турған объектлерди «ноль»лик сатып алыў баҳасында сатсын.
- Өзбекистан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Өзбекистан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги ҳәм «AKFA M3DL8N3» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң:
Ташкент қаласында Корея Республикасының жетекши жоқары медициналық билим бериў мәкемелеринен бириниң жумысын шөлкемлестириў;
Корея Республикасының медициналық орайлары ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелери менен биргеликте «AKFA MEDLINE» ЖШЖ жеке меншик клиникасы негизинде жеке меншик медицина мәкемелерин раўажландырыў ҳәм жергиликли медицина кадрларының маманлығын арттырыў Орайын шөлкемлестириў;
Корея Республикасының алдынғы клиникалары ҳәм медицина орайларының диагностика, емлеў, сервис ҳәм менеджмент мәселелери бойынша медициналық хызмет көрсетиў бағдарындағы тәжирийбесин үйрениў ҳәм елимиздиң медицинасына енгизиў ушын олар менен бирге ислесиўди жолға қойыў;
«AKFA MEDLINE» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң аймақлық филиалларын шөлкемлестириў бойынша усыныслары мақуллансын.
- Өзбекистан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги (Юсупалиев) Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги (Набиев) ҳәм «AKFA MEDLINE» ЖШЖ (Нигманов) менен биргеликте бар ай мүддетте усы қарардың 4-бәнтинде нәзерде тутылған усынысларды әмелге асырыў бойынша бағдарлама жойбарын (Жол картасын) Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине тастыйықлаў ушын киргизсин.
- 2018-жыл 1-январьдан баслап, мүлкшилик түрине қарамастан, медицина шөлкемлеринде ислейтуғын шыпакер-пенсионерлерге пенсия толық муғдарда төленетуғыны белгиленсин.
- «Асака» акционерлик-коммерциялық банки (Муллажонов) Өзбекистан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги (Юсупалиев) менен биргеликте бир ай мүддетте «Асака» акционерлик-коммерциялық банки жанындағы мәмлекетлик емес медицина мәкемелерин раўажландырыў қоры қаржыларының төмендеги қәрежетлер дәрежесин нәзерде тутатуғын пайдаланыў тәртибин тастыйықласын;
бес процент – жоқары маманлықтағы шет ел қәнигелерин тартыўға ҳәм жеке меншик медицина шөлкемлери шыпакерлерин шет еллерге маманлығын арттырыў ушын жибериўге;
тоқсан бес процент – жеке меншик медицина шөлкемлерин заманагөй медициналық әсбеп-үскенелер менен тәмийинлеўге.
- Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети бир ай мүддетте республиканың ҳәр бир аймағы ушын 1 миллион АҚШ доллары муғдарында ресурслар көлемин нәзерде тутқан ҳалда, «Асака» акционерлик-коммерциялық банки жанындағы мәмлекетлик емес медцина мәкемелерин раўажландырыў қорының 14 миллион АҚШ доллары муғдарындағы қаржыларын қәлиплестириў дәреклерин анықласын.
- Өзбекистан Республикасы коммерциялық банклерине жаңадан шөлкемлестирилип ҳәм жумысын кеңейтип атырған жеке меншик медицина шөлкемлерин, соның ишинде, мәнзилли дизимде нәзерде тутылған жеке меншик медицина мәкемелерин қоллап-қуўатлаў мақсетинде олар заманагөй медициналық әсбап-үскенелерди сатып алыўы, сондай-ақ, қәнигелердиң маманлығын арттырыў ҳәм шет елден жоқары маманлықтағы қәнигелерди тартыўды шөлкемлестириўи ушын белгиленген тәртипте жеңилликли кредитлер бериў усыныс етилсин.
