Өзбекистан Республикасы Президентиниң пәрманы
Өзбекистан Республикасы Илимлер академиясының ҳақыйқый ағзалары және бурынғы Өзбекистан аўыл хожалығы илимлери академиясының ҳақыйқый ағзаларын ҳәм хабаршы ағзаларын буннан былай да қоллап-қуўатлаў және жумысын хошаметлеў, республиканың академиялық илиминиң абыройын арттырыў мақсетинде:
- 2018-жыл 1-январьдан баслап Өзбекистан Республикасы Илимлер академиясының ҳақыйқый ағзалары және бурынғы Өзбекистан аўыл хожалығы илимлери академиясының ҳақыйқый ағзалары (кейинги орынларда академиклер деп аталады) ушын ең кем айлық мийнет ҳақының он еки есеси муғдарында, бурынғы Өзбекистан аўыл хожалығы илимлери академиясының хабаршы ағзалары (кейинги орынларда хабаршы ағзалар деп аталады) ушын болса – ең кем айлық мийнет ҳақының сегиз есеси муғдарында айлық гонорар төленетуғыны;
академиклерге ҳәм хабаршы ағзаларға төленетуғын айлық гонарарлар физикалық шахслардың дәраматларына салынатуғын дәрамат салығысыз әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.
- Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги 2018-жыл 1-январьдан баслап усы Пәрманның 1-бәнтинде белгиленген илажларды қаржыландырыў ушын зәрүр қаржыларды ажыратыўды Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде нәзерде тутсын.
- Өзбекистан Республикасы Илимлер академиясы мәпдар министрлик ҳәм ведомстволар менен биргеликте еки ай мүддетте:
Нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар бойынша Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин;
өзлери қабыл еткен нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди усы пәрманға муўапықластырсын.
- Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2016-жыл 29-декабрьдеги «Өзбекистан Республикасы Илимлер академиясы академиклериниң жумысын буннан былай да жетилистириў ҳәм хошаметлеў илажлары ҳаққында»ғы ПП-4907-санлы Пәрманының 2-бәнти өз күшин жойытқан деп есаплансын және Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 10-августтағы «Бурынғы Өзбекистан Аўыл хожалығы илимлери академиясының ҳақыйқый ағзаларын ҳәм хабаршы ағзаларын хошаметлеў илажлары ҳаққында»ғы ПП-5146-санлы Пәрманының 1-бәнтинде екинши ҳәм үшинши абзацлары шығарып таслансын.
- Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи Р.С.Қасимовқа, Өзбекистан Республикасы Бас министриниң орынбасары С.Р.Холмурадовқа, Өзбекистан Республикасы Бас министриниң орынбасары – аўыл ҳәм суў хожалығы министри З.Т.Мирзаевқа ҳәм Өзбекистан Республикасы Илимлер академиясы президенти Б.С.Йўлдашевқа жүкленсин.
Өзбекистан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2017-жыл 29-декабрь