Өзбекистан Республикасы Президентиниң
пәрманы
Мийнет базарының заманагөй талапларына муўапық үзликсиз билимлендириў системасын жетилистириў ҳәм жоқары маманлықтағы кадрлар таярлаў, билимлендириў хызметлериниң ашық-айдынлығы ҳәм сапасы мәселелерине мәмлекет тәрепинен айрықша итибар қаратылмақта.
Өткен жылларда кәсип-өнер билимлендириўин раўажландырыў, билимлендириў процесин модернизациялаў ҳәм мазмунын жаңалаўды тәмийинлеў мақсетинде оның ҳуқықый базасын беккемлеў бойынша комплексли илажлар әмелге асырылды, талантлы жаслардың халықаралық ҳәм республикалық олимпиадаларда ҳәм таңлаўларда салмақлы нәтийжелерге ерисиўинде оларды мәнзилли қоллап-қуўатлаў бойынша бир қатар системалы илажлар көрилди.
Соның менен бирге, улыўма орта ҳәм орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириўин раўажландырыўды талқылаўдың нәтийжелери системаның бүгинги күн талапларына жуўап бермейтуғынын ҳәм түпкиликли реформаларға зәрүрлигин көрсетти:
бириншиден, кәсип-өнер колледжлери халықтың жасаў орынларына жақын болмаған аралықта жайласқаны, әсиресе, аймақларда транспорт инфраструктурасы жеткиликли дәрежеде раўажланбағаны және ҳаўа-райы шараятлары себепли оқыўшылардың ўақты-ўақты менен ғалаба түрде сабақларды қалдырыўына себеп болмақта;
екиншиден, кәсип-өнер колледжлериниң материаллық-техникалық базасын қәлиплестириўдиң бар әмелияты кәсип-өнер колледжлериниң билимлендириў бағдарларына жуўап бермейтуғын оқыў устаханалары шөлкемлестирилиўине, комплектлеўши ҳәм аўысық бөлеклер менен жеткиликли дәрежеде тәмийинленбеўине алып келди. Кәсип-өнер колледжлериниң материаллық-техникалық тәмийинлениўиниң орташа дәрежеси бүгинги күнде тек ғана 56 процентти қурайды, 31 кәсип-өнер колледжинде оқыў устаханалары улыўма жоқ;
үшиншиден, жеткиликли дәрежеде қаржыландырылмағаны нәтийжесинде кәсип-өнер билимлендириўи системасы ушын зәрүр болған көплеген сабақлықлар ҳәм оқыў қолланбалары басып шығарылмады, сабақлықлардың 50 проценти рус ҳәм қарақалпақ тиллерине аўдарылмаған, әмелдеги сабақлықлар бирде-бир мәрте жаңаланбаған;
төртиншиден, кәсип-өнер колледжлеринде кадрлар таярлаў системасы аймақлардағы экономикалық тармақлардың реал зәрүрликлеринен артта қалғаны, сондай-ақ, кәсип-өнер колледжлери ушын белгиленген қабыллаў квоталарында мийнет базары конъюнктурасы ҳәм өндирислик әмелиятты шөлкемлестириў имканиятлары есапқа алынбаўы питкериўшилерди жумысқа орналастырыўда қыйыншылық туўдырмақта;
бесиншиден, кәсип-өнер колледжлериндеги әмелдеги оқыў процесин шөлкемлестириўдиң ҳәзирги жағдайы, қолланылып атырған оқыў-нормативлик ҳүжжетлер ҳәм оқытыў мүддетлери кәсиплердиң қурамалылық дәрежесине жуўап бермейди, өндирислик әмелиятты шөлкемлестириўдеги кемшиликлер алынып атырған билим дәрежеси төменлеп кетиўине ҳәм тийисли түрде бир қатар билимлендириў бағдарлары бойынша питкериўшилерге болған талаптың төменлеўине алып келеди ҳәм нәтийжеде оқыўды тамамлағаннан соң жумыс орынларында оларды қосымша оқытыў зәрүрлигин келтирип шығармақта;
алтыншыдан, халықтың түрли категорияларын «Өмири даўамында билим алыў» принципи бойынша кәсипке таярлаў системасының жеткиликли раўажланбағаны көпшилик үлкен жастағы халықтың, сондай-ақ, жумыссыз жаслардың ҳәм майыплығы болған шахслардың мийнет базарында керексиз болып қалыўына алып келмекте;
жетиншиден, кәсип-өнер колледжлеринде оқыў процесин шөлкемлестириўге ҳәм оқыўшыларды интеллектуаллық, руўхый-ағартыўшылық жақтан тәрбиялаўға үстиртин қараў, олардың бос ўақытларын бәнт етиўдиң нәтийжесиз механизми оқыўшылар тәрепинен исленген ҳуқықбузарлықлар ҳәм жынайый қылмыслар санының артыўына, олардың оқыўға қызығыўшылығы және қатнасының төменлеп кетиўине себеп болмақта.
