Өзбекистан Республикасы Президентиниң пәрманы
Өзбекистан Республикасын буннан былай да раўажландырыў бойынша 2017-2021-жылларға мөлшерленген Ҳәрекетлер стратегиясының әмелге асырылыўы мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылысты избе-из жетилистириўди тәмийинлеўге, экономика тармақларын раўажландырыў пәтлерин жеделлестириўге, алдынғы инновациялық және илимий жетискенликлерге тийкарланған технологиялардан пайдаланған ҳалда заманагөй өндиристи жолға қойыўға қаратылған жумысларға жаңаша пәт берди. Бул әҳмийетли мақсетлер жоқары маманлықтағы қәнигелер, педагог ҳәм илимий кадрлар таярлаў системасын алдынғы шет ел тәжирийбесин үйрениў, сондай-ақ, оның ең жақсы жетискенликлерин мәмлекетлик және жәмийетлик структураларға, экономика тармақларына енгизиў тийкарында қатаң қайта көрип шығыў ҳәм жетилистириў зәрүрлигин талап етеди.
Өзбекистан экономикасының салалары менен тармақларын халықаралық мийнет базарында жоқары маманлықтағы ҳәм бәсекиге шыдамлы қәнигелер, педагог ҳәм илимий кадрлар менен өз ўақтында тәмийинлеў бойынша бирден-бир мәмлекетлик сиясатты нәтийжели әмелге асырыў, оларды магистратура ҳәм PhD бағдарламалары, маманлығын арттырыў және стажировкадан өтиў арқалы таярлаў, жетекши шет ел билимлендириў мәкемелеринде билим алыў ушын талабанларды таңлаў тийкарында сайлап алыў механизмлерин жетилистириў, олардың мийнет ҳәм илимий-педагогикалық жумысының мониторингин алып барыў, сондай-ақ, жоқары маманлықтағы шет елли илимпазларды, оқытыўшыларды ҳәм қәнигелерди жоқары билимлендириў мәкемелерине, қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў орайларының оқыў процесине кеңнен тартыў мақсетинде:
- Өзбекистан Республикасы Президентиниң перспективалы жас педагог ҳәм илимий кадрлардың маманлығын арттырыў «Истеъдод» қорының аты «Өзбекистан Республикасы Президентиниң шет елде стипендиантлардың маманлығын арттырыўы, стажировкадан өтиўи ҳәм билим алыўын шөлкемлестириў «Истеъдод» қоры» деп өзгертилсин (кейинги орынларда-Қор).
- Төмендегилер Қор жумысының тийкарғы ўазыйпалары ҳәм мақсетли бағдарлары етип белгиленсин:
алдынғы илимий изертлеўлердиң ҳәм инновациялардың, жоқары технологиялардың жаңа жетискенликлеринде қатнасыў, кәсиплик билимди, көнликпелерди ҳәм маманлықларын заман талапларына үнлес тәризде жаңалаў, жаңа кәсипке, билимлендириўге және әмелиятқа бағдарланған бағдарламаларды өзлестириў мақсетинде экономиканың түрли тармақлары, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик структуралардың перспективалы қәнигелери, билимлендириў мәкемелериниң жоқары интеллектуаллық-дөретиўшилик потенциалға ийе болған педагог ҳәм илимий кадрларының раўажланған мәмлекетлердиң жетекши билимлендириў ҳәм илимий мәкемелеринде маманлығын арттырыўды және стажировкадан өтиўин шөлкемлестириў;
экономика тармақларының, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик структуралардың ҳәзир және келешекте жоқары маман қәнигелерге болған талабын инабатқа алған ҳалда тәмийинлеў ушын таңлаў тийкарында сайланып алынған жоқары билимлендириў мәкемелериниң талантлы питкериўшилерин, сондай-ақ, республикамыздағы экономика тармақларының маман кадрларын дүньяның раўажланған еллериндеги жетекши билимлендириў және илимий мәкемелеринде магистратура ҳәм PhD бағдарламалары бойынша таярлаўды шөлкемлестириў;
шет еллердеги абыройлы билимлендириў ҳәм илимий орайлар, халықаралық және шет елдеги шөлкемлер менен бирге ислесиў байланысларын жолға қойыў ҳәм избе-излик пенен раўажландырыў арқалы жоқары билимлендириў мәкемелерине, сондай-ақ, басшы және педагог кадрларды қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў тармақ орайларының оқыў процесслерине жоқары маманлықтағы шет ел илимпазларын, оқытыўшылары менен қәнигелерин тартыў бойынша илажларды әмелге асырыў;
