Өзбекстан Республикасы Президентиниң

п ә р м а н ы

Сыртқы экономикалық жумыс тараўында мәмлекетлик хызметлердиң ашық-айдынлығын ҳәм олардан еркин пайдаланыў имканиятын, елдиң экономикалық мәплерин есапқа ала отырып, экспорт-импорт операцияларының өз-ара теңсалмақлылығын тәмийинлеў исбилерменлик жумысын жедел раўажландырыў, инвестиция менен экспорттың потенциалын арттырыў, халықтың жасаў жағдайын және сапасын жақсылаўдың ең әҳмийетли шәртлери болып есапланады.

Соның менен бирге, бажыхана қадағалаўының ҳәм рәсмийлестириўиниң қурамалы тәртип-қағыйдалары ҳәм узақ мүддетлери, бажыхана уйымлары хызметкерлери арасындағы коррупциялық  ҳуқықбузарлық ҳәм хызмет ўәкилликлерин пайдаланыў жағдайларының сақланып атырғаны реформалардың толық әмелге асырылыўына тосқынлық етпекте.

Буннан тысқары, сыртқы саўда операцияларын мониторинг етиў тараўында ведомстволараралық ҳәм халықаралық бирге ислесиўдиң төмен шөлкемлестирилгенлиги контрабанда ҳәм контрафакт өнимлерди алып кириўдиң алдын алыў ўазыйпаларын нәтийжели орынлаў, бажыхана төлемлерин төлеўден бас тартыў схемаларын анықлаў имканиятын бермей атыр.

Улыўма тән алынған халықаралық нормалар менен стандартлар тийкарында бажыхана уйымларының жумысын ҳәм бажыхана ҳәкимшилигин түп-тийкарынан жетилистириў, исбилерменликти ҳәм туризмди белсене және жедел раўажландырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде:

  1. Талан-тараж етиў, лаўазым ўәкиллигинен пайдаланыў ҳәм басқа да жынаятларды ислегени ушын бажыхана уйымларының лаўазымлы шахсларына байланыслы прокуратура уйымлары тәрепинен жынаят ислери қозғалғанлығы ҳәм тергеў алып барылып атырғаны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Төмендегилер Өзбекстан Республикасы бажыхана уйымларын реформалаўдың әҳмийетли бағдарлары болып есаплансын:

бириншиден, бажыхана уйымларының барлық дәрежедеги структураларының ўазыйпалары менен функцияларын анық белгилеў және бөлистириў, сондай-ақ, бажыхана уйымларының орайлық ҳәм аймақлық мәкемелериниң нәтийжели жумыс ислеўин шөлкемлестириўде тараўлық структуралардың муўапықластырыўшы ролин ҳәм методикалық жәрдемин күшейтиў;

екиншиден, бажыхана уйымлары системасында коррупция көринислерине аяўсыз көзқарасты қәлиплестириў, халықтың исенимин беккемлеў ҳәм мәмлекетлик бажыхана хызметиниң абыройын арттырыў, хызметкерлерди социаллық қорғаў ҳәм материаллық хошаметлеў механизмлерин жетилистириў;

үшиншиден, Жоқары әскерий бажыхана институтының жумысын, жоқары профессионал көнликпеге, руўхый әдеп-икрамлылық қәсийетлерге ҳәм Ўатан тәғдирине жуўапкершилик сезимине ийе болған кадрларды таярлаў, таңлаў және орны-орнына қойыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў;

төртиншиден, товарларды нызамсыз алып кириўдиң тийкарғы түрлери ҳәм усыллары және бажыхана төлемлерин төлеўден бас тартыў схемалары ҳаққындағы мағлыўматларды анықлаў, үйрениў және улыўмаластырыў арқалы бажыхана төлемлериниң өз ўақтында ҳәм толық төлениўин тәмийинлеў, бюджеттиң дәрамат бөлегин арттырыў;

бесиншиден, «жалпы» бажыхана қадағалаўын өткериўден ҳәр тәреплеме талқылаў тийкарында бажыхана қадағалаўы объектлерин анықлаў, сондай-ақ, сыртқы экономикалық жумыстың қатнасыўшылары ушын ҳәкимшилик тосқынлықларды азайтыў имканиятын беретуғын қәўипти басқарыў системасына өтиў;

