Өзбекстан Республикасы Президентиниң

пәрманы

Республикада өндиристи кеңейтиў, мийўе-овощ өнимлерин сақлаў, қайта ислеў ҳәм экспорт етиўге қаратылған комплексли илажлар әмелге асырылмақта.

Мийўе-овощ жетистириўди интенсив раўажландырыўға бағдарланған жойбарларды әмелге асырыў ушын егислик жерлерди сезилерли дәрежеде кеңейтилди, мийўе-овощ өнимлерин сақлаў ҳәм қайта ислеў бойынша күшлер иске қосылды, қаржы ресурслары, соның ишинде, халықаралық қаржы институтларының қаржылары жедел түрде тартылмақта.

Соның менен бирге, шет ел мийўе-овощ өнимлери базарларындағы жоқары дәрежедеги бәсекилик агротехниканың және өндирис ҳәм өним жеткерип бериў процесслерин басқарыўдың заманагөй усылларын жедел түрде енгизиўди талап етпекте.

Бир қатар унамсыз факторлар елимиздиң агросанаат тараўындағы потенциалынан нәтийжели пайдаланыўға ҳәм оны раўажландырыўға тосынлық етпекте. Олардың қатарына төмендегилер киреди:

бириншиден, мийўе-овощ өнимлерин ислеп шығарыўшылар ҳәм таярлаўшылар арасында мийўе-овощ егинлери базарында өтимли егинлер ҳәм олардың түрлерин жайластырыў мәселелеринде өз-ара бирге ислесиўдиң базар механизмлеринен толық пайдаланбаў;

екиншиден, дүзилген шәртнамаларды өз ўақтында, сапалы, толық ямаса улыўма орынламаў сыяқлы ҳәрекетлерде көзге тасланатуғын киши аўыл хожалығы товарын ислеп шығарыўшылар тәрепинен шәртнама тәртибине әмел етиў дәрежесиниң төменлиги;

үшиншиден, аўыл хожалығы мийнетин механизацияластырыў, заманагөй интенсив, бәринен бурын, суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў, оларды сақлаў ҳәм транспортивкалаў, аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўшылардың еркин түрде сыртқы базарға шығыўы ушын қаржы ресурсларын топлаў ушын қолайлы имканиятлардың жоқлығы;

төртиншиден, аўыл хожалығы өнимин ислеп шығарыўшылардың базарларда өтимли болған жоқары өнимдарлыққа ийе  ҳәм сапалы сортлардың туқымы, нәли менен қанаатландырарлы түрде тәмийинленбегенлиги;

бесиншиден, аўыл хожалығы өнимин ислеп шығарыўшылардың реал талапларға жуўап бермейтуғын кадрлар таярлаў системасының төмен дәрежеси, соның ишинде, заманагөй билимлерге ийе орта ҳәм жоқары буўынның жоқары маман қәнигелерин таярлаў бойынша халықаралық бирге ислесиў жолға қойылмағанлығы;

алтыншыдан, логистика ҳәм транспорт инфраструктурасы раўажланбағанлығы өнимниң бир бөлегиниң набыт болыўына, сондай-ақ, жетистирилген өнимди арзан баҳаларда сатыў ҳәм нәтийжеде аўыл хожалығы өнимин ислеп шығарыўшылардың қанаатландырарсыз қаржы көрсеткишлерине себеп болмақта;

жетиншиден, түрли егинлер агротехнологияларының әҳмийетли мәселелери ҳәм оларды әмелиятқа енгизиў бойынша терең илимий изертлеўлердиң жоқлығы, илимий институтлар ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўшылар арасындағы өз-ара қатнасықлардың төмен дәрежеси.

Мийўе-овощ жетистириўди жедел ҳәм нәтийжели раўажландырыўды тәмийинлеў, жоқары сапалы ҳәм бәсекиге шыдамлы өним ислеп шығарыўды кеңейтиў, оны ири шет ел базарларына шығарыў, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпалардың избе-из орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде:

  1. Сурхандәрья ўәлаятында мийўе-овощ өнимлери тараўында аўыл хожалығы өндирисинде кластер усылын жаратыўды қоллап-қуўатлаў бойынша тәжирийбе жолға қойылғаны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм район ҳәкимликлери быйылғы аўыл хожалығы жылынан баслап:

мийўе-овощ өнимлерин ислеп шығарыўдан баслап сатыўға шекемги белгиленген процести еркин түрде әмелге асыратуғын бирден-бир ямаса өз-ара байланыслы кәрханалардың топары шеңберинде;

