Өзбекистан Республикасы Президентиниң қарары

Өзбекистан миллий мәмлекетшилигиниң жүзеге келиўи ҳәм раўажланыўының ең жаңа тарийхын изертлеў және оқытыў, илимий, илимий-ғалабалық, оқыў-методикалық, ағартыўшылық әдебиятларды таярлаў ҳәм басып шығарыў, илимниң билимлендириў ҳәм басқа да социаллық салалар менен интеграциясы механизмлерин беккемлеў ҳәм раўажландырыў бағдарында илимий, мәдений, билимлендириў, жәмийетлик мәкемелер менен шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў жумысларының нәтийжелилигин арттырыў, жасларда, бәринен бурын, улыўма билим бериў мектеплериниң, кәсип-өнер колледжлериниң, академиялық лицейлердиң оқыўшыларында, жоқары оқыў орынларының студентлеринде елимиздиң тарийхы ҳаққында терең билимлерди қәлиплестириў мақсетинде:

  1. Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 17-февральдағы «Илимлер академиясының жумысын, илимий-изертлеў жумысларын шөлкемлестириў, басқарыў ҳәм қаржыландырыўды буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-2789-санлы қарарына муўапық, жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги жанындағы Өзбекистанның ең жаңа тарийхы бойынша Жәмийетлик кеңеси Өзбекистан Республикасы Илимлер академиясы жанындағы Өзбекистанның ең жаңа тарийхы бойынша Жәмийетлик кеңесине (кейинги орынларда – Жәмийетлик кеңес) айландырылғаны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

Жәмийетлик кеңес Өзбекистанның ең жаңа тарийхын изертлеў ҳәм оқытыўдың нәтийжелилигин, бул салада илимий, оқыў-методикалық әдебиятлар, руўхый ағартыўшылық жумыслардың сапасын арттырыўға көмеклесиў мақсетинде шөлкемлестирилгени, жәмийетлик тийкарда жумыс алып баратуғын ведомстволараралық илимий муўапықластырыў ҳәм мәсләҳәт уйымы есапланатуғыны белгиленсин.

  1. Төмендегилер:

Өзбекистан Республикасы Илимлер академиясы жанындағы Өзбекистанның ең жаңа тарийхы бойынша Жәмийетлик кеңесиниң қурамы 1-қосымшаға муўапық;

Өзбекистан Республикасы Илимлер академиясы жанындағы Өзбекистанның ең жаңа тарийхы бойынша Жәмийетлик кеңеси ҳаққындағы Реже 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Төмендегилер Жәмийетлик кеңестиң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

Өзбекистанның ең жаңа тарийхын заманагөй теориялық-методологиялық, илимлераралық көз-қарасларға, тарийхыйлық ҳәм қалыслық принциплерине тийкарланған ҳалда системалы үйрениўди шөлкемлестириў, Өзбекистанның ең жаңа тарийхы бойынша әҳмийетли машқалаларды ислеп шығыў, сондай-ақ, уллы тарийхый-мәдений мийрасқа ийе болған ҳәм дүнья цивилизациясының раўажланыўына үлкен үлес қосқан өзбек халқының тарийхый өтмишине ҳәм бүгинги күнине баҳа бериўде бир тәреплеме көз-қарасларға, догматизмге жол қоймаў жумысларын муўапықластырыў;

демократиялық ҳуқықый мәмлекет ҳәм пуқаралық жәмийетти қәлиплестириўдиң «өзбек модели» мазмунын, жәмийетте турақлылықты, миллетлераралық татыўлықты ҳәм диний кеңпейилликти сақлаў бойынша кең көлемли жумысларды, ҳәзирги дүньяда Өзбекистанның роли менен орнын терең үйрениў және айқын ашып бериў;

илимий, оқыў, оқыў-методикалық әдебиятлардың жаңа әўладын таярлаў ҳәм басып шығарыў жумысларын муўапықластырыў, оларда Өзбекистанның ең жаңа тарийхын дүнья жүзилик ҳәм регионаллық процесслер менен, сондай-ақ, ҳәзирги Өзбекистан аймағында қәлиплескен халықлар менен мәмлекетлер цивилизациясының тарийхый-мәдений мийрасы менен өз-ара байланыслы халда көрип шығыўды тәмийинлеў;

