Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қ а р а р ы
Бүгинги күнде елимизде 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы тийкарында барлық тараўлар менен тармақларда үлкен өзгерислер әмелге асырылмақта. Бул бойынша жәмийетлик турмыста жақсы қәдриятларды ҳәм дәстүрлерди терең қәлиплестириўге, соның ишинде, әсиресе, жас әўладтың руўхый-интеллектуаллық потенциалын, сана-сезимин ҳәм дүньяқарасын жоқарылатыўда, олардың қәлбинде ана Ўатанымызға және халқымызға мухаббат ҳәм садықлық сезимин күшейтиўде, бәркамал шахсты тәрбиялаўда шексиз әҳмийетке ийе болған китапқумарлық мәдениятын арттырыўға айрықша итибар қаратылмақта.
Әййемги ҳәм бийтәкирар ўатанымыздан жетисип шыққан уллы илимпазларымыздың, жазыўшы ҳәм ойшылларымыздың жоқары гуманистлик идеяларға тийкарланған бай руўхый мийрасы улыўма инсаныйлық цивилизация ҳәм мәдениятқа, дүньялық ҳәм диний илимниң раўажланыўына үлкен үлес болып қосылғаны дүнья жәмийетшилиги тәрепинен ҳақылы түрде тән алынады.
Уллы бабаларымыздың ақыл-парасаты ҳәм көркем шеберлиги менен дөретилген бийтәкирар шығармалар, соның ишинде, математика, минерология, астрономия, химия, медицина, фармацевтика, архитектура, тарийх, әдебият, көркем өнер, теология, философия ҳәм басқа да тараўларға тийисли дәреклер тек ғана бизиң халқымыздың емес, ал дүнья халқының бийбаҳа байлығы болып есапланады.
Әне усындай бийбаҳа мийрасымыз тийкарында шөлкемлестирилген «Жас китапқумар» таңлаўында 250 мыңға шамалас жаслар қатнасып, таңлаўдың жеңипазларына «Президент саўғасы» – жеңил автомашина тапсырылғаны жаслар арасында китпақумарлық мәдениятының раўажланыўына әҳмийетли тәсир етти.
Уллы жазыўшы ҳәм ойшылларымыздың қайталанбас мийрасын, ибратлы турмысын ҳәм жәмийетлик жумысын ҳәр тәреплеме терең үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў, жасларымызды өзлигимизди аңлаў, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдриятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў, олардың арасында китапқумарлық мәдениятын кеңнен ғалаба ен жайдырыў мақсетинде:
1.Өзбекстан жаслар аўқамы, Өзбекстан Баспасөз ҳәм хабар агентлиги, Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы, Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы және жәмийетшилик ўәкиллериниң елимиздиң жаслары арасында өткерилген китапқумарлық таңлаўларын унамлы баҳалаған ҳалда, усы таңлаўларды өткериў системасын буннан былай да жетилистириў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.
- Уллы илимпазларымыздың, жазыўшы ҳәм ойшылларымыздың дөретиўшилик мийрасын кеңнен үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў мақсетинде жаслар арасында «Жас китапқумар» таңлаўын (кейинги орынларда таңлаў деп аталады) өткериў бойынша шөлкемлестириў комитетиниң қурамы қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- а)таңлаўды өткериўге байланыслы қәрежетлер Өзбекстан жаслар аўқамының раўажланыў қоры қаржылары ҳәм нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан қаржыландырылатуғыны;
б) таңлаўды жоқары дәрежеде өткериў ушын:
Өзбекстан Баспасөз ҳәм хабар агентлиги, Өзбекстан жаслар аўқамы, Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги шөлкемлестириўшилик-әмелий жумыслар бойынша;
Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы, Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы, Әлийшер Наўайы атындағы Ташкент мәмлекетлик өзбек тили ҳәм әдебияты университети илимий-дөретиўшилик жумыслары бойынша жуўапкер шөлкемлер болып есапланатуғыны белгилеп қойылсын.
- Өзбекстан Баспасөз ҳәм хабар агентлиги Өзбекстан жаслар аўқамы, Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы, Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы менен биргеликте он күн мүддетте «Жас китапқумар» таңлаўын өткериў тәртиби ҳаққындағы режени ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте тастыйықласын.
- Бул Режеде:
уллы илимпазларымыздың, жазыўшы ҳәм ойшылларымыздың мийрасын терең үйрениў мақсетинде айрықша номинациялар бойынша таңлаўлар шөлкемлестириў;
2018-жылғы таңлаўларды Ўатанымыз тарийхы ҳәм халқымыздың руўхый турмысында бийбаҳа орын ийлейтуғын Әбиў Райхан Беруний, Әбиў Әли Ибн Сино, Мырза Улығбек, Әшийшер Наўайы, Заҳириддин Муҳаммед Бабур, Муҳаммед Ризо Огаҳий, Бердақ сыяқлы уллы ойшылларымыздың дөретиўшилиги ҳәм мийнети, дүнья әдебиятының дүрдана шығармалары, сондай-ақ, «Алпамыс», «Гөруғлы», «Кунтуғмиш» сыяқлы халық дәстанлары бойынша өткериў;
кейинги таңлаўларды дәўирлестирген ҳалда даўам еттириў ушын тийисли дизимлерди қәлиплестириў;
таңлаў жеңимпазларын сыйлықлаўдың ҳәм хошаметлеўдиң анық механизмлерин ислеп шығыў, соның ишинде, республикалық басқышта биринши орынды ийелеген қатнасыўшыларды жеңил автомобильлер менен сыйлықлаў, екинши ҳәм үшинши орын ийелерин ҳәм белсене қатнасқанларды да мүнәсип хошаметлеў илажлары нәзерде тутылсын.
- Өзбекстан Баспасөз ҳәм хабар агентлиги таңлаў номинацияларында белгиленген уллы илимпазларымыздың, жазыўшы ҳәм ойшылларымыздың шығармаларын, олардың турмысына ҳәм мийнетине тийисли китапларды ҳәм мақалаларды баспаға таярлаў, басып шығарыў және билимлендириў мәкемелериниң китапханаларына, тийисли веб-сайтларға, мәлимлеме-ресурс орайларына ҳәм кең оқыўшылар орталығына жеткериў илажларын көрсин.
- Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына усы қарардың орынланыўына байланыслы илажларды кеңнен сәўлелендириў усыныс етилсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйлери Х.М.Султоновқа ҳәм Қ.К.Қуранбоевқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 12-май