алтыншыдан, бажыхана қадағалаўын әмелге асырыўдың заманагөй түрлерин, усылларын ҳәм техникалық қуралларын енгизиў есабынан Мәмлекетлик шегара өткериў пунктлеринде бажыхана тәртип-қағыйдаларын әмелге асырыўдың даўамлылығын қысқартыў;

жетиншиден, бажыхана уйымларының барлық қурамлық структураларының жумысын ҳәм ведомстволараралық мәлимлеме алмасыў нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын кеңнен енгизиў;

сегизиншиден, шет мәмлекетлердиң бажыхана уйымлары ҳәм халықаралық шөлкемлер менен бирге ислесиўин буннан былай да кеңейтиў, бажыхана иси тараўында алдынғы тәжирийбени, халықаралық нормалар ҳәм стандартларды системалы үйрениў ҳәм енгизиў.

  1. Төмендегилерди нәзерде тутатуғын Мәмлекетлик бажыхана хызмети уйымларының жумысын жетилистириў бойынша илажлар бағдарламасы (кейинги орынларда Бағдарлама деп жүргизиледи) қосымшаға муўапық тастыйықлансын:

бажыхана уйымларының жумысын жетилистириў бойынша инститтуционаллық өзгерислер, олардың ўазыйпалары менен функцияларын оптималластырыў;

бажыхана уйымлары жумысының ашық-айдынлығын тәмийинлеў;

бажыхана қадағалаўының нәтийжелилигин арттырыў ҳәм бажыхана тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў бойынша илажларды әмелге асырыў;

нәтийжели ведомстволараралық бирге ислесиўди тәмийинлеў;

кадрларды таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў, бажыхана уйымларының хызметкерлерин социаллық қорғаў системасын буннан былай да жетилистириў.

Министрликлер ҳәм ведомстволар, биринши гезекте Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң басшылары Бағдарламада нәзерде тутылған илажлардың өз ўақтында ҳәм нәтийжели әмелге асырылыўы ушын жеке өзи жуўапкер екенлиги белгиленсин.

  1. 2018-жыл 1-июльден баслап усындай тәртип белгиленсин, оған муўапық:

товарларды бажыхана режимлерине жайластырыўда, сондай-ақ, шет елли автотасыўшылардың Өзбекстан Республикасы аймағы бойлап ҳәрекет етиў маршрутларын өзгертиўге бажыхана уйымлары тәрепинен берилетуғын руқсатнамалар бийкар етиледи;

бир сыртқы саўда шәртнамасы (контракты) шеңберинде тек бир түрдеги товарлардың бажыхана рәсмийлестириўи (физикалық қәсийети, сапасы, ислеп шығарыўшысы, сыртқы экономикалық жумыстың товар номенклатура коды бойынша) күнделикли декларацияларды усыныў арқалы әмелге асырылады;

тек бир түрдеги товарларға бир сыртқы саўда шәртнамасы (контракты) шеңберинде карантин руқсатнамалар, өсимликлер ҳәм ҳайўанатлар дүньясы объектлерин, озон қатламын бузатуғын элементлерди ҳәм олардан пайда болған өнимлерди алып кириў және алып шығыў ушын руқсатнамалар, муўапықлық сертификаты, ветеринариялық, гигиениялық ҳәм экологиялық сертификатлар бир календарь жылынан артпаған мүддетке бир мәрте бериледи;

бажы алынбайтуғын саўда дүканы, еркин қоймахана ҳәм бажыхана қоймаханасы жумысын лицензиялаў орайластырылған тәртипте Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң орайлық аппараты тәрепинен әмелге асырылады;

сыртқы экономикалық жумыс қатнасыўшылары бажыхана брокерлерине мүрәжат етпей бажыхана жүк декларацияларын Интернет тармағы арқалы реал ўақыт режиминде толтырыў ҳәм бажыхана уйымларына усыныў ҳуқықына ийе;

