Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

Жәҳән мәлимлеме мәканы глобалласыўының күшейиўи ғалаба хабар қураллары тараўында дүньяда жүз берип атырған ўақыяларға тез ҳәм сәйкес түрде мүнәсибет билдириў, Өзбекстанда әмелге асырылып атырған демократиялық қайта өзгерислер ҳаққында республика халқын, дүнья жәмийетшилигин өз ўақтында ҳәм объектив хабардар етиў системасын жетилистириў мәселеси ең әҳмийетли ўазыйпалардан бирине айланып бармақта.

Ғалаба хабар қуралларының раўажланыўы, мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес күнделикли басылымлар, телерадиостудиялар, редакция-полигафия комплекслериниң муғдары ҳәм сапа жағынан өсиўи, пуқаралық жәмийети институтлары, реклама агентликлери, мәлимлеме хызметлери, медиа коммуникация, интернет журналистикасының қәлиплесиўи бәсекиге шыдамлы, жаңаша шараятларда ислей алатуғын журналист кадрларды таярлаў зәрүрлигин талап етпекте.

Жәмийетлик турмыста демократиялық принциплерди беккемлеўде ғалаба хабар қураллары әҳмийетли ҳәм тәсиршең фактор болып есапланады. Бул бағдарда шын мәнистеги миллий журналистика мектебин қәлиплестириў, атап айтқанда, мәмлекетлик емес ғалаба хабар қуралларын, мәлимлеме ҳәм Интернет тармағындағы талқылаўшы сайтларды қоллап-қуўатлаўға итибар қаратыў айрықша әҳмийетке ийе болып табылады.

Бүгинги күнде елимизде 1500 ден аслам ғалаба хабар қураллары жумыс алып бармақта. Олардың бәрине жоқары маманлықтағы кадрлар зәрүр. Бирақ елимизде бундай кең көлемли ўазыйпаны шешетуғын таяныш жоқары билимлендириў мәкемеси жоқ.

Ҳәрекетлер стратегиясын «Жедел исбилерменликти, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, ҳәзирги тез өзгерип атырған глобалласыў дәўиринде журналистиканың өзине тән өзгешеликлери, тарийхый раўажланыўы, бүгинги жағдайы ҳәм келешегине байланыслы мәселелерди терең үйрениў, бул бағдарда алып барылып атырған илимий-изертлеў ҳәм дөретиўшилик жумыслардың нәтийжелигин тәмийинлеў және усы тараў ушын маман кадрлар таярлаўдың сапасын түп-тийкарынан арттырыў мақсетинде:

1. Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги системасында Өзбекстан журналистика ҳәм ғалаба коммуникациялар университети (кейинги орынларда Университет деп аталады) шөлкемлестирилсин.

2. Университет ғалаба хабар қураллары тараўы ушын журналист кадрлар, соның ишинде, жоқары маманлықтағы, бир нешше шет тиллерин жетик билетуғын халықаралық журналистлерди және илимий-педагог кадрларды таярлаў, илимий-изертлеў жумысларын алып барыў, республикада медиабилимлендириў системасын жаратыў, тараў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў, бул бағдарларда илимий ҳәм оқыў-методикалық материалларды ислеп шығыў бойынша таяныш жоқары билимлендириў мәкемеси болып табылатуғыны белгилеп қойылсын.

3. Төмендегилер Университеттиң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

Журналистика тараўын, оның өзине тән өзгешеликлерин, илимий-теориялық, философиялық-эстетикалық тийкарларын, заманагөй медиатехнологияларды терең өзлестирген, жоқары маманлықтағы журналист кадрларды миллий ҳәм халықаралық стандартлар дәрежесинде сапалы таярлаўды тәмийинлеў;

елимиздиң ғалаба коммуникация ҳәм журналистика тараўында ерискен жетискенликлерин, шет еллердеги билимлендириў мәкемелериниң тәжирийбесин ҳәм аймақларда жумыс алып барып атырған ғалаба хабар қуралларының талаплары менен зәрүрликлерин есапқа алған ҳалда, тийисли бағдарлар және қәнигеликлер бойынша оқыў-методикалық әдебиятларды жаратыў, сондай-ақ, оқыў процесине заманагөй мәлимлеме технологияларын ҳәм аралықтан оқытыў усылларын енгизиў;

