Өзбекистан Республикасы Президентиниң п ә р м а н ы
Елимиз раўажланыўының заманагөй басқышларында кең көлемли реформалардың табыслы әмелге асырылыўы ҳәм 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясының мақсетлерине ерисиў мәмлекетлик басқарыўдың пүткиллей жаңа, нәтийжели ҳәм сапалы жумыс алып барыў системасын жаратыўды, мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымларының (буннан кейин атқарыўшы ҳәкимият уйымлары деп жүргизиледи) үйлесикли жумысын шөлкемлестириўди талап етеди.
Соның менен бирге, айырым атқарыўшы ҳәкимият ҳәм хожалық басқарыў уйымларының заман талапларына жуўап бермейтуғын институциональлық тийкарлары ҳәм олардың жумысының принциплери өткерилип атырған реформаларды толық жүзеге шығарыўға және қойылған мақсетлерге ерисиўге тосқынлық етпекте.
Экономика тармақларын ҳәм социаллық саланы модернизациялаў, аймақларды ҳәр тәреплеме раўажландырыў, халықтың турмыс дәрежесин ҳәм абаданлығын арттырыў бойынша мәмлекетлик сиясатты табыслы әмелге асырыўға тосқынлық ететуғын бир қатар системалы машқалалар менен кемшиликлер сақланып қалмақта, атап айтқанда:
бириншиден, атқарыўшы ҳәкимият уйымларының жумысын шөлкемлестириў тийкарлары аймақларды раўажландырыў пәтлерин төменлететуғын, орынларда топланып қалған машқалалалардың өз ўақтында шешилиўин тәмийинлемей атыр;
екиншиден, айырым атқарыўшы ҳәкимият уйымларына жүкленген ўазыйпалардың декларативлик өзгешелигине ийе екени, оларды әмелге асырыўдың шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый механизмлери жеткиликли емеслиги, ўазыйпалардың қайталаныўы ҳәм мәмлекет тәрепинен артықша тәртипке салыў жағдайларының бар екени әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжелилигине унамсыз тәсир етпекте;
үшиншиден, атқарыўшы ҳәкимият уйымларының жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаўдың әмелдеги системасы қабыл етилип атырған қарарлардың орынланыўына тосқынлық ететуғын системалы машқалаларды өз ўақтында анықлаў ҳәм сапластырыўды тәмийинлемей атыр;
төртиншиден, атқарыўшы ҳәкимият уйымларының жумысын баҳалаў механизмлери тек ғана жағдайларды атап өтиў ҳәм статистикалық мағлыўматларды ағымдағы топлаўдан ибарат болып, бул көпшилик жағдайларда орынлардағы жумыслардың ҳақыйқый жағдайын сәўлелендирмейди;
бесиншиден, атқарыўшы ҳәкимият уйымлары ҳәм олардың басшылары жуўапкершилик саласының анық шегарасы, әсиресе, орынларда атқарыўшы ҳәкимият уйымларының ишки ведомстволық және ведомстволараралық өз-ара бирге ислесиўиниң тәсиршең механизмлери жоқ;
алтыншыдан, мәмлекеттиң функциялары менен ўәкилликлериниң ҳәдден тыс орайластырылғаны аймақларды раўажландырыў бағдарламасын қәлиплестириўде ҳәм халықтың ең әҳмийетли машқалаларын шешиўде жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары ролиниң төменлеўине алып келмекте;
жетиншиден, басқарыў процесине жумысларды режелестириўдиң ҳәм шөлкемлестириўдиң заманагөй инновациялық усылларын, алдынғы мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў дәрежеси қабыл етилип атырған қарарлардың нәтийжели әмелге асырылыўын тәмийинлеў ҳәм оның процесин жедел бақлап барыў имканиятын бермейди, сондай-ақ, мәмлекетлик басқарыўда артықша бюрократластырыў ҳәм жоқары қәражетлер жумсалыўына себеп болмақта;
сегизиншиден, хожалық басқарыўы уйымлары тәрепинен мәмлекеттиң тәртипке салыў ҳәм хожалық функциялары қосып алып барылыўы, жеткиликли дәрежеде бейимлесиўшеңликке ҳәм базарға бағдарланғанлыққа ийе болмаған гөнерген тармақлық басқарыў системасы, индувидуал жеңиллик, преференциялар менен абзаллықлардың тийкарсыз берилиўи нәтийжели бәсеки орталығының раўажланыўына тосқынлық етпекте;
тоғызыншыдан, социаллық ҳәм мәмлекетлик-жеке меншик шерикликтиң раўажланбағаны мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң және исбилерменлик субъектлериниң әҳмийетли социаллық-экономикалық машқалаларды шешиўдеги қатнасыўын шеклемекте ҳәм нәтийжеде бюджет қәрежетлериниң азайыўын тәмийинлемей атыр;
оныншыдан, атқарыўшы ҳәкимият уйымларының жумысының жеткиликли дәрежеде ашық-айдын емеслиги, жәмийетлик қадағалаўдың ҳәлсиз механизмлери ҳәдден тысқары бюрократияның ҳәм коррупцияның түрли көринислерине алып келмекте;
он бириншиден, айырым басшыларда зәрүр дәрежеде жуўапкершиликтиң және инталылықтың жоқлығы аймақларды комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша қойылған ўазыйпаларды ҳәм мақсетли көрсетпелерди өз ўақтында және сапалы шешиўге кери тәсир етпекте.
Көрсетип өтилген системалы машқалаларды сапластырыў, инновациялық раўажланыўдың заманагөй улыўма жер жүзилик тенденцияларын есапқа алған ҳалда мәмлекетлик басқарыў системасының нәтийжелилигин арттырыў, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпаларды избе-из жүзеге шығарыў мақсетинде:
- Өзбекистан Республикасында Ҳәкимшилик реформалар концепциясы 1-қосымшаға муўапық;
Өзбекистан Республикасында Ҳәкимшилик реформалар концепциясын әмелге асырыў бойынша «Жол картасы» (буннан кейин «Жол картасы» деп жүргизиледи)2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- 2. Төмендегилер мәмлекетлик басқарыў системасын түп-тийкарынан реформалаў бойынша ҳәкимшилик реформалардың тийкарғы бағдарлары ҳәм ўазыйпалары етип белгиленсин:
а) төмендегилерди нәзерде тутатуғын атқарыўшы ҳәкимият уйымлары жумысының институциональлық ҳәм шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый тийкарларын жетилистириў:
атқарыўшы ҳәкимият уйымларын, соның ишинде, олардың структуралық ҳәм аймақлық бөлимлерин шөлкемлестириўдиң және сапластырыўдың анық өлшемлерин ҳәм тәртип-қағыйдаларын енгизиў;
атқарыўшы ҳәкимият уйымларын, олардың структуралары менен бөлимлерин оптималластырыў;
атқарыўшы ҳәкимият уйымлары ҳәм олардың басшыларының бириктирилген салада мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўда еркинлигин арттырыў;
«Электрон ҳүкимет» системасын буннан былай да енгизиў;
мәмлекетлик хызметлер көрсетиў системасын буннан былай да жетилистириў;
ҳәкимшилик әдиллик системасын раўажландырыў;
б) төмендегилерди нәзерде тутқан ҳалда, атқарыўшы ҳәкимият уйымларының ўазыйпалары (функциялары, ўәкилликлери)н, оларды әмелге асырыў механизмлерин ҳәм жуўапкерлик салаларын анықластырыў, муўапықластырыў ҳәм өз-ара бирге ислесиў процесслерин жетилистириў;