аўыл хожалығы өндирисшилерине аўыл хожалығы жумысларын шөлкемлестириў ушын егис материалын, аванс төлемлерин усынатуғын ҳәм олардан ислеп шығарылған өнимди келисилген баҳада сатып алатуғын аўыл хожалығы өндирисшилери, таярлаўшы кәрханалар, қайта ислеўшилер, экспорт етиўшилер арасында кепилленген шәртнамалар тийкарында «Туқым-нәл-өним жетистириў-таярлаў-сақлаў-қайта ислеў-транспортировкалаў-базарға жеткериў» принципи бойынша үзликсиз байланысты қәлиплестириўди нәзерде тутатуғын мийўе-овощ өнимлерин ислеп шығарыўды шөлкемлестириўдиң кластер усылын (кейинги орынларда мийўе-овощ кластерлери деп жүргизиледи)  кеңнен енгизиў бойынша илажларды қабыл етсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары З.Т.Мирзаев, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм районлардың ҳәкимлери тийисли тәртипте шигиттен босаған жерлерде аўыл хожалығы егинлерин егиўде:

логистика орайлары (мийўе-овощ өнимлерин сақлаў, дәслепки ямаса терең қайта ислеў бойынша қуўатлаўшылар, аўыл хожалығы техникасы), сондай-ақ, ишки ҳәм сыртқы базарда мийўе-овощ өнимлерин сатыў тәжирийбесине ийе;

заманагөй ыссыхана хожалықлары ҳәм интенсив бағлар жаратыў ҳәм олардан пайдаланыў тәжирийбесине ийе;

қосымша қунлар байланысы бойынша кластер усылында аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўды шөлкемлестириў ушын жеке ҳәм тартылған қаржы қәрежетлерине ийе;

мийўе-овощ өнимлерин жетистириў, қайта ислеў ҳәм сатыў,соның ишинде,экспорт етиўди шөлкемлестириў, заманагөй ресурсларды және суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ўазыйпаларын өзине жүклей алатуғын хожалық жүргизиўши субъектлерине (өз-ара байланыслы кәрханалар топарына) биринши гезекте жерден узақ мүддетли ижара шәртлеринде пайдаланыў ҳуқықын усынсын.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлардың ҳәкимликлери Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығы министрлиги менен биргеликте:

2018-жылы ҳәр бир аймақта 1-2 мийўе-овощ кластерлерин шөлкемлестирсин ҳәм 2019-жылдан баслап мийўе-овощ жетистириўге қәнигелескен барлық районларды аўыл хожалығы өндирисин шөлкемлестириўдиң кластер түрине тартсын;

мийўе-овощ кластерлерине ишки ҳәм сыртқы базардағы талап және топырақ-ықлым шараятларын есапқа алған халда аўыл хожалығы егинлерин егиў, өним жетистириў көлемин, олардың түрин белгилеў, сондай-ақ, фермер ҳәм дийқан хожалықлары менен олар тәрепинен таярланып атырған аўыл хожалығы өнимлерин сатып алыў бойынша шәртнамалар дүзиў бойынша еркин қарар қабыл етиў ҳуқықы усыныс етилсин;

мийўе-овощ кластерлерине нәллер, атап айтқанда логистика орайлары (музлатқыш, қоймахана, қайта ислеў күшлери, лаборатория, машина-техникалық станциялар ушын инфраструктура имаратлары)н шөлкемлестириў ушын егислик жерлерди ажыратыў ҳаққындағы қарарлар тез қабыл етилсин;

Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги менен биргеликте аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўшыларға ирригация ҳәм коллектор қурылмаларын тазалаўда жәрдем берсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары С.Р.Холмуродов Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитет пенен биргеликте еки ай мүддетте;

халықаралық қаржы шөлкемлери ҳәм институтлары кредит линияларын, соның ишинде, мийўе-овощ кластерлериниң устав капиталына соңынан усы үлеслерди шөлкемлестириўшилер – Өзбекстан Республикасы резидентлери тәрепинен сатып алыў ҳуқықы менен тартыў;

мийўе-овощ кластерлерин, басқа да мийўе-овощ өнимлерин ислеп шығарыўшыларды ҳәм экспортшыларды экспорт алдынан қаржыландырыў ушын коммерциялық банклерде кредит линияларын ашыў;

нәллерди жетистириў орынларын шөлкемлестириў, мийўе-овощ кластерлери логистика орайларын, ыссыханалар қурыў ҳәм интенсив бағлар жаратыў бойынша жойбарларды қаржыландырыў ушын халықаралық қаржы институтлары кредит линиялары көлемин кеңейтиў;

агрономлар ҳәм мийўе-овощ кластерлери, заманагөй интенсив бағлар ҳәм ыссыхана хожалықларының басқа хызметкерлерин бир жылға шекемги мүддетте жетекши қәнигелескен шет ел компанияларына билим алыў ҳәм стажировкаға жибериў ушын грант қаржыларын ҳәм халықаралық шөлкемлердиң техникалық көмек қаржыларын тартыў бойынша усыныслар киргизсин.

