Өзбекстан Республикасы Президентиниң
пәрманы
Сыртқы сиясий ҳәм сыртқы экономикалық жолдың нәтийжели даўам еттирилиўи елимизде кең көлемли реформаларды ҳәм демократиялық өзгерислерди табыслы әмелге асырыўда, халықаралық майданда елдиң абыройын беккемлеўде ҳәм халықтың абаданлығының артыўын тәмийинлеўде ең әҳмийетли фактор болып есапланады.
Ашық-айдын сыртқы сиясаттың жеделлесиўи нәтийжесинде шет ел мәмлекетлери менен көп қырлы ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўди беккемлеўде салмақлы нәтийжелерге ерисилди, Орайлық Азия мәмлекетлери менен қатнасықлар сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилди, саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық байланыслар сезилерли дәрежеде кеңейди, халықаралық шөлкемлер менен әмелий бирге ислесиў ҳәм шет елдеги ўатанласларымыз бенен сөйлесиў орнатылды, әҳмийетли халықаралық және регионаллық машқалалар шешилмекте.
Соның менен бирге, Сыртқы ислер министрлиги системасындағы жумыслардың әмелдеги жағдайын талқылаў, биринши гезекте, мәмлекеттиң сыртқы экономикалық мәплерин қорғаў ҳәм алға қойыў бойынша қойылған ўазыйпаларды нәтийжели орынлаўға тосқынлық етип атырған бир қатар аўыр машқалалардың бар екенлигинен дәрек бермекте. Атап айтқанда:
бириншиден, әмелдеги нормативлик-ҳуқықый база дипломатиялық хызметтиң барлық мәселелерин толық тәртипке салмайды, топланған ҳуқықый ҳәм әмелий тәжирийбени толық сәўлелендирмейди, заман талапларына сәйкес келмейди;
екиншиден, сыртқы сиясий мәкемениң шөлкемлестириўшилик-штат структурасы сыртқы сиясий ҳәм сыртқы экономикалық тараўлардағы стратегиялық ўазыйпаларды шешиў ушын бар ресурсларды нәтийжели жумсаўға бағдарланбаған;
үшиншиден, мәмлекетлик уйымлардың Сыртқы ислер министрлиги ҳәм Өзбекстан Республикасының шет елдеги мәкемелери менен өз-ара бирге ислесиўиниң, сондай-ақ, шет елли шериклер менен саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм туристлик бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелеринде нәтийжели ҳәм муўапықластырылған жумысларды алып барыўдың анық белгиленген механизмлери жоқ;
төртиншиден, сыртқы сиясий мәкемениң жумысларын мәлимлеме-талқылаў жағынан тәмийинлеў ҳәм режелестириўдиң айырым бөлеги әмелге асырылмақта, сыртқы сиясаттың үстинлиги бойынша ислеп шығылып атырған усыныслар елдиң сыртқы экономикалық мәплерин алға илгерилетиў мәселелерин тийисли дәрежеде есапқа алмай атыр;
бесиншиден, елдеги кең көлемли өзгерислер ҳәм республиканың халықаралық басламалары ҳаққында дүнья жәмийетшилигин хабардар етиў жумыслары төмен шөлкемлестирилген болып, елдиң унамлы имиджин жаратыў ҳәм халықаралық майдандағы абыройын беккемлеў ўазыйпалары нәтийжели орынланыўына тосқынлық етпекте;
алтыншыдан, консуллық мәкемелердиң жумысында көрсетилип атырған мәмлекетлик хызметлердиң жеделлик ҳәм сапа дәрежеси, Өзбекстанның шет елдеги физикалық ҳәм юридикалық шахсларының ҳуқықый және нызамлы мәплери нәтийжели қорғалыўын тәмийинлеў, аўыр жағдайға түсип қалған пуқараларға жәрдем көрсетиў дәрежеси қанаатландырарасыз болып қалмақта;
жетиншиден, шет елдеги ўатанласларымыз бенен системалы сөйлесиў жолға қойылмаған, республикамызды раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларында социаллық-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық жойбарларды және бағдарламаларды әмелге асырыўда олардың имканиятынан пайдаланылмай атыр;
сегизиншиден, кадрлар сиясатының нәтийжесизлиги, сондай-ақ, сыртқы сиясий мәкеме хызметкерлериниң материаллық хошамаетлениўи ҳәм социаллық қорғалыўының төмен дәрежеде екенлиги жоқары маман дипломатиялық қурамды қәлиплестириў имканиятларын сезилерли дәрежеде шеклемекте, дипломатиялық хызметтиң абыройын түсирмекте ҳәм маман қәнигелердиң тараўды таслап кетиўине себеп болмақта;
тоғызыншыдан, алдыңғы мәлимлеме-коммуникация технологияларының жетерли дәрежеде енгизилмеўи тийкарғы ўазыйпаларды шешиўге тосқынлық етпекте, оператив сыртқы сиясий ҳәм сыртқы экономикалық мүнәсибет билдириўди, сондай-ақ, «санлы дипломатия» қуралларын раўажландырыў имканиятын бермей атыр.
Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги системасын түп-тийкарынан жетилистириў мақсетинде, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы ҳәм Өзбекстан Республикасында Ҳәкимшилик реформалар концепсиясы ўазыйпаларына муўапық:
- Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрилиги системасын реформалаўдың ең әҳмийетли бағдарлары етип төмендегилер белгиленсин:
бириншиден, Сыртқы ислер министрлиги ҳәм Өзбекстан Республикасының шет елдеги мәкемлериниң жумысы ҳәм шөлкемлестириўшилик-штат структурасының нормативлик-ҳуқықый тийкарларын «экономикалық дипломатия»ны раўажландырыўға итибар берген ҳалда қайта көрип шығыў ҳәм жетилистириў;
екиншиден, республиканың бирден-бир сыртқы сиясий ҳәм сыртқы экономикалық жумысын әмелге асырыўда Сыртқы ислер министрлигиниң муўапықластырыўшы ролин күшейтиў, сондай-ақ, тийисли министрликлер, ведомстволар ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының усы бағдардағы ўазыйпаларын, функцияларын ҳәм ўәкилликлерин анық белгилеп қойыў ҳәм ажыратыў;
үшиншиден, Сыртқы ислер министрлиги ҳәм Өзбекстан Республикасының шет елдеги мәкемелериниң жумысында елимиздиң өнимлери, жумыслары (хызметлери) экспортын кеңейтиў ҳәм диверсификациялаў, инвестициялар, алдыңғы технологиялар ҳәм туристлер ағымын елимизге тартыўға бағдарланған жаңа көзқараслар менен усылларды енгизиў;
төртиншиден, бәринен бурын, миллий ҳәм шет елли экспортлар жәмәәтлери, ғалаба хабар қураллары, жәмийетшилик ҳәм илимий топарлар менен турақлы және мақсетли мәлимлеме алмасыў жумысларын күшейтиў арқалы Өзбекстанның унамлы халықаралық абыройын қәлиплестириўде «ғалабалық дипломатия» қуралларын белсене қолланыў;
бесиншиден, пуқаралардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплери әмелде қорғалыўын тәмийинлеў механизмлерин қәлиплестириў ҳәм әмелге асырыў, шет елдеги ўатанласларымыз бенен ҳәр тәреплеме сөйлесиўди қоллап-қуўатлаў, оларды саўда-экономикалық, мәдений-гуманитарлық ҳәм жәмийетлик жойбарларды және бағдарламаларды әмелге асырыўға белсене тартыў;
алтыншыдан, ишки ведомстволық режелестириў ҳәм қадағалаўдың нәтийжели системасын жолға қойыў, есап бериў тәртибин ҳәм түрин әпиўайыластырыў, Сыртқы ислер министрлиги ҳәм Өзбекстан Республикасының шет елдеги мәкемелери жумысының нәтийжелилигин баҳалаў өлшемлерин қәлиплестириў;
жетиншиден, дипломатиялық кадрларды таңлаў, таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў, ротацияны тәмийинлеў және перспективалы резервин қәлиплестириўдиң алдыңғы ҳәм ашық-айдын шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый механизмлерин енгизиў арқалы Сыртқы ислер министрлиги ҳәм Өзбекстан Республикасының шет елдеги мәкемелеринде кадрлар сиясатын түп-тийкарынан қайта көрип шығыў;
сегизиншиден, дипломатиялық хызмет уйымлары хызметкерлериниң материаллық хошаметлениўин ҳәм социаллық қорғалыўын жақсылаў, олардың нәтийжели ислеўи ушын мүнәсип шараятларды жаратыў;
тоғызыншыдан, мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў системасын жетилистириў, глобал мәлимлеме майданында елимиздиң мәплерин алға қойыў мақсетинде заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын кеңнен тартыў арқалы Сыртқы ислер министрлиги системасының материаллық-техникалық базасын беккемлеў.
- Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги структурасында:
а) Сыртқы экономикалық бирге ислесиў бас басқармасы ҳәм оның структурасына киретуғын:
Шет ел инвестицияларын ҳәм қаржы-техникалық көмек қуралларын тартыў басқармасы;
Экспорт ҳәм сыртқы саўда байланысларын раўажландырыў басқармасы;
Ҳүкиметлераралық комиссиялардың жумысын муўапықластырыў басқармасы;
Туризмди раўажландырыў тараўындағы халықаралық бирге ислесиў басқармасы;
б) Сыртқы ислер министрлиги Баспасөз хызмети тийкарында Жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары менен байланыслар басқармасы;
в) Консуллық басқармасы тийкарында Консуллық-ҳуқық департаменти;
г) Шет елдеги ўатанласлар менен байланыслар бөлими;
д) Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары менен ислесиў бөлими ҳәм оның қурамында Мүрәжатларды қабыл етиў секторы (call-center);
е) Дипломатиялық сервис хызмети тийкарында Дипломатиялық корпусқа хызмет көрсетиў бюросы;
ж) «Жәҳән» хабар агентлиги тийкарында «Дүнья» мәлимлеме агентлиги ҳәм Медиа-орай;
з) Аўдармашылар бюросы;
и) Халықаралық қатнасықлар мәлимлеме-талқылаў орайы тийкарында Талқылаў ҳәм болжаў орайы;
к) Сыртқы ислер министрлигиниң Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардағы аймақлық бөлимлери шөлкемлестирилсин.
3.Шет елде стипендиатлардың маманлығын арттырыўын, стажировкасын ҳәм оқыўын шөлкемлестириў бойынша Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Талант» қоры Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлигине бойсынатуғын Қәнигелерди шет елде таярлаў ҳәм ўатанласлар менен сөйлесиў орайы сыпатында қайта шөлкемлестирилсин.
- Сыртқы ислер министрлигиниң хызметкерлерин материаллық хошаметлеў ҳәм жумысын қаржыландырыў механизмлерин жетилистириў мақсетинде Өзбекстанның дипломатиялық ҳәм консуллық мәкемелерин раўажландырыў Республикалық қоры тийкарында Өзбекстан Республикасының дипломатиялық хызмет уйымларын раўажландырыў қоры дүзилсин.
- Сыртқы ислер министрлиги бирден-бир сыртқы экономикалық жолды әмелге асырыў, елдиң сыртқы экономикалық мәплерин алға қойыў, Өзбекстан Республикасы сыртқы экономикалық жумыс қатнасыўшыларының ҳуқықый ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў тараўында тийисли министрликлер менен ведомстволар, сондай-ақ, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының жумысы муўапықластырылыўын 1-қосымшадағы схемаға муўапық әмелге асыратуғыны белгилеп қойылсын.
Министрликлер, мәмлекетлик комитетлер, ведомстволар, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, хожалық басқарыўшы уйымлар ҳәм басқа да мәмлекетлик шөлкемлер Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлигине оның сыртқы экономикалық тараўындағы тийкарғы ўазыйпалары әмелге асыўында әмелий жәрдем көрсетилиўин, соның ишинде, сапалы исленген мағлыўматнамалар, ҳүжжетлер ҳәм материалларды өз ўақтында усынған ҳалда тәмийинлесин.
