Өзбекистан Республикасы Президентиниң қарары
Жәмийетимиз турмысында, жас әўладты Ўатанға муҳаббат, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятлар руўхында тәрбиялаўда мәденият, көркем өнер ҳәм ғалаба хабар қуралларының орны менен әҳмийети барған сайын артып атырғанлығын есапқа алған ҳалда, елимиздиң дөретиўши зыялыларының потенциалын толық әмелге асырыў ушын оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў және зәрүр шараят ҳәм имканият жаратыў, сондай-ақ, Композиторлар аўқамы, Өзбекистан Көркем өнер академиясы жанындағы Художниклердиң дөретиўшилик бирлеспеси (кейинги орынларда – Өзбекистан художниклери дөретиўшилик бирлеспеси), Өзбекистан Театр ғайраткерлери аўқамы ҳәм Өзбекистан Журналистлери дөретиўшилик аўқамының материаллық-техникалық базасын беккемлеў мақсетинде:
- Өзбекистан Республикасы Мәденият министрлиги, Өзбекистан Композиторлар аўқамы, Өзбекистан Художниклери дөретиўшилик бирлеспеси, Өзбекистан Театр ғайраткерлери аўқамы ҳәм Өзбекистан Журналистлери дөретиўшилик аўқамының Өзбекистан деретиўшилерин қоллап-қуўатлаў бойынша «Илҳом» жәмийетлик фондын (кейинги орынларда – Фонд) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы қабыл етилсин.
- Төмендегилер Фондтың тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
Өзбекистанда мәденият, көркем өнер ҳәм журналистиканы раўажландырыў ушын қаржы ажыратыў ҳәм бағдарлаў, бул бойынша тийисли бағдарламалар менен жойбарларды әмелге асырыў;
Өзбекистан Композиторлар аўқамын, Өзбекистан Театр ғайраткерлери аўқамын, Өзбекистан Журналистлери дөретиўшилик аўқамын ҳәм Өзбекистан Художниклери дөретиўшилик бирлеспесин материаллық жақтан тәмийинлеў ҳәм олардың жумысына байланыслы қәрежетлерди қаржыландырыў, усы аўқамлардың ағзалары болған ҳәм саланы раўажландырыўға мүнәсип үлес қосқан нуранийлерге мәнзилли материллық жәрдем көрсетиў;
Фонд тәрепинен қаржыландырылатуғын мәкемелердиң материаллық-техникалық базасын избе-из беккемлеп барыўда, оның жанындағы мүлкти басқарыўда, Фонд уставында белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыўда қаржылардан мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланыў.
- Өзбекистан дөретиўшилерин қоллап-қуўатлаў бойынша «Илҳом» жәмийетлик фондының Қәўендерлик кеңесиниң қурамы 1-қосымшаға муўапық;
Өзбекистан дөретиўшилерин қоллап-қуўатлаў бойынша «Илҳом» жәмийетлик фондының шөлкемлестириўшилик структурасы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Фондтың Қәўендерлик кеңеси тәрепинен лаўазымға тайынланатуғын ҳәм азат етилетуғын атқарыўшы директор басшылық ететуғын Атқарыў дирекциясы фондтың атқарыўшы органы есапланатуғыны белгилеп қойылсын.
Фондтың Қәўендерлик кеңесиниң баслығына Фонд тәрепинен қаржыландырылатуғын мәкемелер басшыларының усыныслары тийкарында, зәрүр жағдайларда усы мәкемелердиң структурасына, хызметкерлердиң шекленген саны ҳәм мийнетке ис ҳақы төлеў фонды шеңберинде өзгерислер киргизиў ҳуқықы берилсин.
- Фондтың Қәўендерлик кеңеси (А.Н.Арипов):
Фонд дәраматлары ҳәм қәрежетлери бойынша болжаў көрсеткишлерин ҳәр жылы тастыйықласын;
Фонд қаржыларынан пайдаланыўдың тийкарғы бағдарларын белгилесин ҳәм тастыйықласын;
Фондқа жүкленген ўазыйпаларды әмелге асырыў ушын мәпдар мәмлекетлик, мәмлекетлик емес ҳәм жәмийетлик шөлкемлерди, сондай-ақ, қәўендерлерди тартсын;
Фонд Атқарыў дирекциясының дәраматлары, қәрежетлери тийкарлы екени ҳәм қаржылардан мақсетли пайдаланыў бойынша жумысы системалы қадағаланыўын тәмийинлесин.
