Өзбекистан Республикасы Президентиниң қ а р а р ы

Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 9-марттағы «Өзбекистан спортшыларын 2020-жылы Токио қаласында (Японияда) болып өтетуғын XXXII жазғы Олимпиада ҳәм XVI Паралимпиада ойынларына таярлаў ҳаққында»ғы ПҚ-2821-санлы қарарына муўапық және ЮНЕСКОның Спортта допингке қарсы гүресиў ҳаққындағы халықаралық конвенциясын қолланыў илажларын әмелге асырыў мақсетинде:

  1. Өзбекистан Миллий олимпиада комитети, Өзбекистан Республикасы Дене тәрбиясы ҳәм спорт бойынша мәмлекетлик комитети, Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Миллий антидопинг агентлигин (кейинги орынларда Агентлик деп аталады) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
  2. Төмендегилер Агентлик жумысының тийкарғы ўазыйпалары ҳәм бағдарлары етип белгиленсин:

спортта допинг қолланыўдың алдын алыў ҳәм допингке қарсы гүресиў тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўға қатнасыў, Пүткил дүнья жүзилик антидопинг кодексине, халықаралық антидопинг стандартларына тийкарланған миллий антидопинг қағыйдаларын және нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди ислеп шығыў ҳәм енгизиў, сондай-ақ, оларға әмел етиўди тәмийинлеў;

антидопинг қадағалаўдың нәтийжели системасын, спортта фармакологиялық тәсир ететуғын дәри қураллары ҳәм басқа да затлардың қолланылыўын қадағалаў бағдарламалары ҳәм усыллары, сондай-ақ, спортшылар ҳәм спорт шөлкемлери ушын тәртип-интизам регламентин ислеп шығыў және енгизиў;

изертлеўлер (допинг-тестлер) ҳәм допинг қадағалаўдың басқа да элементлерин шөлкемлестириў, Өзбекистан Республикасында Пүткил дүнья жүзилик допингке қарсы гүресиў агентлигиниң республикамыз спортшылары ҳаққында мағлыўматларын топлаў ҳәм сақлаў ушын мөлшерленген антидопинг басқармасын ҳәм менеджмент (ADAMS системасы) бойынша онлайн системасын қолланыў;

антидопинг қадағалаў тараўында алдынғы усыллар ҳәм технологиялар менен  алмасыў және оларды елимизде енгизиў ушын жетекши шет ел шөлкемлери менен халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў және беккемлеў;

спорт федерациялары, клублар ҳәм командалары медицина хызметкерлериниң маманлығын арттырыўға көмеклесиў, оларға спортта допинг қолланыўдың алдын алыў ҳәм антидопинг қадағалаўын әмелге асырыў бойынша методикалық жәрдем көрсетиў, билимлендириў бағдарламаларын әмелге асырыў, саламат ҳәм ҳадал спортты үгит-нәсиятлаў;

мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, дене тәрбиясы-спорт шөлкемлери ҳәм басқа да шөлкемлердиң антидопинг қадағалаў тараўында өз-ара бирге ислесиўин муўапықластырыў.

  1. Агентлик:

өзиниң жумысы бойынша Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине есап беретуғын мәмлекетлик уйым есапланатуғыны;

Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик бюджет қаржылары, юридикалық ҳәм физикалық шахслардың қайырқомлық қаржылары, халықаралық қаржы институтларының грантлары, сондай-ақ, нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклердиң есабынан қаржыландыратуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Миллий антидопинг агентлигиниң структурасы 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Агентликтиң бас директорына Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети менен келисе отырып, Агентликтиң тастыйықланған структурасына хызметкерлердиң белгиленген улыўма шекленген саны ҳәм мийнетке ҳақы төлеў фонды шеңберинде өзгерислер киргизиў ҳуқықы берилсин.

  1. Өзбекистан Миллий олимпиада комитетиниң Агентликти еркин пайдаланыў ҳуқықы тийкарында Ташкент қаласы, Шайхонтаҳур районы, Алмазар көшеси 6-жайда жайластырыў бойынша усынысы мақуллансын.
  2. Өзбекистан Миллий олимпиада комитети Өзбекистан Республикасы Дене тәрбиясы ҳәм спорт бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте бир ай мүддетте Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Миллий антидопинг агентлигиниң режесин тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин.
  3. Өзбекистан Миллий олимпиада комитети жанындағы Республикалық спорт медицинасы илимий-әмелий орайының «Миллий антидопинг хызмети»н сапластырыў есабынан Өзбекистан Республикасы Миллий олимпиада комитети жанындағы Республикалық спорт медицинасы илимий-әмелий орайы системасында «Спорт психологиясы бөлими» шөлкемлестирилсин.
  4. Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги:

ҳәр жылы Өзбекистан Республикасының Мәмлекетлик бюджетин қәлиплестириўде Агентликти сақлаў ҳәм оның жумыс ислеўи, соның ишинде, антидопинг изертлеўлерин шөлкемлестириўге байланыслы қәрежетлер ушын зәрүр қаржыларды нәзерде тутсын;

Агентликке 1 автотранспорт қуралын сатып алыў ҳәм оны сақлаў ушын лимит ажыратсын.

