Уллы шайыр ҳәм ойшыл мир Әлийшер Наўайының дөретиўшилик мийрасын елимиз ҳәм дүнья көлеминде кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм Наўайы ўәлаятында “Әлийшер Наўайы жылы”н жоқары дәрежеде өткериў илажлары ҳаққында

322

 

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Уллы шайыр ҳәм ойшыл, халықшыл мәмлекетлик ғайраткер Мир Әлийшер Наўайының бийбаҳа мийрасы елимиздиң руўхый турмысы ҳәм дүнья  әдебиятының раўажланыўында орны оғада әҳмийетли. Оның мүбәрек тулғасы өмирин Ўатан ҳәм халық абаданлығы ушын бағышлаўды турмыс талабы деп билетуғын пидайы инсанларды тәрбиялаўда барлық дәўирлер ушын жоқары идеал үлгиси болып хызмет етеди.

Соңғы жылларда уллы бабамыздың өмири ҳәм дөретиўшилигин үйрениў ҳәм дүнья көлеминде кеңнен үгит-нәсиятлаў бойынша көплеген жойбарлар әмелге асырылды, соның ишинде, халықаралық илимий экспедициялар  шөлкемлестирилди, шайыр дөретпелерин шет тиллерине аўдармалаў ҳәм баспадан шығарыў жумыслары даўам еттирилмекте.

Уллы гуманист, әдиллик ҳәм жақсылық жыршысы илим, мәденият, көркем өнер ҳәм әдебият қәўендери  Әлийшер Наўайының улыўма инсаныйлық әҳмийетке ийе мәңгилик мийрасын және де терең изертлеў халқымыз ҳәм дүнья халқын бул үлкен байлықтан ҳәр тәреплеме қанаатландырыў мақсетинде:

  1. Мәденият министрлиги, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги, Жазыўшылар аўқамы, Республикалық Руўхый- ағартыўшылық орайы, Әлийшер Наўайы атындағы халықаралық жәмийетлик қоры, Наўайы ўәлаяты ҳәкимлиги ҳәм кең жәмийетшиликтиң Әлийшер Наўайы туўылғанының 584 жыллығы мүнәсибети менен Наўайы ўәлаятында 2025-жылға “Әлийшер Наўайы жылы” деп атама бериў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
  2. Әлийшер Наўайының дөретиўшилик мийрасын терең үйрениў ҳәм кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм Наўайы ўәлаятында “Әлийшер Наўайы жылы”н жоқары дәрежеде өткериў бойынша республикалық комиссия (кейинги орынларда –Республикалық комиссия)ның қурамы 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  3. Төмендегилер Республикалық комиссияның тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

Әлийшер Наўайы мийрасын үйрениў жумысларын және де жоқары басқышқа көтериў мақсетинде елимиз ҳәм сырт еллерде системалы тийкарда илимий излениўлер алып барыў ҳәм олардың нәтийжелерин жәриялаў, усы темада жаңа илимий, көркем  ҳәм ғалабалық шығармалар жаратыў, сырт елдеги наўайытаныўшы илимпаз ҳәм дөретиўшилердиң шығармаларын өзбек тилинде баспадан шығарыў илажларын көриў;

Наўайы тулғасы сүўретленген, оның шахсы, илимий-ағартыўшылық мийрасы, мәмлекетлик ғайраткер сыпатындағы хыметине бағышланған көргизбели мәлимлеме қуралларын таяраў, медиа өнимлер ҳәм аудиовизиуал шығармалар жаратыў,  оларды жергиликли ҳәм сырт  ел ғалаба хабар қуралларында кеңнен сәўлелендириў ҳәм социаллық тармақларда жайластырыўды тәмийинлеў;

Өзбекстан Республикасының сырт мәмлекетлердеги елшиханалары, өзбек миллий мәдений орайлары, ўатанласлар жәмийетлеринде Әлийшер Наўайының өмири ҳәм жумысы, адамгершилик идеяларын кеңнен үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў мақсетинде илимий әнжуманлар ҳәм дөгерек сәўбетлерин шөлкемлестириў;

бул процессте министрлик ҳәм уйымлар, илимий ҳәм дөретиўши, ағартыўшылық мәкемелери арасында нәтийжели бирге ислесиўди тәмийинлеў;

усы қарарда нәзерде тутылған илажлардың өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлеў, илажларды қаржыландырыў менен байланыслы қәрежетлерди Мәмлекетлик бюджеттен ажыратылған қаржылар шеңберинде, орынлаўшылар бюджеттен тысқары қаржылар, халықаралық грантлар ҳәм нызамшылықта шекленбеген басқа дереклер есабынан әмелге асырылыўын шөлкемлестириў, қаржылардың бөлистирилиўин ҳәм жумсалыўын қадағалаў.

  1. Әлийшер Наўайының бийтәкирар дөретиўшилик мийрасын кеңнен ен жайдырыў ҳәм Наўайы ўәлаятында “Әлийшер Наўайы жылы”н жоқары дәрежеде өткериў бойынша илажлар бағдарламасы (кейинги орынларда -Бағдарлама) 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Республикалық комиссия Бағдарламада нәзерде тутылған илажлар өз ўақтында нәтийжели әмелге асырылыўын шөлкемлестирсин, бул бағдарда уйымлараралық бирге ислесиўди тәмийинленсин.

Министрлер Кабинетиниң Мәмлекетлик тилди раўажландырыў департаменти Республикалық комиссияның жумысшы уйымы етип белгиленсин.

