Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Исбилерменлердиң машқала ҳәм усынысларын тиккелей үйрениў, исбилерменликти келешекте раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын белгилеп алыў бойынша ҳәр жылы өткерилетуғын Өзбекстан Республикасы Президентиниң исбилерменлер менен ашық сөйлесиўди (кейинги орынларда- ашық сөйлесиў) жоқары дәрежеде шөлкемлестириў мақсетинде:
1.Төмендегилер:
Өзбекстан Республикасы Президентиниң исбилерменлер менен ашық сөйлесиўин шөлкемлестириў бойынша республикалық комиссиясы (кейинги орынларда- Республикалық комиссиясы) 1-қосымшаға муўапық қурамда;
аймақларда исбилерменлер машқалаларын үйрениў ҳәм шешиў бойынша жумысшы топарлар (кейинги орынларда-аймақлық жумысшы топарлар) 2-қосымшаға муўапық үлги қурамында дүзилсин.
- Республикалық комиссияның тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленсин:
ашық сөйлесиўди жоқары дәрежеде өткериў менен байланыслы шөлкемлестирилген илажларды жедел ҳәм сапалы әмелге асырыў, бул бағдарда эксперт топарлары, аймақлық жумысшы топарлар, жуўапкер министрлик ҳәм уйымлар хызметин муўапықластырыў;
исбилерменлер мүрәжатлары ҳәм усынысларын ҳәр күни қабыллаў ҳәм улыўмаластырыў, системалы машқалаларды анықлаў ҳәм оларды сапластырыў бойынша усыныслар келип шығыў, сондай-ақ, исбилерменлердиң өз алдына мәселелерин орынларда оперативлик пенен шешиўди шөлкемлестириў;
аймақларда исбилерменлер менен сөйлесиў ҳәптеликлерин шөлкемлестириў, ашық сөйлесиў өткериў орны ҳәм мүддети бойынша усыныслар ҳәм қатнасыўшылар дизимин қәлиплестириў ҳәм Исбилерменлер күнин кеңнен белгилеў бойынша илажлар белгилеў.
- Республикалық комиссия (Ж. Қўчқоров, Ж. Ходжаев):
а) ҳәр жылы 15-июньға шекем:
ашық сөйлесиў шеңберинде исбилерменлер мүрәжатларын ҳәр күни қабыллаў ҳәм улыўмаластырыў бойынша жуўапкер минстрлик ҳәм уйымлар хызметкерлеринен ибарат Республикалық штаб сондай-ақ, аймаклық жумысшы топарлар ҳәм 3-косымшаға муўапық бағдарлар бойынша эксперт топарларды шөлкемлестирсин;
Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменликти қоллап-куўатлаў бойынша жамийетлик кеңес (кейинги орынларда Жамийетлик кеңеси), министрлик ҳәм уйымлар басшылары потенциаллы инвестор ҳәм исбилерменлер катнасыўында баспасөз әнжуманлары, дөгерек сәўбетлери, сойлесиў ҳәптеликлерин шөлкемлестириў, инфографика ҳәм видеороликлер таярлаў бойынша медиарежени тастыйыкласын;
б) ҳәр жылы 15-июньға шекем ашық сөйлесиў өткериў орны, мүддети әмелге асырылыўы керек болған илажлар бойынша усынысларды Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына киргизсин.
Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Өзбекстан миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан миллий телерадиокомпаниясы, Саўда Санаат палатасы медиарежеге тийкар ашық сөйлесиў шеңберинде әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм олардың нәтийжелерин ғалаба хабар қураллары, интернет ҳәм социаллық тармақларда кеңнен сәўлелендирип барыў жумысларын шөлкемлестирсин.
- Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық ҳәр жылы 15-июьннен баслап ашық сөйлесиў өткерилгенге шекем:
а) Республикалық штаб (Д. Вахобов.):
арнаўлы электрон платформалар, Саўда санаат палатасы жанындағы Call орай хызмети, социаллық тармақлар ҳәм көшпели қабыллаў арқалы исбилерменлердиң мүрәжатларын ҳәр күни қабыллаўды шөлкемлестиреди;
ҳәр күни исбилерменлер мүрәжатларын эксперт топарлары аймаклық жумысшы топарларға жибереди ҳәм мүрәжатларды көрип шығыў нәтийжелери ҳаққында топланған мағлыўматларды Республикалық комиссияға усынып барады;
ҳәр ҳәпте исбилерменлер мүрәжатлары тийкарында анықланған системалы машқалаларды Жамийетлик кеңесинде додалап, олардың шешимлери бойынша усынысларын Өзбекстан Респрубликасы Президенти Администрациясы ҳәм Республикалық комиссиясына киргизип барады.