2017/2018 оқыў жылынан баслап 11 жыллық мәжбүрий улыўма орта билим бериў системасына өтилиўи жәмийетшилик, ата-аналар ҳәм 9-класслардың питкериўшилери тәрепинен кеңнен қоллап-қуўатланды.
Алдынғы шет еллердиң тәжирийбеси тийкарында улыўма орта, орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириўи системасын түп-тийкарынан жетилистириў, маман кадрлар таярлаў ушын шараятлар жаратыў, кәсип-өнер колледжлери питкериўшилериниң бәнтлигин тәмийинлеў, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын әмелге асырыў мақсетинде:
- 2018/2019 оқыў жылынан баслап мәжбүрий улыўма орта ҳәм орта арнаўлы билимлендириў улыўма билим бериў мектеплеринде, сондай-ақ, қәнигелестирилген мектеплерде, қәнигелестирилген көркем өнер ҳәм мәденият мектеп-интернатларында, қәнигелестирилген олимпиада резервлери мектеп-интернатларында және академиялық лицейлерде үзликсиз ҳәм 11 жыллық мүддетте әмелге асырылатуғыны;
2019/2020 оқыў жылынан баслап кәсип өнер колледжлерине оқыўға қабыллаў улыўма билим бериў мектеплериниң 11-класс питкериўшилериниң есабынан, өз қәлеўи тийкарында, тийисли қәнигеликке (кәсипке) ийе болыўы ушын 6 айдан 2 жылға шекем болған оқытыў мүддетлеринде әмелге асырылатуғыны;
кәсип-өнер колледжлерине 2017/2018 оқыў жылына шекем (усы оқыў жылы қосылған ҳалда) оқыўға қабыл етилген оқыўшылар оқыўын өзлери билим алып атырған кәсип-өнер коллдежлеринде әмелдеги оқыў бағдарламалары тийкарында белгиленген тәртипте тамамлайтуғыны белгилеп қойылсын.