  1. Төмендегилер 2021-жыл 1-январьға шекем:

нәл жетистириў орынларында ҳәм ыссыханаларда туқым, нәллерди ҳәм сабылған нәллерди жеткерип беретуғын ҳәм оларды аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўшыларға жеткерип беретуғын хожалығын жүргизиўши субъектлери барлық түрдеги салық ҳәм жыйымлар төлеўден (бирден-бир социаллық төлем буған кирмейди);

шеттен алып келинип атырған туқымлар, нәллер ҳәм сабылған нәллер, минерал төгинлер, өсимликлерди химиялық қорғаў қураллары, заманагөй энергия үнемлейтуғын ыссыханалар ҳәм оларды комплектлеўши бөлеклери қосымшаға муўапық бажыхана төлемлеринен (бажыхана рәсмийлестириўи ушын жыйым буған кирмейди);

импорт бойынша алып кирилип атырған. мийўе-овощ өнимлерин тасыўға қәнигелескен транспорт қураллары (ТЭФ ТН кодлары-870120, 870421, 870422, 871639) бажыхана төлемлери ҳәм Республика жол қорына жыйымлар төлеўден азат етилсин.

  1. 2018-жылдың 1-январынан мийўе-овощ өнимлерин жетистиретуғын шөлкемлерге дәраматқа дәлдалшы шөлкемлер ушын нәзерде тутылған ставка бойынша салық салған ҳалда сыйлықлаў суммасынан бирден-бир салық төлемин төлеў ҳуқықы берилсин.

2018-жылдың 1-апрелинен бир мийўе-овощ кластери ишинде сатылатуғын өнимге қосымша қун салығы салынбайтуғыны ҳәм мәмлекеттиң мақсетли қорларына мәжбүрий ажыратпалар өндирилмейтуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети бир ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Исбилерменлик жумысын раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қоры тәрепинен 2017-жылдың 5-сентябрине шекем ыссыханалар қурыў, интенсив бағлар жаратыў ҳәм музлатқышлар қурыў ушын халықаралық қаржы институтларының кредит линиялары есабынан ажыратылған валюта кредитлери бойынша белгиленген процент ставкасының 50 процентине шекемги муғдарында конпенсация төлеў тәртибин тастыйықласын.
  2. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм қамсызландырыў шөлкемлери менен биргеликте мийўе-овощ өнимлерин ислеп шығарыўшылар ҳәм таярлаўшылар арасында контрактация шәртнамаларын қамсызландырыў механизмин жетилистириў бойынша усыныслар киргизсин.
  3. Аўыл хожалығы министрлиги, Сыртқы саўда министрлиги, Мәмлекетлик бажыхана комитети, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекциясы ҳәм «Өзагрохимияқорғаў» АЖ менен биргеликте, тәжирийбе сыпатында, реал нәтийжелерден ҳәм өнимниң сақланыўынан келип шығып, жуўмақлаўшы есап-санақлардың әмелге асырылыўы ҳәм сыйлық алыўын есапқа алған ҳалда фитосанитариялық тәмийнатты, өсимликлерди зыянкеслерден, кеселликлерден ҳәм жабайы шөплерден қорғаўды тәмийинлесин.
  4. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекциясы Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығы министрлиги менен биргеликте 2018-жылдың 1-сентябрине шекемги мүддетте Өсимликлерди зыянкеслерден, кеселликлерден, жабайы шөплерден, бактериялар ҳәм вируслардан комплексли қорғаў, фитосанитариялық қадағалаўды күшейтиў ҳәм республикада мақул фитосанитариялық жағдайды тәмийинлеў бойынша мәмлекетлик бағдарламаны ислеп шықсын.
  5. Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Сыртқы саўда министрлиги 2018-жыл 1-ноябрьге шекем барлық аўыл хожалығы өндирисшилери еркин пайдалана алатуғын потенциаллы шет ел базарларының электрон мағлыўматлар базасын жаратыўды тәмийинлесин, онда мийўе-овощ өнимлериниң түрлери, сортлары, тийкарғы пайдаланыўшылары бойынша талаплардың салыстырмалы көлеми, сондай-ақ, қойылатуғын талаплары бойынша мәлимлеме алыў имканияты нәзерде тутылсын.