  1. Наўайы ўәлаятында 2025-жыл “Әлийшер Наўайы жылы” деп атама берилгени мүнәсибети менен Наўайы ўәлаяты ҳәкимлиги:

Әлийшер Наўайы атындағы халықаралық жәмийетлик қоры, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги, Жазыўшылар аўқамы менен биргеликте 2025-жыл 8-9-февраль күнлери уллы бабамыз туўылғанының 584 жыллығы мүнәсибети менен жергиликли ҳәм сырт ел илимпазлары, дөретиўши зыялылар, кең жәмийетшиликтиң қатнасыўында “Әлийшер Наўайы ҳәм Шығыс Ренессансы” дәстүрий халықаралық симпозиумы ҳәм наўайыханлық илажларын жоқары дәрежеде өткериў илажларын көрсин;

“Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңберинде Наўайы ўәлаятының барлық қала ҳәм районларында Әлийшер Наўайының өмири ҳәм дөретиўшилик жумысларына байланыслы ҳалда пайызлы бағ ҳәм дем алыў орынларын, жасыл аймақлар шөлкемлестирсин;

Көркем өнер академиясы, Илимлер академиясы, Жазыўшылар аўқамы, Мәдений мийрас агентлиги менен биргеликте Наўайы қаласында қурылып атырған “Жаңа Өзбекстан” бағында Әлийшер Наўайының естелиги ҳәм “Хамса” дәстанлары темасындағы символикалық дәрўазаларды орнатыў ҳәм мемориал музей шөлкемлестириў илажларын көрсин;

Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги, Жазыўшылар аўқамы, Илимлер академиясы менен биргеликте ҳәр жылы өз алдына реже тийкарында Әлийшер Наўайы дөретиўшилигине бағышлап дөретиўшилик кешелер, танлаўлар, китаплар баспасы ҳәм презентациясы ҳәм илимий-әдебий әнжуманлар өткерсин. Бул илажларға студентлер, жас дөретиўшилер ҳәм талантлы оқыўшыларды кеңнен тартыў, оларды мүнәсип хошаметлеў арқалы “Наўайы ўәлаяты тәжирийбеси”н жолға қойсын.

  1. Илимлер академиясы:

Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги, Наўайы ўәлаяты ҳәкимлиги менен биргеликте Наўайы мәмлекетлик университетинде 2025-жыл 10-15-октябрь күнлери “Әлийшер Наўайы илимий-әдебий мийрасының улыўма инсаныйлық руўхый-ағартыўшылық раўажланыўындағы орны” темасында халықаралық илимий конференция өткерилиўин тәмийинлесин. Онда халықаралық конференцияны өткериў менен байланыслы қәрежетлер Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги ҳәм Наўайы ўәлаяты ҳәкимлиги тәрепинен теңдей үлеслерде қапланыўы белгилеп қойылсын;

Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги, Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы, Жаслар ислери агентлиги, Республикалық Руўхый ҳәм ағартыўшылық орайы менен биргеликте “Ҳәзирети Наўайыны аңлаў-өзлигимизди аңлаў” темасында республикалық таңлаў, сондай-ақ, билимлендириў шөлкемлери ҳәм мәҳәллелерде “Наўайыханлық кешелерин”н шөлкемлестирсин.

  1. Жазыўшылар аўқамы, Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги Наўайы ўәлаяты ҳәкимлиги менен биргеликте Әлийшер Наўайының өмири ҳәм дөретиўшилиги, ол жасаған дәўирдиң рууўхый-әдебий  орталығы, шайырдың устаз ҳәм заманласлары, избасарлары ҳаққында сөз етиўши шығармаларды қайта баспадан шығарып, жоқары билимлендириў мәкемелеринде Әлийшер Наўайы қол жазбаларының көргизбелери ҳәм шығармаларының презентацияларын өткерсин.
  2. “Наўайы кән-маталлургия комбинаты” акционерлик жәмийетиниң Әлийшер Наўайының өмири ҳәм дөретиўшилик жумысына бағышланған көркем кинофильмди қаржыландырыў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.

Кинематография агентлиги 2026-жылдың ақырына шекем наўайытаныўшы илимпазлар, жетик сценарийши ҳәм режиссёрлар, актёрлар ҳәм тараў қәнигелериниң қатнасыўында усы көркем фильмди жаратыў, оның салтанатлы премьерасын шөлкемлестириў илажларын көрсин.

  1. Сыртқы ислер министрлиги Республикалық комиссия тәрепинен тастыйықланатуғын өз алдына реже тийкарында Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң Әлийшер Наўайы атындағы халықаралық сыйлығын сырт мәмлекетлерде кеңнен үгит-нәсиятлаў илажларын көрсин.
  2. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Әлийшер Наўайының өмири, оның мәмлекетлик ғайраткер сыпатындағы жумысы ҳәм дүнья әдебияты ҳәм прогрессиниң  раўажланыўына қосқан үлкен үлесин халық, әсиресе, жаслар арасында, сондай-ақ, кәрхана, шөлкемлер ҳәм мийнет жәмәәтлеринде кеңнен үгит-нәсиятлаўға қаратылған илажларды шөлкемлестирсин.
  3. Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан миллий медиа бирлеспеси ҳәм басқа ғалаба хабар қуралларына Әлийшер Наўайының өмири ҳәм дөретиўшилик мийрасын үйрениў ҳәм ўгит-нәсиятлаў бойынша әмелге асырылып атырған илажларды кеңнен сәўлелендириў усыныс етилсин.
  4. Усы қарарда нәзерде тутылған илажларды қаржыландырыў тийисли министрлик, уйым ҳәм шөлкемлерге ажыратылған бюджет қаржылары олардың бюджеттен тысқары қаржылары ҳәм нызамшылық ҳүжжетлери менен шекленбеген басқа дереклер есабынан әмелге асырылыўы белгиленсин.
  5. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

 

Өзбексстан Республикасы

             Президенти                                                    Ш.МИРЗИЁЕВ

 

Ташкент қаласы

2025-жыл 7-февраль