- Төмендегилер кәсип-өнер билимлендириўи тараўында кадрлар таярлаў системасының әҳмийетли ўазыйпалары болып есаплансын:
экономиканың раўажланыў перспективаларын ҳәм әҳмийетли ўазыйпаларын, заманагөй техника ҳәм технологиялық тенденцияларды есапқа алып талап жоқары болған ҳәм түрлес қәнигеликлер бойынша заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизген ҳалда ислеў бойынша әмелий көнликпеге ийе болған ҳәм кеминде еки шет тилин билетуғын маман кадрларды таярлаў;
кадрларға болған реал зәрүрликти, жумыс бериўши кәрханалардың усынысларын есапқа алған ҳалда экономика тараўлары ҳәм тармақлары ушын зәрүр қәнигеликлер таярлаўдың сапасын түп-тийкарынан жақсылаў бойынша кәсип-өнер колледжлериниң жумысын муўапықластырыў;
жасларды ҳәр тәреплеме бәркамал етип, ўатанды сүйиўшилик ҳәм миллий ғәрезсизлик идеяларына садықлық руўхында тәрбиялаўға, сондай-ақ, оқыўшыларда бай илимий, мәдений ҳәм руўхый мийрасымызға, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдриятларға тийкарланған руўхый ҳәм әдеп-икрамлылық пазыйлетлерди раўажландырыўға бағдарланған педагогикалық процессти жаңа педагогикалық түрлер ҳәм усыллар тийкарында шөлкемлестириў;
жетекши жергиликли ҳәм шет елдиң билимлендириў мәкемелери менен ҳәр тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыў, заманагөй инновациялық оқыў жойбарларын биргеликте әмелге асырыў ушын кәсип-өнер билимлендириўи тараўына жоқары маманлықтағы шет елли қәнигелерди тартыў;
кәсип-өнер билимлендириўи миллий стандартлары талапларын халықаралық билимлендириў стандартлары классификациясына, халықаралық маманлық талапларына муўапықластырыў, миллий маманлық талапларын басқышпа-басқыш халықаралық аналогларға бейимлестириўге ҳәм тән алыныўына қаратылған жумысларды шөлкемлестириў;
кәсипке үйретиў менен бир қатарда қурамы жағынан улыўма билим алыўды биргеликте алып баратуғын, сондай-ақ, мәмлекетлик емес билимлендириў секторын үзликсиз мәмлекетлик билимлендириў системасы менен нәтийжели интеграциялаў, дифференцияланған билимлендириў системасын шөлкемлестириў бойынша арттырылған әмелий тәжирийбени системаластырыў ҳәм келешекте әмелиятқа енгизиў;
елимиз экономикасын буннан былай да реформалаў, оны турақлы өсириў және модернизациялаў процесслерине нәтийжели қатнаса алатуғын кадрларды таярлаў мақсетинде оқыў процесине инновациялық идеяларды, технологияларды ҳәм қолланбаларды белсене қолланып кәсип-өнер билимлендириўи ҳәм өндиристиң өз-ара тығыз бирге ислесиўин тәмийинлеў;
жоқары нәтийжели оқыў-лаборатория үскенелери, компьютер техникасы ҳәм инновациялық технологияларға тийкарланған парклер менен тәмийинленген кәсип-өнер коллдежлериниң заманагөй материаллық-техникалық базасын қәлиплестириў ҳәм буннан былай да беккемлеў, оннан нәтийжели пайдаланыў илажларын әмелге асырыў.
- Төмендегилер:
кәсип-өнер билимлендириўи системасын буннан былай да жетилистириўди муўапықластырыў Республикалық комиссиясы (кейинги орынларда – Республикалық комиссия) 1-қосымшаға муўапық;
кәсип-өнер колледжлери жумысының системалы мониторингин алып барыў бойынша аймақлық жумысшы топарлардың үлги қурамы (кейинги орынларда – аймақлық жумысшы топар) 2-қосымшаға муўапық шөлкемлестирилсин.