- Дипломатиялық ўәкилликли уйымлардың басшысы өзи ислеп турған мәмлекетте сыртқы сиясий ҳәм сыртқы экономикалық жолды нәтийжели даўам еттириў, елдиң мәплерин, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы пуқараларының ҳәм юридикалық шахсларының ҳуқықый ҳәм нызамлы мәплерин қорғаўды және алға қойыўды тәмийнлейтуғын Өзбекстан Республикасының жоқары рәсмий ўәкили болып есапланатуғыны;
жоқары мағлыўматқа ийе болған, мәмлекетлик ҳәм шет тиллерди жақсы билетуғын, тийисли исбилерменлик, руўхыйлық ҳәм кәсиплик пазыйлетлерге ийе, сондай-ақ, тарийх, мәденият тараўларын, миллий дәстүрлерди ҳәм үрп-әдетлерди, Өзбекстан Республикасындағы социаллық-экономикалық ҳәм жәмийетлик-сиясий өзгерислердиң мазмун-мәнисин терең билетуғын Өзбекстан Республикасы пуқарасы дипломатиялық ўәкилхана басшысы болыўы мүмкин екенлиги;
өзлери ислеп турған елдеги Өзбекстан Республикасының дипломатиялық хызметкерлери ҳәм мәмлекетлик уйымлардың рәсмий ўәкиллери ведомстволық бойсыныўына ҳәм есап беретуғынына қарамастан, дипломатиялық ўәкилхананың басшысына сөзсиз бойсынатуғыны ҳәм жүкленген ўазыйпаларды орынлаўда өз жумысын оның менен муўапықластыратуғыны белгилеп қойылсын.
- Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги әмелиятына төмендегилер киргизилсин:
а) республиканы раўажландырыўдың стратегиялық бағдарларын есапқа алып, шет елли шериклердиң саўда-экономикалық, қаржы-инвестициялық ҳәм илимий-техникалық имканиятларынан, олар менен бирге ислесиў дәрежеси ҳәм көлеминен, олардың халықаралық қатнасықлар системасындағы ролинен ҳәм орнынан келип шыққан ҳалда, Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен тастыйықланатуғын тийкарғы шет елли шериклер менен сыртқы сиясий ҳәм сыртқы экономикалық бирге ислесиўди раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын үзликсиз тийкарда ислеп шығыў.
Сыртқы сиясий ҳәм сыртқы экономикалық бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары министрликлер ҳәм ведомстволардың әмелий жумысында, соның ишинде, шет елли шериклер менен байланысларда өлшем болып хызмет ететуғыны белгиленсин.
б) сыртқы экономикалық жумысқа (елимизде ислеп шығарылған өнимлер экспортын раўажландырыў, инвестицияларды ҳәм технологияларды тартыў, туристлер ағымын кеңейтиў) ҳәм мәлимлеме-түсиндириў жумысларына айрықша итибар қаратқан ҳалда, шет ел мәмлекетлери менен жедел ҳәм системалы ислесиў бойынша Өзбекстан Республикасының шет елдеги мәкемелери жыллық «жол карталары»н ислеп шығыў ҳәм қабыл етиў;
в) Өзбекстан Республикасының шет елдеги мәкемелерине жиберилетуғын хызметкерлерди қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў бойынша илажларды нәзерде тутқан ҳалда «тийисли министрликлер, ведомстволар ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары-Сыртқы ислер министрлиги-шет елдеги мәкеме- Сыртқы ислер министрлиги, тийисли министрликлер, ведомстволар ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары» принципи тийкарында ведомстволараралық кадрлар ротациясы;
г) ерисилген нәтийжелер ҳәм бар кемшиликлер ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентине мағлыўмат бериў ушын ҳәр айда сыртқы ислер министри тәрепинен шет елдеги мәкемелер басшыларының өзи ислеп турған мәмлекетлик ҳәм халықаралық шөлкем менен бирге ислесиў бойынша жүкленген ўазыйпаларды ҳәм тастыйықланған «жол карталар»ын әмелге асырыў процеси ҳаққындағы жеке есапларын тыңлап барыў.
8.Төмендегилер тастыйықлансын:
орта мүддетли перспективада тийкарғы шет елли шериклер менен Өзбекстан Республикасының сыртқы сиясий ҳәм сыртқы экономикалық бирге ислесиўин раўажландырыўдың бағдарлары 2-қосымшаға муўапық;
Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги системасы жумысын түп-тийкарынан жетилистириў бойынша комплексли илажлар бағдарламасы 3-қосымшаға муўапық.
