Өзбекистан Республикасы Президентиниң Пәрманы

Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2016-жыл 29-декабрьдеги «Өзбекистан Республикасы Илимлер академиясы академиклериниң жумысын буннан былай да жетилистириў ҳәм хошаметлеў илажлары ҳаққында»ғы ПП-4907-санлы Пәрманына муўапық, елимиз илиминиң абыройын буннан былай да арттырыў, илимий-технологиялық потенциалын көтериўде академиялық илимниң ролин күшейтиў, Илмлер академиясы ағзаларының қурамын илимниң тийкарғы бағдарларында алып барып атырған жедел илимий-изертлеў излениўлериниң нәтийжелери менен республикалық ҳәм халықаралық илимий жәмийетшилик тәрепинен тән алынған белгили илимпазлардың есабынан кеңейтиў, әмелдеги илимий мектеплердиң дәстүрлерин даўам еттириў ҳәм жаңа мектеплер жаратылыўын тәмийинлеў мақсетинде:

  1. Өзбекистан Республикасы Илимлер академиясының Президиумы ҳәм тийисли илим қәнигеликлери бойынша жумыс алып барып атырған ҳақыйқый ағзаларының усынысына тийкарланып төмендегилер Өзбекистан Республикасы Илимлер академиясының ҳақыйқый ағзасы етип тастыйықлансын:

 

Экономика илимлери бойынша

Аимбетов Нагмет Каллиевич   –  Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы

 

  1. Өзбекистан Республикасы Бас министри А.Н.Арипов, Өзбекистан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи Р.С.Қасимов, Өзбекистан Республикасы Илимлер академиясы президенти Б.С.Йўлдашев Илимлер академиясының тастыйықланған ҳақыйқый ағзаларының тийкарғы жумыс бағдарлары шеңберинде 2018-жылға мөлшерленген «Жол карталары»н тастыйықлансын, орынланыўын қадағаласын ҳәм режелестирилген барлық илажларды тийисли министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте әмелге асырылыўын тәмийинлеў бойынша зәрүр илажларды көрсин.

 

«Жол карталары»нда Илимлер академиясының тастыйықланған ҳақыйқый ағзалары тәрепинен, соның ишинде, төмендеги бағдарлардағы илажлар әмелге асырылыўы нәзерде тутылсын:

илимий-изертлеў ҳәм инновациялық жумыс;

илимий нәтийжелерди әмелге асырыў;

орынларда илимий мектеплерди раўажландырыў;

өз жумысына тийисли аймақлық ҳәм тармақлық машқалалардың илимий тийкарланған шешимлерин ислеп шығыўға белсене қатнасыў;

билимлендириў процесине қатнасыў, қәбилетли жасларды илимий жумысқа тартыў;

халықаралық илимий бирге ислесиўди раўажландырыў, халықаралық көлемде Өзбекистан илиминиң абыройын арттырыў;

илимниң раўажланыўын тәмийинлеў ҳәм инновациялық процесслерди жеделлестириў бағдарында елимизде әмелге асырылып атырған системалы реформалардың мазмун-мәнисин, заманагөй илим жетискенликлерин орынларда кеңнен үгит-нәсиятлаў.

  1. Өзбекистан Республикасы Илимлер академиясы президенти Б.С.Йўлдашев Илимлер академиясының тастыйықланған ҳақыйқый ағзаларының 2018-жылға мөлшерленген «Жол карталары»ның орынланыў мониторингин жүргизсин және жылдың ҳәр шерек жуўмақлары бойынша Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине аналитикалық мағлыўмат киргизип барсын.
  2. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекистан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи Р.С.Қасимовқа жүкленсин.

 

Өзбекистан Республикасы Президенти    Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2017-жыл 29-декабрь