- Республикалық комиссия (К.Акмалов), аймақлық жумысшы топарлар төмендегилерди тәмийинлесин:
а) үш ай мүддетте әмелдеги билимлендириў бағдарламаларына киретуғын қәнигеликлер бойынша мийнет базарындағы реал талапты анықлаў, олардың аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламаларының мақсетли көрсеткишлерине муўапықлығын, кейин ала питкериўшилерди бириктириў мақсетинде тармақларда потенциал жумыс бериўшилерди анықлаў бойынша кәсип-өнер колледжлериниң жумысын ҳәр тәреплеме сын көз қарастан үйренип шығыў;
б) 2018-жыл 1-июльге шекем тийисли Ҳүкиметлик қарардың жойбарын ислеп шығыў ҳәм оны Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизиў, онда төмендегилерди нәзерде тутыў:
аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламаларының мақсетли параметрлерине ҳәм мийнет базары болжаўына муўапық, кадрларға болған әмелдеги реал зәрүрликти есапқа алып кәсип-өнер колледжлерин тармақлық бойсыныў тийкарында тийисли министрликлер, ведомстволар, хожалық бирлеспелери, коммерциялық банклер ҳәм ири кәрханалардың қарамағына өткериў;
исбилерменлик тараўы, соның ишинде, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлери ушын мийнет базарында талап етилип атырған кәсиплер бойынша кардларды мақсетли таярлайтуғын көп тармақлы кәсип-өнер колледжлерин шөлкемлестириў;
тармақлық министрликлер, ведомстволар, хожалық бирлеспелери, коммерциялық банклер ҳәм ири кәрханалар – кадрлар буйыртпашылары тәрепинен айрықша қәнигеликлер (кәсиплер) ге зәрүрлик ҳәм талап төмен болған кәсип-өнер колледжлериниң улыўма санын оптималластырған ҳалда олардың бир бөлегин қайта шөлкемлестириў;
оптималластырылыўы керек болған кәсип-өнер колледжлериниң материаллық-техникалық базасынан, оларда улыўма билим бериў мектеплери, оқыў өндирислик комплекслери ҳәм мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери орналастырылыўын нәзерде тутып, имарат ҳәм объектлеринен мақсетли және нәтийжели пайдаланыў.
Усы бәнтте нәзерде тутылған илажлар орынланғаннан соң Республикалық ҳәм аймақлық жумысшы топарлар өз жумысын тамамлайтуғыны белгиленсин.
- Экономика министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте ҳәр жылдың жуўмақлары бойынша Министрлер Кабинетине аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламаларына киргизилетуғын өзгерислерди есапқа алған ҳалда кәсип-өнер колледжлеринде жаңа бағдарлар ҳәм қәнигеликлер ашылыўы бойынша усыныслар киргизсин.
- Төмендегилер:
кәсип-өнер колледжлери көпшилик жағдайларда министрликлер, ведомстволар, хожалық бирлеспелери, коммерциялық банклер ҳәм ири кәрханалар – тармақлық бойсыныўы бойынша кадрларға буйыртпашылардың қурамында жумыс алып баратуғыны;
кәсип-өнер колледжлериниң берилетуғын имаратлары, объектлери, үскенелери, мебели ҳәм инвентарының баҳасы қосымша қун салығын ҳәм дәрамат салығын есаплап шығыўда салық салыў объекти есапланбайтуғыны;
2017/2018 оқыў жылына шекем (бул оқыў жылы да усыған киреди) кәсип-өнер колледжлерине қабыл етилген оқыўшылар оқыўды толық жуўмақлағанға шекем усы кәсип-өнер колледжлериниң қәрежетлери Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары есабынан тәмийинленетуғыны;
министрликлердиң, ведомстволардың, хожалық бирлеспелериниң, коммерциялық банклердиң ҳәм ири кәрханалардың қарамағындағы кәсип-өнер колледжлерин сақлаўға, кадрларды оқытыўға, маманлығын арттырыўға ҳәм қайта таярлаўға мақсетли тәризде бағдарланған қаржылары барлық түрдеги салықлардан ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорларға мәжбүрий ажыратпалардан азат етилетуғыны белгилеп қойылсын.
- Өзбекистан Республикасы Әдиллик министрлиги Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги ҳәм Өзбекистан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң Орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириўи орайы менен биргеликте:
бир ҳәпте мүддетте белгиленген тәртипте Өзбекистан Республикасы Президентиниң Өзбекистан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң Орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириўи орайының жумысын жетилистириў ҳаққындағы қарары жойбарын;
еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққында Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекистан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи Р.С.Қосимовқа жүкленсин.