импорт товарлары әмелде Өзбекстан Республикасының бажыхана аймағына жетип келиўинен бурын, соның ишинде, товарларды тиккелей шегара өткериў пунктлеринде еркин айланысқа шығарыў арқалы инсаплы сыртқы экономикалық жумыс қатнасыўшыларын хошаметлеў мақсетинде усы товарларды дәслепки декларациялаў әмелияты енгизиледи;

бажыхана уйымлары салық уйымлары ҳәм Бас прокуратура жанындағы Салық, валютаға байланыслы жынаятларға ҳәм жынайый жумыстан алынған дәраматларды легалластырыўға қарсы гүресиў департаменти уйымлары менен биргеликте устав капиталында мәмлекетлик үлеси болған мәмлекетлик кәрханалар және шөлкемлер тәрепинен импорт етилип атырған товарлардың баҳасын арттырып көрсетиў жағдайлары бойынша турақлы түрде мониторинг өткереди;

бажыхана қоймаханаларында үш жылдан артық сақланып киятырған мүлклер бажыхана уйымлары тәрепинен услап қалынады ҳәм олар үш ай даўамында талап етип алынбаған жағдайларда суд қарары тийкарында мәмлекет пайдасына өндириледи, кейин ала белгиленген тәртипте Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы тәрепинен сатылады ямаса жоқ етиледи;

бажыхана уйымлары исбилерменлик субъектлери тәрепинен усынылған мағлыўматлардың дурыслығын ҳәм олардың сыртқы саўда жумысының нызамлылығын тексериў мақсетинде товарлар және транспорт қураллары еркин айланысқа шығарылғаннан соң олардың бажыхана қадағалаўын әмелге асырады;

бажыхана уйымлары тәрепинен жетекши халықаралық шөлкемлердиң методы тийкарында турақлы түрде товарлар бажыхана рәсмийлестириўиниң орташа ўақты системалы үйренип барылады, олардың нәтийжелери жәрияланады, сондай-ақ, усы тараўдағы көрсеткишлерди избе-из жақсылаў бойынша тәсиршең илажлар әмелге асырылады.

  1. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана комитети системасында штат бирликлериниң улыўма саны шеңберинде төмендегилер шөклемлестирилсин:

а) Бажыхана ҳәкимшилигиниң алдынғы ҳәм инновациялық усылларын енгизиў басқармасы, оның тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленсин:

Пүткил жер жүзилик саўда шөкеми, Пүткил жер жүзилик бажыхана шөлкеми ҳәм басқа да халықаралық шөлкемлердиң стандартларын және усынысларын талқылаған ҳалда бажыхана жумысын раўажландырыўдың ҳәм жетилистириўдиң тийкарғы бағдарларын ислеп шығыў;

бажыхана нызамшылығын ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелиятын буннан былай да жетилистириў және ҳуқықый нормаларды еркин, субъектив және таңлаў тийкарында талқылаў жағдайларын киргизбеў бойынша усыныслар таярлаў;

бажыхана тараўында ҳуқықбузарлықларды ислеў себеплери менен шараятларын системалы талқылаўды шөлкемлестирсин және оларды сапластырыў бойынша тәсиршең илажларды ислеп шықсын ҳәм әмелге асырыў;

мәмлекетлик хызметлер көрсетиў системасын түп-тийкарынан реформалаў, бажыхана уйымларының юридикалық ҳәм физикалық шахслар менен тиккелей сөйлеспей қатнас жасаў түрлерин енгизиў;

бажыхана жумысы және бажыхана уйымлары хызметкерлерин таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў тараўында алдынғы шет ел тәжирийбесин үйрениў, оларды Өзбекстан Республикасында енгизиў бойынша усыныслар таярлаў;

б) Қәўиплерди мониторинг етиў ҳәм баҳалаў басқармасы, оның тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленсин:

бажыхана уйымларында бажыхананың нызам ҳүжжетлери бузылыў қәўпи жоқары болған ҳәм сыртқы экономикалық жумыс қатнасыўшыларын қадағалаў ушын күш және қуралларды жәмлеўди нәзерде тутатуғын қәўипти басқарыўдың автоматластырылған системасын енгизиў;

қәўип жоқары болған, соның ишинде, дәслепки мағлыўматларды талқылаў ҳәм күтилмеген таңлаў тийкарында товар партияларын бажыхана қадағалаўы ушын мақсетли таңлап алыў методологиясын ислеп шығыў;

ҳүжданлы сыртқы экономикалық жумыс қатнасыўшыларын анықлаў, оларға байланыслы әпиўайыластырылған бажыхана тәртип-қағыйдаларын қолланыўдың тәртип ҳәм өлшемлерин ислеп шығыў;

қәўипти басқарыў системасы нәтийжели қолланылыўын турақлы мониторинг етсин, оны және де жетилистириў ҳәм үзликсиз ислеўин тәмийинлеў.