Өзбекистанның ең жаңа тарийхы бойынша илимий, оқыў ҳәм оқыў методикалық әдебиятлар, оқыў бағдарламаларының мониторингин алып барыў, бул тараўда илимий-изертлеў, оқыў-методикалық жумыслардың сапасын жақсылаў бойынша усынысларды ислеп шығыў ҳәм енгизиў;

пуқараларда тарийхты еслеў, миллий өзликти аңлаў, жоқары руўхыйлық, халықтың тарийхый дәстүрлерине, мәдений мийрасқа ҳүрмет, елимиз ғәрезсизликке ерискенлигиниң уллы тарийхый әҳмийетин түсиниў сыяқлы пазыйлетлерди қәлиплестириўге бағдарланған руўхый-ағартыўшылық жумыслардың нәтийжелилигин, соның ишинде, ғалаба хабар қураллары арқалы арттырып барыўға көмеклесиў;

Өзбекистан тарийхы бойынша  шет ел илимий ҳәм оқыў әдебиятларын үйрениўге бағдарланған системалы илажларды әмелге асырыў, ҳәзирги Өзбекистанның тарийхый өтмиши, социаллық-экономикалық ҳәм жәмийетлик-сиясий раўажланыўы, елимизде алып баралып атырған демократиялық реформалар ҳаққындағы қалыс мәлимлемени кең халықаралық жәмийетшиликке жеткериў.

  1. а) Өзбекистан Республикасы Илимлер академиясы жанындағы Өзбекистанның ең жаңа тарийхы мәселелери бойынша муўапықластырыўшы методикалық орай (кейинги орынларда – Орай) Жәмийетлик кеңестиң жумысшы уйымы есапланатуғыны, оған төмендеги ўазыйпалар жүкленетуғыны:

Жәмийетлик кеңестиң жумысын илимий-методикалық тәмийинлейтуғыны;

Өзбекистанның ең жаңа тарийхын үйрениў бойынша әҳмийетли мәселелерди ислеп шығыўды шөлкемлестириў, илимий-изертлеў, оқыў-методикалық жумыслардың сапасын жақсылаў илажлары системасын таярлаў және әмелге асырыў, оқыў, илимий-методикалық әдебиятларды таярлаў ҳәм басып шығарыў, сондай-ақ, Жәмийетлик кеңеске жүкленген басқа да ўазыйпаларды орынлайтуғыны;

Өзбекистан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен биргеликте Өзбекистанның ең жаңа тарийхы бойынша оқыў, оқыў-методикалық әдебиятлар жаратыў бойынша таңлаўлар өткериўге қатнасатуғыны;

мәмлекетлик илимий-техникалық бағдарламалар шеңберинде Өзбекистанның ең жаңа тарийхы изертлеўлери бойынша илимий-техникалық жойбарлар таңлаўларының ўазыйпалары дизимине киргизиў ушын усыныслар ислеп шығыў және оларды көрип шығыў ушын Өзбекистан Республикасы Илим ҳәм технологиялар агентлигине киргизетуғыны;

Өзбекистанның ең жаңа тарийхын үйрениўдиң теориялық-методологиялық тийкарларын жетилистириў бойынша изертлеўлер алып баратуғыны;

ҳәр жылы бул салада изертлеўлер ҳәм билим бериў дәрежесин арттырыўға, заманагөй Өзбекистан, оның тарийхый өтмиши ҳаққындағы исенимли мәлимлемени халықаралық жәмийетшиликке жеткериўге бағдарланған Өзбекистанның ең жаңа тарийхының әҳмийетли мәселелери бойынша өткерилетуғын халықаралық ҳәм республикалық конференциялар менен семинарлардың дизимин белгиленген тәртипте ислеп шығатуғыны;

б) Орай Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети менен келисилген ҳалда Өзбекистан Республикасы Илимлер академиясы Президенти тәрепинен таярланатуғын ҳәм азат етилетуғын директор басқаратуғын мәмлекетлик мәкеме есапланатуғыны;

в) Орайдың жумысын қаржыландырыў Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары, сондай-ақ, нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклердиң есабынан әмелге асырылатуғыны;

г) Орай өзиниң жумысы шеңберинде шет еллердиң илимий-изертлеў шөлкемлери ҳәм халықаралық қорлар менен бирге ислесетуғыны;

д) Орай шөлкемлестириўшилердиң есабынан қаржыландырылатуғын «Өзбекистанның ең жаңа тарийхының әҳмийетли мәселелери» журналын баспадан шығаратуғыны белгиленсин.

