Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Халықтың турмыс дәрежесин арттырыўға қаратылған илажлардың избе-излигин тәмийинлеў, базар принциплери тийкарында социаллық қорғаўға мүтәж халықты қоллап-қуўатлаў ҳәм пенсия және напақалар муғдарларының рәсмий белгиленген ең аз тутыныў қәрежетлеринен аз болмаўын тәмийинлеў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым пәрманларына қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
  2. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2024-жыл 30-апрель