атқарыўшы ҳәкимият уйымларының анық ўазыйпалары (функциялары, ўәкилликлери)н ҳәм жуўапкерлик салаларын белгилеў, исенип тапсырылған структураның жумысын муўапықластырыў және қадағалаўдың анық системасын енгизиў;
мәмлекетлик ҳәм аймақлық раўажланыў бағдарламаларын қәлиплестириўде аймақлық атқарыўшы ҳәкимият уйымларының инталлылығын арттырыў және ролин күшейтиў;
мақсетли индикаторларға ерисиў ҳәм стратегиялық раўажланыў бағдарламаларын әмелге асырыўдың нәтийжелилигине тийкарланған барлық дәрежедеги атқарыўшы ҳәкимият уйымлары ҳәм олардың басшыларының жумысын, соның ишинде, ўәкилликли ҳәкимият уйымлары тәрепинен олардың есапларын тыңлаў жолы менен баҳалаўдың принципиал жаңа системасын енгизиў;
«ақыллы тәртипке салыў» модельлерин ҳәм қабыл етилип атырған қарарлардың тәртипке салыў тәсирин талқылаўдың стандартластырылған усылын енгизиў;
айырым мәмлекетлик функцияларды жәмийетлик қадағалаў субъектлерине өткериў жолы арқалы тәртипке салыў усылларын жетилистириў;
жумысты шөлкемлестириўдиң анық нәтийжелерге ерисиўге қаратылған заманагөй усылларын (сапа менеджменти, индикатив режелестириў, аутсорсинг, краудсорсинг) енгизиў;
раўажланыў бағдарламаларын ислеп шығарыў ҳәм олардың әмелге асырылыўын мониторинг етиў процесинде жәмийетшилик пенен өз-ара бирге ислесиўдиң заманагөй түрлери менен механизмлеринен кеңнен пайдаланыў;
в) төмендегилерди нәзерде тутқан ҳалда, экономика тармақларына ҳәкимшилик тәсир етиўди буннан былай да қысқартыў ҳәм базар мехнизмлерин кеңейтиў:
ең зәрүр экономика тармақларында және социаллық салаларда (санаат, транспорт, энергетика ҳәм басқалар) нәтийжели бәсеки орталығын раўажландырыў, мәмлекетлик ҳәм коммерциялық мәплердиң соқлығысыўын сапластырыўға қаратқан ҳалда, басқарыў системасын жетилистириў;
экономикалық жумыста мәмлекеттиң қатнасының анық базар механизмлерин ислеп шығыў;
социаллық-экономикалық раўажланыўдың әҳмийетли мәселелерин шешиўде мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ҳәм исбилерменлик субъектлериниң кең қатнасын тәмийинлеўге қаратылған социаллық және мәмлекетлик-жеке меншик шерикликтиң ҳуқықый ҳәм институциональлық базасын жетилистириў;
айырым мәмлекетлик функциялардың зәрүр дәрежеде орынланыўы үстинен мәмлекетлик қадағалаў механизмлерин енгизе отырып, оларды жеке секторға өткериў;
г) төмендегилерди нәзерде тутқан ҳалда, вертикал басқарыў системасы ҳәм атқарыўшы ҳәкимият уйымларының бирге ислесиўиниң механизмлерин жетилистириў:
мәмлекетлик басқарыўды басқышпа-басқыш орайластырмаў;
жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының қаржы имканиятларын, ролин ҳәм жуўапкершилигин кеңейтиў;
жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият системасын шөлкемлестириўде ҳәкимиятлардың бөлиниў принципиниң әмелий жүзеге шығарылыўын тәмийинлеў;
социаллық-экономикалық раўажланыўдың әҳмийетли мәселелерин шешиўде пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының ролин ҳәм жумыс нәтийжелилигин арттырыў;
д) төмендегилерди нәзерде тутқан ҳалда, мәмлекетлик басқарыў системасына стратегиялық режелестириўдиң заманагөй түрлерин, инновациялық идеяларды, қолланбалар менен технологияларды енгизиў:
стратегиялық режелестириў системасын шөлкемлестириў және мәмлекетлик басқарыўдың инновациялық идеялардан, қолланбалардан ҳәм технологиялардан кеңнен пайдаланыўға тийкарланған заманагөй түрлерин енгизиў;
илимий-изертлеў ҳәм инновациялық жумысты раўажландырыў саласын, соның ишинде, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды ислеп шығыў саласын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў және оған инвестицияларды кеңнен тартыў;
илимий-изертлеў ҳәм инновациялық жумыстың заманагөй жетискенликлерин енгизиўдиң нәтийжели механизмлерин жаратыў;
тәбиятты қорғаў, ресурс ҳәм энергия үнемлейтуғын технологияларды кеңнен енгизиў;
е) төмендегилерди нәзерде тутқан ҳалда, профессионал мәмлекетлик хызметтиң нәтийжели системасын қәлиплестириў, атқарыўшы ҳәкимият уйымлары системасында коррупцияға қарсы гүресиўдиң тәсиршең механизмлерин енгзиў:
мәмлекетлик хызмет, мәмлекетлик басқарыў саласында қәнигелер таярлаўдың арнаўлы билимлендириў бағдарламаларын шөлкемлестириў мәселелерин тәртипке салатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын ислеп шығыў;
мәмлекетлик хызметкерлердиң мийнетине ҳақы төлеў ҳәм социаллық тәмийинлениўиниң мүнәсип шараятларын жаратыў;
атқарыўшы ҳәкимият уйымларының жумысында анықлықты ҳәм ашық-айдынлықты тәмийинлеў;
физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары менен ислесиў системасын түп-тийкарынан жетилистириў.
- Өзбекистан Республикасында Ҳәкимшилик реформалар концепциясын әмелге асырыў бойынша комиссия (буннан кейин Комиссия деп жүргизиледи) 3-қосымшаға муўапық қурамда;
Мәмлекетлик басқарыў системасын түп-тийкарынан реформалаў бойынша сын көз-қарастан үйрениўлер өткериў ҳәм усыныслар таярлаў бағдарында жумысшы топарлар (буннан кейин жумысшы топар деп жүргизиледи) 4-қосымшаға муўапық қурамларда шөлкемлестирилсин;
- Комиссия (А.Н.Арипов):
бир ҳәпте мүддетте Мәмлекетлик басқарыў системасын түп-тийкарынан реформалаў бойынша сын көз-қарастан үйрениў өткериў ҳәм усыныслар таярлаў кестесин тастыйықласын;
Өзбекистан Республикасында Ҳәкимшилик реформалар концепциясын ҳәм «Жол картасы»н әмелге асырыўға қаратылған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарлары сапалы ислеп шығылыўын және белгиленген тәртипте киргизилиўин тәмийинлесин;
Өзбекистан Республикасында Ҳәкимшилик реформалар концепциясын әмелге асырыў шеңберинде пуқаралық жәмийети институтларын, ғалаба хабар қуралларын, илимий топарлардың ўәкиллерин ҳәм шет елли экспертлерди кеңнен тартқан ҳалда ушырасыўлар, семинарлар, «дөгерек сәўбетлери» ҳәм пресс-конференциялар шөлемлестирсин;
Өзбекистан Республикасында Ҳәкимшилик реформалар концепциясы ҳәм «Жол картасы»н толық, өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырылыўы үстинен қатаң қадағалаў орнатсын.
- Өзбекистан Республикасы Әдиллик министрлиги:
Өзбекистан Республикасында Ҳәкимшилик реформалар концепциясы ҳәм «Жол картасы»ның әмелге асырылыўы шеңберинде ислеп шығылатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларының өз ўақтында және сапалы таярланыўы, келисилиўи ҳәм киргизилиўи үстинен мониторинг алып барылыўын тәмийинлесин;
ҳәр айда Комиссияға мониторинг нәтийжелери ҳаққында мәлимлеме киргизсин.