  1. Өзбекистан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги Агентлик буйыртпалары бойынша Агентликтиң жумысын шөлкемлестириў ҳәм оның жумыс ислеўи ушын тартылатуғын шет елли қәнигелердиң кириў визалары консуллық ҳәм басқа да жыйымлар өндирилмейстен белгиленген тәртипте рәсмийлестирилиўин тәмийинлесин.
  2. Өзбекистан Республикасы Ишки ислер министрлиги Агентлик буйыртпалары бойынша Агентликтиң жумысын шөлкемлестириў ҳәм оның жумыс ислеўи ушын тартылатуғын шет елли қәнигелерге көп мәртелик визалар белгиленген тәртипте берилиўин ҳәм мүддетти созылыўын, сондай-ақ, оларды мәмлекетлик бажылар өндирместен ўақтыншалық жасаў орнына ўақтынша прописка етиў ҳәм ўақтыншалық прописка мүддетиниң созылыўын тәмийинлесин.
  3. 11. Агентликке биологиялық үлгилерди топлаў ушын арнаўлы қурылмаларды ҳәм басқа да товарларды сатып алыў ушын тиккелей импорт шәртнамалары, сондай-ақ, изертлеўлер (допинг-тестлер) өткериў бойынша хызметлер көрсетиў шәртнамаларын тендер саўдаларын өткермей дүзиў ҳуқықы берилсин.
  4. 12. Агентлик тәрепинен спортшылардың биологиялық үлгилерин топлаў ушын республикаға алып келинетуғын арнаўлы қурылмалар ҳәм басқа да товарлар белгиленген тәртипте тастыйықланатуғын дизимлер бойынша бажыхана төлемлеринен (бажыхана рәсмийлестириўи жыйымларынан тысқары) азат етилсин.
  5. 13. Өзбекистан Республикасы Президентиниң айырым қарарларына өзгерислер менен қосымшалар 2-қосымшаға муўапық киргизилсин.
  6. 14. Өзбекистан Республикасы Дене тәрбиясы ҳәм спорт бойынша мәмлекетлик комитети Өзбекистан Миллий олимпиада комитети, министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  7. 15. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасы Бас министриниң орынбасары К.В.Акмалов ҳәм Өзбекистан Республикасы Дене тәрбиясы ҳәм спорт бойынша мәмлекетлик комитетиниң баслығы Р.Ж.Қурбановқа жүкленсин.

Өзбекистан Республикасы Президенти     Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 3-январь

***

Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Миллий антидопинг агентлигиниң жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына

Т Ү С И Н И К

Өзбекистан Республикасы Президенти тәрепинен қабыл етилген «Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Миллий антидопинг агентлигиниң жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарар, бәринен бурын, саламат ҳәм ҳадал спортты үгит-нәсиятлаў және Пүткил дүнья жүзилик антидопинг агентлигиниң кодекси ҳәм стандартларын Өзбекистанда нәтийжели әмелге асырыў, Өзбекистан спортшыларын 2020-жылы Токио қаласында (Японияда) болып өтетуғын XXXII жазғы Олимпиада ҳәм XVI Паралимпиада ойынларына таярлаў бойынша барлық шараятларды жаратыўға қаратылған.

Усы жерде Спортта допингке қарсы гүресиў ҳаққындағы халықаралық конвенцияны барлық ағза мәмлекетлер қатарында Өзбекистан Республикасы 2010-жылы ратификациялағанын айрықша атап өтиў керек.

Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Миллий антидопинг агентлигине Пүткил дүнья жүзилик антидопинг агентлигиниң антидопинг басқармасы ҳәм менеджменти (ADAMS) арнаўлы бағдарламасын республикамызда енгизиў ҳәм қолланыў жуўапкершилиги жүкленген. Бул бағдарлама арқалы Агентликтиң жумысын нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм пүткил дүнья жүзилик жедел мағлыўматлар базасының мағлыўматларынан пайдаланыў имканияты жаратылады және жарыслар ҳәм жарыслардан тысқары болған дәўир ишинде допинг-тест процесслерине Өзбекистан спортшылары өтиўи ҳаққында анық мағлыўматлар базасы қәлиплестирилип, допинг-қадағалаў системасы шөлкемлестириледи. Әсиресе, Өзбекистан спортшылары дәри қуралларынан терапевтлик мақсетлерде пайдаланыў ҳәм қадаған етилген дәри қуралларынан пайдаланбаў ҳаққында анық усыныслар бериў механизми ҳәм нәтийжели антидопинг системасы енгизиледи.