в) Сыртқы саўда операциялары ҳәм бажыхана статистикасы мониторинги басқармасы, оның тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленсин:

сыртқы саўда операцияларының мониторингин шөлкемлестириў, экспорт-импорт шәртнамаларының орынланыўын талқылаў, сондай-ақ, бажыхана уйымларына тийисли сыртқы саўда операциялары өткерилиўинде валюта нызамшылығына әмел етиў;

Өзбекстан Республикасының сыртқы саўдасын раўажландырыў тенденциялары, сондай-ақ, елимиздиң саўда шериклери болған еллер менен саўда-экономикалық байланыслар бойынша талқыланған мағлыўматлар таярлаў;

товарлардың сыртқы саўдасы бойынша бажыхана статистикасын жүргизиў, оларды қәлиплестириўдиң барлық басқышларында әдилликти тәмийинлеў бойынша илажларды әмелге асырыў;

сыртқы саўда тараўында статистикалық мағлыўматлардың дурыслығын тәмийинлеў ҳәм ҳуқықбузарлықтың белгилерин анықлаў мақсетинде шет елдиң бажыхана хызметлери менен мәлимлеме алмасыў.

  1. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана комитети:

2018-жыл 1-сентябрьге шекемги мүддетте товарлардың бажыхана қадағалаўын таңлаў тийкарында өткериўди нәзерде тутатуғын қәўипти басқарыўдың автоматластырылған системасы ислеп шығылыўын ҳәм енгизилиўин тәмийинлесин;

нызам ҳүжжетлери нормалары бирдей қолланылыўы, бажыхана тәртип-қағыйдаларының нәтийжелилиги, сыртқы экономикалық жумыс товарлар номенклатурасына муўапық товарларды дурыс классификациялаў, олардың бажыхана қунын дурыс анықлаўды мониторинг етиўди ҳәм баҳалаўды нәзерде тутатуғын бажыхана постлары жумысын қадағалаўдың тәсиршең системасын ислеп шықсын;

«Ислам Кәримов атындағы «Ташкент» халықаралық аэропорты» ҳәм «Ташкент-товар» бажыхана постларында бажыхананың тәртип-қағыйдаларын максимал дәрежеде әпиўайыластырыў, бажыхана төлемлериниң толық ҳәм өз ўақтында төлениўин тәмийинлеў, товарлардың нызамсыз импортын ҳәм контрабанданы анықлаўға қаратылған бажыхана ҳәкимшилигиниң заманагөй усылларын қолланыў бойынша дәслепки жойбарларды әмелге асырыў жумысларын тезлетсин және унамлы тәжирийбени басқа бажыхана постларында қолланыў;

материаллық хошаметлеўди ҳәм интизамлы жаза илажларын тең саламқлы қолланыў имканиятын беретуғын бажыхана постлары хызметкерлериниң жумыс нәтийжелилигин баҳалаў өлшемлерин ислеп шығыў ҳәм енгизиў.