  1. Өзбекистанның ең жаңа тарийхы мәселелери бойынша Муўапықластырыўшы – методикалық орайдың структурасы, штат кестеси ҳәм хызметкерлердиң мийнетине ҳақы төмеў разрядлары 3-5-қосымшаларға муўапық тастыйықлансын.
  2. Өзбекистан Республикасы Илимлер академиясы бир ай мүддетте Өзбекистан Республикасы Илимлер академиясы жанындағы Өзбекистанның ең жаңа тарийхы мәселелери бойынша Муўапықластырыўшы – методикалық орайдың уставын тастыйықласын.
  3. Өзбекистан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Орайды белгиленген тәртипте зәрүр байланыс түрлери ҳәм қураллары, соның ишинде, Ҳүкиметлик байланыс пенен, сондай-ақ, кең көлемли Дүнья жүзилик интернет мәлимлеме тармағына жалғаныўын тәмийинлесин.
  4. Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги:

усы қарардан келип шыққан ҳалда Өзбекистан Республикасы мәмлекетлик бюджетиниң 2017-жыл ушын тастыйықланған қәрежетлериниң дизимине тийисли өзгерислер киргизсин;

Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик бюджет қәрежетлери параметрлеринде «Илим» саласы бойынша ажыратылатуғын қаржылар шеңберинде Орайға, оның тәмийнатына байланыслы ҳәм оған жүкленген ўазыйпаларды орынлаў ушын зәрүр бюджет қаржылары ажыратылыўын нәзерде тутсын;

Өз алдына бир жеңил автомобиль қуралы тәмийнатына лимит ажыратсын.

  1. «Өзархив» агентлиги, Өзбекистан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, басқа да мәпдар министрликлер мененведомстволар, илимий-изертлеў мәкемелери, Орайдың сораўына муўапық архив, мәлимлеме-талқылаў ҳәм оған жүкленген ўазыйпаларды орынлаў ушын зәрүр болған басқа да материалларды бийпул тийкарда усынсын.
  2. Өзбекистанның ең жаңа тарийхы бойынша мағлыўмалардың мәлимлеме базасын қәлиплестириў ҳәм толықтырып барыў ушын Орай төмендеги мәжбүрий почталар реестирине киргизилсин:

Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик статистика комитетиниң статистикалық мағлыўматлары;

Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлигиниң Ғалаба коммуникациялар саласындағы мониторинг орайының бюллетенлери ҳәм күнделикли мағлыўматларының топламы.

  1. Өзбекистан Баспасөз ҳәм хабар агентлиги:

«Өзбекистанның ең жаңа тарийхы мәселелери» журналын «Өзбекистанның ең жаңа тарийхының әҳмийетли мәселелери» атамасы менен белгиленген тәртипте қайта дизимнен өткериўди тәмийинлесин;

Орайды баспа ҳәм китап өнимлериниң (тарийхый, ҳуқықый, жәмийетлик-сиясий, экономикалық ҳәм руўхый ағартыўшылық басылымлар) қадағалаў нусқаларын (бир нусқа) бийпул алатуғын шөлкемлер дизимине киргизсин.

  1. Өзбекистан Республикасы Илимлер академиясы, Өзбекистан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги және Өзбекистан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги «Өзбекистанның ең жаңа тарийхының әҳмийетли мәселелери» журналының шөлкемлестириўшилери етип белгиленсин.
  2. Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2012-жыл 27-январьдағы «Өзбекистан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги жанында Өзбекистанның ең жаңа тарийхы бойынша Жәмийетлик кеңести шөлкемлестириў ҳаққында»ғы ПҚ-1694-санлы қарары өз күшин жойытқан деп есаплансын.
  3. Өзбекистан Республикасы Илимлер академиясы, Өзбекистан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Әдиллик министрлиги ҳәм басқа да мәпдар министрликлер ҳәм ведомстовлар менен биргеликте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине бир ай мүддетте усыныслар киргизсин.
  4. Усы қарарадың орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас минитсри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекистан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи А.Н Юнусходжаевқа жүкленсин.