Қарар менен, сондай-ақ, Өзбекистан Миллий олимпиада комитети жанындағы Республикалық спорт медицинасы илимий-әмелий орайының «Миллий антидопинг хызмети» тийкарында «Спорт психологиясы бөлими»н шөлкемлестириў нәзерде тутылған. Сондай-ақ, Агентликтиң қурамында 3 бөлим ҳәм 2 комиссия шөлкемлестирилиўи нәтийжесинде спортшылар, тренерлер спорт медицинасы хызметкерлери ҳәм басқа да қәнигелерге саламат ҳәм ҳадал спортты үгит-нәсиятлаў және қадаған етилген дәри қураллары ямаса методлар қадағалаўын тәмийинлеў сыяқлы допингке қарсы гүресиў бағдарындағы бир қатар әҳмийетли ўазыйпаларды әмелге асырыў белгилеп берилген.

Буннан тысқары, қарарда төмендеги мақсетли илажларды әмелге асырыў нәзерде тутылған:

Агентликти сақлаў ҳәм оның жумыс ислеўи, соның ишинде, антидопинг изертлеўлерин шөлкемлестириўге байланыслы қәрежетлер ушын қаржылар ажыратыў;

Агентликке биологиялық үлгилерди топлаў ушын арнаўлы қурылмаларды ҳәм басқа да товарларды сатып алыў ушын тиккелей импорт шәртнамалары, сондай-ақ, изертлеўлер (допинг-тестлер) өткериў бойынша хызметлер көрсетиў шәртнамаларын тендер саўдаларын өткермей дүзиў ҳуқықын бериў;

Агентликтиң жумысын шөлкемлестириў ҳәм оның жумыс ислеўи ушын тартылатуғын шет елли қәнигелерге көп мәртелик визалар бериў, оларды мәмлекетлик бажылар төлеўден азат еткен ҳалда ўақтыншалық жасаў орнына ўақтынша прописка етиў ҳәм ўақтынша прописка мүддетиниң созылыўын тәмийинлеў.

Агентлик тәрепинен спортшылардың биологиялық үлгилерин топлаў ушын республикаға алып келинетуғын арнаўлы қурылмалар ҳәм басқа да товарларды белгиленген тәртипте тастыйықланатуғын дизимлер бойынша бажыхана төлемлеринен (бажыхана рәсмийлестириў жыйымларынан тысқары) азат етиў.

Агентликке спорт жәмийетшилигин допинг арқалы спортшыларға жеткерилетуғын зыян, адамның денсаўлығы ушын допинг қабыл етиўдиң кери тәсирлеринен хабардар етиў, Пүткил дүнья жүзилик антидопинг агентлигиниң бағдарламалары менен жойбарларын әмелге асырыў, халықаралық шөлкемлер менен байланысларды беккемлеўге және раўажландырыўға айрықша итибар қаратыў ўазыйпалары жүкленген. Сондай-ақ, Пүткил дүнья жүзилик антидопинг агентлигиниң жаңа қағыйдалары менен талапларын жедел енгизиў ҳәм үзликсиз мониторингин алып барыў; допинг-тексериў ҳәм биоматериаллар тапсырыў процедурасы ҳаққында спортшыларға, спорт шыпакерлерине мағлыўматлар менен усыныслар бериў, халықаралық тәжирийбеге муўапық изертлеўлер алып барыў; Өзбекистанда антидопинг онлайн хызметин ҳәм қадаған етилген дәри-дәрмақлар ҳаққында мағлыўматлар базасын жаратыў; қадаған етилген дәри-дәрмақлар ҳаққында семинарлар ҳәм конференциялар өткериў, спортта допингке қарсы гүресиў бойынша методикалық қолланбалар ислеп шығыў сыяқлы мәселелер Агентликтиң тийкарғы ўазыйпалары сыпатында белгиленген.

Өзбекистан Республикасы Президентиниң бул қарары елимизде саламат ҳәм ҳадал спортты үгит-нәсиятлаў ҳәм ҳәр тәреплеме хошаметлеў мәселесине мәмлекет тәрепинен қаратылып атырған жоқары итибардың айқын көриниси болып табылады.