- Төмендегилер Фонд қаржыларын қәлиплестириў дәреклери етип белгиленсин:
Фондқа Өзбекистан Композиторлар аўқамы, Өзбекистан Театр ғайраткерлери аўқамы, Өзбекистан Художниклери дөретиўшилик бирлеспеси ҳәм Өзбекистан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы аймақлық бөлимлери хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеў бойынша қәрежетлерди қаржыландырыў ушын ажыратылатуғын бюджет қаржылары (субсидиялар);
Фондтың ықтиярына өткерилетуғын дөретиўшилик үйлерин ижараға бериў ҳәм Фондтың ўақтынша бос турған қаржыларын жайластырыўдан түсетуғын дәраматлар;
юридикалық ҳәм физикалық шахслардың қайырқомлық қаржылары;
нызамшылықта қадаған етилмеген басқа да дәреклер;
- Өзбекистан «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фондының Фонд есап бетине 7 миллиард сумды қайырқомлық тийкарында өткериў ҳаққындағы;
Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлигиниң, Бас прокуратураның, Әдиллик министрлигиниң, Жоқарғы судтың фондқа нызамсыз жол менен табылған ҳәм конфискация етилген дәраматлар есабынан 13 миллиард сум ажыратыў ҳаққындағы басламалары мақуллансын.
- Фонд тәрепинен қаржыландырылатуғын мәкемелердеги хызметкерлердиң мийнетине ҳақы төлеў ҳәм оларды материаллық жақтан хошаметлеў тәртиби Фондтың Қәўендерлик кеңеси тәрепинен Өзбекистан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги ҳәм Қаржы министрлиги менен келисилген жағдайда орнатылатуғыны белгиленсин.
- Фонд ҳәм ол қаржыландыратуғын мәкемелер 2022-жыл 1-январьға шекем барлық салықлардан, сондай-ақ, мәмлекетлик мақсетли фондларына мәжбүрий төлемлерден азат етилсин.
Усы жеңилликлердиң усынылыўы мүнәсибети менен босайтуғын қаржылар тек Фондқа жүкленген ўазыйпаларды әмелге асырыўға бағдарланыўы белгилеп қойылсын.
- Өзбекистан Көркем өнер академиясының Ташкент ўәлаяты, Бостанлық районы, Сайлық аўылы мәнзилинде жайласқан «Оқтош» дөретиўшилик үйи Фонд тәрепинен қаржыландырылатуғын дөретиўшилик аўқамлар ҳәм бирлеспелер ағзаларының толық дем алыўы ушын шараятлар жаратыў мақсетинде Фонд басқармасына өткерилсин.
Фондтың Атқарыўшы дирекциясы Фонд басқармасына өткерилетуғын мүлктен нәтийжели ҳәм мақсетли пайдаланыўды тәмийинлесин.
- Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги 2017-жыл 1-октябрьден баслап Фондқа Өзбекистан Композиторлар аўқамы, Художниклердиң дөретиўшилик бирлеспеси, Театр ғайраткерлери аўқамы ҳәм Журналистлер дөретиўшилик аўқамы аймақлық бөлимлери хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеў бойынша қәрежетлерди қаржыландырыў ушын бюджеттен қаржылар (субсидиялар) ажыратсын.
Фондтың қаржылары усы қарардың 9-бәнтинде көрсетилген мәкемениң жумсалатуғын қаржыларын қаплаў ушын да ажыратылатуғыны белгилеп қойылсын.
- Қәўендерлик кеңеси:
бир ай мүддетте Фонд уставы, сондай-ақ, Фонд қаржыларын қәлиплестириў ҳаққындағы Реже ҳәм олардан пайдаланыў тәртибин;
еки ай мүддетте усы қарардың 9-бәнтинде көрсетилген Дөретиўшилик үйиниң коттеджлерин ҳәм мийманханаларын Өзбекистан Композиторлар аўқамы, Художниклердиң дөретиўшилик бирлеспеси, Театр ғайраткерлери аўқамы ҳәм Журналистлер дөретиўшилик аўқамы ағзаларына олар дөретиўшилик етиў ушын барғанында бериў тәртиби ҳаққындағы Режени ислеп шықсын ҳәм орнатылған тәртипте тастыйықласын.