министрликлерге, ведомостволарға ҳәм басқа да мәмлекетлик шөлкемлерге олар тәрепинен шет елде маманлығын арттырыў, стажировкадан өтиў және магистратура ҳәм PhD бағдарламалары бойынша билим алыўға усынылып атырған талабанларды Қор базасында дәслепки таярлаўды шөлкемлестириўде жәрдем бериў;
экономиканың түрли тармақларының, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик структуралардың перспективалы қәнигелери, педагоглары, илимий кадрлары ҳәм талантлы жаслардың илимий-педагогикалық және интеллектуаллық потенциалын раўажландырыў, алдынғы халықаралық тәжирийбелерди ийелеўи ушын олардың абыройлы халықаралық симпозиумларда, әнжуманларда, олимпиадаларда ҳәм таңлаўларда қатнасыўын шөлкемлестириў;
шет елде маманлығын арттырған ҳәм стажировкадан өткен қәнигелер, илимий педагог кадрлар, сондай-ақ, магистратура ҳәм PhD бағдарламалары бойынша билим алғанлар (кейинги орынларда-стипендиатлар) ҳәм шет елли қәнигелердиң қатнасыўында әнжуманлар, семинарлар, шеберлик сабақларын, тренинг ҳәм басқа да илажларды шөлкемлестириў арқалы алдынғы шет ел тәжирийбелери менен заманагөй педагогикалық технологияларды кеңнен енгизиў ҳәм ғалаба ен жайдырыўды тәмийинлеў;
келешекте экономиканың тийкарғы тармақларында, сондай-ақ, жаңа, перспективалы жумыс салаларында, соның ишинде, сапалы кадрлар және ресурслар резервин жаратыў ҳәм тийисли бағдарлар бойынша илимий-билимлендириў процесслерин ҳәр тәреплеме хошаметлеў арқалы заманагөй материалларды және алдынғы технологияларды ислеп шығыў саласында ең жоқары дәрежеде нәтийжели жумыс алып барыўын тәмийинлеў мақсетинде стипендиатлардың бирден-бир мағлыўматлар базасын қәлиплестириў;
экономиканың түрли тармақларындағы, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик структуралардағы республиканың перспективалы қәнигелериниң, педагог ҳәм илимий кадрлардың шет елде маманлығын арттырыў, стажировкадан өтиў ҳәм билим алыў нәтийжесинде ийелеген заманагөй алдынғы билимлерин және көнликпелерин олардың келешектеги мийнет, педагогикалық ҳәм илимий жумысының системалы мониторингин алып барыў арқалы әмелиятқа енгизилиўин тәмийинлеў;
стипендиатларды республикамыздағы жоқары билимлендириў мәкемелерине, басшы ҳәм педагог кадрларды қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў орайларының оқыў процесслерине избе-из тартыў.
- Өзбекистан Республикасы Президентиниң шет елде стипендиатлардың маманлығын арттырыўы, стажировкадан өтиўи ҳәм билим алыўын шөлкемлестириў «Истеъдод» қорының Қәўендерлик кеңеси қурамы 1-қосымшаға муўапық;
Өзбекистан Республикасы Президентиниң шет елде стипендиатлардың маманлығын арттырыўы, стажировкадан өтиўи ҳәм билим алыўын шөлкемлестириў «Истеъдод» қоры ҳаққындағы Реже 2-қосымшаға муўапық;
Өзбекистан Республикасы Президентиниң шет елде стипендиатлардың маманлығын арттырыўы, стажировкадан өтиўи ҳәм билим алыўын шөлкемлестириў «Истеъдод» қорының шөлкемлестириўшилик структурасы 3-қосымшаға муўапық;
Шет елде маманлығын арттырыў, стажировкадан өтиў ҳәм билим алыў ушын талабанларды сайлап алыў таңлаўын өткериў тәртиби ҳаққындағы Реже 4-қосымшаға муўапық;
2017/2018 оқыў жылында шет елдиң жетекши билимлендириў ҳәм илимий мәкемелеринде педагог ҳәм илимий кадрлардың маманлығын арттырыўы және стажировкадан өтиўи, жоқары билимлендириў мәкемелери питкериўшилерин магистратура ҳәм PhD бағдарламалары бойынша оқытыўдың мақсетли бағдарламасы 5-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Қордың Қәўендерлик кеңесине тастыйықланған хызметкерлердиң саны шеңберинде Қордың шөлкемлестириўшилик структурасына өзгерислер киргизиў ҳуқықы берилсин.