- Өзбекистан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги (Юсупалиев):
а) еки ай мүддетте:
жеке меншик медицина шөлкемлериниң қәнигелерин қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў ушын шет елге жибериў, сондай-ақ, шет елден жоқары маманлықтағы қәнигелерди тартыў тәртибин;
Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги (Ҳайдаров) менен биргеликте мәмлекетлик медицина шөлкемлери тәрепинен көрсетилетуғын хызмет түрлерин исбилерменлик субъетлерине бериў тәртибин;
Өзбекистан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги (Набиев) менен биргеликте жетекши жеке меншик медицина шөлкемлериниң инфраструктурасын шәртнама тийкарында медициналық кәсип-өнер колледжлери ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелериниң студентлери, маманлығын арттырып атырған әмелиятшы шыпакерлер ушын оқыў базасы сыпатында пайдаланыў тәртибин тастыйықласын ҳәм 2018-2019-оқыў жылынан баслап енгизсин;
б) мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте үш ай мүддетте:
медицина шөлкемлери жумысының ашық-айдынлығын тәмийинлеў ҳәм көрсетилип атырған медициналық хызметлердиң сапасын арттырыў мақсетинде медицина шөлкемлерин аккредитациядан өткериў системасын басқышпа-басқыш енгизиў концепциясын;
ҳуқықый тәртипке салыў механизмлерин, тийисли инфраструктураға ийе болған заманагөй медицина комплекслерин қурыўды, қарыйдарлардың елимизде болған дәўиринде оларға шөлкемлестириўшилик-мәсләҳәт жәрдемин берген ҳалда елимизге кириў ҳәм шығыўдың әпиўайыластырылған тәртибин нәзерде тутатуғын медициналық туризмди раўажландырыў концепциясын;
жеке меншик медицина шөлкемлериниң мәлимлеме системаларын «Денсаўлықты сақлаў» мәлимлеме системалары комплексине ҳәм соңын ала Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталына интеграциялаў бойынша усынысларды ислеп шықсын ҳәм Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин;
в) мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте үш ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи Р.Касимовқа ҳәм Өзбекистан Республикасы Бас министриниң орынбасары Қ.Акмаловқа жүкленсин.
Өзбекистан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2017-жыл 29-декабрь
***
Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Жеке меншик медицина шөлкемлерин буннан былай да раўажландырыў бойынша қосымша шараятларды жаратыў ҳаққында»ғы
қарарына ТҮСИНИК
Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Жеке меншик медицина шөлкемлерин буннан былай да раўажландырыў бойынша қосымша шараятларды жаратыў ҳаққында»ғы қарары денсаўлықты сақлаўдың жеке меншик секторын раўажландырыўды ҳәр тәреплеме мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаған ҳалда буннан былай да хошаметлеў, кадрларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў ушын шараятларды жақсылаў, көрсетилип атырған медициналық жәрдем көлемлерин кеңейтиў, жеке меншик медицина саласына шет ел инвестицияларын және де тартыў мақсетинде қабыл етилди.
Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 1-апрельдеги «Денсаўлықты сақлаў тараўында жеке меншик секторды буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында» ғы ПҚ-2863-санлы қарарына муўапық, денсаўлықты сақлаў системасының жеке меншик секторын және де раўажландырыў бойынша жеке меншик медицина шөлкемлериниң жумысы ушын қолайлы шараятлар жаратыў, олардың жумысын тәртипке салыў ҳәм лицензиялаў системасын жетилистириў, денсаўлықты сақлаўдың жеке меншик секторында көрсетилип атырған хызметлердиң көлемин ҳәм түрлерин арттырыўды нәзерде тутатуғын кең көлемли жумыслар әмелге асырылды.
Өткен дәўир ишинде денсаўлықты сақлаўдың жеке меншик секторы тәрепинен көрсетилип атырған медициналық хызметлердиң түрлери кеңейди, олардың саны 50 ден 126 ға шекем артты. Жеке меншик медицина шөлкемлери стоматология ҳәм косметология хызметлеринен тысқары, 2022-жылдың 1-январына шекем барлық түрдеги салықлар және мәжбүрий ажыратпалар төлеўден, алып келинетуғын жаңа медициналық әсбап-үскенелер, комплектлеўши буйымлар, олардың аўысық бөлеклери ҳәм материаллары ушын бажыхана төлемлеринен азат етилген.
Аўыллық жерлерде медициналық хызмет көрсетиў тараўында жаңадан шөлкемлестирилетуғын микрофирмалар менен киши кәрханалардың мәмлекетлик дизимге алынған күннен баслап 10 жыл мүддетке бирден-бир салық төлеминен азат етилиўи аўылларда ҳәм узақ районларда жеке меншик медицинаны раўажландырыўды тезлетиў имканиятын бергенлигин атап өтиў зәрүр.
Нәтийжеде жеке меншик медицина мәкемелериниң саны 440 қа көбейип, олардың улыўма саны 4 мыңнан асты. Еки мыңнан аслам жаңа жумыс орны жаратылды.