- Өзбекистан миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекистан миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекистан баспасөз ҳәм хабар агентлиги ғалаба хабар қуралларында усы Пәрманның мақсетлерин және ўазыйпаларын кеңнен сәўлелендириў бойынша шығып сөйлеўлерди ҳәм темаға байланыслы көрсетиўлерди шөлкемлестирсин.
- Өзбекистан Республикасының Сыртқы ислер министрлиги зәрүрлик болғанда, шет елли (халықаралық) шөлкемлердиң ўәкиллерин тартқан ҳалда мәмлекетлик басқарыў саласында алдынғы шет еллердиң нызамшылығын ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелиятын үйрениўди шөлкемлестириўде Комиссияға, жумысшы топарларға көмеклессин.
- Өзбекистан Республикасы Президенти аппараты хызметкерлери, Министрлер Кабинети, министрликлер менен ведомстволар, сондай-ақ, жумысшы топарлардың басшылары усы Пәрманда нәзерде тутылған ўазыйпалардың өз ўақтында, толық ҳәм сапалы орынланыўы ушын жеке жуўапкер екени белгиленсин.
- Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекистан Республикасы Президентиниң мәмлекетлик кеңесгөйлери У.С.Исмоиловқа, О.Б.Муродовқа ҳәм Өзбекистан Республикасының Бас прокуроры И.Б.Абдуллаевқа жүкленсин.
Өзбекистан Республикасының Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы
2017-жыл 8-сентябрь
***
Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 8-сентябрьдеги ПП-5185-санлы Пәрманына 1-қосымша
ӨЗБЕКИСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНДА ҲӘКИМШИЛИК РЕФОРМАЛАР КОНЦЕПЦИЯСЫ
2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясына (буннан кейин Ҳәрекетлер стратегиясы деп жүргизиледи) муўапық, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылысты жетилистириў, нызам үстинлигин тәмийинлеў және пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаўдың кепилликлерин күшейтиў, экономика тармақларын ҳәм социаллық саланы раўажландырыў ҳәм либералластырыў, қәўипсизликти, миллетлераралық татыўлықты ҳәм диний кеңпейилликти тәмийинлеў, терең ойланған, өз-ара пайдалы ҳәм әмелий руўхтағы сыртқы сиясат жүргизиў мәмлекет ҳәм жәмийетти модернизациялаўдың әҳмийетли мақсетлери етип белгиленди.
Усы мақсетлерге ерисиўдиң әҳмийетли шәрти әмелге асырылып атырған реформалар, қабыл етилип атырған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳәм мәмлекетлик бағдарламалардың толық әмелге асырылыўын тәмийинлей алатуғын, сондай-ақ, жәмийетлик-сиясий ҳәм социаллық-экономикалық раўажланыў машқалаларын өз ўақтында анықлайтуғын және нәтийжели шешетуғын мәмлекетлик басқарыў системасының анық жумыс алып барыўы болып табылады.
Соның менен бирге, Ҳәрекетлер стратегиясын әмелге асырыў процесин системалы талқылаў ҳәм халық пенен пикирлесиўдиң нәтийжелери мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымларының (буннан кейин атқарыўшы ҳәкимият уйымлары деп жүргизиледи) жумысын шөлкемлестириўде реформаларды толық жүзеге шығарыўға тосқынлық ететуғын үлкен кемшиликлердиң сақланып қалып атырғанынан дәрек бермекте. Атап айтқанда:
атқарыўшы ҳәкимият уйымларының жумысын шөлкемлестириў тийкарлары аймақларды раўажландырыў пәтлерин төменлететуғын, орынларда топланып қалған машқалалалардың өз ўақтында шешилиўин тәмийинлемей атыр. Артқарыўшы ҳәкимият уйымлары (министрликлер, мәмлекетлик комитетлер, агентликлер, комитетлер, орайлар, инспекциялар) ҳуқықый статусының айырым жағдайларда анық шекленип қойылмағаны олардың мәмлекетлик аппараттағы анық орнын ҳәм ролин анықлаў имканиятын бермей атыр;
айырым атқарыўшы ҳәкимият уйымларына жүкленген ўазыйпалардың декларативлик характерге ийе екени, оларды әмелге асырыўдың шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый механизмлери жеткиликли емеслиги, ўазыйпалардың қайталаныўы ҳәм мәмлекет тәрепинен артықша тәртипке салыў жағдайларының бар екени әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжелилигине унамсыз тәсир етпекте. Атқарыўшы ҳәкимият уйымлары тәрепинен оларға тән болмаған функциялардың орынланыўы, сондай-ақ, сезилерли дәрежеде квази мәмлекетлик сектордың (хожалық басқарыў уйымлары, мәмлекетлик унитар кәрханалары) бар екени экономика тармақларының ҳәм социаллық саланың мәмлекет тәрепинен ҳәдден тыс тәртипке салыныўына алып келмекте;
атқарыўшы ҳәкимият уйымларының жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаўдың әмелдеги системасы қабыл етилип атырған қарарлардың орынланыўына тосқынлық етип атырған системалы машқалаларды өз ўақтында анықлаў ҳәм сапластырыўды тәмийинлемей атыр. Мәмлекет-ҳәкимият ўәкилликлери берилген көплеген ведомстволараралық коллегиаллық уйымлардың (комиссиялар, кеңеслер, жумысшы топарлар ҳәм басқалар) бар екени атқарыўшы ҳәкимият уйымларының ўазыйпалары менен функцияларының орнын ийелеўине, қабыл етилип атырған қарарлар ҳәм анық нәтийжелерге ерисиў ушын жуўапкершиликтиң төменлеўине алып келмекте;
атқарыўшы ҳәкимият уйымларының жумысын баҳалаў механизмлери тек ғана жағдайларды атап өтиў ҳәм статистикалық мағлыўматларды ағымдағы топлаўдан ибарат болып, бул көпшилик жағдайларда орынлардағы жумыслардың ҳақыйқый жағдайын сәўлелендирмейди;
атқарыўшы ҳәкимият уйымлары ҳәм олардың басшылары жуўапкершилик салаларының анық шегарасы, әсиресе, орынларда атқарыўшы ҳәкимият уйымларының ишки ведомстволық және ведомстволараралық өз-ара бирге ислесиўиниң тәсиршең механизмлери жоқ;
мәмлекетлик функциялар менен ўәкилликлердиң ҳәдден тыс орайластырылғаны аймақларды раўажландырыў бағдарламасын қәлиплестириўде ҳәм халықтың ең әҳмийетли машқалаларын шешиўде жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары ролиниң төменлеўине алып келмекте;
басқарыў процесине жумысларды режелестириўдиң ҳәм шөлкемлестириўдиң заманагөй инновациялық усылларын, алдынғы мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў дәрежеси қабыл етилип атырған қарарлардың нәтийжели әмелге асырылыўын тәмийинлеў ҳәм оның процесин жедел бақлап барыў имканиятын бермейди, сондай-ақ, мәмлекетлик басқарыўда артықша бюрократластырыў ҳәм жоқары қәрежетлердиң жумсалыўына себепши болып есапланады;
хожалық басқарыўы уйымлары тәрепинен мәмлекеттиң тәртипке салыў ҳәм хожалық функциялары қосып алып барылыўы, жеткиликли дәрежеде бейимлесиўшеңликке ҳәм базарға бағдарланғанлыққа ийе болмаған, гөнерген тармақлық басқарыў системасы, индувидуал жеңиллик, преференциялар менен абзаллықлардың тийкарсыз берилиўи нәтийжели бәсеки орталығының раўажланыўына тосқынлық етпекте;
социаллық ҳәм мәмлекетлик-жеке меншик шерикликтиң раўажланбағаны мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң және исбилерменлик субъектлериниң әҳмийетли социаллық-экономикалық машқалаларды шешиўдеги қатнасын шеклейди және ақыбетинде бюджет қәрежетлериниң азайыўын тәмийинлемейди;
атқарыўшы ҳәкимият уйымларының жумысының жеткиликли дәрежеде ашық-айдын емеслиги, жәмийетлик қадағалаўдың ҳәлсиз механизмлери ҳәдден тыс бюрократияның ҳәм корупцияның түрли көринислерине алып келмекте. Мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў дәрежеси халықтың ҳәм бизнестиң қәлеўи менен талапларына жуўап бермей атыр, мәмлекетлик басқарыў системасына болған исенимин арттырыў имканиятын бермей атыр;
айырым басшыларда зәрүр дәрежеде жуўапкершилик пенен инталылықтың жоқ екени аймақларды комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша қойылған ўазыйпаларды ҳәм мақсетли көрсетпелерди өз ўақтында және сапалы шешиўге унамсыз тәсир етпекте. Мәмлекетлик хызметтиң унификацияланған ҳуқықый тийкарлары, мәмлекетлик хызметлердиң статусын белгилейтуғын бирден-бир нормалар, олардың жумысын баҳалаў өлшемлери қәлиплестирилмегенлиги мәмлекетлик хызметлердиң профессионаллық корпусын жаратыў имканиятын бермей атыр;
атқарыўшы ҳәкимият уйымлары хызметкерлерин социаллық-материаллық жақтан қорғаўдың төмен дәреже екени, жүкленген жуўапкершилик дәрежесиниң олардың социаллық-ҳуқықый жағдайына муўапық келмейтуғыны, мийнетке ҳақы төлеўдиң ҳәм социаллық тәмийнат қорын қәлиплестириўдиң бирден-бир принциплериниң жоқ екени маман кадрлардың мәмлекетлик хызметтен шығып кетиўи ҳәм коррупциялық жағдайлар, мәмлекет тәрепинен ажыратылып атырған қаржы ресурсларының әдалатсыз және надурыс бөлистирилиўине шараят жаратпақта.