- Фондтың Атқарыўшы дирекциясы Өзбекистан Жазыўшылар аўқамының Ташкент қаласы, Әлийшер Наўайы атындағы миллий бағ аймағындағы имаратына жайластырылсын.
- Өзбекистан Республикасы Мәденият министрлиги, Өзбекистан Көркем өнер академиясы басқа да мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте бир ай мүддетте әмелдеги нызамшылыққа усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар киргизиў ҳаққында Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Өзбекистан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2017-жыл 9-август
***
Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Өзбекистан дөретиўшилерин қоллап-қуўатлаў бойынша «Илҳом» жәмийетлик фондын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарарына
Т Ү С И Н И К
Соғы ўақытлары елимизде турмысымыздың ең әҳмийетли саласы ҳәм тармақларын раўажландырыў бойынша билдирилген, кең жәмийетшилик тәрепинен қоллап-қуўатланған әмелий усыныслар менен жойбарларды избе-из, ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыў бойынша нәтийжели система қәлиплесип, табыслы жумыс ислеп атырғанлығына гүўа болмақтамыз.
Буның әмелий тастыйықланыўын Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың усы жыл 3-август күни Өзбекистанның дөретиўши зыялылары менен болған ушырасыўда мәденият, әдебият ҳәм көркем өнер саласын раўажландырыў бойынша алға қойылған оғада әҳмийетли усыныслар ҳәм басламалар, Президентимиз тәрепинен қабыл етилип атырған пәрман ҳәм қарарлар менен беккемленип, анық ҳуқықый нормалар және қағыйдалар сыпатында турмысқа енгизилип атырғанлығы мысалында анық көриў мүмкин.
Әне, сол ушырасыўда елимиздиң дөретиўши зыялыларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың потенциалын толық әмелге асырыў ушын зәрүр шараят жаратыў ҳаққында да әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп алынған еди. Олардың әмелге асырылыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекистан Республикасы Президенти тәрепинен және бир әҳмийетли ҳүжжет -«Өзбекистан дөретиўшилерин қоллап-қуўатлаў бойынша «Илҳом» жәмийетлик фондын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарарына қол қойылды.
Қарарда елимизде мәденият, көркем өнер ҳәм журналистиканы раўажландырыўды қаржы менен тәмийинлеў, усы бағдарларда тийисли бағдарламалар менен жойбарларды әмелге асырыў «Илҳом» жәмийетлик фондының тийкарғы ўазыйпасы сыпатында белгилеп қойылғаны оғада үлкен әҳмийетке ийе. Себеби усы ўақытқа шекем Өзбекистан Композиторлар аўқамын, Художниклердиң дөретиўшилик бирлеспесин, Театр ғайраткерлери аўқамын ҳәм Журналистлер дөретиўшилик аўқамын материаллық жақтан тәмийинлеў, олардың жумысына байланыслы қәрежетлерди қаржыландырыў, сол аўқамлардың ағзалары болған ҳәм саланы раўажландырыўға мүнәсип үлес қосқан нуранийлерге анық бағдарланған материаллық жәрдем көрсетиў сыяқлы мәселелерде машқалалар бар еди. Усы Фондтың шөлкемлестирилиўи менен олардың барлығы унамлы шешимин табатуғын болды.
Соны айрықша атап өтиў керек, «Илҳом» жәмийетлик фонды жоқарыда көрсетилип өтилген дөретиўшилик мәкемелердиң материаллық-техникалық базасын турақлы түрде беккемлеп барыў, оларға тийисли мүлкти нәтийжели басқарыў жумысларына да тиккелей жуўапкер есапланады.
Қарардың және бир әҳмийетли тәрепи сонда, оған бола Өзбекистан дөретиўшилерин қоллап-қуўатлаў бойынша «Илҳом» жәмийетлик фонды Қәўендерлик кеңесиниң қурамы ҳәм Фондтың шөлкемлестириўшилик структурасы тастыйықланды, фондтың атқарыў уйымы болған Атқарыўшы дирекциясының жумыс ислеў тәртиби белгиленди.
Фондтың дәраматлары ҳәм қәрежетлери менен байланыслы жыллық болжаў көрсеткишлерин тастыйықлаў, оның қаржыларынан пайдаланыў бойынша тийкарғы бағдарларды белгилеў ҳәм тастыйықлаў Қәўендерлик кеңесине жүкленди. Соның менен бирге, бул бойынша белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыўға мәпдар мәмлекетлик, мәмлекетлик емес ҳәм жәмийетлик шөлкемлерди ҳәм қәўендерлерди тартыў мүмкин екенлиги де нәзерде тутылған.
