Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Ағартыўшы жадидлердиң Ўатанымыз ҳәм дүнья тарийхындағы тийкарғы орны менен әҳмийетин, миллий ғәрезсизлигимиздиң руўхый тийкарларын жаратыўдағы пидайылықларын, үлгили өмири ҳәм жумысын, бай илимий-дөретиўшилик мийрасын тереңнен үйрениў ҳәм жедел үгит-нәсиятлаў ҳәм олардың естелигин мәңгилестириў бағдарындағы жумысларды және де кеңейтиў, сондай-ақ, 2023-жыл 22-декабрь күни өткерилген Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық кеңесиниң кеңейтилген мәжилисинде алға қойылған басламаларды әмелге асырыў мақсетинде:
- Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры (кейинги орынларда – Қор), Мәдений мийрас агентлиги ҳәм Бухара ўәлаяты ҳәкимлигиниң Бухара қаласындағы тарийхый орын – Хожа Гулрез көшеси 13-жай мәнзилинде жайласқан Ҳовли Поён комплесинде Жадидлер мийрасы мәмлекетлик музейин (кейинги орынларда – Музей) шөлкемлнестириў ҳаққында усынысы мақуллансын.
- Төмендегилер Музей жумысының тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
жадидшилик ҳәрекетине тийисли мәмлекетимиз ҳәм сырт елдеги түрли дәреклер ҳәм тарийхый ҳүжжетлерди анықлаў, топлаў, сақлаў, үйрениў, тиклеў, нусқалаў, жәриялаў, солар тийкарында Музей фондын байытып барыў ҳәм экспозицияларды жаратыў, сондай-ақ, мәдений-ағартыўшылық ҳәм илимий-изертлеў жумысын әмелге асырыў;
ағартыўшы жадидлердиң Ўатанымыз ҳәм дүнья тарийхындагы тийкарғы орны менен әҳмийетин, миллий ғәрезсизлигимиздиң руўхый тийкарларын жаратыўдағы үлеси ҳәм пидайылықларын қалыс сәўлелендириў, халық, әсиресе, жаслардың арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў;
музей экспозицияларын жаратыўда заманагөй мәлимлеме технологияларынан кеңнен пайдаланыў, халықаралық бирге ислесиўди жолға қойыў ҳәм беккемлеў.
- Музей Қор системасына киретуғынлығы ҳәм Музей жумысы оның имаратында қурылыс-монтажлаў жумыслары жуўмақланғаннан соң басланатуғыны;
Музей имаратын толық оңлаў, үскенелеў ҳәм аймағын абаданластырыў, Музей экспозициясын жаратыў менен байланыслы қәрежетлер қосымшаға муўапық ажыратылатуғын дәреклер есабынан қапланатуғыны;
Музейди сақлаў қәрежетлери – Бухара ўәлаяты жергиликли бюджети қаржылары, Музейдиң өз дәраматлары ҳәм нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа дәреклер есабынан қапланатуғыны;
Музейге штат бирликлерин ажыратыў ҳәм хызметлерге мийнет ҳақы төлеў Мәдений мийрас агентлиги системасындағы музейлер ушын белгиленген тәртипке муўапық әмелге асырылатуғыны белгиленсин.
- Қор:
а) Мәдений мийрас агентлиги ҳәм Әдиллик министрлиги менен биргеликте Музей уставын тастыйықлаў, мәмлекетлик дизимнен өткериў ҳәм маман қәнигелер менен толықтырыў, Музейдиң жумысына жәрдемлесиў бойынша тийисли илажлар көрсин;
б) Илимлер академиясы, Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, “Өзархив” агентлиги, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги, Мәдений мийрас агентлиги, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы, Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы, Репрессия қурбанлары естелиги мәмлекетлик музейи менен биргеликте:
Музейди жадидлик ҳәрекетине тийисли музей буйымлары ҳәм коллекциялары менен толықтырып барыўды шөлкемлестирсин;
усы мақсетте жадидлик ҳәрекетине тийисли сийрек ушырасатуғын китап, қол жазба, архив ҳүжжетлери ҳәм басқа материалларды анықлаў бойынша терең фундаментал ҳәм әмелий изертлеўлер алып барылыўын жолға қойсын, сондай-ақ, анықланған материалларды оңлаў ҳәм санластырыў илажларын көрсин;
в) бир ай мүддетте Музей жумысын нәтийжели шөлкемлестириў, сондай-ақ, Музей имаратын оңлаў, үскенелеў ҳәм аймағын абаданластырыў, Музей экспозициясын жаратыў менен байланыслы жумысларды жеделлестириў бойынша Министрлер Кабинетиниң тийисли қарарының жойбарын белгиленген тәртипте киргизсин.
- Мәдений мийрас агентлиги “Миллий мийрасқа мениң үлесим” улыўмахалықлық акциясы шеңберинде халықтан жадидлик ҳәрекетине байланыслы материаллар, буйымлар, сийрек ушырасатуғын сүўретлердиң Музей ушын сатып алынып барылыўын тәмийинленсин.
- Сыртқы ислер министрине Музейге сырт мәмлекетлердеги түрли архив, музей, китапхана ҳәм басқа илимий-ағартыўшылық мәкемелер ҳәм тийисли қәнигелер менен бирге ислесиўди жолға қойыўға жәрдемлессин.
- Музейди шөлкемлестириў ушын белгиленген тәртипте қәлиплестирилетуғын дизимлер бойынша импорт етилетуғын музей буйымлары ҳәм коллекциялары, китап ҳәм қол жазбалар, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасында ислеп шығарылмайтуғын қурылыс материаллары, әсбап-үскенелер, комплектлеўши буйымлар, үскенелер, аўысық бөлеклер, металл конструкциялар, мебель ҳәм инвентарлар 2025-жыл 1-январьға шекем бажыхана бажысынан азат етилсин.
- Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы ҳәм басқа ғалаба хабар қуралларына Музейдиң жумысын кеңнен сәўлелендирип барыў усыныс етилсин.
- Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры баслығы Г.О.Умерова ҳәм Бухара ўәлаяты ҳәкими Б.К.Зарипов белгиленсин.
Қарардың орынланыўын додалап барыў, жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2024-жыл 30-май