Мәмлекетлик басқарыў системасындағы бар кемшиликлер жәмийеттиң өсип атырған талапларына зәрүр дәрежеде мүнәсибет билдириўге, орынларда жыйналып қалған машқалаларды шешиўге, экономиканы жедел раўажландырыўға, ақыбетинде болса адамлардың турмысында күтилип атырған унамлы өзгерислерге ерисиўди тәмийинлеў мүмкиншилигин бермейди.
Усы мүнәсибет пенен төмендеги тийкарғы бағдарларды нәзерде тутатуғын Ҳәкимшилик реформалардың концепциясын табыслы әмелге асырыў арқалы мәмлекетлик басқарыўдың концептуалллық жаңа моделин қәлиплестириў айрықша әҳмийетке ийе:
- I. Атқарыўшы ҳәкимият уйымлары жумысының институциональлық ҳәм шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый тийкарларын жетилистириў.
- Атқарыўшы ҳәкимият уйымлары, соның ишинде, олардың структуралық ҳәм аймақлық бөлимлерин шөлкемлестириўдиң ҳәм сапластырыўдың ҳәкимшилик аппарат, бюджет жүклемесиниң тийкарсыз артыўы ҳәм мәмлекетлик басқарыўды бюрократластырыўдың алдын алыўға қаратылған анық өлшемлери менен тәртип-қағыйдаларын енгизиў.
- Реал мүтәжликке, социаллық-экономикалық процесслерге унамсыз тәсир етиўге жол қоймаў, республикалық ҳәм аймақлық атқарыўшы ҳәкимият уйымлары арасындағы тең салмақсызлықты сапластырыў, сондай-ақ, кадрлар менен материаллық ресурслардың дурыс бөлистирилиўин тәмийинлеўди есапқа ала отырып, атқарыўшы ҳәкимият уйымларын, олардың структуралары менен бөлимлерин оптималластырыў.
- Атқарыўшы ҳәкимият уйымлары ҳәм олардың басшыларының Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң тийисли департаментлери менен өз-ара бирге ислесиўи механизмлерин қайта көрип шығыўдың ҳәм жетилистириўдиң есабынан бириктирилген салада мәмлекетлик сиясаттың әмелге асырылыўы ушын олардың еркинлигин және жуўапкершилигин арттырыў.
- Ҳәкимшилик тәртип-қағыйдаларды оптималластырыў, басқарыў процесин автоматластырыў, аймақларда ҳәм пүткил елимизде жүзеге келип атырған қәўип-қәтерлерге өз ўақтында ҳәм мүнәсип тәсир етиў ушын мәлимлеме алмасыўдың нәтийжели системасын жетилистириў мақсетинде барлық дәрежедеги атқарыўшы ҳәкимият уйымларының жумысында «Электрон ҳүкимет» системасын ҳәм заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын буннан былай да кеңнен енгизиў.
- Төмендегилер арқалы мәмлекетлик хызметлер көрсетиў системасын буннан былай да жетилистириў:
«бир айна», соның ишинде, ведомстволық орайлардың негизинде физикалық ҳәм юридикалық шахсларға мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң бирден-бир орайларын шөлкемлестириў;
барлық мәмлекетлик хызметлерди тәртипке салыў, оларды бирден-бир реестрге киргизиў;
мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўде атқарыўшы ҳәкимият уйымлары тәрепинен ведомстволараралық бирге ислесиў арқалы зәрүр болған ҳүжжетлер менен мағлыўматлардың дизимин белгилеў ҳәм басқышпа-басқыш кеңейтиў.
- Атқарыўшы ҳәкимият уйымлары ҳәм олардың лаўазымлы шахсларының қарарлары менен ҳәрекетлери (ҳәрекеткетсизлиги) үстинен жоқары туратуғын уйымларға шағым етиў тәртибин жетилистириў, келиспеўшиликлерди судқа шекем шешиў усылы сыпатында физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларын коллегиаллық түрде тыңлаў механизмлерин енгизиў арқалы ҳәкимшилик әдиллик системасын раўажландырыў.
- II. Атқарыўшы ҳәкимият уйымларының ўазыйпалары (функциялары, ўәкилликлери)н, оларды әмелге асырыў механизмлери менен жуўапкершилик саласын айқынластырыў, муўапықластырыў ҳәм өз-ара бирге ислесиў процесслерин жетилистириў.
- Атқарыўшы ҳәкимият уйымлары ҳәм олардың басшыларының анық ўазыйпалары (функциялары, ўәкилликлери)н ҳәм жуўапкершилик саласын белгилеў, ҳәр бир ўазыйпа менен функцияны әмелге асырыў механизмлерин белгилейтуғын, соның ишинде, мәлимлеме-талқылаў қоллап-қуўатлаў, стратегиялық режелестириў, жойбарлық басқарыў, тәртипке салыў функцияларын әмелге асырыў, мәмлекетлик хызметлер көрсетиў мәселелери бойынша ҳәкимшилик тәртип-қағыйдаларды ҳәм регламентлерди енгизиў.
- Аймақларды раўажландырыў бойынша ўазыйпаларды шешиўде барлық дәрежедеги атқарыўшы ҳәкимият уйымларының нәтийжели жумысын шөлкемлестириў ҳәм күшлерин бағдарлаў, сондай-ақ, тар ведомстволық қатнас жасаў жағдайларының алдын алыў имканиятын беретуғын атқарыўшы ҳәкимият уйымларының жумысын муўапықластырыўдың ҳәм қадағалаўдың «Өзбекистан Республикасы Президенти аппараты – Министрлер Кабинети – республикалық мәмлекетлик басқарыў уйымлары – структуралық ҳәм аймақлық бөлимлер – жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары» тәсиршең системасын енгизиў.
- Тийисли ўәкилликлерди анық мәмлекетлик уйымларға өткериў ҳәм оларға қабыл етилип атырған қарарлардың нәтийжеси ушын жуўапкершиликти жүклеў арқалы мәмлекет-ҳәкимият ўәкилликлери берилген ведомстволараралық коллегиаллық уйымлар (комиссиялар, кеңеслер, жумысшы топарлар ҳәм басқалалар)ды түп-тийкарынан қысқартыў.