  1. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана комитети баслығы:

жоқары профессионал шеберликке, минез-қулық ҳәм руўхый-ағартыўшылық қәсийетлерине ийе, ҳәр тәреплеме жетик ҳәм ўатандысүйиўши жасларды бажыхана уйымларына тартыўға бағдарланған кадрларды таңлаў ҳәм орны-орына қойыўдың принципиаллық жақтан жаңа системасын жаратыў;

хызметкерлердиң хызметке болған көзқарасын түп-тийкарынан өзгертиў, нызам бузыўшылықтың барлық көринислерине  аяўсыз көзқарас орталығын жаратыў, жәмәәтте саламат орталықты қәлиплестириў;

пидәкерлик пенен хызмет етип атырған хызметкерлерди ҳәр тәреплеме хошаметлеў, хызмет тәртибин және нызамшылық талапларын турпайы түрде бузған хызметкерлерди итизамлық ҳәм басқа да жуўапкершиликлерге тартыў бойынша илажлар көрсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети:

а) бир ай мүддетте төмендегилер бойынша комплексли илажлар ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын:

аймақларда «бир айна» принципи тийкарында бажыхана, банк, логистикалық, оператив-лаборотория, фитосанитарлық, ветеринариялық, санитария-эпидемиологиялық, экологиялық, сертификатластырыў, соның ишинде, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында басқа да хызметлер көрсететуғын заманагөй логистикалық орайларды шөлкемлестириў;

мәмлекетлик шегара арқалы өткериў пунктлериндеги шегара бажыхана постларын заманагөй инспекциялық-тексериў комплекслери ҳәм басқа да бажыхана қадағалаўының техникалық қураллары менен тәмийинлеў;

темир жол шегара бажыхана постларын мәмлекетлик шегарада темир жол составларының кесилисиў орынларына көшириў және сол жерлерде бажыхана ҳәм басқа түрдеги мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыў ушын зәрүр инфраструктураны шөлкемлестириў мәселесин үйрениў;

б) үш ай мүддетте мәмлекетлик шегара өткериў пунктлериниң имаратлар, қурылмалар ҳәм автомобиль өтиў пунктлериниң жағдайын үйрениў және анық мәмлекетлик уйымды белгилеў ҳәм оған төмендеги ўазыйпаларды жүклеў:

ағымдағы оңлаў, капитал қурылыс, техникалық қуралландырыўды әмелге асырыў, сондай-ақ, жақын аймақларды абаданластырыў;

жаңа өткериў пунктлерин қурыў;

мәмлекетлик шегара арқалы автомобиль өткериў пунктлерин басқышпа-басқыш балансқа қабыл етиў.

  1. 26-январь Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана хызмети хызметкерлериниң күни етип белгиленсин.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети еки ай мүддетте Өзбекстан Республикасының «Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана хызмети хызметкерлери күнин белгилеў ҳаққында»ғы Нызам жойбары белгиленген тәртипте ислеп шығылыўын ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасына киргизилиўин тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана комитети, Сыртқы саўда министрлиги, Қаржы министрлиги, Экономика министрлиги, мәпдар министрликлер ҳәм ведмстволар менен биргеликте 2018-жыл 1-ноябрьге шекемги мүддетте Өзбекстан Республикасы Бажыхана кодексиниң жаңа редакциядағы жойбарын төмендегилерге айрықша итибар қаратқан ҳалда ислеп шықсын:

бажыхана нызамшылығын либералластырыў, бажыхана тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў ҳәм ашық-айдынлығын тәмийинлеў, нормаларды қабыл етиўде ҳәмме ушын түсиникли ҳәм ҳәр түрлише талқылаў имканиятын киргизбеўге;

сыртқы экономикалық жумыс қатнасыўшылары тәрепинен бажыхана нызамшылығына әмел етиўдиң хошаметлеў механизмин жаратыўға;

Өзбекстан Республикасының халықаралық шәртнамалары нормаларын, улыўма тән алынған халықаралық ҳуқық принциплерин, халықаралық шөлкемлердиң усынысларын ҳәм стандартларын имплементациялаўға;

бажыхана ҳәкимшилиги тараўында раўажланған еллердиң тәжирийбесин, соның ишинде, тарифлерди тәртипке салыўды ҳәм бажыхана қадағалаўын шөлкемлестириўге.

  1. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана комитети мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте бир ай мүддетте:

бажыхана уйымларының жумысын буннан былай да жетилистириў бойынша шөлкемлестириўшилик илажларды нәзерде тутатуғын Өзбекстан Республикасы Президенти қарарының жойбарын;

нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққындағы усынысларды киргизсин.

  1. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Н.С.Отажановқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң баслығы М.Б.Азимовқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти  Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 12-апрель