Экономиканы инновациялық раўажландырыўда академиялық илимниң ролин күшейтиў, илимий-изертлеў ҳәм инновациялық жумысты раўажландырыў, алдынғы илимий жетискенликлерди әмелиятқа енгизиў, орынларда илимий мектеплерди беккемлеў және тийисли аймақлық ҳәм тармақлық машқалаларды шешиўде олардың белсене қатнасыўын тәмийинлеў, қәбилетли жасларды илимий жумысқа тартыў, халықаралық көлемде елимиз илиминиң абыройын арттырыў мақсетинде Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Өзбекистан Республикасы Илимлер академиясының ҳақыйқый ағзаларын тастыйықлаў ҳаққында»ғы Пәрманы қабыл етилди.

Илимлер академитясының ҳақыйқый ағзалығына соңғы сайлаўлар 1995-жылы өткерилгени бул Пәрманның тарийхый әҳмийетин және де арттырады. Өткен жыллар даўамында академиклердиң саны еки мәртеден көпке қысқарды ҳәм ҳәзирги күнге келип академияның тек ғана 63 ҳақыйқый ағзасы қалған еди.

Мәмлекетимиз басшысының тапсырмаларының орынланыўы шеңберинде қысқа ўақыт ишинде илимий-изертлеў жумысының нормативлик-ҳуқықый базасын ҳәм қаржыландырыў механизмлерин буннан былай да жетилистириў, материаллық-техникалық потенциалын беккемлеў ҳәм нәтийжелилигин арттырыўға бағдарланған мақсетли комплексли илажлар избе-из рәўиште әмелге асырылмақта.

Бул кең көлемли ўазыйпаларды әмелге асырыўда елимиздиң фундаментал илминиң жетекшиси сыпатында Илимлер академиясы орынлы түрде айрықша орын ийелейди.

9 илимий-изертлеў мәкемеси Илимлер академиясының қурамына қайтарылды, бир қатар илимий шөлкемлер қайтадан шөлкемлестирилди, Илимлер академиясының илим бағдарлары бойынша 3 бөлими ҳәм Наўайы бөлими шөлкемлестирилди, Өзбекистанның ең жаңа тарийхы бойынша Жәмийетлик кеңестиң жумысы жолға қойылды. «2017-2021-жылларда республикада илимий-изертлеў мәкемелериниң инфраструктурасын беккемлеў ҳәм инновациялық жумысты раўажландырыў бойынша комплексли илажлар бағдарламасы» әмелге асырылмақта.

2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында илим ҳәм билимлендириў тараўларын раўажландырыўдың ең әҳмийетли бағдарлары сыпатында илимий-изертлеў ҳәм инновациялық жумысты хошаметлеў, илимий ҳәм инновациялық жетискенликлерди әмелиятқа енгизиўдиң нәтийжели механизмлерин жаратыў, жоқары оқыў орынлары ҳәм илимий-изертлеў институтлары жанында қәнигелестирилген илимий-экспериментал лабораториялар, жоқары технология орайлары ҳәм технопарклерди шөлкемлестириў белгиленген.

Өз гезегинде, Өзбекистан Республикасы Президенти тәрепинен 2018-жыл – Белсенди исбилерменлик, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы, деп жәрияланыўы Ҳәрекетлер стратегиясын әмелге асырыўға хызмет етеди және экономиканың ҳәм жәмийетлик турмыстың барлық тараўларында инновациялық процесслерди жеделлестириўге       үлкен түртки болады.

Усы мүнәсибет пенен Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Өзбекистан Республикасы Илимлер академиясының ҳақыйқый ағзаларын тастыйықлаў ҳаққында»ғы Пәрманы менен 22 жыллық узақ дем алыстан соң академикликке тастыйықлаў ушын мүнәсип илимпазларды таңлаў тийкарында сайлап алыў жумысларына жуўмақ жасалмақта. Пәрманға муўапық, академияның Президиумы  ҳәм жумыс алып барып атырған ҳақықый ағзаларының усынысына бола, Илимлер академиясының 32 жаңа ҳақықый ағзалары тастыйықланды.