- Аймақлардың өзине тән өзгешеликлерин ҳәм орынлардағы әҳмийетли машқалаларды комплексли шешиў зәрүрлигин есапқа ала отырып, мәмлекетлик ҳәм аймақлық раўажландырыў бағдарламаларын қәлиплестириўде аймақлық атқарыўшы ҳәкимият уйымларының инталылығын арттырыў және олардың ролин күшейтиў.
- Мақсетли индикаторларға ерисиўге ҳәм стратегиялық раўажланыў бағдарламаларын әмелге асырыў нәтийжелилигине тийкарланған барлық дәрежедеги атқарыўшы ҳәкимият уйымлары ҳәм олардың басшыларының жумысын, соның ишинде, бағдарламалық бюджетлестириў ҳәм ўәкилликли ҳәкимият уйымлары тәрепинен олардың есап-санақларын тыңлаў жолы менен баҳалаўдың принципиаллық жаңа системасын енгизиў.
- Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди олардың тәсирин зәрүр дәрежеде баҳаламай турып қабыл етиўге жол қоймаў, сондай-ақ, коллизионлық нормалар, еки түрли шолыў, коррупциялық көринислер ҳәм мәмлекет тәрепинен артықша тәртипке салыў жағдайларына алып келетуғын ведомстволық нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди қабыл етиў әмелиятын басқышпа-басқыш сапластырыўды нәзерде тутатуғын «ақыллы тәртипке салыў» модельлерин ҳәм қабыл етилип атырған қарарлардың тәртипке салыў тәсирин талқылаўдың стандартластырылған методикасын енгизиў.
- Атқарыўшы ҳәкимият уйымларының жумысын бар машқалалардың ақыбетлерине қарсы гүресиўге емес, ал оның себеплери менен шәртлерин сапластырыўға бағдарлаў мақсетинде айырым мәмлекетлик функцияларды жәмийетлик қадағалаў субъектлерине өткериў ҳәм артықша ҳәкимшилик тәртипке салыўды азайтыў арқалы тәртипке салыў усылларын жетилистириў.
- Жумысты шөлкемлестириўдиң анық нәтийжелерине ерисиўге қаратылған заманагөй усылларды (сапа менеджменти, индикативлик режелестириў, аутсорсинг, краудсорсинг) енгизиў.
- Раўажланыў бағдарламаларын ислеп шығыў ҳәм олардың әмелге асырылыўын мониторинг етиў процесине пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлери менен ашық-айдын пикирлесиўди тәмийинлейтуғын жәмийетшилик пенен бирге ислесиўдиң заманагөй түрлерин (виртуал қабыллаўханалар, «исеним телефонлары») кеңнен енгизиў.
III. Экономика тармақларына ҳәкимшилик тәсир етиўди буннан былай да қысқартыўдың ҳәм басқарыўдың базар механизмлерин кеңейтиў.
- Ең зәрүр экономика тармақлары менен социаллық салаларда (санаат, транспорт, энергетика ҳәм басқалар) нәтийжели бәсекилик орталығын раўажландырыўға, мәмлекетлик ҳәм коммерциялық мәплердиң соқлығысыўын сапластырыўға қарата отырып, басқарыў системасын жетилистириў.
- Жеке сектор нәтийжели жумыс ислеп атырған салаларда мәмлекеттиң қатнасындағы коммерциялық шөлкемлерди дүзиўге шеклеў илажларын белгилеў ҳәм әмелдеги кәрханаларды қайта шөлкемлестириў, сондай-ақ, нәтийжели бәсекилик орталығының раўажланыўын шеклеп атырған өз алдына хожалық жүргизиўши субъектлерге эксклюзивлик ҳуқықлар, индивидуаллық жеңиликлер және преференциялар бериў әмелиятынан ўаз кешиў.
- Экономикалық жумыста, бәринен бурын, мәмлекетлик унитар кәрханаларын шөлкемлестириў ҳәм олардың жумысын басқарыў, исенимли басшылардың ҳәм мәмлекеттиң исенимли ўәкиллериниң ўәкилликлерин, олардың экономикалық ҳәм басқарыў нәтийжелилигин арттырыў, биринши гезекте, мәмлекетлик активлерди басқарыў системасының қаржылай ашық-айдынлығын ҳәм нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған мәмлекеттиң қатнасындағы хожалық жүргизиўши субъектлерди басқарыўдың корпоративлик механизмлерин раўажландырыў салаларында мәмлекеттиң қатнасының анық базар механизмлерин ислеп шығыў.
- Қадағалаў ўәкиллигине ийе атқарыўшы ҳәкимият уйымларын («Ўздавнефтьгазинспекция», «Ўздавэнергоназорат» ҳәм басқалар) олардың қадағалаўы астындағы хожалық басқарыў уйымлары («Ўзбекнефтьгаз» АЖ, «Ўзбекэнерго» АЖ ҳәм басқалар) есабынан қаржыландырыў әмелиятынан ўаз кешиў.
- Социаллық-экономикалық раўажланыўдың әҳмийетли мәселелерин (билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, туризм, коммуналлық хожалық, жол-транспорт инфраструктурасы) шешиўде мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ҳәм исбилерменлик субъектлериниң кеңнен қатнасыўын тәмийинлеўге және бюджет қаржыларын азайтыўға қаратылған социаллық ҳәм мәмлекетлик-жеке меншик шерикликтиң ҳуқықый ҳәм институциональлық базасын жетилистириў.
- Лицензиялаў, сертификатластырыў, аккредитациядан өткериў ҳәм руқсат бериў тәртип-қағыйдалары арқалы мәмлекетлик функциялардың зәрүр дәрежеде орынланыўы үстинен мәмлекетлик қадағалаў механизмлерин енгизе отырып, олардың айрымларын жеке меншик секторға өткериў. Сондай-ақ, мәмлекетлик қадағалаўдың артықша ҳәкимшилик илажларын (лицензиялаў ҳәм руқсат бериў тәртип-қағыйдалары), соның ишинде, оларды альтернатив тәртипке салыў түрлерине (жуўапкершиликти мәжбүрий қамсызландырыў, муўапықлықты декларациялаў ҳәм басқалар) алмастырыў арқалы қысқартыў.
- IV. Вертикал басқарыў системасы ҳәм атқарыўшы ҳәкимият уйымларының бирге ислесиўи механизмлерин жетилистириў.
- Республикалық мәмлекетлик басқарыў уйымларының ўәкилликлерин жергиликли мәмлекетлик басқарыў уйымларына, ўәлаятлықтан районлық (қалалық) мәмлекетлик басқарыў уйымларына өткериўди нәзерде тутқан ҳалда, мәмлекетлик басқарыўды басқышпа-басқыш орайластырмаў. Мәмлекетлик басқарыўдың ҳәр қыйлы дәрежедеги өз-ара функциялары менен ўәкилликлерин, атап айтқанда, улыўма мәмлекетлик көлемдеги стратегиялық мәселелерди республикалық атқарыўшы ҳәкимият уйымларында қалдырыў, сондай-ақ, олар тәрепинен жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларына берилген ўәкилликлерден зәрүр дәрежеде пайдаланып атырғаны үстинен қадағалаўды анық шеклеў.
- Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының қаржы имканиятларын, соның ишинде, жергиликли бюджетке салық төлемлерин көбейтиў және аймақларды раўажландырыў бағдарламаларын ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў мақсетинде жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының салық салыў базасын кеңейтиўден мәпдарлығын күшейтиў арқалы кеңейтиў.