Және бир әҳмийетли мәселе – «Илҳом» жәмийетлик фондының қаржыларын қәлиплестириў дәреклери ашық-айдын көрсетилген. Атап айтқанда, Өзбекистан Композиторлар аўқамы, Художниклердиң дөретиўшилик бирлеспеси, Театр ғайраткерлери аўқамы ҳәм Журналистлер дөретиўшилик аўқамының аймақлық бөлимлеринде жумыс ислеп атырған хызметкерлердиң мийнетине ҳақы төлеў менен байланыслы қәрежетлерди қаржыландырыў ушын ажыратылатуғын бюджет қаржылары (субсидиялар), Фондтың ықтиярына өткерилетуғын дөретиўшилик үйлерин ижараға бериў ҳәм Фондтың ўақтынша бос турған қаржыларын жайластырыўдан түсетуғын дәраматлар, юридикалық ҳәм физикалық шахслардың қайырқомлық қаржылары және нызамшылықта қадаған етилмеген басқа да дәреклер солардың қатарына киреди.
Президент қарарында «Илҳом» жәмийетлик фондының жумысын нәтийжели жолға қойыўға хызмет ететуғын принципиаллық жақтан және бир әҳмийетли мәселе өз көринисин тапқан. «Илҳом» жәмийетлик фондының есап бетине мәмлекетлик бюджеттен 20 миллиард сум қаржы өткерип берилиўи дөретиўшилик мәкемелериниң жумысын және де жақсылаўға ҳәм олардың нәтийжели жумыс ислеўин тәмийинлеўге қаратылған.
Фонд тәрепинен қаржыландырылатуғын мәкемелердеги хызметкерлердиң мийнетине ҳақы төлеў ҳәм оларды материаллық хошаметлеў тәртиби Қәўендерлик кеңеси тәрепинен Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги ҳәм Қаржы министрлиги менен келисилген ҳалда орнатылыўы белгиленген. Фонд ҳәм ол қаржыландыратуғын мәкемелер 2022-жыл 1-январьға шекем барлық салықлардан, сондай-ақ, мәмлекетлик мақсетли фондларға мәжбүрий төлемлерден азат етиледи, соның нәтийжесинде босайтуғын қаржылар тек Фондтқа жүкленген ўазыйпаларды әмелге асырыўға бағдарланады.
Қарарда Фонд тәрепинен қаржыландырылатуғын дөретиўшилик аўқамлар ҳәм бирлеспелер ағзаларының толық дем алыўы ушын шараятлар жаратыў мәселеси де инабатқа алынған. Сол мақсетте Өзбекистан Көркем өнер академиясының Ташкент ўәлаяты, Бостанлық районы, Сайлық аўылы мәнзилинде жайласқан «Оқтош» дөретиўшилик үйи Фонд басқармасына өткерилип, бул жерде барлық дөретиўши аўқамлар ҳәм бирлеспелер ағзаларының толық дем алыўы ушын зәрүр шараятлар жаратылыўы белгиленген.
Өзбекистан Композиторлар аўқамы, Художниклердиң дөретиўшилик бирлеспеси, Театр ғайраткерлери аўқамы ҳәм Журналистлер дөретиўшилик аўқамының аймақлық бөлимлеринде жумыс ислеп атырған хызметкерлердиң мийнетине ҳақы төлеў бойынша қәрежетлерди қаржыландырыў ушын Фондқа мәмлекетлик бюджеттен қаржылар (субсидиялар) ажыратыў да қарарда айрықша атап өтиледи.
Бир сөз бенен айтқанда, усы қарар Өзбекистан Композиторлар аўқамы, Художниклер дөретиўшилик бирлеспеси, Театр ғайраткерлери аўқамы ҳәм Журналистлер дөретиўшилик аўқамының жумысын раўажландырыў, усы салалардың ўәкиллерин материаллық ҳәм руўхый жақтан қоллап-қуўатлаў ҳәм оларға мүнәсип жумыс және дем алыў шараятларын жаратып бериўди тәмийинлеў бойынша жаңа имканиятлар ашып беретуғыны менен үлкен әҳмийетке ийе.