Өзбекистан Республикасы
Презилденти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 25-январь
* * *
Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Улыўма орта, орта арнаўлы ҳәм кәсип-өнер билимлендириўи системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманына ТҮСИНИК
Үзликсиз билимлендириў системасын буннан былай да жетилистириўге, сапалы билимлендириў хызметлеринен пайдаланыўды арттырыўға, мийнет базарының заман талапларына муўапық жоқары маманлықтағы кадрлар таярлаўға мәмлекет тәрепинен айрықша итибар берилмекте.
Өткен жылларда билимлендириў системасын реформалаў процесинде республикада беккем ҳуқықый, шөлкемлестириўшилик, материаллық-техникалық база жаратылды, бул интелектуаллық потенциалы жоқары ҳәм бәркамал жас әўладты оқытыўдың ҳәм тәрбиялаўдың мазмунын жаңалаўға көмеклести.
Соның менен бирге, реформалар әмелге асырылған жылларда улыўма орта, сондай-ақ, орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириўин раўажландырыў, 12 жыллық мәжбүрий билимлендириўге өтиў нәтийжелерин ҳәр тәреплеме талқылаў ҳәзирги орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириўи системасын бүгинги күнниң талапларына жуўап бермейтуғынын ҳәм түп-тийкарынан реформалаўға мүтәж екенин көрсетти.
Соның ишинде, кәсип-өнер колледжлерин аймақларда орналастырыўға системалы қатнас жасаўдың жоқ екени, регионларда жол-транспорт инфраструктурасының толық раўажланбағаны оқыўшылардың ўақты-ўақты менен сабақларға ғалаба қатнаспаўына себеп болды;
кәсип-өнер колледжлериниң ҳәм олардың оқыў устаханаларының оқыў-лаборатория үскенелери менен тәмийинленгенлиги илим, өндирис технологиялары ҳәм техниканың раўажланыў пәтлеринен изде қалды, кәсип-өнер колледжлериниң материаллық-техникалық жақтан тәмийинлениў дәрежеси орташа 56 процентти қурады;
сабақлықлар менен оқыў қолланбаларын таярлаў ҳәм басып шығарыў бойынша жумыслардың нәтийжесиз ҳәм өз ўақтында қаржыландырылмаўы кәсип-өнер билимлендириўи системасын жаңа әўлад сабақлықлары ҳәм оқыў қолланбалары менен тәмийинлеўде айрықша түрде изде қалыўға алып келди;
кәсип-өнер колледжлериндеги регионларда экономика тармақларының реал талапларын тәмийинлемейтуғын кадрлар таярлаўдың ҳәрекеттеги системасын, мийнет базары конъюнктурасын ҳәм өндиристиң әмелиятын шөлкемлестириў ушын имканиятлардың бар екенлигин есапқа алмай белгиленетуғын кәсип-өнер колледжлерине қабыллаў квоталары питкериўшилерди жумысқа орналастырыў көрсеткишлерине унамсыз тәсир етти;
кәсип-өнер колледжлериндеги әмелге асырылатуғын оқыў процеси, қолланылатуғын оқыў-нормативлик ҳүжжетлердиң кемшиликлери, кәсиплердиң қурамалылық дәрежеси есапқа алынбай билимлендириўдиң бирден-бир мүддетлериниң белгилениўи, өндирислик әмелиятты шөлкемлестириўдеги кемшиликлер алынатуғын билимлер дәрежесиниң төменлеўине ҳәм бир қанша бағдарлар бойынша питкериўшилерге талаптың төменлигине, оқыў жуўмақланғаннан соң жумыс орынларында оларды қосымша түрде оқытыў зәрүрлигине алып келди;
халықтың ҳәр қыйлы категорияларын «Өмир даўамында билим алыў» принципи бойынша кәсипке таярлаў системасының төмен раўажланғаны үлкен жастағы халықтың салмақлы бөлеги, соның ишинде, жумысқа орналасыўға мүтәж болған жаслар менен майыплығы болған шахсларға мийнет базарында талаптың жоқлығына алып келди;
кәсип-өнер колледжлеринде оқыў процесин шөлкемлестириўге ҳәм оқыўшыларды руўхый-әдеп-икрамлылық жақтан тәрбиялаўға бюрократлық пенен қатнаста болыў, олардың бос ўақтын шөлкемлестириўдиң нәтийжесиз механизми сабақларға қатнасының төменлеўине ҳәм соның ақыбетинде олар тәрепинен исленетуғын ҳуқықбузарлықлар санының көбейиўине алып келди.