Министрликлер ҳәм ведомстволардың басшылары Сыртқы сиясий ҳәм сыртқы экономикалық бирге ислесиўди раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларында ҳәм Бағдарламада нәзерде тутылған илажлар менен ўазыйпалар өз ўақтында ҳәм нәтийжели әмелге асырылыўын тәмийинлесин.
- Сыртқы ислер министрлигиниң «Дүнья» мәлимлеме агентлиги ҳәм Медиа-орайы, Талқылаў ҳәм болжаў орайы, Аўдармашылар бюросы Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети қаржылары ҳәм нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклердиң есабынынан қаржыландырылатуғыны белгилеп қойылсын.
10.Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги:
а) тийисли министрликлер ҳәм ведомстволар, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлар тәрепинен республиканың бирден-бир сыртқы экономикалық сиясатын әмелге асырыў жағдайын турақлы түрде талқыласын ҳәм талқылаў нәтийжелерин ҳәр шеректе Өзбекстан Республикасы Президенти аппаратына ҳәм Министрлер Кабинетине усынсын;
б) Әдиллик министрлиги ҳәм басқа да мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте еки ай мүддетте «Дипломатиялық хызмет ҳаққында»ғы, «Өзбекстан Республикасының халықаралық шәртнамалары ҳаққында»ғы (жаңа редакциядағы), «Консуллық уставын тастыйықлаў ҳаққында»ғы «жаңа редакциядағы» нызамлардың жойбарларын белгиленген тәртипте киргизсин;
в) Қаржы министрлиги ҳәм басқа да мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте бир ай мүддетте:
ислеп турылған елде жүзеге келген социаллық-экономикалық жағдайды, товарлар, жумыслар (хызметлер) қуны индекциясын, сондай-ақ, валюта курсының өзгериўшеңлигин үйрениў тийкарында Өзбекстан Республикасының шет елдеги мәкемелери хызметкерлериниң мийнет ҳақыларын арттырыў;
Өзбекстан Республикасының шет елдеги мәкемелерине узақ мүддетли хызмет сапарына жиберилген хызметкерлердиң лаўазым айлықлары муғдарларын бес жылда кеминде бир мәрте қайта көрип шығыў әмелиятын енгизиў бойынша усыныслар киргизсин;
г) Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институты ҳәм басқа да мәпдар министрликлер және ведомстволар менен биргеликте 2018-жыл 1-октябрге шекемги болған мүддетте Өзбекстан Республикасы ҳәм шет елли шериклер арасында елимиздиң жәмийетлик-сиясий, социаллық-экономикалық ҳәм басқа да тараўлардағы орта ҳәм узақ мүддетли мәплерине тийкарланған еки тәреплеме және көп тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын нәзерде тутатуғын Өзбекстан Республикасының Сыртқы сиясий концепсиясы (жаңа редакциядағы) жойбарын киргизсин;
д) Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институты, Қаржы министрлиги ҳәм басқа да мәпдар минстрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте 2019-жыл 1-январьға шекемги мүддетте Өзбекстан Республикасының шет елдеги мәкемелериниң жумысын түп-тийкарынан жетилистириў, соның ишинде, орынларға шығыў арқалы оларды сын көзқарастан үйрениў жуўмақлары бойынша усынысларды киргизсин;
е) бир ай мүддетте Жәҳән экономикасы ҳәм дипломатия университетиниң жумысын түп-тийкарынан жетилистириў бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти қарары жойбарын төмендегилерди нәзерде тутқан ҳалда киргизсин;
алдыңғы шет ел тәжрийбесин есапқа алған ҳалда билимлендириў сапасын арттырыў, сондай-ақ, елдиң заманагөй сыртқы экономикалық ҳәм сыртқы сиясий тийкарғы бағдарларынан келип шыққан ҳалда Университет жумысының әҳмийетли ўазыйпаларын ҳәм бағдарларын қайта көрип шығыў;
мәпдар ведомстволардың талабынан келип шыға отырып, әмелиятта талап етилетуғын қәнигелердиң анық мақсетти гөзлеп таярланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, олардың арасынан дипломатиялық кадрлардың перспективалы резервин қәлиплестириў мақсетинде бакалавриатта оқыў мүддетин ҳәм бакалавриатқа қабыллаў квоталарын азайтыў,