- Ҳәкимниң жергиликли ҳәкимият ўәкиллик уйымының басшысы сыпатындағы статусын онда атқарыўшы ҳәкимият басшысы статусын сақлаған ҳәм халық депутатлары Кеңеслериниң секретариатын дүзген ҳалда қайта көрип шығыў арқалы жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият системасын шөлкемлестириўде ҳәкимиятлардың бөлиниў принципиниң әмелий орынланыўын тәмийинлеў.
- Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының, әсиресе, халық депутатлары Кеңеслериниң атқарыўшы ҳәкимият уйымлары аймақлық бөлимлериниң жумысын қадағалаў бойынша ролин ҳәм жуўапкершилигин арттырыў.
- Тийисли ўәкилликлерди ҳәкимге басқышпа-басқыш өткериў арқалы аймақлық атқарыўшы ҳәкимият уйымларының басшы кадрларын таңлаў ҳәм орны-орнына қойыў мәселелеринде жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының ўәкилликлерин күшейтиў.
- Келешекте жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары менен ҳәкимлердиң жумысы үстинен тәсиршең жәмийетлик қадағалаўды тәмийинлеўге қаратылған ҳәкимлерди сайлаў тәртибин енгизиў.
- Социаллық-экономикалық раўажланыўдың әҳмийетли мәселелерин шешиўде пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының ролин ҳәм жумыс нәтийжелилигин арттырыў.
- V. Мәмлекетлик басқарыў системасына стратегиялық режелестириўдиң заманагөй түрлерин, инновациялық идеяларды, қолланбалар менен технологияларды енгизиў.
- Елимиздиң интелектуаллық ҳәм технологиялық потенциалын арттырыўдың узақ мүддетли сценарийлери тийкарында тийкарғы салалалар менен тармақларды инновациялық раўажландырыўдың келешектеги модельлерин қәлиплестириў имканиятын беретуғын стратегиялық режелестириў системасын жаратыў.
- Мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң тәртип-қағыйдаларын оптималластырыўды ҳәм әпиўайыластырыўды, мәмлекетлик уйымлардың жумыс нәтийжелилигин арттырыўды тәмийинлейтуғын мәмлекетлик басқарыўдың инновациялық түрлерин енгизиў.
- Илимий-изертлеўди ҳәм инновациялық жумысты раўажландырыў саласын, соның ишинде, инновациялық идеялар менен технологияларды ислеп шығыў ҳәм ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў және оған инвестицияларды кеңнен тартыў, оларды буннан былай да раўажландырыўды тәмийинлейтуғын нормативлик-ҳуқықый базаны қәлиплестириў.
- Илимий-изертлеўдиң ҳәм инновациялық жумыстың заманагөй жетискенликлерин енгизиўдиң нәтийжели механизмлерин, соның ишинде, илимий-экспериментальлық қәнигелестирилген лабораториялар, жоқары технологиялар орайларын ҳәм технопарклерди шөлкемлестириў арқалы жаратыў.
- Тәбиятты қорғаў, ресурсты ҳәм энергияны үнемлейтуғын технологияларды, соның ишинде, альтернативлик ҳәм қайта тикленетуғын энергия дәреклерин қолланыўды раўажландырыў, суўды тазалаўдың және оны душшыландырыўдың заманагөй түрлерин кеңейтиў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў арқалы кеңнен енгизиў.
- VI. Профессионаллық мәмлекетлик хызметтиң нәтийжели системасын қәлиплестириў, атқарыўшы ҳәкимият уйымларының системасында коррупцияға қарсы гүресиўдиң тәсиршең механизмлерин енгизиў.
- Мәмлекетлик хызметкерлердиң профессионаллық корпусын жаратыў мақсетинде мәмлекетлик хызметти шөлкемлестириў, соның ишинде, ҳуқықый статусы, мәмлекетлик хызметкерлердиң классификациясы, хызметке қабыл етиўдиң ашық механизмлери (таңлаў тийкарында), кадрлардың резервин қәлиплестириў, хызметти атқарыў, әдеп-икрамлылық қағыйдаларына әмел етилиўин тәмийинлеў мәселелерин тәртипке салатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын ислеп шығыў.
- Өзбекистан Республикасы Президенти жанында бирден-бир мәмлекетлик кадрлар сиясатын әмелге асырыў ушын жуўапкер болған қәнигелестирилген уйымды шөлкемлестириў.
- Мәмлекетлик басқарыў саласында қәнигелерди таярлаўдың ҳәм мәмлекетлик хызметкерлердиң маманлығын арттырыўдың арнаўлы билимлендириў бағдарларын ислеп шығыў, жеке табысы, билими менен кәсиплик шеберлиги тийкарында олардың жумыс нәтийжелилигин баҳалаўдың заманагөй усылларын енгизиў.
- Мәмлекетлик хызметтиң тартымлылығын арттырыў, коррупцияның жүзеге келиўқәўпин ҳәм лаўазымынан өзиниң мәпи ушын пайдаланыўды азайтыў имканиятын беретуғын мәмлекетлик хызметкерлердиң мийнетине ҳақы төлеўдиң ҳәм социаллық тәмийнлеўдиң заманагөй системасын жаратыў.
- Атқарыўшы ҳәкимият уйымлары жумысының ашық-айдынлығын ҳәм жәриялылығын тәмийинлеў, физикалық ҳәм юридикалық шахсларға мәлимлеме усыныўдың заманагөй түрлерин енгизиў, жәмийет ҳәм бизнес пенен өз-ара бирге ислесиўде артықша ҳәкимшилик қәрежетлерди жумсаўды тоқтатыў.
- Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары менен ислесиў системасын буннан былай да жетилистириў, халық пенен ашық-айдын пикирлесиўди жолға қойыўдың жаңа, нәтийжели механизмлери менен усылларын жаратыў.
- Жумыс ўақты ҳәм материаллық-өндирислик ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў есабынан атқарыўшы ҳәкимият уйымлары хызметкерлериниң мийнет өнимдарлығын артырыў.
VII. Ҳәкимшилик реформалардың әмелге асырылыўынан күтилип атырған нәтийжелер.
- Күтилип атырған реформалардың толық әмелге асырылыўын тәмийинлеўге, жәмийетлик-сиясий ҳәм социалық-экономикалық раўажланыўдың машқалаларын өз ўақтында анықлаўға ҳәм нәтийжели шешиўге уқыплы болған, инновациялық раўажланыўдың пүткил жер жүзилик тенденцияларына жуўап беретуғын мәмлекетлик басқарыў системасын жаратыў, соның ишинде, төмендегилер арқалы:
қосымша ҳәм өзине тән болмаған ўазыйпаларды, функциялар менен ўәкилликлерди сапластырыў, қайталаўды ҳәм параллелизмди сапластырыў есабынан мәмлекетлик басқарыў системасын оптималластырыў ҳәм орайластырмаў;
мәмлекетлик басқарыўды бюкрократиядан жырақластырыў ҳәм оның жумсалатуғын қәрежетлерин азайтыў, басқарыў қарарларын қабыл етиў системасының жумыс нәтийжелилигин ҳәм ашық-айдынлығын арттырыў;
стратегиялық режелестириў, инновациялық идеялар, қолланбалар менен технологиялар системасын енгизиў;
экономика тармақларына ҳәкимшилик тәсир етиўди буннан былай да қысқартыў және басқарыўдың нәтийжели бәсекилик орталығын раўажландырыў, елимиздиң инвестициялық тартымлылығын ҳәм халықтың ҳәрекет етиў белсендилигин арттырыўға қаратылған базар механизмлерин кеңейтиў;
жәмийетлик ҳәм парламентлик қадағалаўдың, бәринен бурын, коррупциялық көринислердиң алдын алыўға қаратылған нәтийжели түрлерин енгизиў.
- Пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеўдиң тәсиршең механизмлерин жаратыў, олардың абаданлығын ҳәм атқарыўшы ҳәкимият уйымларының жумысынан қанаатланыў дәрежесин буннан былай да арттырыў, соның ишинде, төмендегилер арқалы:
мәмлекетлик уйымлардың физикалық ҳәм юридикалық шахслар менен ҳуқықый қатнасықларын анық тәртипке салыўға қаратылған ҳәкимшилик тәртип-қағыйдаларды жетилистириў;
атқарыўшы ҳәкимият уйымларының қарарлары менен ҳәрекетлери үстинен шағым етиў тәртибин жетилистириўди, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларын коллегиаллық тыңлаў механизмлерин енгизиўди нәзерде тутатуғын ҳәкимшилик әдиллик системасын раўажландырыў;
«Электрон ҳүкимет» системасын жетилистириў арқалы мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң нәтийжелилигин арттырыў;
жәмийетте нызам үстинлигин тәмийинлеў.
Ҳәкимшилик реформаларды нәтийжели әмелге асырыўдың соңғы нәтийжесинде «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, ал мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиўи керек» деген идеяның турмысқа толық енгизилиўи зәрүр.
***
Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Өзбекистан Республикасы Ҳәкимшилик реформалар концепциясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы Пәрманына ТҮСИНИК
Елимиз раўажланыўының заманагөй басқышында кең көлемли реформалардың табыслы әмелге асырылыўы мәмлекетлик басқарыўдың улыўма жаңа ҳәм нәтийжели жумыс алып баратуғын системасын жаратыўды талап етеди.
Усы мүнәсибет пенен елимизде мәмлекетлик басқарыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў ҳәм модернизациялаў бойынша салмақлы жумыслар әмелге асырылмақта.
Мәмлекетлик уйымлар жумысының ашық-айдынлығын тәмийинлеў ҳәм мәмлекетлик хызметлер көрсетиў системасын жетилистириў ушын электрон порталлар менен мағлыўматлар базалары жаратылды.
Атап айтқанда, руқсат беретуғын ҳүжжетлер менен лицензия алыўды әпиўайыластырыў ушын www.license.gov.uz, «бир айна» принципи бойынша мәмлекетлик хызметлер көрсетиўди тәмийинлеў ушын birdarcha.uz веб-сайтлары жаратылды. Мәмлекетлик хызметлерди қайта көрип шығыў ҳәм оптималластырыў нәтийжесинде исбилерменлик субъектлерин дизимге алыўдың тәртип-қағыйдалары 4 мәртеге, дизимге алыў ушын зәрүр ўақыт болса 30 минутқа шекем қысқартылды.
Соның менен бирге, соңғы жылда әмелге асырылған кең көлемли жумыслардың объектив талқыланыўы, мәмлекетлик басқарыў уйымларының жумысы, халық пенен ашық-айдын ҳәм тиккелей пикирлесиў нәтийжелери бар машқалалар менен кемшиликлерди системалы шешиўге мүтәжлик сезилгенин көрсетти.
Бул, биринши гезекте, төмендеги жағдайларға байланыслы:
-бир қатар ведомстволардың ўазыйпалары декларативлик өзгешеликке ийе екенлиги ҳәм оларды әмелге асырыўдың шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый механизми жетерли емеслиги;
-тек жағдайларды көрсетиў ҳәм статисканы жыйнаўдан ибарат болып қалған жумысты баҳалаўдың нәтийжесиз системасы ҳәм ол көпшилик жағдайларда орынлардағы жумыслардың ҳақыйқый жағдайын сәўлелендирмейди;
-аймақларды раўажландырыў бағдарламаларын қәлиплестириў ҳәм халықтың ең әҳмийетли машқалаларын шешиўде жергиликли ҳәкимият уйымларындағы жумыстың төменлеўине алып келетуғын мәмлекетлик функциялардың ҳәдден тыс орайластырылғанлығы;
-бюрократластырыўға ҳәм жоқары қәрежет жумсалыўына алып келип атырған инновациялық раўажланыўдың төмен дәрежеси;
-хожалық басқарыўы уйымлары тәрепинен мәмлекеттиң тәртипке салыў ҳәм хожалық функцияларының қосып алып барылыўы, нәтийжели бәсекилик орталығының раўажланыўына тосқынлық ететуғын жеңилликлер менен преференцияларды таңлап усыныс етиў әмелияты;
-аймақлардың раўажланыўына унамсыз тәсир етип атырған айырым басшыларда зәрүр дәрежеде жуўапкершилик пенен инталылықтың жоқ екенлиги;
Усы кемшиликлер экономика тармақларын ҳәм социаллық саланы модернизациялаў, аймақларды ҳәр тәреплеме раўажландырыў, халықтың турмыс дәрежеси менен абаданлығын арттырыў бойынша мәмлекетлик сиясатты табыслы әмелге асырыўға тосқынлық етпекте.
Бул бойынша Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен қабыл етилген «Өзбекистан Республикасында Ҳәкимшилик реформалар концепциясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы Пәрман 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын әмелге асырыўда әҳмийетли қәдем болып есапланады және мәнисине бола Өзбекистанның мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылысында жаңа бетти ашып береди.
Өзбекистан Республикасында Ҳәкимшилик реформалар концепциясында мәмлекетлик басқарыў системасын түп-тийкарынан реформалаўдың 6 тийкарғы бағдары белгилеп берилди.
Биринши бағдар атқарыўшы ҳәкимият уйымлары жумысының институциональлық ҳәм шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый тийкарларын жетилистириўге бағышланған. Бул саладағы илажлар төмендегилерди нәзерде тутады:
-атқарыўшы ҳәкимият уйымларын шөлкемлестириў ҳәм сапластырыўдың анық өлшемлерин және тәртип-қағыйдаларын енгизиў;
-кадрлардан ҳәм материаллық ресурслардан ақылға уғрас пайдаланған ҳалда, атқарыўшы ҳәкимият уйымларын оптималластырыў;
-атқарыўшы ҳәкимият уйымларының бийғәрезлигин арттырыў ҳәм олардың Министрлер Кабинети менен өз-ара бирге ислесиўи механизмлерин жетилистириў;
-мәмлекетлик хызметлер көрсетиў системасын избе-из жетилистириў ҳәм «Электрон ҳүкимет» системасын буннан былай да кеңнен енгизиў;
-ҳәкимшилик әдилликти раўажландырыў ҳәм мүражатларды коллегиал тыңлаўды енгизиў.
Екинши бағдар атқарыўшы ҳәкимият уйымларының ўазыйпаларын, оларды әмелге асырыў механизмлерин ҳәм жуўапкершилик салаларын айқынластырыўды нәзерде тутады. Усы мүнәсибет пенен төмендеги мәселелер бойынша илажлар көриледи:
-раўажланыў бағдарламаларын қәлиплестириўде аймақлық атқарыўшы ҳәкимият уйымларының инталылығын ҳәм ролин арттырыў;
-мақсетли индикаторларға ерисиўге тийкарланған, барлық дәрежедеги атқарыўшы ҳәкимият уйымлары ҳәм олардың басшыларының жумысын баҳалаўдың принципиал жаңа системасын енгизиў;
-халықаралық әмелиятта нәтийжели қолланылып атырған, соның ишинде, сапа менеджменти, индикатив режелестириў, аутсорсинг, краудсорсинг сыяқлы жумысты шөлкемлестириўдиң заманагөй усылларынан пайдаланыў;
-раўажланыў бағдарламаларын ислеп шығыў ҳәм олардың әмелге асырылыўын мониторинг етиўде жәмийетшилик пенен өз-ара бирге ислесиўдиң заманагөй түрлерин енгизиў.