Усы тараўдығы бар машқалаларды системалы шешиў, алдынғы шет еллердиң тәжирийбеси тийкарында кәсип-өнер билимлендириўи системасын түп-тийкарынан жетилистириў ҳәм раўажландырыў, бар кәсип-өнер колледжлериниң материаллық базасынан ақылға уғрас ҳәм мақсетли пайдаланыўды тәмийинлеў, сондай-ақ, тийисли министрликлер, ведомстволар, хожалық бирлеспелери, коммерциялық банклер менен ири кәрханаларға ведомстволық жақтан бойсынатуғын кәсип-өнер колледжлеринде маман ҳәм мийнет базарының талапларына жуўап беретуғын кадрларды таярлаў нәтийжелигин арттырыў ушын шараятлар жаратыў, халықтың барлық қатламларының талапларын есапқа алыў ҳәм бәнтлигин арттырыў мақсетинде Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Улыўма орта, орта арнаўлы ҳәм кәсип-өнер билимлендириўи системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилди.
Усы Пәрманда төмендегилер нәзерде тутылған:
2018/2019 оқыў жылынан баслап мәжбүриў улыўма орта билим бериў үзликсиз ҳәм бийпул 11 жыллық билимлендириў тийкарында әмелге асырылады;
2019/2020 оқыў жылынан баслап кәсип-өнер колледжлерине оқыўға қабыллаў улыўма орта билим бериў мектеплериниң 11-класс пикериўшилериниң есабынан, ықтиярлы тийкарда, тийисли қәнигеликке (кәсипке) ийе болыў ушын 6 айдан 2 жылға шекемги болған билимлендириў мүддетлеринде әмелге асырылады.
Пәрманда кәсип-өнер билимлендириўи тараўында кадрлар таярлаў системасының төмендеги ең әҳмийетли ўазыйпалары да белгиленген:
талап етилген кәсиплер бойынша экономиаканың раўажланыў преспективалары менен тийкарғы ўазыйпаларын, заманагөй техникалар менен технологиялық тенденцияларды есапқа алған ҳәм заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизген ҳалда ислеў бойынша әмелий көнликпелерге ийе болған орта буўынның маман қәнигелерин таярлаў;
экономика тараўлары ҳәм тармақлары ушын зәрүр қәнигелер таярлаў, кадрларға болған реал талапты, жумыс бериўши кәрханалардың усынысларын есапқа алған ҳалда экономика тармақлары менен тараўларында талап етилген қәнигелер таярлаў сапасын түп-тийкарынан арттырыў бойынша кәсип-өнер колледжлериниң жумысын муўапықластырыў;
жасларды ҳәр тәреплеме бәркамал шахс етип, ўатанды сүйиўшилик ҳәм миллий ғәрезсизлик идеяларына садықлық руўхында тәрбиялаўға, сондай-ақ, оқыўшыларда бай илимий, мәдений ҳәм руўхый мийрасымызға, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдриятларға тийкарланған руўхый ҳәм әдеп-икрамлылық пазыйлетлерин раўажландырыўға бағдарланған педагогикалық процести жаңа педагогикалық формалар ҳәм усыллар тийкарында шөлкемлестириў;
жетекши жергиликли ҳәм шет елдиң билимлендириў мәкемелери менен ҳәр тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыў, инновациялық оқыў жойбарларын биргеликте әмелге асырыў ушын жоқары маманлықтағы шет ел қәнигелерин тартыў;
кәсип-өнер билимлендириўи миллий стандартлары талапларын халықаралық билимлендириў стандартлары сыпатламасына, халықаралық маманлық талапларына муўапықластырыў, миллий маманлық талапларының раўажланған еллердиң маманлық талапларына муўапықлығын басқышпа-басқыш тәмийинлеўге ҳәм оның тән алыныўына қаратылған жумысларды шөлкемлестириў;