Тастыйықланған академиклердиң қатарынан – республиканың физика-математика, химия, биология, техника, аўыл хожалығы, тарийх, экономика, филология, ҳуқықтаныў, педагогика, медицина илимлери және көркем өнер таныў тараўларында көзге көринген, заманагөй илимий-изертлеў жумысын белгилеп беретуғын төмендеги бир қатар әҳмийетли өлшемлер бойынша көп басқышлы таңлаўдан табыслы өткен илимпазлар орын алды:

илимий жәмийетшилик тәрепинен тән алынған, илимди жеке жетискенликлери ҳәм ири илимий нәтийжелери менен байытқан;

өз бағдарында жаңа илимий мектеп шөлкемлестириўшиси ҳәм басшысы болған ямаса әмелдеги илимий мектепти раўажландырыўда тиккелей қатнасқан;

әмелиятқа енгизилген исленбелерге ийе болған ямаса өзи басшылық етип атырған жәмәәт хызметкерлери тәрепинен ерисилген илим жетискенликлерин өндириске ямаса әмелиятқа енгизиўде тиккелей қатнасқан;

фундаментал, әмелий илимий жойбарларға ҳәм инновациялық исленбелерге илимий басшылық еткен;

халықаралық илимий жойбарларға илимий басшы болған ямаса оларды орынлаў ҳәм халықаралық илимий шерикликке қатнасқан.

Таңлаўлы сайлап алыў тийкарында академиклердиң қатарын толықтырыў нәтийжесинде Илимлер академиясының ҳақыйқый ағзаларының қурамы жасарды, бул академиклердиң бай турмыслық тәжирийбесинен ҳәм интеллектуаллық потенциалынан илим, билимлендириў ҳәм өндирис тараўларында нәтийжели пайдаланыў имканиятын береди.

Буннан тысқары, академиклерди илимий, билимлендириў ҳәм өндирис процесслерине белсене қатнастырыў режелестирилген.

Пәрман менен, сондай-ақ, академиклердиң тийкарғы жумыс бағдарлары шеңберинде 2018-жылға мөлшерленген «Жол карталары»н тастыйықлаў тапсырылып, олар тәрепинен илимий-инновациялық тараўда әмелге асырылып атырған реформалардың мазмун-мәнисин үгит-нәсиятлаў, заманагөй илимниң жетискенликлерин ғалаба ен жайдырыў бойынша мақсетли илажлар әмелге асырылатуғыны белгиленген.

«Жол карталары»нда республикамыздың шетки аймақлары, алыс район ҳәм аўыллары менен ислесиўге айрықша итибар қаратылады.

Елимиз Президенти, сондай-ақ, «Өзбекистан Республикасы Илимлер академиясының ҳақыйқый ағзалары және бурынғы Өзбекистан аўыл хожалығы илимлери академиясының ҳақыйқый ағзалары ҳәм хабаршы ағзаларының жумысын хошаметлеў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманға да қол қойды. Пәрманда 2018-жылдың 1-январынан баслап:

Өзбекистан Республикасы Илимлер академиясының ҳақыйқый ағзалары және бурынғы Өзбекистан аўыл хожалығы илимлери академиясының ҳақыйқый ағзаларына ең кем айлық мийнет ҳақының он еки есеси;

бурынғы Өзбекистан аўыл хожалығы илимлери академиясының  хабаршы ағзалары ең кем айлық мийнет ҳақының сегиз есеси муғдарында айлық гонорар төленетуғыны белгилеп берилди.

Буннан тысқары, академиклерге ҳәм хабаршы ағзаларға төленетуғын айлық гонорарлар физикалық шахслардың дәраматларына салынатуғын дәрамат салығысыз әмелге асырылады.

Бул Пәрманлардың қабыл етилиўи академиялық илимниң абыройын буннан былай да арттырыў, оның кадрлар ҳәм интеллектуаллық потенциалын беккемлеў, қәбилетли жасларды илим тараўына кеңнен тартыў, Белсенди исбилерменлик, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылында инновациялық процесслерди жеделлестириў бағдарында мәмлекетимиз тәрепинен қабыл етилген илажлардың избе-из рәўиште даўам еттирилиўинен дәрек береди.