- Төмендегилер қордың жумысын қаржыландырыў дәреклери етип белгиленсин:
стипендиатлардың шет елдеги билимлендириў ҳәм илимий мәкемелеринде маманлығын арттырыўы, стажировкадан өтиўи ҳәм билим алыўын шөлкемлсетириўге байланыслы қәрежетлер-Қордың тийкарланған есап-санақларына муўапық жоқары билимлендириў мәкемелери объектлерин қурыўға, реконструкциялаўға, ири оңлаўға және үскенелеўге мөлшерленген Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы Билимлендириў ҳәм медицина мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын раўажландырыў қоры ресурсларының 10 проценттен аз болмаған муғдардағы қаржылары есабынан, сондай-ақ, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың қәўендерлик жәрдемлери, халықаралық қаржы институтлары менен шет ел шөлкемлериниң грантлары;
хызметкерлердиң мийнет ҳақысы ушын төлемлерди өз ишине алған Қордың ағымдағы жумысы ҳәм оған жүкленген басқа да ўазыйпаларды орынлаўға байланыслы қәрежетлер-Қордың Қәўендерлик кеңеси тәрепинен тастыйықланған муғдарда Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен келисилген ҳалда республикадағы жоқары билимлендириў мәкемелериниң бюджеттен тысқары (төлем-контракт) қаржыларынан ажыратпалар, сондай-ақ, хожалық жумысы ҳәм шәртнама тийкарында көрсетилген хызметлерден келген түсимлер, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың бийғәрез жәрдемлери және нызамшылықта қадаған етилмеген басқа да дәреклер.
- Қор 2022-жыл 1-январьға шекем мәмлекетлик мақсетли қорларға салық төлемлеринен ҳәм мәжбүрий жыйымлардан азат етилсин.
- Өзбекистан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги Қорға шет ел билимлендириў ҳәм илимий мәкемелери менен байланысларды жолға қойыў, стипендиатларға шет еллердиң визаларын алыў, консуллық дизимине киргизиў, нотариал және басқа да хызметлерди көрсетиў, олардың жиберилген елде маманлығын арттырыўы, стажировкадан өтиўи бойынша билимлендириў мониторингин әмелге асырыўға ҳәр тәреплеме көмеклессин.
- Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик тест орайы ҳәм Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириў сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы:
шет елде маманлығын арттырыўға, стажировкадан өтиўге ҳәм билим алыўға жиберилетуғын талабанларды сайлап алыўды шөлкемлестириўде Қорға ҳәр тәреплеме методикалық жәрдем көрсетилиўин;
Қор тәрепинен шет елде билим алған шахслардың билимлендириў ҳаққындағы ҳүжжетлери нострификациясының (эквивалентлигин тастыйықлаў) тиккелей (арнаўлы сынақлар өткерместен) әмелге асырылыўын тәмийинлесин.
- Өзбекистан Республикасы Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Қордың заманагөй байланыс қуралларына, соның ишинде, ҳүкиметлик байланысқа және кең полосалы интернет тармағына жалғаныўын тәмийинлесин.
- «Өзбекистан ҳаўа жоллары» Миллий авиакомпаниясы Қор тәрепинен усынылған дизимлерге муўапық, орнатылған тәртипте шегирмелердиң сәйкес системасын қолланған ҳалда шет еллерге жиберилип атырған стипендиатларды авиа билетлер менен өз ўақтында тәмийинлесин.
- Қор Ташкент қаласы, Фурқат көшеси, 171-жайда орналастырылсын.
- Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2003-жыл 1-июльдеги «Перспективалы жас педагог ҳәм илимий кадрлардың маманлығын арттырыў және тәжирийбе алмасыў системасын жетилистириў ҳаққында» ғы ПП-3272-санлы Пәрманының 2, 3, 4, 9-бәнтлери ҳәм 5-бәнтиниң 2-хатбасы және 1-4-қосымшалары өз күшин жойытқан деп есаплансын.
- Өзбекистан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм ведомостволар менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққында Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекистан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйлери У.С.Исмаилов ҳәм А.Н.Юнусходжаевқа жүкленсин.
Өзбекистан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2017-жыл 27-июль
***
Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Өзбекистан Республикасы Президентиниң перспективалы жас педагог ҳәм илимий кадрлардың маманлығын арттырыў «Истеъдод» қорының жумысын буннан былай да жетилистириў ҳаққында» ғы Пәрманына
ТҮСИНИК
Өзбекистан Республикасын буннан былай да раўажландырыў бойынша 2017-2021-жылларға мөлшерленген Ҳәрекетлер стратегиясы мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылысты жетилистириў, экономика тармақларының раўажланыў пәтлерин жеделлестириў, алдынғы инновациялық технологияларды және илимий жетискенликлерди өндириске кеңнен енгизиў ушын үлкен имканият жаратты.
Бул болса шет еллердеги алдынғы тәжирийбелерди үйрениў арқалы мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик структуралар, экономика тармақлары ушын жоқары маманлықтағы қәнигелер, педагог ҳәм илимий кадрлар таярлаў саласын буннан былай да жетилистириўди талап етпекте.
Усы ўазыйпаларды әмелге асырыў мақсетинде елимиздеги ҳәр бир жоқары билимлендириў мәкемеси дүньяның жетекши илимий-билимлендириў мәкемелери менен беккем бирге ислесиў байланысларын орнатыў, оқыў процесине халықаралық билимлендириў стандартларына тийкарланған алдынғы педагогикалық технологияларды, оқыў бағдарламаларын ҳәм оқыў-методикалық материалларды кеңнен енгизиў, маманлығын арттырыў курсларына шет елли бирге ислесиўши билимлендириў мәкемелеринен жоқары маманлықтағы оқытыўшыларды және илимпазларды белсене тартыў, олардың базасында системалы тийкарда республикамыздағы жоқары билимлендириў мәкемелериниң магистрант, жас оқытыўшы ҳәм илимий хызметкерлериниң стажировкадан өтиўи, профессор-оқытыўшыларын қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў системасын түп-тийкарынан өзгертиў лазым.
Өзбекистан экономикасының барлық салалары менен тармақларын халықаралық мийнет базарында жоқары маманлықтағы бәсекиге шыдамлы қәнигелер, педагоглар ҳәм илимий кадрлар менен өз ўақтында тәмийинлеў, оларды магистратура ҳәм PhD бағдарламалары бойынша таярлаў, талабанларды маманлығын арттырыўы ҳәм стажировкадан өтиўи, жетекши шет ел билимлендириў мәкемелеринде билим алыўы ушын сайлап алыўды жетилистириў, олардың мийнет ҳәм илимий-педагогикалық жумысының мониторингин алып барыў, сондай-ақ, жоқары маманлықтағы шет елли илимпазларды, оқытыўшыларды ҳәм қәнигелерди жоқары билимлендириў мәкемелерине, қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў орайларының оқыў процесине кеңнен тартыў мақсетинде бүгинги күнниң талапларынан келип шығып, Өзбекистан Республикасы Президентиниң перспективалы жас педагог ҳәм илимий кадрлардың маманлығын арттырыў «Истеъдод» қорының жумыс бағдарларын, мақсет ҳәм ўазыйпаларын қайта көрип шығыў әҳмийетли мәселеге айланды.
Қабыл етилген Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Өзбекистан Республикасы Президентиниң перспективалы жас педагог ҳәм илимий кадрлардың маманлығын арттырыў «Истеъдод» қорының жумысын буннан былай да жетилистириў ҳаққында» ғы пәрманына муўапық Қордың аты «Өзбекистан Республикасы Президентиниң шет елде стипендиатлардың маманлығын арттырыўы, стажировкадан өтиўи ҳәм билим алыўын шөлкемлестириў «Истеъдод» қоры» деп өзгертилди.