Өзбекистан Республикасы

Президенти                                     Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2017-жыл 30-июнь

 

***

 

Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Өзбекистан Республикасы Илимлер академиясы жанында Өзбекистанның ең жаңа тарийхы бойынша Жәмийетлик кеңестиң жумысын  шөлкемлестириў ҳаққында» ғы қарарына

ТҮСИНИК

Ғәрезсизлик жылларында елимизде уллы тарийхый-мәдений мийрасқа ийе болған ҳәм дүнья цивилизациясының раўажланыўына үлкен үлес қосқан өзбек халқының тарийхый өтмишин үйрениў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылды. Миллий өзликти аңлаў, халықлар арасындағы татыўлық және диний кеңпейилликти беккемлеў, улыўма турақлылықты сақлаў жумысында тарийх сезилерли дәрежеде үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Бизге белгили, Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Илимлер академиясының жумысын, илимий-изертлеў жумысларын шөлкемлестириў, басқарыў ҳәм қаржыландырыўды буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы 2017-жыл 17-февральдағы ПҚ-2789-санлы қарарына тийкарланып бир қатар илимий-изертлеў мәкемелери илимлер академиясының қурамына өткерилди. Олардың қатарында академиялық институт статусына қайтадан ийе болған, тарийхый илимниң және билимниң барлық буўынларын раўажландырыўда жетекши сыпатында үлес қосатуғын – Тарийх институты. Әмелге асырылып атырған системалы жумыслардың логикалық даўамы сыпатында Өзбекистан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы  билимлендириў министрлиги жанындағы Өзбекистанның ең жаңа тарийхы бойынша Жәмийетлик кеңеси Илимлер академиясы жанындағы Өзбекистанның ең жаңа тарийхы бойынша Жәмийетлик кеңесине айландырылды, соның менен бирге, Жоқары ҳәм орта арнаўлы бимлимлендириў министрлиги жанындағы Өзбекистанның ең жаңа тарийхы бойынша Муўапықластырыўшы-методикалық орай Илимлер академиясының қарамағына өткерилди.

Өзбекистан миллий мәмлекетшилигиниң жүзеге келиўи ҳәм раўажланыўының ең жаңа тарийхын изертлеў және оқытыў, илимий, илимий-ғалабалық, оқыў-методикалық, ағартыўшылық әдебиятларды таярлаў ҳәм басып шығарыў, илимниң билимлендириў ҳәм басқа да социаллық салалар менен интеграциясы механизмлерин беккемлеў ҳәм раўажландырыў бағдарында илимий, мәдений, билимлендириў, жәмийетлик мәкемелери менен шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў жумысларының нәтийжелилигин арттырыў, жасларда, бәринен бурын, улыўма билим бериў мектеплериниң, кәсип-өнер колледжлериниң, академиялық лицейлердиң оқыўшыларында, жоқары оқыў орынларының студентлеринде елимиздиң тарийхы ҳаққында терең билимлерди қәлиплестириў мақсетинде Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Өзбекистан Республикасы Илимлер академиясы жанында Өзбекистанның ең жаңа тарийхы бойынша Жәмийетлик кеңестиң жумысын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

Усы қарар менен Өзбекистанның ең жаңа тарийхы бойынша Жәмийетлик кеңестиң төмендеги тийкарғы ўазыйпалары белгиленди:

Демократиялық ҳуқықый мәмлекет ҳәм пуқаралық жәмийетти қәлиплестириўдиң «өзбек модели» мазмунын, жәмийетте турақлылықты, миллетлераралық татыўлықты ҳәм диний кеңпейилликти сақлаў бойынша кең көлемли жумысларды, ҳәзирги дүньяда Өзбекистанның роли менен орнын терең үйрениў және айқын ашып бериў;

Өзбекистанның ең жаңа тарийхын заманагөй теориялық-методологиялық, илимлераралық көз-қарасларға, тарийхыйлық ҳәм қалыслық принциплерине тийкарланған ҳалда системалы үйрениўди шөлкемлестириў, Өзбекистанның ең жаңа тарийхы бойынша әҳмийетли машқалаларды ислеп шығыў, сондай-ақ, уллы тарийхый-мәдений мийрасқа ийе болған ҳәм дүнья цивилизациясының раўажланыўына үлкен үлес қосқан өзбек халқының тарийхый өтмишине және бүгинги күнине баҳа бериўде бир тәреплеме көз-қарасларға, догматизмге жол қоймаў жумысларын муўапықластырыў;

илимий, оқыў, оқыў-методикалық әдебиятлардың жаңа әўладын таярлаў ҳәм басып шығарыў жумысларын муўапықластырыўды, оларда Өзбекистанның ең жаңа тарийхын дүнья жүзилик ҳәм регионаллық процесслер менен, сондай-ақ, ҳәзирги Өзбекистан аймағында қәлиплескен халықлар менен мәмлекетлер цивилизациясының тарийхый-мәдений мийрасы менен өз-ара байланыслы халда көрип шығыўды тәмийинлеў;

