Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Мәмлекетлеримиз арасындағы көп тәреплемели ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўди ҳәр тәреплеме раўажландырыў, дипломатиялық, саўда-экономикалық, инвестициялық, илимий-техникалық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы байланысларды кеңейтиўге қосып атырған үлкен үлеси, мәмлекетимиз экономикасына инвестицияларды тартыў, нәтийжели инновациялық жойбарлар ҳәм биргеликтеги бағдарламаларды әмелге асырыў, республикамыздағы кең көлемли реформалар ҳәм демократиялық өзгерислерди, Өзбекстан тәрепинен әмелге асырылып атырған глобал ҳәм регионаллық басламаларды белсене қоллап-қуўатлаў бағдарындағы айрықша хызметлери, сондай-ақ, халықларымыз арасындағы дослық ҳәм тилеклеслик байланысларын беккемлеў жолындағы үлгили жумысы ушын төмендегилер «Дўстлик» ордени менен сыйлықлансын:

Гуржий Степан Леонидович – Россия Федерациясы «Лукойл» акционерлик жәмийетиниң Орайлық Азия, Жақын Шығыс ҳәм Арқа Африка бойынша вице-президенти

Мухаммад Абунайян – Саудия Арабстаны Патшалығы «ACWA Power» компаниясының басқарма баслығы

Мухаммад Жамил Ал-Рамахий – Бирлескен Араб Әмирликлери «Masdar» компаниясы бас атқарыўшы директоры

Жемил Казанжи – Түркия Республикасы «Aksa Energy» компаниясының басқарма кеңеси баслығы

Мехмет Женгиз – Түркия Республикасы «Cengiz Holding» компаниясынң тийкарын салыўшысы

Шандор Чаньн – Венгрия Республикасының «OTP Bank» басқарма баслығы

Сейфоллах Гасеми – Америка Қурама Штатларының «Air Products» компаниясы басқарма баслығы

Пэрис Муратоглу – Франция Республикасының «Total Eren» компаниясы басқарма баслығы

Өзбекстан Республикасы

Президенти                             Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2023-жыл 25-август