Өзбекистан Республикасы Президентиниң қарары

Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Баспасөз ҳәм мәлимлеме саласында басқарыўды буннан былай да жетилистириў ҳаққында»ғы 2017-жыл 11-августтағы  ПП-5148-санлы Пәрманы тийкарында баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары, баспа, полиграфия, китапханашылық, мәлимлеме-ресурс салаларында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў, бар ҳуқықый-нормативлик ҳәм материаллық-техникалық базаны жетилистириў, кадрлардың потенциалын беккемлеў, басқарыўдың базар қатнасықларына тән усылларын кеңнен қолланыў мақсетинде:

  1. Төмендегилер:

Өзбекистан баспасөз ҳәм хабар агентлигиниң шөлкемлестириўшилик структурасы 1-қосымшаға муўапық;

Өзбекистан баспасөз ҳәм хабар агентлиги орайлық аппаратының структурасы 2-қосымшаға муўапық;

Қарақалпақстан Республикасы баспасөз ҳәм хабар агентлиги, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы баспасөз ҳәм хабар басқармаларының структуралары 3 ҳәм 4- қосымшаларға муўапық тастыйықлансын.

Өзбекистан баспасөз ҳәм хабар агентлиги бас директорына зәрүрлик туўылғанда Өзбекистан Республикасы баспасөз ҳәм хабар агентлигиниң орайлық аппаратына, Қарақалпақстан Республикасы баспасөз ҳәм хабар агентлигине, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық баспасөз ҳәм хабар басқармаларына, Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекистан миллий китапханасының структураларына хызметкерлердиң белгиленген улыўма шекленген саны шеңберинде өзгерислер киргизиў ҳуқықы берилсин.

  1. Өзбекистан баспасөз ҳәм хабар агентлигин, Қарақалпақстан Республикасы баспасөз ҳәм хабар агентлигин, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық баспасөз ҳәм хабар басқармаларын сақлаў, сондай-ақ, олардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў бойынша қәрежетлер Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң қаржылары, Өзбекистан баспасөз ҳәм хабар агентлиги системасындағы шөлкемлердиң шәртнама тийкарындағы ажыратпалары менен нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан;

Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекистан Миллий китапханасын сақлаў, сондай-ақ, оның материаллық-техникалық базасын беккемлеў бойынша қәрежетлер Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң қаржылары ҳәм нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклердиң есабынан қаржыландырылыўы инабатқа алынсын.

  1. 3. Төмендегилер:

Өзбекистан баспасөз ҳәм хабар агентлиги, Қарақалпақстан Республикасы баспасөз ҳәм хабар агентлиги, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық баспасөз ҳәм хабар басқармалары, Шолпан атындағы баспа-полиграфия дөретиўшилик үйи, «Өзбекистан миллий энциклопедиясы» мәмлекетлик илимий баспаханасы мәмлекетлик кәрханасы мәмлекетлик көшпес мүлк объектлеринде ижара төлемисиз орналастырылатуғыны;

Өзбекистан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги шөлкемлестириўиндеги «Тонг юлдузи» ҳәм «Класс!» газеталары және «Гулхан» ҳәм «Ғунча» журналларын басыўға байланыслы қәрежетлердиң усы баспалардың өз дәраматлары менен тәмийинленбеген бөлеги Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик бюджети есабынан қапланатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги Өзбекистан баспасөз ҳәм хабар агентлиги, Қарақалпақстан Республикасы баспасөз ҳәм хабар агентлиги және ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық баспасөз ҳәм хабар басқармаларын сақлаўға байланыслы қәрежетлер ушын зәрүр болған қаржыларды 2017-жылы Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң қәрежетлери параметрлери шеңберинде ажыратсын, 2018-жылдан баслап болса, Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң параметрлеринде нәзерде тутсын.
  2. Өзбекистан баспасөз ҳәм хабар агентлиги Ташкент қаласы, Шайхонтоҳур районы, Наўайы көшеси, 30 жайда орналастырылсын.
  3. Өзбекистан баспасөз ҳәм хабар агентлиги бир ай мүддетте өзине жүкленген ўазыйпалар менен жумыс бағдарларын есапқа ала отырып, Өзбекистан баспасөз ҳәм хабар агентлиги ҳаққындағы Режени ислеп шықсын ҳәм тастыйықлаў ушын Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.
  4. Өзбекистан баспасөз ҳәм хабар агентлиги Әдиллик министрлиги және басқа да мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққында Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  5. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Ариповқа ҳәм Өзбекистан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи Х.Султановқа жүкленсин.

Өзбекистан Республикасы Президенти  Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,  2017-жыл 17-август