журналистика тараўы билимлендириўин раўажландырыўдың илимий-методикалық ўазыйпаларын шешиў, алдынғы шет ел технологияларын енгизиўге бағдарланған илимий-изертлеўлерди әмелге асырыў ҳәм талантлы студент-жасларды илимий жумыс пенен шуғылланыўға кеңнен тартыў;

оқыў ҳәм илимий жойбарларды әмелге асырыў, билимлендириў ҳәм илимий изеленислер процесине қәнигелерди кеңнен  тартыў мақсетинде педагогика тараўындағы жетекши республика ҳәм шет елдеги жоқары билимлендириў мәкемелери және илимий орайлары менен бирге ислесиў байланысларын раўажландырыў;

перспективалы жас питкериўшилерди шет елдеги жоқары билимлендириў мәкемелериниң ҳәм илимий орайларының магистратурасында ҳәм докторантурасында билим алыў ушын турақлы жибериў арқалы университеттиң илимий-педагогикалық потенциалын арттырып барыў;

республика ғалаба хабар қуралларының қәнигелерин қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў, илимий-методикалық базасын қәлиплестириў ҳәм оқыў-методикалық басшылықты әмелге асырыў.

4. Төмендегилер:

Өзбекстан журналистика ҳәм ғалаба коммуникациялар университетиниң структурасы 1-қосымшаға муўапық;

2018-2021-жылларда Өзбекстан журналистика ҳәм ғалаба коммуникациялар университетин раўажландырыўдың илажлар бағдарламасы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрине, зәрүр жағдайларда, Университет структурасына жоқары билимлендириў мәкемеси ушын белгиленген нормативлерге муўапық хызметкерлердиң улыўма шекленген саны шеңберинде өзгерислер киргизиў ҳуқықы берилсин.

5. 2018/2019 оқыў жылында Өзбекстан журналистика ҳәм ғалаба коммуникациялар университетинде бакалаврлар ҳәм магистрлер таярлаў бойынша қабыллаў квоталары 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң усынысы тийкарында Университеттиң тийисли билимлендириў бағдарлары бойынша абитуриентлерди жоқары билимлендириў мәкемесине оқыўға қабыллаў кириў тест сынақлары менен бир қатарда олардың кәсиплик уқыбын анықлаўға қаратылған кәсиплик (дөретиўшилик) имтихан (жазба ҳәм сәўбет тәризинде) өткериў арқалы әмелге асырылатуғыны;

2018/2019 оқыў жылынан баслап Мырза Улығбек атындағы Өзбекстан миллий университети ҳәм Өзбекстан мәмлекетлик жәҳән тиллери университетинде «Журналистика (жумыс түрлери бойынша)» билимлендириў бағдары ҳәм оның негизиндеги магистратура қәнигеликлери, соның ишинде, «Жоқары журналистика курслары» бойынша қабыллаў тоқтатылатуғыны және бул билимлендириў бағдары ҳәм оның негизиндеги тийисли магистратура қәнигеликлери бойынша билим алып атырған студентлер оқыўын питкергенге шекем усы жоқары билимлендириў мәкемелеринде оқыўын даўам еттиретуғыны;

2019-2020 оқыў жылынан баслап Университетке студентлерди балалавриат билимлендириў бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлери бойынша қабыл етиў саны ҳәр жылы белгиленген тәртипте тастыйықланатуғын республикалық жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў квоталарынан келип шыққан ҳалда белгиленетуғыны атап өтилсин.

6. Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги кадрлар буйыртпашыларының зәрүрликлерин үйренип шығып, Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў бойынша мәмлекетлик комиссияға Университеттиң сыртқы билимлендириў түри бойынша қабыллаў квоталарын қәлиплестириў бойынша бир ай мүддетте усыныс киргизсин.

