Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

 

Уллы жазыўшы ҳәм жәмийетлик ғайраткер Шыңғыс Айтматов тек ғана қырғыз елиниң емес, соның менен бирге, пүткил түркий еллер, соның ишинде, өзбек халқы ушын да әзиз ҳәм қәдирли тулға, Өзбекстанның үлкен досты еди.

Шыңғыс Айтматов регионымыздың тынышлығын-татыўлығын, оның келешегин ҳәм раўажланыўын, халықларымыз арасындағы дослық-аўызбиршиликти беккемлеў, оларды ҳәр қыйлы қарама-қарсылықлардан сақлаў жолында пидәкерлик пенен жумыс алып барды.

Өткен әсирдиң 80-жылларында бурынғы Орай тәрепинен шөлкемлестирилген «өзбек иси», «пахта иси» сыяқлы ҳақыйқаттан жырақ сиясий мапазлар ўақтында Шыңғыс Айтматовтың әдиллик ҳәм ҳақыйқат жыршысы сыпатында халқымыздың абыройын үлкен минберлерде турып мәрдана қорғағанын ел-журтымыз ҳәмийше миннетдаршылық пенен еслейди. Бийтакирар дөретиўшиниң мәмлекетимиз тәрепинен «Дослық» ҳәм «Буюк хизматлари учун» орденлери менен сыйлықланғаны да усыннан дәрек береди.

Белгили жазыўшы өзбек әдебияты ҳәм көркем өнериниң ири ғайраткерлери менен жақын дос ҳәм дөретиўши шерик болғаны жас жазыўшыларымыз ушын жоқары өрнек үлгиси болып табылады.

Өзбекстан ҳәм Қырғызстан арасындағы қатнасықлар тарийхында жаңа дәўир баслаған ҳәзирги ўақытта Шыңғыс Айтматовтың өлмес көркем мийрасы халықларымыз ушын оғада үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Оның гуманизм ҳәм жақсылық идеяларын, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдирятлар, түрли миллетлер және халықлар арасында өз-ара ҳүрмет, аўызбиршилик байланысларын беккемлеўге қаратылған жетик шығармалары елимизде миллионлаған нусқаларда басып шығарылмақта. Өзбекстан Миллий университетинде шөлкемлестирилген «Шыңғыс Айтматов ҳәм Өзбекстан» турақлы экспозициясы жумыс алып бармақта.

Өзиниң бийбаҳа таланты ҳәм толып тасқан жәмийетлик искерлиги менен халықларымыз арасында дослық ҳәм бирге ислесиўди, әдебий-мәдений байланысларымызды раўажландырыў жумысына қосқан үлкен үлесин есапқа алып және туўылғанының 90 жыллығын мүнәсип белгилеў мақсетинде:

1. Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги, Сыртқы ислер министрлиги, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы, Өзбекстан Илимлер академиясы, Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы, Министрлер Кабинети жанындағы Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм шет еллер менен дослық байланыслары комитети, Өзбекстан Жаслар аўқамы ҳәм жәмийетшилик ўәкиллерин уллы жазыўшы ҳәм жәмийетлик ғайраткер Шыңғыс Айтматов туўылғанының 90 жыллығын елимиз көлеминде кеңнен белгилеў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.

2. Уллы жазыўшы ҳәм жәмийетлик ғайраткер Шыңғыс Айтматов туўылғанының 90 жыллығын белгилеў бойынша шөлкемлестириў комитетиниң (кейинги орынларда Шөлкемлестириў комитети деп аталады) қурамы қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

3. Шөлкемлестириў комитети бир ай мүддетте Шыңғыс Айтматов туўылғанының 90 жыллығын жоқары дәрежеде белгилеў бойынша тийисли илажлар режесин ислеп шықсын.

Бул илажлар режесинде:

«Шыңғыс Айтматов ҳәм Өзбекстан» атамасындағы естелик китабын баспаға таярлаў ҳәм басып шығарыў;

Шыңғыс Айтматовтың өмири ҳәм дөретиўшилик жолы ҳаққында ҳүжжетли фильм дөретиў;

жазыўшының шығармалары тийкарында жаңа спектакль сахналастырыў ҳәм көркем фильмди сүўретке алыў;

Шыңғыс Айтматовтың естелигин мәңгилестириў мақсетинде Ташкент қаласының орайлық көшелериниң бирине жазыўшының атын бериў;

Ташкент ўәлаяты Паркент районындағы 33-мектепте жазыўшының естелигин орнатыў;

Өзбекстан Илимлер академиясы, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Сыртқы ислер министрлиги, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы, Министрлер Кабинети жанындағы Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм шет еллер менен дослық байланыслары комитети, Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы менен биргеликте «Шыңғыс Айтматов ҳәм өзбек әдебияты» темасында илимий конференция өткериў;

елимиздеги жоқары ҳәм орта арнаўлы, кәсип-өнер, улыўма орта билим бериў мәкемелери, әскерий бөлимлер, мийнет жәмәәтлери ҳәм мәҳәллелерде белгили шайыр ҳәм жазыўшылардың, илимпазлардың қатнасыўында ушырасыўлар, әдебий кешелер шөлкемлестириў;

2018-жыл декабрь айының екинши он күнлигинде Өзбек Миллий академиялық драма театрында белгили жазыўшының естелигине бағышланған дөретиўшилик кеше өткериў илажлары нәзерде тутылсын.

4. Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, «Жәҳән» мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына Шыңғыс Айтматов туўылғанының 90 жыллығын белгилеўге байланыслы илажларды кеңнен сәўлелендириў усыныс етилсин.

5. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи Х.Султановқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 2-апрель