мәмлекетлик емес билимлендириў секторын үзликсиз мәмлекетлик билимлендириў системасы менен нәтийжели интеграциялаў, дифференциялланған билимлендириў системасын шөлкемлестириў бойынша арттырылған әмелий тәжирийбени системаластырыў ҳәм келешекте әмелиятқа енгизиў;
елдиң экономикасын буннан былай да реформалаў, оны турақлы өсириў ҳәм модернизациялаў процесслеринде белсене ҳәм нәтийжели қатнаса алатуғын кадрларды таярлаў мақсетинде оқыў процесине инновациялық идеяларды, технологияларды ҳәм қолланбаларды белсене қолланып кәсип-өнер билимлендириўи ҳәм өндиристиң өз-ара тығыз бирге ислесиўин тәмийинлеў;
кәсип-өнер колледжлериниң заманагөй материаллық-техникалық базасын жетилистириў ҳәм және де беккемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша жоқары нәтийжели оқыў-лаборатория үскенелери, компьютер техникасы ҳәм мәлимлеме-коммуникация үскенелери менен тәмийинлеўди өз ишине алатуғын системалы илажларды әмелге асырыў.
Пәрман менен кәсип-өнер билимлендириўи системасын буннан былай да жетилистириўди муўапықластырыўшы Республикалық комиссия ҳәм тийисли аймақлық жумысшы топарлар шөлкемлестирилди. Төмендегилер олардың ўазыйпалары болып табылады:
билим алынатуғын қәнигеликлер бойынша кадрларға мийнет базарындағы талапты, олардың регионды социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламасына муўапықлығын, соңынан пикериўшилерди бириктириў ушын потенциал тармақлық жумыс бериўшилерин анықлаў бойынша кәсип-өнер колледжлериниң жумысын үйрениў;
регионларды социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламаларының мақсетли параметрлерине ҳәм мийнет базарының болжаўына муўапық кадрларға болған анық реал талапларды есапқа алған ҳалда кәсип-өнер колледжлерин тийисли министрликлер, ведомстволар, хожалық бирлеспелери, коммерциялық банклер менен ири кәрханалардың тармақлық бойсыныўына бериў, сондай-ақ, хожалық жүргизиўши субъектлер, соның ишинде, киши ҳәм жеке бизнес кәрханалары ушын мийнет базарында талап етилетуғын жумысшы кәсиплерине оқытыў ушын көп тармақлы колледжлердиң тармақларын шөлкемлестириў, айырым қәнигеликлер (кәсиплер) бойынша талап жоқлығы мүнәсибети менен кәсип-өнер колледжлерин оптималластырыў ямаса оларда улыўма билим бериў мектеплери менен оқыў-өндирислик комплекслерин және балалардың мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерин орналастырыў бойынша Ҳүкиметлик қарардың жойбарын ислеп шығыў.
Бул Пәрманның қабыл етилиўи бар кәсип-өнер колледжлериниң материаллық-техникалық базасынан ақылға уғрас ҳәм мақсетли пайдаланыўды тәмийинлеў, маман ҳәм мийнет базарының талапларына жуўап беретуғын кадрлар таярлаўдың сапасын арттырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм улыўма кәсип-өнер билимлендириўи системасын буннан былай да раўажландырыў имканиятын береди.
ӨзА