Өзбекистанның ең жаңа тарийхы бойынша илимий, оқыў ҳәм оқыў методикалық әдебиятлар, оқыў бағдарламаларының мониторингин алып барыў, бул тараўда илимий-изертлеў, оқыў-методикалық жумыслардың сапасын жақсылаў бойынша усынысларды ислеп шығыў ҳәм енгизиў;

пуқараларда тарийхты еслеў, миллий өзликти аңлаў, жоқары руўхыйлық, халықтың тарийхый дәстүрлерине, мәдений мийрасқа ҳүрмет, елимиз ғәрезсизликке ерискенлигиниң уллы тарийхый әҳмийетин түсиниў сыяқлы пазыйлетлерди қәлиплестириўге бағдарланған руўхый-ағартыўшылық жумыслардың нәтийжелилигин, соның ишинде, ғалаба хабар қураллары арқалы арттырып барыўға көмеклесиў;

Өзбекистан тарийхы бойынша  заманагөй шет ел илимий ҳәм оқыў әдебиятларын үйрениўге бағдарланған системалы илажларды әмелге асырыў, ҳәзирги Өзбекистанның тарийхый өтмиши, социаллық-экономикалық ҳәм жәмийетлик-сиясий раўажланыўы, елимизде алып баралып атырған демократиялық реформалар ҳаққындағы қалыс мәлимлемени кең халықаралық жәмийетшиликке  жеткериў.

Қарарда социаллық-гуманитар илимлердиң билимлендириў менен интеграцияласыўын беккемлеўге ҳәм раўажландырыўға айрықша итибар қаратылған.

Жәмийетлик кеңес сондай-ақ, «Тарийх» билимлендириў бағдары ҳәм тийисли магистратура қәнигеликлери бойынша маманлық талапларын ислеп шығыўда қатнасатуғыны беккемлеп қойылды.

Жәмийетлик кеңестиң жумысшы уйымы сыпатында Өзбекистанның ең жаңа тарийхы мәселелери бойынша Муўапықластырыўшы-методикалық орай белгиленген болып, оның тийкарғы ўазыйпалары сыпатында Жәмийетлик кеңестиң жумысын илимий-методикалық тәмийинлеў,  Өзбекистанның ең жаңа тарийхын үйрениў бойынша әҳмийетли мәселелерди ислеп шығыў, Өзбекистан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен биргеликте Өзбекистанның ең жаңа тарийхы бойынша оқыў, оқыў-методикалық әдебиятлар жаратыў ушын таңлаўлар өткериўге қатнасыў, мәмлекетлик илимий-техникалық бағдарламалар шеңберинде Өзбекистанның ең жаңа тарийхын изертлеўлер бойынша илимий-техникалық жойбарлары таңлаўларының ўазыйпалары дизимине киргизиў ушын усыныслар ислеп шығыў және оларды көрип шығыў ушын Өзбекистан Республикасы Илим ҳәм технологиялар агентлигине киргизиў, Өзбекистанның ең жаңа тарийхын үйрениўдиң теориялық-методологиялық тийкарларын жетилистириў бойынша изертлеўлер алып барыў, ҳәр жылы Өзбекистанның ең жаңа тарийхының әҳмийетли мәселелери бойынша өткерилетуғын халықаралық ҳәм республикалық конференицялар менен семинарлардың дизимин белгиленген тәртипте ислеп шығыў белгиленген.

Усы қарар мәмлекетимиз тәрепинен илим ҳәм билимлендириў арасындағы интеграцияны күшейтиў, елимиздиң интеллектуаллық потенциалын беккемлеў, илимий-изертлеў мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын жақсылаў және жас әўладта тарийхты еслеўге миллий өзликти аңлаўға, жоқары руўхыйлыққа, халқымыздың тарийхый дәстүрлерине, мәдений мийрасқа ҳүрмет, елимиз ғәрезсизликке ерискениниң уллы тарийхый әҳмийетин түсиниў сыяқлы пазыйлетлерди қәлиплестириўге бағдарланған руўхый-ағартыўшылық жумыслардың нәтийжелилигин арттырыўдағы кең көлемли жумыслардың ҳуқықый тийкары болып табылады.