«Халықаралық экономика ҳәм менеджмент» және «Халықаралық журналистика» қәнигеликлери бойынша бакалаврлар таярлаўдың жаңа басқышларын енгизиў;
Унивирситетте шет мәмлекетлердиң делегацияларына хызмет көрсетиў ҳәм рәсмий илажлар өткериўди жоқары шөлкемлескенлик дәрежеде тәмийинлейтуғын профессионал аўдармашыларды ҳәм гидларды таярлаў бойынша оқыў курсларын шөлкемлестириў;
шет елли шериклер менен бирге ислесиў ҳәм халыаралық қатнасықларды раўажландырыў перспективаларын болжаў баҳалаў арқалы фундаменталь илимий-әмелий изертлеўлер өткериў арқалы Өзбекстан Республикасының сыртқы сиясий ҳәм сыртқы экономикалық жумысын системалы талқылаўда Университеттиң ролин күшейтиў.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети:
Сыртқы ислер министрлигине жүкленген ўазыйпалардың орынланыўын ҳәр шеректе Министрликтиң орайлық аппараты ҳәм Өзбекстан Республикасының шет елдеги мәкемелериниң басшылары ҳәм хызметкерлери, министрликлер ҳәм ведомстволар, тараў шөлкемлери, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери басшыларының қатнасыўында видеоконференцбайланыс режиминде сын көзқарастан көрип шықсын;
пайтахт аймағында жер участкаларының ажыратылыўын ҳәм Өзбекстан Республикасының шет мәмлекетлердеги елшилер ушын турақ жайлар ҳәм Сыртқы ислер министрлигиниң дипломатиялық хызметкерлери ушын төрт көп квартиралы турақ жайдың қурылысын және олардың 2019-жылдың ақырына шекем пайдаланыўға тапсырылыўын тәмийинлесин;
жергиликли мәмлекет ҳәкимият уйымлары ҳәм жожалық бирлеспелериниң басшылары ушын ет елли шериклер менен сөйлесиў процесин, саўда-экономикалық, инвестициялық, мәдений-гуманитарлық бирге ислесиў презентациясын шөлкемлестириў мәселелери бойынша және сыртқы сиясий ҳәм сыртқы экономикалық жумыстың басқа да мәселелери бойынша, соның ишинде, орынларға барыў арқалы семинарлар ҳәм тренинглер өткерилиўин шөлкемлестирсин.
- «Ипотека-банк» АКИБ, «Асака банк» АКБ, «Өзсанаатқурылысбанк» АКБға Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2016-жыл 22-ноябрьдеги «2017-2020-жылларда қалаларда арзан көп квартиралы жайларды қурыў ҳәм реконструкциялаў бағдарламасын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-2660-санлы ҳәм 2017-жыл 23-октябрьдеги «2017- 2020-жылларда қалаларда арзан көп квартиралы жайларды қурыў ҳәм реконструкциялаў бағдарламасын нәтийжели әмелге асырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-3350-санлы қарарларында нәзерде тутылған шәртлер тийкарында елшилер ҳәм Сыртқы ислер министрлигиниң дипломатиялық хызметкерлери турақ жай және көп квартиралы жайлардан квартира сатып алыўы ушын жеңиллетилген ипотека кредитлерин ажыратыў усыныс етилсин.
- Сыртқы ислер министрлиги Әдиллик министрлиги ҳәм басқа да мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте:
а) бир ҳәптелик мүддетте Сыртқы ислер министрлиги жумысын буннан былай да жетилистириўге байланыслы шөлкемлестириўшилик илажларды, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасының дипломатиялық хызмет уйымларын раўажландырыў қоры режесин тастыйықлаўды нәзерде тутатуғын Өзбекстан Республикасы Президенти қарарының жойбарын киргизсин;
б) еки ай мүддетте:
нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин;
өзлери қабыл еткен нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди усы Пәрманға муўапықластырсын.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 1994-жыл 25-февральдағы «Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги жумысын жетилистириў ҳаққында»ғы ПП-769-санлы Пәрманы өз күшин жойытқан деп есаплансын.
- Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик Кеңеси хаткери В.В.Махмудовқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Мәмлекетлик кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М Мавлоновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министри А.Х Камиловқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 5-апрель