б) эксперт топарлары исбилерменлер мүрәжатлары тийкарында анықланған системалы машқалаларды таллап, ҳәр ҳәпте олардың шешими бойынша усынысларды Республикалық штабқа киргизип барады;
в) аймақлық жумысшы топарлар:
ҳәр күни исбилерменлерден келип түскен индивидуал өзгешеликке ийе мәселелер орында шешим табыўын тәмийинлейди;
ҳәр ҳәпте бириктирилген аймақтың ҳәр бир районы (қаласы) на шыққан ҳалда, исбилерменлер менен көшпели қабыллаўлар шөлкемлестириледи, анықланған системалы машқалалар ҳәм олардың шешими бойынша усынысларды Республикалық штабқа киргизип барады.
Республикалық комиссиясы (Ж. Қўчқоров, Ж Ходжаев) Республикалық штаб, эксперт топарлары ҳәм аймақлық жумысшы топарлар жумысына жуўапкерсизлик пенен мүнәсибетте болған хызметкерлерге тийисли интизамий шаралар көрилиўин тәмийинлесин.
- Саўда-санаат палатасы (Д.Ваҳобов):
а) Исбилерменлердиң ҳуқықларын қорғаў бойынша ўәкил ҳәм Санлы технологиялар министрлиги менен биргеликте еки ҳәпте мүддетте ашық сөйлесиў шеңберинде мүрәжатларды қабыллаў, улыўмаластырыў ҳәм қадағалаў, сондай-ақ, ашық сөйлесиў нәтийжелери, қабыл етилген нызамшылық ҳүжжетлерин жайластырып барыў имканиятын бериўши «Исбилерменлер ушын ашық сөйлесиў» электрон платформасын (кейинги орынларда- электрон платформа) иске қоссын;
б) Қарақалпақстан Республикасы Министрлик Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қала ҳәкимликлери менен биргеликте:
ҳәр жылы 15-июньға шекем Республикалық штаб, эксперт топарлары ҳәм аймақлық жумысшы топарларды жайластырыў ҳәм оларды керекли техникалық үскенелер менен тәмийинлеў мәселесин шешсин;
ҳәр жылы 1-августқа шекем «Белсенди исбилермен» көкирек белгисине бизнестеги табыслары ҳәм социаллық белсендилиги менен үлги болып атырған исбилерменлер арасынан талабанлар дизимин орнатылған тәртипте Өзбекстан Ресрубликасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик сыйлықлары ҳәм геральдика бойынша комиссияға киргизсин.
- Исбилерменлердиң ҳуқықларын қорғаў бойынша ўәкил (Д. Қосимов) Саўда санаат палатасы (Д. Ваҳобов) пенен биргеликте бир ай мүддетте электрон платформаға «Исбилермен виртуал офиси» мәлимлеме порталын интеграцияласын, турақлы түрде ашық сөйлесиў шеңберинде келип түскен мүрәжатлар өз ўақтында ҳәм сапалы көрип шығылўын қадағаласын ҳәм нызам бузылыў жағдайлары бойынша тәсиршең илажлар көрип барсын.
- Республикалық комиссиясы (Ж. Қўчқоров, Ж. Ходжаев) ҳәр жылы ашық сөйлесиў өткерилгеннен соң үш күн мүддетте Өзбекстан Республикасы Президентиниң исбилерменлер менен ашық сөйлесиўде белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў бойынша қарар жойбарын Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң исбилерменлер менен ашық сөйлесиўин шөлкемлестириў схемасы 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң исбилерменлер менен 2024-жылғы ашық сөйлесиўи Қарақалпақстан Республикасында өткерилиўи мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Бас министриниң орынбасары Ж.А. Ходжаев Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги, Сртқы ислер министрлиги, Саўда-санаат палатасы, мәпдар министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте:
Қарақалпақстан Республикасында 2024-жылы август айында халықаралық бизнес форум шөлкемлестирилиўи, Өзбекстан Республикасының сырт мәмлекетлердеги елшилер менен биргеликте потенциаллы инсвесторларды кеңнен тартып, келисимлер әмелге асырылыўын тәмийинлесин;
Усы жылдың ақырына шекем Өзбекстан Республикасының сырт мәмлекетлердеги елшилер менен биргеликте «Қарақалпақстанда бизнес ислең» бағдарламасы шеңберинде ири сырт ел ислеп шығарыўшы компанияларының брендлерин кеңнен тартыў илажларын көрсин.
- Министрлик Кабинети, Экономика ҳәм қаржы министлиги ҳәм Саўда-санаат палатасының 2024-жылда ашық сөйлесиў ҳәм халықаралық бизнес форумды шөлкемлестириў менен байланыслы қәрежетлерди Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң тийкарланған есап-санақлары тийкарында Саўдаға жәрдемлесиў қоры, Министрлер Кабинетиниң резерв қоры ҳәм Саўда-санаат палатасы қаржылары есабынан қаржыландырыў ҳаққындағы усынысы қоллап-қуўатлансын.
- Бул қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Бас министрдың орынбасарлары Ж.А. Қўчқоров, Ж.А. Ходжаев, Исбилерменлердиң ҳуқықларын қорғаў бойынша ўәкил Д.С. Қосимов ҳәм Саўда-санаат палатасының баслығы Д.А. Ваҳобов белгиленсин.
Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлар жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н. Ариповқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш. МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2024-жыл 30-май,
ПҚ-200-сан