Соның менен бирге, оларды қаржылай қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик медицина мәкемелериниң айырым функцияларын денсаўлықты сақлаўдың жеке меншик секторына бериў имканиятларын көрип шығыў денсаўлықты сақлаў тараўында медициналық туризмди ҳәм мәмлекетлик-жеке меншик шерикшилигин раўажландырыў, медицина кадрларының маманлығын республикада ҳәм шет елде арттырыў, жеке меншик денсаўлықты сақлаў секторын бирден-бир мәлимлеме-коммуникация системасына интеграциялаў, сондай-ақ, медицина шөлкемлерин аккредитациялаў системасын енгизиў мәселелери әҳмийетли болып қалмақта.
Әне усы мәселелерди шешиў мақсетинде Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Жеке меншик медицина шөлкемлерин буннан былай да раўажландырыў бойынша қосымша шараятларды жаратыў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.
Қарардың үлкен әҳмийетке ийе екенлиги соның менен тастыйықланады, онда мәмлекетлик медицина шөлкемлериниң жәрдемши бөлимшелерин (азық-аўқат блоклары, кир жуўыў бөлмелери, медициналық шығындыларды жоқ етиў ҳәм т.б.) жеке меншик сектор ўәкиллерине бериў арқалы мәмлекетлик-жеке меншик шерикшилигин раўажландырыў бойынша илажларды басқышпа-басқыш әмелге асырыў нәзерде тутылған. Буннан тысқары, жеке меншик медицина шөлкемлерине шәртнама тийкарында мәмлекетлик медицина шөлкемлериниң айырым бир медициналық хызмет түрлери (лаборатория, гемодиализ, стерилизация ҳәм басқалар) де өткериледи. Олардың дизими Өзбекистан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен белгиленеди.
Қарар менен 2018-2019-жылларда жеке меншик медицина шөлкемлерин шөлкемлестириў ҳәм жумысын кеңейтиў бойынша жойбарлардың медициналық қәнигелесиў түрлери, қаржыландырыў дәреклери ҳәм көлемлери көрсетилген мәнзилли дизими тастыйықланған.
Қойылған мәселелердиң әҳмийетли болғанлығы себепли, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлерине Өзбекистан Республикасы Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша Мәмлекетлик комитети менен биргеликте мәнзилли дизим жойбарлары басламашылары зәрүр ҳүжжетлерди усынғанда қурылысты әмелге асырыў ушын белгиленген тәртипте жер майданларын ажыратыў, Өзбекистан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша Мәмлекетлик комитети ҳәм Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен биргеликте, бурынғысынан өзгеше тәризде, мәнзилли дизим жойбарлары басламашыларына мәмлекетлик мүлкиндеги пайдаланылмай турған объектлерди «ноль»лик баҳада сатып алыўға бериў бойынша ўазыйпаларды шешиў тапсырылған.
Қарардың әҳмийетлилиги мыналар арқалы және бир мәрте көзге тасланады, онда Өзбекистан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги ҳәм «AKFA MEDLINE» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң Ташкент қаласында Корея Республикасының жетекши жоқары медициналық билим бериў мәкемелеринен бириниң жумысын, Корея Республикасының медицина орайлары ҳәм жоқары билимендириў мәкемелери менен биргеликте «AKFA MEDLINE» ЖШЖ жеке меншик клиникасы негизинде жеке меншик медицина мәкемелерин раўажландырыў ҳәм жергиликли медицина кадрларының маманлығын арттырыў Орайын шөлкемлестириў ҳаққындағы ҳәм Корея Республикасының алдынғы клиникалары ҳәм медициналық орайлары менен, олардың диагностика, емлеў, сервис ҳәм менеджмент мәселелери бойынша медициналық хызмет көрсетиўдеги тәжирийбесин үйрениў ҳәм жергиликли медицинаға енгизиў ҳәм «AKFA MEDLINE» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң аймақлық филиалларын шөлкемлестириў ҳаққындағы усыныслары мақулланбақта.
Билдирилген усынысларды турмысқа енгизиў мақсетинде оларды әмелге асырыў бойынша бир ай мүддетте «жол картасы»н таярлаў ҳәм тастыйықлаў ушын Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизиў бойынша ўазыйпа тапсырылған.
Аўыллардағы ҳәм узақ районлардағы шыпакерлериң тәмийинленгенлигин жақсылаў мақсетинде қарарда медициналық шөлкемлерде мийнет етип атырған шыпакер-пенсионерлерге пенсияны толық муғдарда төлеў нәзерде тутылғанлығын атап өтиў зәрүр.