Қор жумысының тийкарғы бағдарлары етип:
алдынғы илимий изертлеўлердиң ҳәм инновациялардың, жоқары технологиялардың жаңа жетискенликлеринде қатнасыў, кәсиплик билимди, көнликпелерди ҳәм маманлықларын заман талапларына үнлес тәризде жаңалаў, жаңа кәсипке, билимлендириўге және әмелиятқа бағдарланған бағдарламаларды өзлестириў мақсетинде экономиканың түрли тармақлары, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик структуралардың перспективалы қәнигелерин, билимлендириў мәкемелериниң жоқары интеллектуаллық-дөретиўшилик потенциалға ийе болған педагог ҳәм илимий кадрларының раўажланған мәмлекетлердиң жетекши билимлендириў ҳәм илимий мәкемелеринде маманлығын арттырыўды және стажировкадан өтиўин шөлкемлестириў;
экономика тармақларының, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик структуралардың ҳәзир және келешекте жоқары маман қәнигелерге болған талабын инабатқа алған ҳалда тәмийинлеў ушын таңлаў тийкарында сайланып алынған жоқары билимлендириў мәкемелериниң талантлы питкериўшилерин, сондай-ақ, республикамыздағы экономика тармақларының маман кадрларын дүньяның раўажланған еллериндеги жетекши билимлендириў және илимий мәкемелеринде магистратура ҳәм PhD бағдарламалары бойынша таярлаўды шөлкемлестириў;
шет еллердеги абыройлы билимлендириў ҳәм илимий орайлар, халықаралық және шет елдеги шөлкемлер менен бирге ислесиў байланысларын жолға қойыў ҳәм избе-излик пенен раўажландырыў арқалы жоқары билимлендириў мәкемелерине, сондай-ақ, басшы және педагог кадрларды қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў тармақ орайларының оқыў процесслерине жоқары маманлықтағы шет ел илимпазларын, оқытыўшылары менен қәнигелерин тартыў бойынша илажларды әмелге асырыў;
министрликлерге, ведомостволарға ҳәм басқа да мәмлекетлик шөлкемлерге олар тәрепинен шет елде маманлығын арттырыў, стажировкадан өтиў және магистратура ҳәм PhD бағдарламалары бойынша билим алыўға усынылып атырған талабанларды Қор базасында дәслепки таярлаўды шөлкемлестириўде жәрдем бериў;
экономиканың түрли тармақларының, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик структуралардың перспективалы қәнигелериниң, педагогларының, илимий кадрларының ҳәм талантлы жаслардың илимий-педагогикалық және интеллектуаллық потенциалын раўажландырыў, алдынғы халықаралық тәжирийбелерди ийелеўи ушын олардың абыройлы халықаралық симпозиумларда, әнжуманларда, олимпиадаларда ҳәм таңлаўларда қатнасыўын шөлкемлестириў;
шет елде маманлығын арттырған ҳәм стажировкадан өткен қәнигелер, илимий педагог кадрлар, сондай-ақ, магистратура ҳәм PhD бағдарламалары бойынша билим алғанлар ҳәм шет елли қәнигелердиң қатнасыўында әнжуманлар, семинарлар, шеберлик сабақларын, тренинг ҳәм басқа да илажларды шөлкемлестириў арқалы алдынғы шет ел тәжирийбелери менен заманагөй педагогикалық технологияларды кеңнен енгизиўди ҳәм ғалаба ен жайдырыўды тәмийинлеў;
келешекте экономиканың тийкарғы тармақларында, сондай-ақ, жаңа, перспективалы жумыс салаларында, соның ишинде, сапалы кадрлар және ресурслар резервин жаратыў ҳәм тийисли бағдарлар бойынша илимий-билимлендириў процесслерин ҳәр тәреплеме хошаметлеў арқалы заманагөй материалларды және алдынғы технологияларды ислеп шығыў саласында ең жоқары дәрежеде нәтийжели жумыс алып барыўын тәмийинлеў мақсетинде стипендиатлардың бирден-бир мағлыўматлар базасын қәлиплестириў;
экономиканың түрли тармақларындағы, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик структуралардағы республиканың перспективалы қәнигелериниң, педагог ҳәм илимий кадрлардың шет елде маманлығын арттырыў, стажировкадан өтиў ҳәм билим алыў нәтийжесинде ийелеген заманагөй алдынғы билимлерин және көнликпелерин олардың мийнет, педагогикалық ҳәм илимий жумысының системалы мониторингин алып барыў арқалы әмелиятқа енгизилиўин тәмийинлеў;
стипендиатларды республикамыздағы жоқары билимлендириў мәкемелерине, басшы ҳәм педагог кадрларды қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў орайларының оқыў процесслерине избе-из тартыў белгиленди.