Шет ел базарлары бойынша мағлыўматлар Өзбекстан Республикасы Сыртқы саўда министрлиги тәрепинен, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасының шет мәмлекетлердеги елшиханаларын ҳәм саўда ўәкилханаларының хызметкерлерин тартқан халда қәлиплестирилиўи ҳәм жаңаланыўы белгиленсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги, Аўыл хожалығы министрлиги тийисли илимий-изертлеў институтларын тартқан халда, қурғақшылыққа, кеселликлерге ҳәм зыянкеслерге шыдамлы аўыл хожалығы егинлериниң селекциясын шөлкемлестириў бойынша илажлар бағдарламасын ислеп шықсын.
  2. «Өзбекэнерго» АЖ (У.Мустафаев), «Өзтрансгаз» АЖ (А.Мустафаев), сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлериниң басшыларына мийўе-овощ кластерлериниң өндирис ҳәм қайта ислеў күшлерин электр энергия ҳәм тәбийғый газ бенен олардың тәбийғый талапларына муўапық үзликсиз тәмийинлеў ушын жеке жуўапкершилик жүкленсин.
  3. Өзбекстан Республикасы Бас министриниң биринши орынбасары А.Ж.Раматов, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Н.С.Отожонов, Сыртқы саўда министрлиги (Ж.Ходжаев) ҳәм «Өзбекстан темир жоллары» АЖ (Х.Хасилов)ға бир ай мүддетте төмендегилер бойынша усыныслар киргизсин:

мийўе-овощ өнимлерин экспорт етиўшилерге экспорт контрактлериниң орынланыўын тәмийинлейтуғын мүддетлерде темир жол вагонлары, соның ишинде, вагон-рефрежираторлар бериў тәртибин муўапықластырыў ҳәм әпиўайыластырыў;

соның ишинде, шет ел инвесторларын тартқан ҳалда заманагөй рефрежираторлы контейнерлер ислеп шығарылыўы, халықаралық регистрларда сертификациялаўды ҳәм дизимнен өткериўди тәмийинлеў, сондай-ақ, оларды мийўе-овощ кластерлери, таярлаў шөлкемлери ҳәм басқа да мәпдар пайдаланыўшыларға, соның ишинде, лизинг арқалы сатыў тәртибин белгилеў бойынша.

  1. Аўыл хожалығы министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Өзбекстан Республикасы илимлер академиясы Сыртқы ислер министрлиги менен биргеликте агротехнологиялар тараўында жоқары тәжирийбели, заманагөй билимлерди ийелеген қәнигелерди таярлаў бойынша халықаралық бирге ислесиўди жолға қойыўды тәмийинлесин.
  2. Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги ўәлаятлар ҳәкимликлери, мийўе-овощ кластерлери ҳәм басқа да аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўшылардың буйыртпаларына бола тартылатуғын шет ел қәнигелери ушын 12 айға шекемги мүддетте кириў визаларын ҳәм көп мәртелик визаларды рәсмийлестириўди тәмийинлесин.
  3. Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги ўәлаятлар ҳәкимликлери, мийўе-овощ кластерлери ҳәм басқа да аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўшылардың буйыртпаларына бола тартылатуғын шет елли қәнигелер ушын мәмлекетлик бажыны өндирмеген халда көп мәртелик визаларды рәсмийлестириў, бериў ҳәм созыўды, сондай-ақ, жасайтуғын жери бойынша ўақтынша прописка етиўди, есапқа алыўды ҳәм ўақтынша прописканы созыўды тәмийинлесин.
  4. Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги мийўе-овощ кластерлериниң буйыртпаларына бола белгиленген тәртипте Өзбекстан Республикасының аўыл хожалығы бойынша жоқары маман шет елли қәнигелерди тартыў ушын руқсатнамалар берилиўи, сондай-ақ, усы шет елли пуқараларға Өзбекстан Республикасы аймағында мийнет пенен шуғылланыўына руқсат бериў (созыў)ди тәмийинлесин.
  5. Аўыл хожалығы министрлиги, Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги, Экономика министрлиги ҳәм басқа да мәпдар ведомстволар менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  6. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасарлары Н.С.Отожановқа, З.Т.Миразевқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры О.Б.Мурадовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                              Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 29-март