Үшинши бағдар экономика тармақларына ҳәкимшилик тәсирди қысқартыў ҳәм басқарыўдың базар механизмлерин кеңейтиў болып есапланады. Бул бағдарда төмендегилер режелестирилмекте:
-жеке сектор нәтийжели жумыс ислеп атырған салаларда мәмлекеттиң қатнасындағы коммерциялық шөлкемлерди дүзиўди шеклеў ҳәм әмелдеги мәмлекетлик кәрханаларды қайта шөлкемлестириў;
-экономикалық жумыста мәмлекеттиң қатнасыўының анық базар механизмлерин ислеп шығыў;
-социаллық-экономикалық мәселелерди шешиўде социаллық және мәмлекетлик-жеке меншик шерикликтиң ҳуқықый ҳәм институциональлық базасын жетилистириў;
-айырым мәмлекетлик функцияларды жеке секторға өткериў.
Төртинши бағдарда, соның ишинде, төмендегилер арқалы вертикал басқарыў системасын ҳәм атқарыўшы ҳәкимият уйымларының бирге ислесиў механизмлерин жетилистириў нәзерде тутылған:
-мәмлекетлик басқарыўды басқышпа-басқыш орайластырмаў;
-жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының қаржы имканиятларын кеңейтиў, олардың ролин және жуўапкершилигин арттырыў;
-аймақлық уйымлардың басшы кадрларын таңлаў ҳәм орны-орнына қойыў мәселелеринде жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының ўәкилликлерин күшейтиў.
Бесинши бағдар мәмлекетлик басқарыў системасына стратегиялық режелестириўдиң заманагөй түрлерин, инновациялық идеяларды, қолланбалар менен технологияларды енгизиў бойынша илажларды өз ишине алған. Усы илажлардың қатарында төмендегилерди атап өтиў зәрүр:
-мәмлекетлик хызметлер көрсетиў тәртип-қағыйдаларын оптималластырыўды ҳәм әпиўайыластырыўды тәмийинлейтуғын мәмлекетлик басқарыўдың инновациялық түрлерин енгизиў;
-инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды ислеп шығыўға инвестицияларды белсене тартыў;
-заманагөй илимий-изертлеўлерди ҳәм инновациялық жетискенликлерди енгизиў ушын зәрүр болған раўажланған инфраструктураны жаратыў;
-тәбиятты қорғаў, ресурс ҳәм энергияны үнемлейтуғын технологияларды кеңнен енгизиў.
Соңғы алтыншы бағдарда профессионал мәмлекетлик хызметтиң нәтийжели системасын қәлиплестириў, сондай-ақ, коррупцияға қарсы гүресиўдиң тәсиршең механизмлерин орнатыў белгиленген. Оларға ерисиў ушын төмендегилер режелестирилген:
-мәмлекетлик хызметтиң ашық-айдынлығын тәмийинлеў, халық пенен ашық-айдын пикирлесиўди жолға қойыўдың жаңа механизмлерин енгизиў;
-мәмлекетлик хызметкерлердиң мийнетине ҳақы төлеў ҳәм социаллық тәмийинлениўиниң заманагөй системасын киргизиў арқалы олардың мийнет өнимдарлығын арттырыў.
Буннан тысқары, Пәрман менен Өзбекистан Республикасында Ҳәкимшилик реформалар концепциясы нормаларын әмелий жүзеге шығарыў бойынша 40 тан аслам анық илажларды нәзерде тутатуғын «Жол картасы» тастыйықланды.
Сондай-ақ, Өзбекистан Республикасында Ҳәкимшилик реформалар концепциясын әмелге асырыў бойынша комиссия ҳәм мәмлекетлик басқарыў системасын сын көз-қарастан үйрениў ҳәм оны түп-тийкарынан реформалаў бойынша жумысшы топарлар шөлкемлестирилди.
Комиссия жумысшы топарлар тәрепинен тийисли нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарлары сапалы ислеп шығылыўын шөлкемлестиреди, сондай-ақ, Ҳәкимшилик реформалар концепциясы ҳәм «Жол картасы» ның толық, өз ўақтында және сапалы әмелге асырылыўы үстинен қатаң қадағалаў алып барады.
Соның менен бир қатарда, Комиссияға мәмлекетлик басқарыў системасын сын көз-қарастан үйрениў ҳәм оны түп-тийкарынан реформалаў бойынша усыныслар таярлаў кестесин тастыйықлаў ўазыйпалары жүкленди, соған тийкарланып 100 ден аслам мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыўы уйымларының жумысын қайта көрип шығыў режелестирилди.
Ҳәкимшилик реформалардың әмелге асырылыўы төмендеги нәтийжелерге ерисиўге қаратылған.
- Күтилип атырған реформалардың толық әмелге асырылыўын тәмийинлеўге, жәмийетлик-сиясий ҳәм социаллық-экономикалық раўажланыўдың машқалаларын өз ўақтында анықлаўға және нәтийжели шешиўге уқыплы болған, инновациялық раўажланыўдың пүткил жер жүзилик тенденцияларына жуўап беретуғын мәмлекетлик басқарыў системасын жаратыў, соның ишинде, төмендегилер арқалы жаратыў:
-қосымша ҳәм өзине тән болмаған ўазыйпаларды, функцияларды және ўәкилликлерди сапластырыў, қайталаўды ҳәм параллелизмди сапластырыў есабынан мәмлекетлик басқарыў системасын оптималластырыў және орайластырмаў;
-мәмлекетлик басқарыўды бюрократиядан жырақластырыў ҳәм оның қәрежетлерин азайтыў, басқарыў қарарларын қабыл етиў системасының жумыс нәтийжелилигин ҳәм ашық-айдынлығын арттырыў;
-стратегиялық режелестириў, инновациялық идеялар, қолланбалар ҳәм технологиялар системасын енгизиў;
-экономика тармақларына ҳәкимшилик тәсир етиўди және де қысқартыў ҳәм басқарыўдың нәтийжели бәсекилик орталығын раўажландырыў, елимиздиң инвестициялық тартымлылығын ҳәм халықтың исшеңлик белсендилигин арттырыўға қаратылған базар механизмлерин кеңейтиў;
-жәмийетлик ҳәм парламентлик қадағалаўдың, бәринен бурын, коррупция көринислериниң алдын алыўға қаратылған нәтийжели түрлерин енгизиў.
- Пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеўдиң тәсиршең механизмлерин жаратыў, олардың абаданлығын ҳәм атқарыўшы ҳәкимият уйымларының жумысынан қанаатланғанлық дәрежесин буннан былай да арттырыў, соның ишинде, төмендегилер арқалы және де арттырыў:
-мәмлекетлик уйымлардың физикалық ҳәм юридикалық шахслар менен ҳуқықый қатнасықларын анық тәртипке салыўға қаратылған ҳәкимшилик тәртип-қағыйдаларды жетилистириў;
-атқарыўшы ҳәкимият уйымларының қарарлары ҳәм ҳәрекетлери үстинен шағым етиў тәртибин жетилистириўди, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүражатларын коллегиал тыңлаў механизмлерин енгизиўди нәзерде тутатуғын ҳәкимшилик әдиллик системасын раўажландырыў;
-«Электрон ҳүкимет» системасын жетилистириў арқалы мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң нәтийжелилигин арттырыў;
-жәмийетте нызам үстинлигин тәмийинлеў, нызамлылықты ҳәм ҳуқық қорғаўды беккемлеў.
Өзбекистан Республикасында Ҳәкимшилик реформалар концепциясында нәзерде тутылған илажлардың әмелге асырылыўы, сөзсиз, инновациялық раўажланыўдың заманагөй тенденцияларын және жәҳән стандартларын есапқа алған ҳалда мәмлекетлик басқарыў системасын модернизациялаўға жаңа күш бағышлайды.
Улыўма алғанда, Өзбекистан Республикасында ҳәкимшилик реформалардың әмелге асырылыўы «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиўи керек» деген уллы идеяны турмысқа толық енгизиўге хызмет етеди.