Қорға Өзбекистан Республикасы Президентиниң Пәрманы менен тастыйықланған Қәўендерлик кеңеси басшылық етеди.
Қор өз жумысын Өзбекистан Республикасы Президентиниң Пәрманы менен тастыйықланған Реже тийкарында әмелге асырады.
Педагог ҳәм илимий кадрлардың шет елдиң абыройлы билимлендириў ҳәм илимий мәкемелеринде маманлығын арттырыўы ҳәм стажировкадан өтиўи, жоқары билимлендириў мәкемелери питкериўшилериниң магистратура ҳәм PhD бағдарламалары бойынша оқыўлары 2017/2018 оқыў жылынан баслап мақсетли бағдарлама тийкарында әмелге асырылады.
Қордың жумысы Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы Билимлендириў ҳәм медицина мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын раўажландырыў қоры қаржыларының 10 проценттен аз болмаған муғдардағы жыллық ажыратпасы, Қәўендерлик кеңеси тәрепинен тастыйықланған муғдарда Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен келисилген ҳалда республикадағы жоқары билимлендириў мәкемелериниң бюджеттен тысқары (төлем-контракт) қаржыларынан ажыратпалар, шәртнама тийкарында хожалық жумысын жүргизиў ҳәм хызметлер көрсетиўден түсетуғын қаржылар, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың қәўендерлик және бийғәрез жәрдемлери, халықаралық қаржы шөлкемлериниң грантлары ҳәм нызамшылықта қадаған етилмеген басқа да дәреклерден алынған қәрежетлер есабынан қаржыландырылады.
Шет елде маманлығын арттырыў, стажировкадан өтиў және магистратура ҳәм PhD бағдарламалары бойынша билим алыўға жибериў таңлаў тийкарында әмелге асырылады.
Таңлаўды өткериў Қор тәрепинен шөлкемлестирилетуғын қабыллаў комиссиясына жүкленеди. Комиссия таңлаў нәтийжелерин улыўмаластырады ҳәм оларды Қордың Қәўендерлик кеңесине тастыйықлаў ушын усынады.
Қор стипендиялары Қәўендерлик кеңеси тәрепинен ҳәр жылы тастыйықланатуғын мақсетли бағдарламалар тийкарында ажыратылып, шет елде билим алыў ушын төленетуғын қаржы, шет ел визасын алыў ушын төлем, жол қәрежетлери (бир жылда шет елге барыў ҳәм келиў ушын бир мәртелик авиа билет, темир жол билетлери ҳәм басқалар), турақ жай ҳәм аўқатланыў ҳақысы, сабақлық және оқыў қолланбалар сатып алыў ушын және тиккелей билимлендириўге байланыслы басқа да қәрежетлерди қамтып алады.
Өзбекистан Республикасы Президентиниң бул Пәрманы елимиздиң турақлы раўажланыў жолынан баратырған барлық экономика тармақларын буннан былай да жетилистириў, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмысты модернизациялаў ҳәм еркинлестириў процесслерин тезлетиў, базар экономикасы принциплерин турмысқа кеңнен енгизиўге хызмет ететуғын, заманагөй илим жетискенликлерин, инновациялық технологияларды пуқта өзлестирген перспективалы қәнигелерди тәрбиялаў, педагог кадрлар менен талантлы жаслардың илимий-педагогикалық және интеллектуаллық потенциалын раўажландырыўда үлкен әҳмийетке ийе болып табылады.