Сыртқы билимлендириў түри бойынша қабыллаў квоталары 2018/2019 оқыў жылында Университет бакалавриат билимлендириў бағдарлары ушын белгиленген қабыллаў квоталарының отыз процентине шекем болған муғдарда белгиленетуғыны атап өтилсин.

7. Университет ушын бир оқытыўшының есабына туўра келетуғын студентлер саны қатнасының шекленген нормативи 1:6,0 қатнаста орнатылатуғыны ҳәм Университет профессор-оқытыўшыларының базалық лаўазымлық айлықлары муғдарына отыз процент үстеме қосып есапланатуғыны белгиленсин.

8. Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги:

бир ай мүддетте Университет уставының мәмлекетлик дизимнен өткерилиў илажларын көрсин;

2018-жыл 15-июньге шекем Университеттиң бөлимлерин, факультетлерин ҳәм кафедраларын қәлиплестириўди, тастыйықланған структураға муўапық профессор-оқытыўшылардың қурамын жоқары маманлықтағы, билимлендириў системасында заманагөй билимлерге, сондай-ақ, әмелий жумыс тәжирийбесине ийе қәнигелер менен толықтырыўды, профессор-оқытыўшылардың кәсиплик маманлығын ҳәм дәрежесин үзиликсиз арттырыў ушын шараятлар жаратылыўын, оқыў процесине жоқары маманлықтағы шет елли илимпазлар, профессор-оқытыўшылар ҳәм қәнигелер кеңнен тартылыўын тәмийинлесин.

2018-жыл 15-июльге шекем журналистика тараўында кадрлар таярлаўға байланыслы алдынғы шет ел тәжирийбеси тийкарында оқыў режелери ҳәм пән бағдарламалары, оқыў-методикалық материаллар ҳәм қолланбалар ислеп шығылыўын ҳәм кафедраларға жеткерилиўин тәмийинлесин;

мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте студентлердиң кәсиплик әмелиятларын белгиленген тәртипте миллий, сондай-ақ, алдынғы шет ел ғалаба хабар қураллары базасында шөлкемлестириў илажларын көрсин;

Университеттиң дәслепки жумысын нәтийжели шөлкемлестириў мақсетинде оның имаратларын ҳәм объектлерин ағымдағы оңлаў ҳәм үскенелеў (мебельлер, компьютер техникасы, оқыў әдебиятлары ҳәм басқа да материаллық-техникалық қураллар) ушын Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң жоқары билимлендириў мәкемелерин раўажландырыў қоры қаржыларының есабынан пайдалансын.

9. Университет кадрлар буйыртпашыларының дизими ҳәм оларға бириктирилетуғын студентлер саны 4-қосымшаға және бакалавриат билимлендириў бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлериниң әмелият өтеў объектлерине бириктирилиўи 5-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

10. Төмендегилер Университетте жоқары маманлықтағы кадрлар таярлаў бойынша кадрлар буйыртпашыларының тьийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

кәрхана ҳәм шөлкемлердиң объектлеринде студентлердиң әмелиятын шөлкемлестириў ҳәм «устаз-шәкирт» системасы тийкарында өткерилиўин тәмийинлеў және студентлерди өндиристиң жаңа нормативлик ҳүжжетлери, заманагөй мәлимлеме бағдарламалық тәмийинат өнимлери менен жақыннан таныстырыў;

өндирислик кәрхана ҳәм шөлкемлерден тайынланған маманлық әмелият басшыларына тийкарғы жумыс орынларынан қосымша мийнет ҳақыларын тайынлаў;

мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволардың қарамағындағы басқармалар ҳәм олардың қурамындағы кәрхана ҳәм шөлкемлерден маман, тәжирийбели қәнигелердиң билимлендириў процесинде қатнасыўын тәмийинлеў;

кәрхана ҳәм шөлкемлерде профессор-оқытыўшылардың стажировкалары ушын шараятлар және кафедралардың филиалларын шөлкемлестириў ҳәм әмелий шынығыўлар өтиў имканиятын жаратыў. Кадрлар буйыртпашылары студент пенен оқыўды питкергеннен кейин 5 жыл жумыс ислеп бериў миннетлемесин белгилейтуғын шәртнама дүзиў арқалы оның базалық төлем контрактын 2-басқышта кеминде 50 процент, 3-басқышта кеминде 75 процент ҳәм 4-басқышта 100 процент муғдарында төлеп бериўи мүмкин екенлиги атап өтилсин.

11. Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Сыртқы ислер министрлиги жанындағы Қәнигелерди шет елде таярлаў ҳәм жерлеслер менен сөйлесиў орайы мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте Университеттиң профессор-оқытыўшыларын ҳәм илимий хызметкерлерин шет елдеги жоқары билимлендириў мәкемелерине ҳәм илимий орайларға маманлығын арттырыўға ҳәм докторантураға жибериўди, студентлердиң кәсиплик әмелият өтеўин турақлы шөлкемлестирсин.

12. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Жоқары аттестация комиссиясы және Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң Университетте журналистика тараўы бойынша илимий дәрежелер беретуғын Илимий кеңес ашыў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.

13. Төмендегилер Университет жумысын қаржыландырыў дәреклери етип белгиленсин:

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет қаржылары;

төлем-контракт тийкарында оқытыўдан түсетуғын қаржылар;

хожалық жумысынан ҳәм шәртнамалар тийкарында хызметлер көрсетиўден түсетуғын түсимлер;

физикалық ҳәм юридикалық шахслардың қайырқомлық қәўендерликлери;

халықаралық қаржы шөлкемлериниң грантлары;

нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер.

14. Ташкент қаласы ҳәкимлиги және Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң Ташкент қаласы, Юнусобод районы, Марказ-5, 88-жайда жайласқан Юнусобод дизайн кәсип-өнер колледжиниң имаратларын ҳәм объектлерин тийисли аймағы менен бирге Университетке оператив басқарыў ҳуқықы тийкарында бийпул бериў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.

Юнусобод дизайн кәсип-өнер колледжиниң оқыўшылары оқыўды питкергенге шекем Университет имаратларында оқыў процесин даўам еттиретуғыны белгилеп қойылсын.

15. Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги бир ай мүддетте:

Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте Университетти онлайн баянат және аралықтан оқытыў ушын телекоммуникация үскенелери ҳәм инфраструктурасы менен тәмийинлеў, сондай-ақ, Интернет және электрон билимлендириў миллий тармағына жалғаў илажларын көриў бойынша илажлар режесин ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын;

Экономика министрлиги, Қаржы министрлиги ҳәм Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте Университеттиң имаратларын ҳәм объектлерин қурыў, реконструкциялаў, ири оңлаў және үскенелеў жумысларын 2019-жыл ҳәм кейинги жылларға мөлшерленген Өзбекстан Республикасының раўажландырыў мәмлекетлик бағдарламалары шеңберинде әмелге асырылыўы бойынша тийкарланған усыныслар ислеп шықсын.

16. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги:

Университетти сақлаў қәрежетлерин 2018-жылы социаллық тараў бойынша тастыйықланған бюджет параметрлери шеңберинде ажыратыўды, 2019-жылдан баслап болса Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде нәзерде тутсын;

Университетке 2, соның ишинде, 1 хызмет ҳәм 1 арнаўлы жеңил автотранспорт қуралын сақлаў ушын лимит ажыратсын.

17. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети:

бир ай мүддетте Өзбекстан журналистика ҳәм ғалаба коммуникациялар университети Қәўендерлик кеңесиниң қурамын тастыйықласын;

 Университеттиң материаллық-техникалық базасын жаратыў, соның ишинде, студентлердиң жатақханасын қурыў ҳәм үскенелеў, киши баспахана ҳәм оқыў телестудиясы жумысын жолға қойыў бойынша зәрүр илажлар көрсин.

18. Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

19. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи Р.С.Қосимовқа, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Қ.В.Акмаловқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри И.У.Маджитовқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 24-май