Қарарда жеке меншик медицина шөлкемлерин қаржылай қоллап-қуўатлаўға айрықша әҳмийет берилген. Атап айтқанда, «Асака» акционерлик-коммерциялық банки жанында шөлкемлестирилген мәмлекетлик емес медицина шөлкемлерин раўажландырыў қорына ҳәр бир аймақ ушын көлеми 1 миллион АҚШ доллары муғдарында болған гезектеги 14 миллион АҚШ доллары көлеминде транш кредит қаржыларын ажыратыў нәзерде тутылған.
Онда мәмлекетлик емес медицина шөлкемлерин раўажландырыў қорының қаржылары жоқары маманлықтағы шет ел қәнигелерин тартыўға, жеке меншик медицина шөлкемлериндеги шыпакерлердиң маманлығын арттырыў ушын шет еллерге жибериўге ҳәм мәмлекетлик емес медицина шөлкемлерин заманагөй медициналық әсбап-үскенелер менен тәмийинлеўге қаратылады.
Соның менен бирге, Өзбекистан Республикасының коммерциялық банклерине жеке меншик медицина шөлкемлерин шөлкемлестириў ҳәм жумысын кеңейтиў ушын жеңилликли кредитлер бериў усыныс етилген.
Қарарда медицина кадрларының маманлығын арттырыўға ҳәм қайта таярлаўға үлкен итибар берилген. Усы мақсетте Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигине еки ай мүддетте «Асака» акционерлик-коммерциялық банки жанында шөлкемлестирилген мәмлекетлик емес медицина шөлкемлерин раўажландырыў қоры қаржылары есабынан жеке меншик медицина шөлкемлериниң қәнигелерин қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў ушын шет елге жибериў тәртибин тастыйықлаў бойынша тапсырма берилген.
Сондай-ақ, қарарда жетекши жеке меншик медицина шөлкемлериниң кадрлар ҳәм материаллық-техникалық потенциалынан ақылға уғрас пайдаланыў мәселесине де айрықша итибар берилген. Бул бойынша Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигине Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен биргеликте шәртнама тийкарында жеке меншик медицина мәкемелеринен медициналық кәсип-өнер колледжлери ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелериниң студентлери, маманлығын арттырып атырған әмелиятшы шыпакерлер ушын оқыў базасы сыпатында пайдаланыўды нәзерде тутатуғын тәртипти ислеп шығып, тастыйықлаў ҳәм оны 2018-2019-оқыў жылынан баслап енгизиў бойынша ўазыйпа жүкленген.
Қарар менен Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигине мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте үш ай мүддетте медициналық хызметлердиң сапасын арттырыў ҳәм медицина шөлкемлери жумысының ашық-айдынлығын тәмийинлеў мақсетинде медицина шөлкемлерин аккредитациядан өткериў системасын басқышпа-басқыш енгизиў концепциясын ҳәм медициналық туризмди буннан былай да раўажландырыў, шет ел пуқараларының медициналық хызмет алыў ушын республикаға кириўи ушын қолайлы шараятларды жаратыў бойынша усынысларды ислеп шығыў ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизиў тапсырылды.
Денсаўлықты сақлаўдың жеке меншик секторын буннан былай да раўажландырыў оның ресупбликамыздағы денсаўлықты сақлаў системасында дәслепки медициналық-санитария жәрдеми ҳәм қәнигелестирилген медициналық жәрдем көрсетиўдеги салмағын сөзсиз арттырады. Бул болса, өз гезегинде, исенимли статистикалық мағлыўматларды қәлиплестириў ушын бирден-бир мәлимлеме-коммуникация технологияларына болған талапты келтирип шығарады. Денсаўлықты сақлаўдың мәмлекетлик ҳәм жеке меншик секторлары арасындағы избе-изликти тәмийинлеў мақсетинде Денсаўлықты сақлаў министрлигине мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте жеке меншик медицина шөлкемлериниң мәлимлеме системаларын «Денсаўлықты сақлаў» комплексли мәлимлеме системасына жалғаў, келешекте болса оларды Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталына интеграциялаў бойынша усынысларды таярлаў ўазыйпасы тапсырылды.
Улыўма, усы қарардың әмелге асырылыўы денсаўлықты сақлаўдың жеке меншик секторын жедел раўажландырыў имканиятын береди. Ол болса, өз гезегинде, халықтың жоқары маманлықтағы медициналық жәрдемнен пайдаланыў имканиятларын және де арттырады.